Paziyletuz | Рәсмий канал
69.2K subscribers
23.9K photos
3.11K videos
33 files
29.5K links
Download Telegram
#тилек #рамазан_2023

🌙🌸🌙 РАМАЗАННЫҢ 27-КҮНИНЕ ЖЕТКИЗГЕН АЛЛАҲ ТААЛАҒА ШҮКИРЛЕР БОЛСЫН!🕋

🌺 Аллаҳтан шаңарағыңыз тыныш-татыў болыўын, аўызбиршилиги даўамлы болыўын;

🌺 Өзиңиз, ата-анаңыз ҳәм сизге әзиз болған бәрше жақынларыңызды мағфират қылыўын сорайман!

🌺 Аллаҳ таала ҳәр бир таңды бахыт-саадат пенен қарсылаўыңызды несип етсин!

🌺 Ақыретте тутқан оразаңыз сизди Райян дәрўазасынан жәннетке алып кирсин!

🌺 Аллаҳым, бул қәдир түниниң ҳәр бир ләҳзесин пайдамызға болыўын несип етегөр!

🌙 РАМАЗАННЫҢ 27-КҮНИ МҮБӘРЕК БОЛСЫН! 🤲


Аллаҳтың аманлығы
Пайғамбар ﷺның дуўасы
Қуранның нуры
Рамазанның пазыйлети күн даўамында сиз бенен болсын!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇
👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#рамазан_2023 #аўыз_ашыў_дуўасы

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.

Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#рамазан_2023 #тараўиҳ

27-ТАРАЎИҲ, ҚӘДИР ТҮНИ НӨКИС ҚАЛАСЫ «ИМАМ ИЙШАН МУҲАММАД» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ХАТМУЛ ҚУРАН ЖУЎМАҒЫНАН ВИДЕО КӨРИНИСЛЕР.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#рамазан_2023 #тараўиҳ

Буннан дерли бир жыл алдын мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында ашылып, иске түскен Қум аўыл елатындағы «САЛМЕН ИЙШАН» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ҚӘДИР ТҮНИНДЕ 1-ХАТМУЛ ҚУРАН ЖУЎМАҒЫНАН ВИДЕО КӨРИНИСЛЕР.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан_2023

СӘҲӘРЛИКТЕ БЕРЕКЕТ БАР

     Абдуллаҳ ибн Ҳарис разыяллаҳу анҳу айтады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына киргенимде Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам сәҳәрлик қылып атырған екен.
     Сонда: «Әлбетте, сәҳәрликте берекет бар», - деди»
     (Имам Насаий рәўияты).

АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ

Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.

Мәниси:
Рамазанның бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы.

Нийетлериңизди Аллаҳ таала қабыл етсин!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#рамазан_2023
#аят #ҳәдис #зәкат
#мағлыўмат

Зәкатты бериў – Аллаҳ тааланың буйрығы

Зәкат – имканияты бар болған мусылман адамға Аллаҳ таала тәрепинен буйырылған муқаддес ўазыйпа болып есапланады. Мусылман адам зәкат ибадатын орынлар екен, экономикалық мәмилеге емес, илаҳый көрсетпеге көре шәрий ибадат қылған есапланады.
Төмендеги аяты кәрийма зәкат бериў парыз екенлигине дәлил есапланады:

«Мал-мүлклеринен оларды ол себепли пәклеўиңиз ушын ҳәм тазалаўыңыз ушын садақа алың…» (Тәўбе сүреси, 103-аят).

Басқа бир аяты кәриймада байлар бир бөлек малларын камбағалларға бериўи парыз қылынған. Аллаҳ таала мынандай дейди:
«(тапқан) мал-мүликлеринде (ажыратылған) мәлим ҳақ бар болып, (ол) тиленши ҳәм бийшаралар ушын» (Маъариж сүреси, 24-25-аят).

Зәкат бай ҳәм камбағалды бир-бирине жақынластырады, бай адам жәрдем бериў муҳаббаты менен жасайды, ал камбағал байға муҳаббат ҳәм ҳүрмет сезимин сезеди ҳәм қызғаншақлық, көреалмаслық ортадан көтериледи.

Қураны кәриймде Аллаҳ таала мынандай деп айтады:
“(Ҳәй мөминлер) Намазды кәмил оқың, зәкатты бериң ҳәм пайғамбарға бойсының. Қәнекей, (сонда) рейим қылынсаңыз” (Нур сүреси, 56-аят).

Зәкат – бул қайырхомлық емес, ол байдың мойнындағы жуўапкершилик, ўазыйпа. Бай адам зәкат ибадатын орынлаўға мәжбүр ҳәм мүтәж есапланады. Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мине усындай мәнистеги гәпти айтқан:
“Егер зәкатты берсеңиз, расында, мойныңыздағы (ўазыйпа)ны орынлапсыз”, деген. (Имам Ҳәким, Имам Байҳақий рәўияты).

Имам Әбиў Ҳамид Ғаззалий раҳимаҳуллаҳ айтады: “Аллаҳ таала Өз бендесине жан неъматын ҳәм мал неъматын берген. Дене ибадатлары жан неъматының шүкирлиги. Қаржылай ибадатлар мал неъматының шүкрлиги болып есапланады”.


https://t.me/paziyletuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#рамазан_2023 #хатмул_Қуран

Республикамыз бойлап мешитлерде болып өткен хатмул Қуран жуўмағынан видео көринислер.
Шымбай районы "Хан" жаме мешити.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#рамазан_2023

РАМАЗАНДАҒЫ САДАҚА – ЕҢ УЛЛЫ САДАҚА


Аллаҳ таала Өз ғǝзийнесинен бенделерине қанша неъмат берсе де, оннан ҳеш нәрсе кемеймейди. Рәббимиз биз бенделерин де Ѳзиниң сыпатларынан ѳрнек алып, мудамы сақаўатлы болыўға ҳǝм садақа бериўге буйырады. Келиң усы орында тийкарынан “садақа” ѳзи не екенлиги ҳаққында билип алсақ.
“Садақа” дегенде биреўге қандайда материаллық ҳǝм руўхый жǝрдем кѳрсетиў түсиниледи. Бирақ “садақа” сѳзи сѳзликте “жақсылық етиў, жақсы ис кѳрсетиў” мǝнислерин де аңлатады.
Аллаҳ таала Өзиниң уллы кәламы Қураны кǝриймниң бир неше аятларында садақа ҳǝм жақсылық етиўге буйырған. Ибраҳим сүресиниң 31-аятында: “(Ҳәй Муҳаммад!) Сен ийман келтирген бенделериме айт, намазын кәмил оқысын. Саўда-сатық, таныс-билис болмайтуғын Күн (қыямет) келместен алдын оларға Биз ырысқы етип берген нәрселеримизден жасырын ҳәм ашықтан-ашық садақа қылсын!”, деп айтады.
Рамазан бул - меҳир-мүриўбет, сақаўат айы. Усы ай мүнǝсибети менен бүгин Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Баҳауддинов Республикалық онкология ҳǝм радиология илимий ǝмелий медицина орайы Қарақалпакстан филиалында емленип атырған 12 жас ѳспиримлерге ойыншықлары ҳǝм азық-аўқат ѳнимлерин берди, олардың ҳалынан хабар алды ҳǝм Аллаҳ тааладан наўқаслардың денсаўлығына шыпа сорап дуўалар қылды.


Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

https://t.me/paziyletuz
#рамазан_2023 #аўыз_ашыў_дуўасы

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.

Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#Оразаның_пазыйлети
#рамазан_2023

🌙 РАМАЗАН ҲАЙЫТЫ КҮНИ ҲАҚҚЫНДАҒЫ ХАБАРЛАРҒА МҮНӘСИБЕТ

❗️Жақын күнлерде интернет сайтлары ҳәм социаллық тармақларда Рамазан ҳайыты күнин белгилеў бойынша мағлыўматлар ҳәр түрли жәрияланып атыр. Алдын хабар бергенимиздей, Өзбекистан мусылманлары басқармасында Рамазан айы ҳәм ҳайытын анықлаў ушын Исши топар шуғылланып атыр.

🌙Уламалар ҳәм тәжрийбели қәнигелерден ибарат исши топар Рамазан ҳайыты күни – таза Шәўўәл айы ҳилалын астрономиялық анализлер ҳәм шет еллердеги қәнигелер менен биргеликте бақлап атыр. Ҳәттеки Исши топар ўәкилликлери 🇺🇸АҚШ, 🇹🇷Туркия, 🇰🇷Қубла Корея ҳәм
🇷🇺Россия аймақларында да гүзетиў жумысларын алып бармақта.

🔭 Шет еллердеги абыройлы астрономия орайлары ҳәм Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы жанындағы Астраномия институтынан алынған мағлыўматларға көре, 2023-жыл Рамазан ҳайыты күни, яғный Шәўўәлдың жаңа ай фазасы усы жылы 20-апрель, пийшемби күни 🇺🇿Ташкент ўақты менен саат 09:12 да, ал 🇸🇦Саудия Арабстаны ўақты менен 07:12 да көринеди. Астраном алымлар жуўмағына көре, сол күни Шәўўәл айы ҳилалы Өзбекстан территориясында көринбесе де, бирақ дүньяның айырым жерлеринде көриў мүмкин болады.

🕌Атап өтиў орынлы, Ҳанафий фиқҳи дереклеринде бир орында таза ай яғный ҳилал көрилиўи дуньядағы бәрше мусылманларға Рамазан ҳайытын белгилеўди жайыз қылады. Буған ҳанафий, маликий ҳәм ҳанбалий мазҳабларынан ибарат жумҳур уламалары келисим қылған.

🌙 Шәръий мәселелер ҳәм астрономиялық есап-санақларға сүйенген ҳалда 1444-ҳижрий жыл Шәўўәл айы ҳилалы миләдий 2023-жыл 20-апрель күни Жер жүзиниң айырым аймақларында гүзетиледи. Сол себепли, Рамазан ҳайыты күни 2023-жыл 21-апрель, жума күнине туўры келиўи ҳаққында дәслепки жуўмақлар қылынып атыр. Айтыў мүмкин, АҚШ, Туркия, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикистан, Туркменстан сыяқлы бир қатар мамлекетлер тәрепинен усы жыл 21-апрель, жума күнин Рамазан ҳайыты, деп жәриялады.

🌙 Астрономиялық есап бойынша ҳайыт күни белгили болса-да, Ҳәзрети Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның “Таза айды көрип ораза тутың ҳәм таза айды көрип ҳайыт қылың”, деген ҳәдиси шәрийплерине тийкарланып Исши топардың АҚШ, Туркия ҳәм тағы басқа мамлекетлердеги ўәкилликлериниң ҳилалды гүзетиў туўрысындағы соңғы мағлыўматлары алынғаннан кейин 2023-жыл 20-апрель күни жуўмақлаўшы шешимлери дағазаланады, инша Аллаҳ.

🕌 Ибадат мәселесинде бәрқулла қырағы болыў лазым.
Рамазан оразасының басланыўы ҳәм жуўмақланыўы тек сол елдиң муфтийи тәрепинен жәрияланады, ал мөмин-мусылманлар сол пәтўаға ериўи шәрт болады.

❗️Демек, интернет сайтлары жүритиўшилери ҳәм социяллық тармақлар пайдаланыўшыларынан бул мәселеде ҳәр түрли хабарларды тарқатыў арқалы ҳақыйқый мағлыўматлардан шалғытпаўды илтимас етемиз.

Жақын күнлерде Өзбекстанда Рамазан ҳайыты күни рәсмий дереклерде жәрияланады.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа орайы

https://t.me/paziyletuz
#рамазан_2023
#ҳәдис #қәдир_түни

🌙 Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады:
"Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам (ақырғы) он күнлик кирип келсе, белбеўин беккем байлайтуғын еди, түнлерин тирилтирер ҳәм шаңарақ ағзаларын оятар еди".

Әзизлер! Бүгин қуяш батыўы менен Рамазан айының ақырғы он күнликтиң ақырғы тақ түни басланды. Бул түн де ғәниймет түнлер болып, бенделер онда дозақтан азат болды деген сыйлыққа ийе болыўы мүмкин.
Себеби, ақырғы он күнликтиң тақ түнлери 21,23,25,27 яки 29шы түнлердиң биринде Қәдир түни жасырылған.


Демек, бүгин Қәдир түни болыўы итималы бар ақырғы түн. Ғәплетте қалып, имканияттан бос қалмаң!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
​​#рамазан_2023 #қәдир_түни

🌙 РАМАЗАН АЙЫНЫҢ АҚЫРҒЫ 10 КҮНЛИГИ БАСЛАНДЫ

❗️ҒӘПЛЕТТЕ ҚАЛМАҢ!

🌙 Расуллулаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"Қәдир түнин Рамазанның ақырғы он күнликтиң тақ түнлеринен излең", деген.
🔸Қәдир түниниң 1 секунды 23 сааттан абзал;
🔸1 минуты 58 күннен абзал;
🔸1 сааты 9 жыл 8 айдан абзал;
🔸1 түни 83 жыл 3 айдан абзал;


🌙 Айша анамыз разыяллаҳу анҳа айтады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам (ақырғы) он күнлик кирип келсе белбеўин беккем байлайтуғын еди, түнлерин тирилтирер ҳәм шаңарақ ағзаларын оятар еди».

 Быйылғы рамазан айының ақырғы тақ түни:

🔹29 түн: 19 апрель (сәршемби)ден — 20 апрель (пийшемби) ге өтер түни.

🤲 Аллаҳым бәрше мөминлерге Рамазанның ақырғы он күнлигинде Сени разы қылатуғын әмеллерди қылыўға мияссар қыл ҳәм қылған әмеллеримизди қабыл ет!


https://t.me/paziyletuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#рамазан_2023 #хатмул_Қуран

Республикамыз бойлап мешитлерде болып өткен хатмул Қуран жуўмағынан видео көринислер.
Бозатў районы "Суйин ийшан" жаме мешити.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#рамазан_2023

СӘҲӘРЛИКТЕ БЕРЕКЕТ БАР

     Абдуллаҳ ибн Ҳарис разыяллаҳу анҳу айтады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына киргенимде Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам сәҳәрлик қылып атырған екен.
     Сонда: «Әлбетте, сәҳәрликте берекет бар», - деди»
     (Имам Насаий рәўияты).

АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ

Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.

Мәниси:
Рамазанның бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы.

Нийетлериңизди Аллаҳ таала қабыл етсин!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#рамазан_2023
#дуўа

Бәрше жақсылықларды сораў ҳәм Аллаҳ таалаға жақын болыў ушын оқылатуғын дуўа:

Аллооҳуммә аҳсин ъаақибәтәнәә фил умуўри куллиҳәә ўа әжирнәә мин хизйид дунья ўә ъазәәбил әәхироҳ.

Мәниси: Ҳәй Аллаҳ! Бизди бәрше ислерде ақыбетимизди қайырлы қыл ҳәм дүнья хорлығынан ҳәм ақырет азабынан пана бер.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#рамазан_2023 #аят #зикир #рәўият

ИСТИҒФАРДЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ

Ҳәзирети Ҳасан Басрий раҳматуллаҳи алайҳ өз дәўиринде бир топар адамлар менен сәўбетлесип отырғанында бир адам келип, қурғақшылықтан шикаят етти. Ҳәзирети Ҳасан Басрий: “Истиғфар айтың!”, – деди. Екинши адам келип, камбағаллықтан, жетиспеўшиликтен, ал үшинши адам перзентсизликтен ҳәм тағы да басқа шағымлар менен адамлар келди. Олардың бәршесине истиғфар айтыў усынысын берди. Сонда сәўбетлеслеринен Робийъ ибн Субайҳ раҳматуллаҳи алайҳ ҳәзирети Ҳасан Басрийға қарап: “Ҳәй Имам, сизге ҳәр түрли адамлар ҳәр түрли нәрселерден шағым етип келди, ал сиз ҳәммесине бир қыйлы жуўап бердиңиз, буның себеби не?”, – деп сорады. Ҳасан Басрий раҳимаҳуллаҳ бул сораўға мына аяты кәрийма менен жуўап берди:
“Сонда оларға айттым: «Рәббиңизге истиғфар айтың, әлбетте, Ол Кеширимли. Ол аспаннан үстиңизге избе-из жаўын жаўдырады. Сизлерге мал-дүнья ҳәм бала-шаға менен жәрдем береди. Сизлер ушын бағларды (пайда) қылады ҳәм дәрьяларды қылады” (Нуҳ сүреси, 10-12-аятлар).

Демек, мөмин-мусылманлар истиғфар айтып жүрсе, Аллаҳ таала аятта ўәде қылған бәрше нәрселерди берди екен.

🔹Әстағфируллооҳә ўә әтуўбу иләйҳ!

🔹Әстағфируллооҳә ўә әтуўбу иләйҳ!

🔹Әстағфируллооҳә ўә әтуўбу иләйҳ!


https://t.me/paziyletuz
#рамазан_2023 #тилек

🎊🌹 РАМАЗАННЫҢ 29-КҮНИ ҚАЙЫРЛЫ БОЛСЫН!!!🎊🌹

🌺Аллаҳым, көзлеримизди уйқыдан ашқаның киби,
Қәлблеримизди де ғәплеттен оят.

🌸Дүньяны таң нуры менен жарытқаның киби,
Өмиримизди де ҳидаят нурлары менен нурлы қыл!

🌼Аллаҳым ҳәр бир күнимизге өзгеше шадлық бағышла. Арзыўымыз, Сени разы қылыў болсын!

💐Саған қәлблеримиз тәўекел ететуғын болсын, Сениң разылығың менен бүгинги үмитлеримиз, тилеклеримиз әмелге ассын!

🌹 РАМАЗАН күнинде Аллаҳтан АТА-АНАҢЫЗ, Өзиңиз ҳәм бәрше жақынларыңызды мағфират қылыўын сорайман!

🌹 РАМАЗАН күнинде Аллаҳ дуўаларымыз ижәбат болыўын, перзентлеримиз солиҳ солиҳа болыўын, ибадатларымыз ықласлы, ырысқымыз берекетли болыўын несип етсин!

🌹🎊 РАМАЗАННЫҢ АҚЫРҒЫ КҮНИ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!🎊🌹

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#хош_хабар #рамазан_2023

РАМАЗАН ҲАЙЫТЫ БЕЛГИЛЕЎ ҲАҚҚЫНДА ПРЕЗИДЕНТ ҚАРАРЫ ЖӘРИЯЛАНДЫ

Қарарға муўарық,
Мүбәрек Рамазан ҳайыты 2023-жылғы 21-апрель сәнесине туўра келиўи ҳаққындағы Өзбекстан мусылманлары басқармасының карарын инабатқа алып, мәмлекетимизде 2023-жылғы 21-апрель күни Рамазан ҳайыты байрамы сыпатында кең белгиленеди.

Халқымыздың Рамазан ҳайыты байрамын мүнәсип күтип алыў ҳәм жоқары дәрежеде өткизиў ушын қолайлы шараят жаратыў мақсетинде 2023-жылда байрам күнлери дем алыс күнлери сыпатында белгиленди.


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#рамазан_2023 #питир_садақасы #әҳмийетли

ПИТИР САДАҚАСЫН БЕРИЎДИ УМЫТПАҢ!

Ибн Умар разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылынады:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам питир садақасын қурмадан бир соъ, арпадан бир соъ муғдарында мусылманлардан қулға да, азат адамға да, ер адамға да, ҳаял адамға да, кишиге де, үлкенге де парыз қылды. Оны адамлар намазға шығыўынан алдын бериўге буйырды».

(Имам Бухарий, Имам Муслим, Имам Әбиў Даўыт, Имам Термизий, Имам Насаий рәўият қылған).

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube
#рамазан_2023 #аўыз_ашыў_дуўасы

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.

Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz