Paziyletuz | Рәсмий канал
73.2K subscribers
27.7K photos
4.11K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
#рамазан_2022 #питир_садақасы

ПИТИР САДАҚАСЫ

Ибн Аббас разыяллаҳу анҳума рәўият қылады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Питир садақасы ораза тутыўшы адамға бийкаршы ҳәм биймәни гәп-сөзлерден пәклениўи соның менен бирге, кәмбағалларды аўқатландырыў ушын ўәжиб қылынды. Ким оны Ҳайыт намазынан алдын берсе, ол питир садақасынан, ким оны ҳайыт намазынан кейин берсе, ол әпиўайы садақа есапланады», деди.

(Әбиў Даўыт рәўияты)

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#рамазан_2023 #питир_садақасы #әҳмийетли

ПИТИР САДАҚАСЫН БЕРИЎДИ УМЫТПАҢ!

Ибн Умар разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылынады:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам питир садақасын қурмадан бир соъ, арпадан бир соъ муғдарында мусылманлардан қулға да, азат адамға да, ер адамға да, ҳаял адамға да, кишиге де, үлкенге де парыз қылды. Оны адамлар намазға шығыўынан алдын бериўге буйырды».

(Имам Бухарий, Имам Муслим, Имам Әбиў Даўыт, Имам Термизий, Имам Насаий рәўият қылған).

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube
👍1
#ораза_2024 #питир_садақасы

🙄 Питир садақасының 10 пазыйлети

😀Ким питир садақасын берсе, оған он нәрсе бериледи:

1. Денеси гүнадан пәкленеди;
2. Дозақтан азат болады;
3. Оразасы қабыл болады;
4. Оған жәннет ўәжиб болады;
5. Қәбиринен аманлықта шығады;
6. Аллаҳ таала оның ийгиликли (ислерин) сол иси себепли қабыл етеди;
7. Оған қыямет күни шәпәәт ўәжиб болады;
8. Сират көпиринен шақмақ урғандай тез өтеди;
9. Тәрезиси аўыр келеди;
10. Оразасы қайтарылмайды ҳәм оның аты бахытсызлар дизиминен өшириледи.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
140👍134😍43
#питир_садақасы
#истиғфар

Умар ибн Абдулазиз раҳимаҳуллаҳ Рамазан айы тамамланып атырғанда халифалық аймағындағы барлық қалалардың халқына хат жоллап, айды көп истиғфар айтыў ҳәм көп садақа бериў, питир садақаларын шығарыў менен жуўмақлаўды буйыратуғын еди. Себеби, питир садақасы ораза тутыўшыдан келип шыққан қәте ҳәм нуқсанларды тазаласа, истиғфар оразаның жыртығына жамаў болады, дейтуғын еди.

Соның ушын әййемги уламалар: питир садақасы ораза тутыўшы ушын тап намаздағы сәҳў сәждеси орнына өтеди, деген.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍13043😍32👏1