This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#рамазан_ҳайыты_әдеплери
#мағлыўмат
Ҳайыт байрамына тийисли әдеплер
Ҳайыт байрамы жәмийеттеги ҳәмме мөмин-мусылман инсанлар ушын қуўаныш ҳәм шадлық күни. Ҳайыт байрамы екеў болып, олардан бири Рамазан айы оразасын тутқаннан кейин болса, екиншиси ҳажылар Арафат таўына барғанда байрамланады. Мусылманлар қуўаныш пенен күтип алатуғын бул еки байрамды өткериўдиң өзине жараса әдеплери бар. Оларға әмел қылған мусылман көплеп саўапларға ериседи.
Ҳайыт байрамының әдеплери дегенде төмендегилер түсиниледи:
1. Қалыс нийет қылыў;
2. Ғусыл қылыў;
3. Хош ийисли әтир себиў;
4. Таза кийимлер кийиў;
5. Рамазан ҳайытынан алдын питир садақасын бериў;
6. Рамазан ҳайыты намазын оқыўдан алдын бир, еки хурма жеп алыў;
7. Қурбан ҳайытында қурбанлық қылыўдан алдын ҳеш нәрсе жемеў;
8. Ҳайыт намазына ерте барыў;
9. Ҳайыт намазына балаларды алып шығыў;
10. Мешитке пияда барыў;
11. Мешитке баратырғанда даўысын көтерип тәҳлил ҳәм тәкбир айтыў;
12. Ҳайыт намазынан алдын нәпил намаз оқымаў;
13. Ҳайыт намазы ушын азан ҳәм тәкбир айтпаў;
14. Ҳайыт намазын хутба қылыўдан алдын оқыў;
15. Имамның жәмәәтке жүзленип хутба қылыўы;
16. Қурбанлық ҳайўанын ҳайыт намазынан кейин сойыў;
17. Бир-бирин ҳайыт байрамы менен қутлықлаў;
18. Мешиттен уйге қайтқанда келген жолынан басқа жол менен қайтыў;
19. Ағайын-туўысқанларды зыярат қылыў;
20. Қоңсыларды байрам менен қутлықлаў;
21. Жас балаларды қуўантыў;
22. Ысырапқа алып барыўшы ислерден тыйылыў;
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

“Ислам әдеплери энциклопедиясы” китабы
Бизди социаллық тармақларда бақлапPlease open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍221❤59🥰7👏7😍4⚡3
#оразаның_пазыйлети
#мағлыўмат
Жыл бойы ораза
Рамазаннан кейин Шәўўәл айында 6 күн ораза тутыў жыл бойы ораза тутқанның саўабына жеткереди.
Әбиў Айюб Ансарий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким Рамазан оразасын тутып, изинен Шәўўәлдан алты күн ораза тутса, жыл бойы ораза тутқандай болады», деди.
(Имам Муслим рәўияты).
Рамазан оразасының отыз күниниң он барабары он ай (300 күн), Шәўўәл айының алты күн оразасы болса (60 күн) еки ай болады. Барлығы болып 360 күн (бир жыл)ди қурайды. Нәтийжеде, адам пүткил жыл бойы ораза тутқандай болады. Аллаҳ таала Қураны Кәриймде мынандай дейди:
«Ким бир жақсылық қылса, оның ушын (ислеген жақсылығының) он есеси (көбейтип) бериледи» (Анъам сүреси, 160-аят).
Ибн Умар разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким Рамазан оразасын тутып, изинен Шәўўәл айында алты күн ораза тутса, тап анадан туўылғандай гүналардан тазарады», деген.
(Имам Тобараний рәўияты).
Уламалар: «Шәўўәл айының оразасын ай басында избе-из алты күн ямаса ай даўамында бөлип-бөлип тутса да дурыс болады», деген.
Имам Аҳмад раҳматуллаҳи алайҳ айтады: «Шәўўәл айының оразасы избе-из алты күн тутылса да, бөлип-бөлип тутылса да пазыйлети бирдей».
🤲 Аллаҳым, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның сүннетлеринде даўамый қыл ҳәм бизлерди мәғфират ет!

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤133👍120🥰6😍6👏5⚡3
#мағлыўмат #аят
Үш нәрсе бәле-апатларды қайтарады:
1. Дуўа.
«Егер дуўаларыңыз болмағанда, Рәббим сизлерге ҳеш итибар бермес еди»
2. Неъматқа шүкир етиў.
«Және Рәббиңиз жәриялаған (мына сөзлерди) еслең: «Ант болсын, егер (берген неъматларыма) шүкир қылсаңыз, әлбетте, сизлерге (оларды және де) зыяда қыламан. Егер нашүкирлик қылсаңыз, әлбетте, мениң азабым да қатты»
3. Әззи ҳәм бийшараларға жәрдем бериў.
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"Әззилериңиз себепли ғана сизлерге жәрдем ҳәм ырысқы бериледи" деген.
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Үш нәрсе бәле-апатларды қайтарады:
1. Дуўа.
«Егер дуўаларыңыз болмағанда, Рәббим сизлерге ҳеш итибар бермес еди»
Фурқон сүреси, 77-аят.
2. Неъматқа шүкир етиў.
«Және Рәббиңиз жәриялаған (мына сөзлерди) еслең: «Ант болсын, егер (берген неъматларыма) шүкир қылсаңыз, әлбетте, сизлерге (оларды және де) зыяда қыламан. Егер нашүкирлик қылсаңыз, әлбетте, мениң азабым да қатты»
Ибраҳим сүреси, 7-аят.
3. Әззи ҳәм бийшараларға жәрдем бериў.
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"Әззилериңиз себепли ғана сизлерге жәрдем ҳәм ырысқы бериледи" деген.
Имам Бухарий рәўияты.
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤119👍78👏9⚡1
#мағлыўмат
Жуманың сүннетлери:
1. Жума ушын ғусыл қылыў;
2. Хош ийисли нәрселер сүртиў;
3. Шырайлы кийимлер кийиў;
4. Жумаға ерте барыў;
5. Жума күни денени таза, көринисти көркем қылыў;
6. Жума күни Каҳф сүресин оқыў;
7. Жума күндизинде ҳәм түнинде дуўаны көп қылыў;
8. Жума күни Пайғамбарымыз саллаллаху алайҳи ўа салламға салаўатларды көп айтыў.
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Жуманың сүннетлери:
1. Жума ушын ғусыл қылыў;
2. Хош ийисли нәрселер сүртиў;
3. Шырайлы кийимлер кийиў;
4. Жумаға ерте барыў;
5. Жума күни денени таза, көринисти көркем қылыў;
6. Жума күни Каҳф сүресин оқыў;
7. Жума күндизинде ҳәм түнинде дуўаны көп қылыў;
8. Жума күни Пайғамбарымыз саллаллаху алайҳи ўа салламға салаўатларды көп айтыў.
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍91❤45🥰3👏1
#әлбетте_оқың
#ҳәдис #мағлыўмат
ҚӘБИР ЗЫЯРАТЫ ПАЙЫТЫНДА ОРЫНЛАНАТУҒЫН 11 ӘМЕЛ
1. Нийетти туўрылаў, ықлас пенен, қалыс Аллаҳ ушын зыярат қылыў.
2. Таҳәратлы болыў.
3. Дүнья ислерин тәрк әйлеп, ақыретти ойлаў.
4. Зыярат ўақтында әсте-ақырын жүриў.
5. Қәбир әҳлине төмендегише сәлем бериў:
“Ассаламу алайкум, я әҳләл-қубуўр. Яғфируллооҳу ләнәә ўә ләкум, әнтум сәләфунәә ўә наҳну бил-әсәәр”
“Ассаламу алайкум, ҳәй қәбир әҳли! Аллаҳ бизлерди ҳәм сизлерди мәғфират етсин. Сизлер бизлерден алдын келгенсиз, бизлер де сизлердиң изиңизден келемиз”.
6. Қәбир сыйпалаў, сүйиў ҳәм айланып таўап қылыўдан узақ болыў.
7. Қәбир басында “Ясин” сүресин оқыў.
Ҳәзирет ӘбиЎ Бәкир Сыддық разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ким ата-анасы яки олардан биреўиниң қәбирин ҳәр жума күни зыяратлап, “Ясин” сүресин тиләўат етип, оның саўабын оларға бағышласа, сүредеги ҳәр бир сөз ҳәм ҳәрип санынша Аллаҳ таала олардың гүналарын мәғфират қылады”, – деди.
(Имам Дайламий рәўияты)
Маъқал ибн Ясар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте болса, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Өлилериңизге “Ясин” сүресин тиләўат етиң”, – деген.
(Имам Әбиў Даўыт рәўияты)
8. Ихлас сүресин оқыў.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ким қәбиристанға кирип, “Қул ҳуўәллооҳу аҳад”ты он бир мәрте оқып, саўабын өлилерге бағышласа, оған өлилер санынша саўап бериледи”, – деген.
(Имам Дарақутний рәўияты)
9. Марҳумның жақсы қәсийетлерин еслеў.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Дүньядан өткенлердиң жақсы қәсийетлерин еслеңлер, олардың жаман сыпатларын айтыўдан сақланыңлар”, – деген.
(Имам Термизий рәўияты)
10. Қәбирди баспаў лазым. Қәбир үсти мәййиттиң ҳаққы. Қәбир үстинен яки қәбиристан ишинен өтиўге зәрүр болып қалса, тасбиҳ, тәҳлил, тәкбир, дуўа ҳәм истиғфар айтып өтиў.
11. Зыяраттан ўаз-нәсият алған ҳалда қайтыў.
Имрон ибн Ҳусайн разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: “Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам жаназаға келгенинде қайғылары артып, оғада кем сөйлер, ой-пикирге шүмер еди”.
(Имам Ҳәким рәўияты)

Telegram
Paziyletuz | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

👍132❤35👏5🥰1😍1
#мағлыўмат
САЎАП АЛАМАН ДЕП ГҮНА АРТТЫРЫП ҚОЙМАҢ
Ҳәр жылы 9-май сәнесинде гүллән халқымыз қәбирстанларға барады, ата-бабаларын еслеп, Қуран тиләўат етеди ҳәм ҳақларына дуўалар қылады.
Бирақ адамлар зыярат қағыйдаларына қаншелли әмел етип атыр?
Қәбирстанларды қандай зыярат етиў керек?
Бул сораўларға көпшилик жуўап бере алмаса керек, өйткени көп жағдайларда зыярат етип, саўап алыўдың орнына терис ислерди қылып жүргенлердиң гүўасы боламыз.
Көпшилик бул ислерди шәриятымыз буйырған, деп ойлайды. Негизинде бундай ислерден шәриятымыз қайтарған болады, ақыл тәрептен ойлап қарасақ та дурыс емес екени анық болады. Бундай әмеллер жақын тарийхымыздағы динсизлик дәўиринде кирип қалған. Солардан айырымларын санап өтсек:
1. Қәбирстанларда жанлық сойыў, аўқат тарқатыў. Шәрият тәрепинен қәбирстанларда аўқат жеў мәкруҳ әмел. Медицина тәрепинен де, қәбирстанларда аўқат жеў дурыс болмаса керек, өйткени, ол жерлердеги қазан-табақлардың таза болмаўы күндей рәўшан. Таза болған жағдайда да, бәрибир қәбирстан аўқат жейтуғын орын емес.
Садақаны өз орынларына бериў керек. Қоңсымыз баласының оқыўдағы шәртнама пулын төлеўге қыйналып отырса, ал бизлер жанлық сойып, оны садақаға мүтәж емес адамларға жедирсек, бул динимизге де, ақылға да туўры келмейтуғын ис. Оның орнына сол қоңсымызға жәрдем берген мың мәрте абзал.
2. Қәбир айланыў, топырағын маңлайға сүртиў. Бул ислер де шәриятымызда жоқ. Негизинде Каабадан басқа ҳеш орынды айланып таўап етиў дурыс ис емес. Қәбир айланып жүрип ҳәттеки ески қәбирлердиң үстинен басып та кетеди. Шәриятымызда марҳумның ҳүрмети тири менен бирдей, қәбирди басыў үлкен гүналардан.
3. Тиләўат қылатуғын адам излеп жүриў. Адамларға ҳайран қаласаң, мусылманман деп турып еки аятты билмеў мүмкин бе? Ҳәр қандай шаңарақта дастурхан басында, шаңарақ басшысы тиләўат етип, берген неъматлары ушын Аллаҳға шүкир айтыўы, еки аят болса да оқып, өткенлерге бағышлаўы, буларды балаларына да үйретиўи үрдис болған ис ғой. Қәбирстанға барып, жақыныңның қәбири қасына барып, еки аят оқый алмасаң, не деген адам боласаң?
4. Марҳумлардан сораў. Қәбирлерде жатқан пәленши бабадан, төленши атадан деп тилеп бир нәрсе сораў мүмкин емес. Өйткени, марҳумлар бизлерге ҳеш нәрсе бере алмайды, қайтама бизлер оларға бир нәрсе бериўимиз керек, яғный аят оқып саўабын бағышлаўымыз керек.
5. Кийиниў әдебине әмел етпеў. Ҳаял-қызларымыздың көшелерде кийинип жүриўи ҳәдден асып кеткен екени ҳеш кимге сыр емес. Бирақ қәбирстанда ең кеминде көйлек кийгенде ыштаны менен кийиўди умытпаўы, басын да жаўып келиўи шәрт. Енди, бул жерлерде де ярым жалаңаш, келте кийимлерди, еркеклердей шалбар кийиў, бул - барып турған әдепсизликтен дерек береди.
Ер-жигитлер де шорты сыяқлы келте кийим менен емес ҳәм басларына тақыя кийип барыўы тийис.
6. Қәбирге жасалма гүл қойыў. Бул әдет жақынға шекем тек христиан динине тийисли адамлардың қәбирстанларында болатуғын еди, ҳәзирлери мусылманлартыкинде де ушырап турыпты. Ҳәдиси шәрипте, еле ызғары кетпеген шақа, қәбирдегилерге пайда бериўи ҳаққында келген. Ал жасалма гүллер тек көзаба ис ғой, оларды ҳәмме алып барыўы менен қәбирстанлар патасланып атырғаны да сыр емес. Бундай ис қылыў ақылға уғрас емес.
7. Қәбирстанда күлиў. Қәбирстанда екижүзли адам күледи, делинген. Ол жерлер күлисип, ойнасып қайтатуғын орын емес. Ақыретти еслеп қайтатуғын орын. Мен де усы жерге келемен, мени де ағайин-туўысқанларым усы жерге таслап кетеди, соның ушын дүзиў жасаўым керек, бир күн келип ҳәммесине жуўап беремен, деген ойларды қәлбтен өткеретуғын орын.

👍188❤39👏7😍4⚡2🥰1
#мағлыўмат
Өткен марҳумларға қандай тиләўат етиледи?
9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәр жылы халқымыз өткен ата-бабаларын еслеў ушын қәбирстанларға барады.
"Қәбирстанға барғанда қалай тиләўат етип марҳум ҳәм марҳумаларымызға бағышлаймыз?", дегенлер төмендегилерди оқып, ядлап кейин жақынлары басына барғанда биймәлел өзлери тиләўат етиўи мүмкин.
Қуран аятларынан төмендеги келтиргенимизди оқыса болады:
Әъуўзу билләәҳи минәш шәйтоонир рожийм.
Бисмилләәҳир роҳмәәнир роҳийм.
Қул ҳуўаллооҳу аҳад. Аллооҳус сомәд. Ләм йәлид ўә ләм йуўләд. Ўә ләм йәкул ләҳу куфуўән әҳад.
Субҳаанә роббикә роббил ъиззәти ъаммәә йасифуўн. Ўә сәләәмун ъаләл мурсәлийн. Ўәл ҳамду лилләәҳи роббил ъааләмийн.
Аяты кәрийманы оқып болып, ҳасыл болған саўапларын ата-бабаларына бағышланады.
Әдетте былай дуўа етиледи: Қуран аятларынан ҳасыл болған саўапларды, әўеле Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссаламға, ол кисиниң шаңарақ ағзаларына, саҳабаларына, өткен алым- уламаларға, ата-бабаларымызға, солардан пәленше улы төленшениң (усы орында сол жердеги марҳум яки марҳуманың аты ҳәм әкесиниң аты айтылады) руўхына бағышладым. Аллаҳ таала олардың жатқан жерин жайлы қылсын, жәннет бағларынан бир бағ қылсын. Гүналарын әпиў етип, қылған ийги ислерин өзлери менен бирге қылсын, изинде қалған әўладларынан разы болған болсын... бироҳмәтикә йәә әрҳамәр рооҳимийн.
Дуўа қылып болып еки қолды жүзге сүртемиз.
Аллаҳ таала бәршемизден өткенлерди Өзи жарлықасын! Әмийн, я роббәл ъаләмийн
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Өткен марҳумларға қандай тиләўат етиледи?
9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәр жылы халқымыз өткен ата-бабаларын еслеў ушын қәбирстанларға барады.
"Қәбирстанға барғанда қалай тиләўат етип марҳум ҳәм марҳумаларымызға бағышлаймыз?", дегенлер төмендегилерди оқып, ядлап кейин жақынлары басына барғанда биймәлел өзлери тиләўат етиўи мүмкин.
Қуран аятларынан төмендеги келтиргенимизди оқыса болады:
Әъуўзу билләәҳи минәш шәйтоонир рожийм.
Бисмилләәҳир роҳмәәнир роҳийм.
Қул ҳуўаллооҳу аҳад. Аллооҳус сомәд. Ләм йәлид ўә ләм йуўләд. Ўә ләм йәкул ләҳу куфуўән әҳад.
Субҳаанә роббикә роббил ъиззәти ъаммәә йасифуўн. Ўә сәләәмун ъаләл мурсәлийн. Ўәл ҳамду лилләәҳи роббил ъааләмийн.
Аяты кәрийманы оқып болып, ҳасыл болған саўапларын ата-бабаларына бағышланады.
Әдетте былай дуўа етиледи: Қуран аятларынан ҳасыл болған саўапларды, әўеле Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссаламға, ол кисиниң шаңарақ ағзаларына, саҳабаларына, өткен алым- уламаларға, ата-бабаларымызға, солардан пәленше улы төленшениң (усы орында сол жердеги марҳум яки марҳуманың аты ҳәм әкесиниң аты айтылады) руўхына бағышладым. Аллаҳ таала олардың жатқан жерин жайлы қылсын, жәннет бағларынан бир бағ қылсын. Гүналарын әпиў етип, қылған ийги ислерин өзлери менен бирге қылсын, изинде қалған әўладларынан разы болған болсын... бироҳмәтикә йәә әрҳамәр рооҳимийн.
Дуўа қылып болып еки қолды жүзге сүртемиз.
Аллаҳ таала бәршемизден өткенлерди Өзи жарлықасын! Әмийн, я роббәл ъаләмийн
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Telegram
Paziyletuz | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
👍106❤79👏8⚡1🥰1
#мағлыўмат #фиқҳ
ҚӘБИРСТАН ЗЫЯРАТЫ
Шәриятымыз бойынша зыярат етпекши болған адам ең алды менен жуўынып-пәкленип, зыярат қағыйдаларын бир қатар еслеп алыўы зәрүр. Егер шаңарағы менен баратуғын болса, онда бала-шағасына зыяратқа барыў, ол жерде жүриў әдеплери, дурыс кийинип барыў әдеплерин үйретиўи тийис. Өзи де барғаннан кейин қайсы аятты оқыйжағын бир қатар тәкирарлап, кимлерди дуўа етиўин бир еслеп алғаны мақул.
Қәбирстанға киргенде не ислениўи ҳаққында мына ҳәдисте айтылған:
Саҳаба Бурайдадан айтылыўынша, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қәбирстанды зыярат қылыўға барғанда былай деген: «Ҳәй мөминлер, қәбирстан әҳли, сизлерге сәлем болсын. Қуда қәлесе бизлер де келип сизлерге қосыламыз. Өзимизге ҳәм сизге Аллаҳтан тынышлық-саламатлық тилеймен».
Пайғамбарымыздың бул сөзлери қәбирстанды зыяратламақшы болған ҳәр бир адамға қолланба болыўы керек. Қәбирстанға кирип марҳумларға сәлем бергеннен кейин, илажы барынша мәйитке жақын барып, қублаға қарап отырып, Қураны кәрим аятларынан тиләўат қылып, дуўа оқылады. Жақын барыўдың илажы болмаса, мүмкиншилиги болған жерден дуўа қылынады. Саҳаба Жәбир разыяллаҳу анҳу рәўият қылады: «Расулуллаҳ қәбирлердиң үстин гипс қылыўдан, үстине тас қойып, тасқа «Бисмилләҳ»ты, «Лә иләәҳә иллаллооҳ»ты ҳәм Қуран аятларын жазыўдан ҳәмде қәбирди басыўдан, яғный оны аяқ асты қылыўдан қайтарды». Муслим рәўияты.
Барғанда да перзентлериниң әдеп пенен жүриўин бақлап барыўы керек. Бул ислер хожалық баслығының ўазыйпасы есапланады.
Инсан тирилигинде қандай ҳүрметке ылайық болған болса, өлгеннен кейин де сол ҳүрметке ылайық болыўы керек. Бул ҳаққында Айша анамыз былай деген: «Расулуллаҳ ҳәм әкем Әбиў Бакир көмилген үйге оларды зыярат қылыў ҳәм үйди сыпырып, тазалаў ушын киргенимде, олардың биреўи күйеўим, екиншиси әкем деп орамалсыз кире беретуғын едим, кейин ала ол жерге екинши халифа Умар көмилгеннен кейин ол адамнан уялып, орамал жамылып киретуғын болдым». Имам Аҳмад рәўияты.
Салим ибн Рофур қәбирстаннан өтип баратырып ҳәжети қыстап қалыпты, шериклери: «Ҳәжетке шығып алың, биз күтип турамыз», дегенде, ҳайран қалып: «Субҳаналлаҳ», яғный Аллаҳға ант, мәйитлерден тап тирилерден уялғандай уяламан, деген екен. Ал, саҳаба Ақаба ибн Амир: «Қәбирстанда ҳәжет қылдың не, базарда ҳәжет қылдың не, екеўиниң де гүнасы бирдей болады», деген.

👍125❤34⚡2🥰1
#мағлыўмат
Қәбир басына барғанда нелерди оқыўымыз керек?
Қәбир басына барғанда Қуран аятларын тиләўат етип, марҳумның ҳақына дуўалар қылыў керек.
Қуран аятларынан төмендеги келтиргенимизди оқыса болады:
Әъу'зу биллә'ҳи минәш шәйто'нир рожи'м.
Бисмиллә'ҳир роҳмә'нир роҳи'м.
Қул ҳуўалло'ҳу әҳад. Алло'ҳус сомәд. Ләм йәлид ўә ләм йу'ләд. Ўә ләм йәкул лаҳу куфуән әҳад.
Субҳа'нә роббикә роббил ъиззәти ъаммә' йасыйфу'н. Ўә сәлә'мун ъаләл мурсәли'н. Ўәл ҳамду лиллә'ҳи роббил ъа'ләми'н.
Аяты кәрийма оқып болып, ҳасыл болған саўапларын ата-бабаларына бағышланады.
Әдетте былай дуўа етиледи: Қуран аятларынан ҳасыл болған саўапларды, әўеле Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссаламға, ол кисиниң шаңарақ ағзаларына, саҳабаларына, өткен алым- уламаларға, ата-бабаларымызға, солардан пәленше улы төленшениң (усы орында сол жердеги марҳум яки марҳуманың аты ҳәм әкесиниң аты айтылады) руўхына бағышладым. Аллаҳ таала олардың жатқан жерин жайлы қылсын, жәннет бағларынан бир бағ қылсын. Гүналарын әпиў етип, қылған ийги ислерин өзлери менен бирге қылсын, бироҳмәтикә йә' әрҳамәр ро'ҳими'н.
Дуўа қылып болып еки қолды жүзге сүртемиз.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Қәбир басына барғанда нелерди оқыўымыз керек?
Қәбир басына барғанда Қуран аятларын тиләўат етип, марҳумның ҳақына дуўалар қылыў керек.
Қуран аятларынан төмендеги келтиргенимизди оқыса болады:
Әъу'зу биллә'ҳи минәш шәйто'нир рожи'м.
Бисмиллә'ҳир роҳмә'нир роҳи'м.
Қул ҳуўалло'ҳу әҳад. Алло'ҳус сомәд. Ләм йәлид ўә ләм йу'ләд. Ўә ләм йәкул лаҳу куфуән әҳад.
Субҳа'нә роббикә роббил ъиззәти ъаммә' йасыйфу'н. Ўә сәлә'мун ъаләл мурсәли'н. Ўәл ҳамду лиллә'ҳи роббил ъа'ләми'н.
Аяты кәрийма оқып болып, ҳасыл болған саўапларын ата-бабаларына бағышланады.
Әдетте былай дуўа етиледи: Қуран аятларынан ҳасыл болған саўапларды, әўеле Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссаламға, ол кисиниң шаңарақ ағзаларына, саҳабаларына, өткен алым- уламаларға, ата-бабаларымызға, солардан пәленше улы төленшениң (усы орында сол жердеги марҳум яки марҳуманың аты ҳәм әкесиниң аты айтылады) руўхына бағышладым. Аллаҳ таала олардың жатқан жерин жайлы қылсын, жәннет бағларынан бир бағ қылсын. Гүналарын әпиў етип, қылған ийги ислерин өзлери менен бирге қылсын, бироҳмәтикә йә' әрҳамәр ро'ҳими'н.
Дуўа қылып болып еки қолды жүзге сүртемиз.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Telegram
Paziyletuz | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
👍142❤48👏10🥰2⚡1😍1
#мағлыўмат #еслетпе
🌙 ✅ (Айдың шығыўына қарап +/- бир күнге өзгериўи мүмкин.)
____
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Қурбан ҳайыт байрамы зулҳижжа айының 10-күни. Зулҳижжа айының дәслепки он күни ең пазыйлетли, ҳәдислерде сол он күн ишинде қылынған әмеллердиң саўабы оғада жоқары екени айтылған.
____
Қурбон ҳайити байрами зулҳижжа ойининг 10-куни. Зулҳижжа ойининг дастлабки ўн куни энг фазилатли, ҳадиси шарифларда ўша ўн кун ичида қилинган амалларнинг савоби ниҳоятда улуғ экани айтилган.
✅ (Ойнинг чиқишига қараб +/- бир кунга ўзгариши мумкин.)
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤92👍46⚡3🥰2😍2👏1
#қурбан_ҳайыты #мағлыўмат #еслетпе
🌙 ✅ (Айдың шығыўына қарап +/- бир күнге өзгериўи мүмкин.)
_____

❤67👍40👏4🥰1😍1

❤71👍42👏4😍4⚡1🥰1

👍86❤39🥰3😍2⚡1👏1

❤69👍39👏4🥰1

❤97👍31⚡4🥰3👏1😍1
#мағлыўмат
🌙 Зулҳижжа айының он күнинде орынланатуғын ең абзал әмеллер:
– Ҳаж ҳәм умраны орынлаў;
– Ораза тутыў;
– Көп намаз оқыў;
– Тәкбир («Аллоҳу акбар»), тәҳмид («Әлҳамду лилләҳ»), тәҳлил («Ләә иләәҳә илләллаҳ») ҳәм басқа да зикирлерди айтыў;
– Садақа;
– Қуран тиләўаты;
– Ата-анаға жақсылық қылыў;
– Силаи раҳм (ағайин-туўысқаншылық байланысларын беккемлеў).
_____
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
– Ҳаж ҳәм умраны орынлаў;
– Ораза тутыў;
– Көп намаз оқыў;
– Тәкбир («Аллоҳу акбар»), тәҳмид («Әлҳамду лилләҳ»), тәҳлил («Ләә иләәҳә илләллаҳ») ҳәм басқа да зикирлерди айтыў;
– Садақа;
– Қуран тиләўаты;
– Ата-анаға жақсылық қылыў;
– Силаи раҳм (ағайин-туўысқаншылық байланысларын беккемлеў).
_____
✓ Зулҳижжа ойининг ўн кунида бажариладиган энг афзал амаллар:
- Ҳаж ва умрани адо этиш;
- Рўза тутиш;
- Кўп намоз ўқиш;
- Такбир ("Аллоҳу акбар"), таҳмид ("Алҳамду лиллаҳ"), таҳлил ("Ла илаҳа иллаллоҳ") ва бошқа зикрларни айтиш;
- Садақа;
- Қуръон тиловати;
- Ота-онага яхшилик қилиш;
Силаи раҳм (қариндош-уруғчилик алоқаларини мустаҳкамлаш).
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤119👍17👏7🥰2
#қурбан_ҳайыты #мағлыўмат #еслетпе
🌙 ✅ (Айдың шығыўына қарап +/- бир күнге өзгериўи мүмкин.)
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Қурбан ҳайыт байрамы зулҳижжа айының 10-күни. Зулҳижжа айының дәслепки он күни ең пазыйлетли, ҳәдислерде сол он күн ишинде қылынған әмеллердиң саўабы оғада жоқары екени айтылған.
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤81👍18👏3🥰2
#мағлыўмат
АРАФАНЫҢ НЕ ЕКЕНИН БИЛЕСИЗ БЕ?
Арафа – Зулҳижжа айының тоғызыншы күни. Қурбан ҳайытынан алдыңғы күн. Быйыл 05-июньға туўра келеди.
«Арафа» сөзи «танысыў», «билиў» деген мәнилерди аңлатады.
Рәўиятларда айтылыўынша, адамзаттың атасы Адам алайҳиссалам менен Ҳаўа ене жәннеттен қуўылып жер бетине түскенде, екеўи бир-бирин таба алмай көп ўақыт жүреди, ақырында усы жерде бир-бирин тапқанлығы айтылады, сонлықтан бул таў Арафат таўы, бул күн Арафа күни деп аталған екен. Бул күн ҳаж шәртлеринен бири – Аллаҳға ибадат етилетуғын қәсийетли Арафат таўында турып дуўа етиледи.
Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссалам: «Ҳаж бул – Арафат. Ким Арафатқа үлгерсе ҳажға үлгерген болады» деген.
Демек, ким Арафатта азырақ болса да турмаса, ҳаж шәртлеринен бирин орынламаған болады.
Ҳажылар бул қәсийетли орында дуўа-тилеклер қылады.
Ҳажға бармағанлар Арафа күни ертеңине болатуғын Қурбан ҳайыты байрамына таярлық көреди. Арафа күнин ораза менен өткерип, көп қайырлы дуўалар-тилеклерди Аллаҳ тааладан сорайды. Бул күн дуўалар қабыл болатуғын күнлерден бири. Арафа күниниң таң намазынан баслап тәкбири тәшрийқ айтыла баслайды.
_______

АРАФА НИМА ЭКАНИНИ БИЛАСИЗМИ?
Арафа - Зулҳижжа ойининг тўққизинчи куни. Қурбон ҳайитидан олдинги кун. Бу йил 05-июнга тўғри келади.
"Арафа" сўзи эса “танишиш”, “билиш” деган маъноларни англатади.
Ривоятларда айтилишича, одамзоднинг отаси Одам алайҳиссалом билан Момо Ҳаво жаннатдан қувилиб ер бетига тушганда, иккови бир-бирини топа олмай кўп вақт юради, охирида шу ерда бир-бирини топганлиги айтилади, шунинг учун бу тоғ Арафот тоғи, бу кун Арафа куни деб аталган экан. Бу кун ҳаж шартларидан бири - Аллоҳга сиғинадиган муқаддас Арафот тоғида туриб дуо қилинади.
Пайғамбаримиз Муҳаммад алайҳиссалом: "Ҳаж бу - Арафот. Ким Арафотга улгурса ҳажга улгурган бўлади" деган.
Демак, ким Арафотда озроқ бўлса ҳам турмаса, ҳаж шартларидан бирини бажармаган бўлади.
Ҳожилар бу муқаддас жойда дуо-ю фотиҳалар қилади.
Ҳажга бормаганлар Арафа куни эртасига бўладиган Қурбон ҳайити байрамига тайёргарлик кўради. Арафа кунини рўза билан ўтказиб, кўп хайрли дуо-тилакларни Аллоҳ таолодан сўрайди. Бу кун дуолар қабул бўладиган кунлардан бири. Арафа кунининг тонг намозидан бошлаб такбири ташриқ айтила бошлайди.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤165👍34😍3⚡2🥰2👏1
#қурбан_ҳайыты #мағлыўмат #еслетпе
🌙
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Қурбан ҳайыт байрамы зулҳижжа айының 10-күни. Зулҳижжа айының дәслепки он күни ең пазыйлетли, ҳәдислерде сол он күн ишинде қылынған әмеллердиң саўабы оғада жоқары екени айтылған.
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤139👍26👏12🥰1
#қурбан_ҳайыты_әдеплери
#мағлыўмат
Ҳайыт байрамына тийисли әдеплер
Ҳайыт байрамы жәмийеттеги ҳәмме мөмин-мусылман инсанлар ушын қуўаныш ҳәм шадлық күни. Ҳайыт байрамы екеў болып, олардан бири Рамазан айы оразасын тутқаннан кейин болса, екиншиси ҳажылар Арафат таўына барғанда байрамланады. Мусылманлар қуўаныш пенен күтип алатуғын бул еки байрамды өткериўдиң өзине жараса әдеплери бар. Оларға әмел қылған мусылман көплеп саўапларға ериседи.
Ҳайыт байрамының әдеплери дегенде төмендегилер түсиниледи:
1. Қалыс нийет қылыў;
2. Ғусыл қылыў;
3. Хош ийисли әтир себиў;
4. Таза кийимлер кийиў;
5. Рамазан ҳайытынан алдын питир садақасын бериў;
6. Рамазан ҳайыты намазын оқыўдан алдын бир, еки хурма жеп алыў;
7. Қурбан ҳайытында қурбанлық қылыўдан алдын ҳеш нәрсе жемеў;
8. Ҳайыт намазына ерте барыў;
9. Ҳайыт намазына балаларды алып шығыў;
10. Мешитке пияда барыў;
11. Мешитке баратырғанда даўысын көтерип тәҳлил ҳәм тәкбир айтыў;
12. Ҳайыт намазынан алдын нәпил намаз оқымаў;
13. Ҳайыт намазы ушын азан ҳәм тәкбир айтпаў;
14. Ҳайыт намазын хутба қылыўдан алдын оқыў;
15. Имамның жәмәәтке жүзленип хутба қылыўы;
16. Қурбанлық ҳайўанын ҳайыт намазынан кейин сойыў;
17. Бир-бирин ҳайыт байрамы менен қутлықлаў;
18. Мешиттен уйге қайтқанда келген жолынан басқа жол менен қайтыў;
19. Ағайын-туўысқанларды зыярат қылыў;
20. Қоңсыларды байрам менен қутлықлаў;
21. Жас балаларды қуўантыў;
22. Ысырапқа алып барыўшы ислерден тыйылыў;
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#мағлыўмат
Ҳайыт байрамына тийисли әдеплер
Ҳайыт байрамы жәмийеттеги ҳәмме мөмин-мусылман инсанлар ушын қуўаныш ҳәм шадлық күни. Ҳайыт байрамы екеў болып, олардан бири Рамазан айы оразасын тутқаннан кейин болса, екиншиси ҳажылар Арафат таўына барғанда байрамланады. Мусылманлар қуўаныш пенен күтип алатуғын бул еки байрамды өткериўдиң өзине жараса әдеплери бар. Оларға әмел қылған мусылман көплеп саўапларға ериседи.
Ҳайыт байрамының әдеплери дегенде төмендегилер түсиниледи:
1. Қалыс нийет қылыў;
2. Ғусыл қылыў;
3. Хош ийисли әтир себиў;
4. Таза кийимлер кийиў;
5. Рамазан ҳайытынан алдын питир садақасын бериў;
6. Рамазан ҳайыты намазын оқыўдан алдын бир, еки хурма жеп алыў;
7. Қурбан ҳайытында қурбанлық қылыўдан алдын ҳеш нәрсе жемеў;
8. Ҳайыт намазына ерте барыў;
9. Ҳайыт намазына балаларды алып шығыў;
10. Мешитке пияда барыў;
11. Мешитке баратырғанда даўысын көтерип тәҳлил ҳәм тәкбир айтыў;
12. Ҳайыт намазынан алдын нәпил намаз оқымаў;
13. Ҳайыт намазы ушын азан ҳәм тәкбир айтпаў;
14. Ҳайыт намазын хутба қылыўдан алдын оқыў;
15. Имамның жәмәәтке жүзленип хутба қылыўы;
16. Қурбанлық ҳайўанын ҳайыт намазынан кейин сойыў;
17. Бир-бирин ҳайыт байрамы менен қутлықлаў;
18. Мешиттен уйге қайтқанда келген жолынан басқа жол менен қайтыў;
19. Ағайын-туўысқанларды зыярат қылыў;
20. Қоңсыларды байрам менен қутлықлаў;
21. Жас балаларды қуўантыў;
22. Ысырапқа алып барыўшы ислерден тыйылыў;
“Ислам әдеплери энциклопедиясы” китабы
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤163👍16👏16😍7⚡2🥰2