Paziyletuz | Рәсмий канал
73.1K subscribers
27.7K photos
4.11K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
#хош_хабар

КӨКИРЕК НЫШАНЫ МҮБӘРЕК БОЛСЫН

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 31 жыллығы қарсаңында, 30-июль - Халықлар дослығы күни мүнǝсибети менен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық мүнǝсибетлер ҳәм шет ел мәмлекетлер менен дослық байланыслары комитети тәрепинен бир топар жерлеслеримиз қатары диний тараў хызметкерлери де “Халықлар дослығы” кѳкирек нышаны менен сыйлықланды. Сыйлықланғанлар арасында Қарақалпақстан мусылманлары қазыятына қараслы мешит имам-хатиблериниң де бар екенлиги қуўанарлы жағдай ǝлбетте. Атап айтқанда, Нѳкис қаласы бас имамы, «Имам ийшан Муҳаммад» жаме мешити имам-хатиби Разов Бахрамаддин ҳәм Қоңырат районы бас имамы, “Ҳǝким Сулайман” жаме мешити имам-хатиби Рахат Умаровлар усы сыйлық пенен сыйлықланды. Толық.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#видео_ролик #мақтаныш
#хош_хабар

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН МУСЫЛМАНЛАРЫ ҚАЗЫЯТЫНА ҚАРАСЛЫ БИР НЕШЕ МЕШИТ ИМАМ ХАТИБЛЕРИ "ХАЛЫҚЛАР ДОСЛЫҒЫ" КӨКИРЕК НЫШАНЫ МЕНЕН СЫЙЛЫҚЛАНДЫ


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#хош_хабар

“МУҲАММАД КАРИМ” ЖАМЕ МЕШИТИНИҢ ҚУРЫЛЫС ЖУМЫСЛАРЫ БАСЛАНДЫ

Усы жылдың июнь айында Хожели районы “Сарышунгүл” аўыл пуқаралары жыйынындағы “Муҳаммад Карим” жаме мешити имаратын қайта қурыў ҳаққында хабар берген едик. Бүгин усы мешиттиң қурылыс жумыслары басланып, биринши гербишин қойыў мәресими болды. Онда Хожели районы бас имамы И.Шерниязов, имам-хатиблер, уламалар, нураный ақсақаллар ҳәм аўыл турғынлары қатнасты. Қурылысшылар ҳаққына ҳәм бул мешиттиң халкымызға узақ жыллар хызмет қылыўы ушын қайырлы дуўалар қылынды.

https://t.me/paziyletuz
#жаңалық #хош_хабар

Ертең, 16-октябрь күни саат 10:00 Қарақалпақстан Республикасы Нѳкис районы «Ақманғыт» посёлкасындағы орайлық «Имам ийшан» жаме мешитиниң жаңа имаратының ашылыў мәресими болып өтеди.

Бәршеңизди ашылыў мәресимине мирәт етемиз!


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#хош_хабар

ДИНИЙ ТАРАЎ ҚӘНИГЕЛЕРИ ДЕ ЕСТЕЛИК НЫШАНЫ МЕНЕН СЫЙЛЫҚЛАНДЫ

Ѳзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгениниң отыз жыллығы мүнәсибети менен президент «Ўзбекистон Конституциясининг 30 йиллиги» естелик нышанын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы пәрманға қол қойған еди.
Естелик нышаны менен мәмлекет ғәрезсизлигин беккемлеў, оның экономикалық, сиясый, социаллық, илимий, руўхый потенциалын көтериў, қорғаныў күшлерин асырыў, мәмлекет шегараларының қол қатылмаслығын тәмийинлеў, тынышлық ҳәм қәтержамлықты, миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты асыраў уқсаған ўазыйпаларды әмелге асырып киятырған барлық тараўдың ўәкиллери, мийнет ветеранлары, әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери ҳәм тағы басқа шахслар сыйлықланады.
Бүгин республикамыздың бир қатар орынларында усы кѳкирек нышаны менен сыйлықлаў мәресими болып ѳтти. Онда Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ҳаял-қызлар мәселелери бойынша қазы жәрдемшиси Тамара Досымбетова, Хожели районы бас имамы Икрам Шерниязов, Тахиятас районы бас имамы Рафатдин Ѳмирзақов, Елликқала районы бас имамы Исмайыл Атажанов, Әмиўдәрья районы бас имамы Абдурахман Матсапаев, Қанлыкѳл районы бас имамы Нуғман Наимов, Бозатаў районы бас имамы Қутлымурат Изтилеўов, Кегейли районы бас имамы Арзыўбай Юсупов, Қараѳзек районы бас имамы Азат Идрисов, Тахтакѳпир районы бас имамы Бахберген Надиров, Мойнақ районы бас имамы Рахимжан Тлеўбаев, Нѳкис қаласы «Муҳаммад Бахий ийшан» мешити имам-хатиби Шуҳрат Қудайбергенов, Нѳкис районы «Камал ахун» мешити имам-хатиби Зиятдин Минажатдинов, Нѳкис районы «Имам ийшан» мешити имам орынбасары Артықбай Назеров ҳәм де Беруний районы «Бадр ата» мешити имам-хатиби Ислам Жумамуратовлар «Ўзбекистон Конституциясининг 30 йиллиги» естелик нышаны менен сыйлықланды.
Аллаҳ таала бул естелик нышанларын мүбәрек қылғай. Бул кәсиплеслеримиздиң алдағы машақатлы ислеринде табыслар тилеймиз.  

https://t.me/paziyletuz
#хош_хабар

«Инсан ҳуқықлары тараўында тәлим ҳәм излениўлер» таңлаўы жеңимпазлары сыйлықланды

Усы жылдың 20-феврал күни Инсан ҳуқықлары тараўында тәлим ҳәм излениўлер» таңлаўы жеңимпазларын сыйлықлаў салтанаты болып өтти.
Инсан ҳуқықы бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы директоры Акмал Саидов мәресимди ашып берер екен, таңлаў 2022-жыл 10-октябрь күни жәрияланғанына итибар қаратты. Таңлаў Өзбекстан Республикасы Конститутциясының 30 жыллығы, БМШның Инсан ҳуқықлары тараўындағы Жәҳән тәлим дәстүри ҳәм Инсан ҳуқықлары тараўында тәлим - тәрбия туўрысындағы декларацияға бағышланды.
Таңлаў Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми сондай-ақ, БМШның наркотиклер ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша басқармасы менен жақыннан бирге ислесиў арқалы шөлкемлестирилди.
Таңлаў 5 номинация бойынша өткерилип, жәми 72 ҳүжжет келип түсти.

«Инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине бағышланған ең жақсы видео ролик» номинация бойынша – Қаракалпақстан Мусылманлары Қазыяты хабар ҳәм медиа қәнигеси Нурмуҳаммед Жумағулов сыйлы 1-орын жеңимпазы деп табылды.

Жеңимпазлар дипломлар ҳәм қымбатбаҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Инсан ҳуқықы бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының баспа сөз хызмети.

https://t.me/paziyletuz
#хош_хабар

ҚАРАКАЛПАҚСТАНЛЫ ЖҮЗ ПУҚАРА МҮБӘРЕК УМРА САПАРЫНА БИЙПУЛ БАРЫЎ ИМКАНИЯТЫНА ИЙЕ БОЛДЫ

Шүкиршилик сөзинде сондай мәни бар, бул сөз пүткил барлыққа өзиниң тәсирин, жақсылығын өткизбестен қоймайды. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жылы 19-февраль күни Бухара ўәлаятына сапарында кем тәмийинленген пуқараларды «Умра» сапарына бийпул жибериў бойынша усынысын мақуллаған еди. Бул Өзбекстанда усы күнге шекем болмаған тарийхый ўақыя болды. Ҳәр бир инсанның әрманы болған «Умра» ҳаж сапарына енди журтымыздағы имканияты жоқ инсанларға да несип етиўи үлкен қуўанышқа себеб болды. Президент тапсырмасына тийкарланып Қарақалпақстан Республикасында да 100 пуқараның дизими шөлкемлестирилди. Ҳүрметли Президентимиздиң ҳәрекетлери менен енди шүкиршилигимизди айтып, халқымыздың атынан Аллаҳтың бенделери ушын уллы орынларда журтымыздың тынышлығы, аманшылығын сорап дуўа қыламыз. Усы күнлерге жеткергенине шүкир. Журтымызда инсан қәдирин уллылаў ушын алып барылып атырған сиясат шын мәниде адамлардың жақсы жасаўы, бүгинги күнинен разы болыўға хызмет қылып атыр. Исендирип айта аламыз, бизден де бул тараўда мүнәсип жуўап болады. Мәрт ҳәм ақ көкирек Қарақалпақстанлылар тәрепинен Президентимизге миннетдаршылық билдиремиз.

https://t.me/paziyletuz
#хош_хабар #рамазан_2023

🌙 РАМАЗАН АЙЫ 23-МАРТТАН БАСЛАНАДЫ

«Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип тәризде өткериў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Оған көре, 2023-жылғы Рамазан айының басланыўы 23-март сәнесине туўра келиўи ҳаққындағы Өзбекстан мусылманлары басқармасының мағлыўматы дерек сыпатында қабыл қылынды.

🕌 Өзбекстан мусылманлары басқармасы Уламалар кеңеси тәрепинен Ислам дини дереклери ҳәм астрономиялық мағлыўматларға сүйенген ҳалда 2023-жылда Рамазан айының биринши күни усы жылдың 23-март, пийшемби күнине туўра келиўи ҳаққында жуўмақ шығарылған.


Өзбекстан мусылманлары басқармасы баспа сөз хызмети

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#хош_хабар #рамазан_2023

РАМАЗАН ҲАЙЫТЫ БЕЛГИЛЕЎ ҲАҚҚЫНДА ПРЕЗИДЕНТ ҚАРАРЫ ЖӘРИЯЛАНДЫ

Қарарға муўарық,
Мүбәрек Рамазан ҳайыты 2023-жылғы 21-апрель сәнесине туўра келиўи ҳаққындағы Өзбекстан мусылманлары басқармасының карарын инабатқа алып, мәмлекетимизде 2023-жылғы 21-апрель күни Рамазан ҳайыты байрамы сыпатында кең белгиленеди.

Халқымыздың Рамазан ҳайыты байрамын мүнәсип күтип алыў ҳәм жоқары дәрежеде өткизиў ушын қолайлы шараят жаратыў мақсетинде 2023-жылда байрам күнлери дем алыс күнлери сыпатында белгиленди.


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#хош_хабар

ТѲРТКҮЛ РАЙОНЫНДА МЕШИТ ИМАРАТЫ ҚАЙТА ҚУРЫЛЫП ПАЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛДЫ

Соңғы жылларда мәмлекетимиз тәрепинен бәрше тараўларда раўажланыўлар, жаңаланыўлар алып барылып атыр, әсиресе диний тараўда мақтаныш етерли, унамлы ѳзгерислер әмелге асырылмақта. Атап айтсақ бир қанша мешит имаратлары қайта қурылды, таҳәратханалары ири оңлаў, реконструкция жумыслары алып барылды. Бул әлбетте ҳүкиметимиз тәрепинене тараўға қаратылып атырған итибардың, айрықша ғамхорлығының нәтийжеси.

Бүгин мине усындай тараўда болып атырған жаңаланыўлардың айқын мысалы Тѳрткүл районы «Оқбошли» аўыл пуқаралар жыйынындағы имараты қайта қурып питкерилген «Малла дунли» ҳǝм «Ўзбекистон» аўыл пуқаралар жыйынындағы қайта қурып питкерилген «Қошқар ата» мешитлериниң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырыў мǝресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы  Ш. Бауатдинов, Төрткүл районы ҳәкиминиң биринши орынбасары М. Бекчанов, дин ислери бойынша комитеттиң ройондағы қәнигеси Б.Жуманиязов, имам-хатиблер, район турғынлары ҳәм нураный ақсақаллар қатнасты. Илаж барысында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы  Шамсуддин Бауатдинов сөзге шығып, журтымызда болып атырған қайырлы ислер, Аллаҳ тааланың ең уллы неъматы – тынышлығымыздың арқасында болып турғанын, оны асырап абайлаў ҳәр биримиздиң әдиўли ўазыйпамыз екени ҳәм усы неъматларға шүкиршилик етиўимиз кереклиги ҳаққында айтып өтти. Қурылысқа жақыннан жǝрдем берген бәрше инсанларға миннетдаршылық билдирди.

Илаж соңында елимиздиң тынышлығы, халқымыз пәраўанлығы ушын сондай-ақ, усындай қайырлы ислерге жақыннан жәрдем берген елимиз басшылары жергиликли уйымлар, тараў қәнигелери, қәўендерлер ҳәм қурылысшылар ҳаққына қайырлы дуўалар қылынды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

https://t.me/paziyletuz
#Хош_хабар

ПАЙТАХТЫМЫЗ НѲКИС ҚАЛАСЫНДА ЖАҢА МЕШИТ ѲЗ ЖУМЫСЫН БАСЛАДЫ

Пайтахтымыз Нѳкис қаласының «Саманбай» мәкан пуқаралары жыйыны аймағынан «Шайх Муҳаммад Содиқ Муҳаммад Юсуф» мешити пайдаланыўға тапсырылды.
Бул “Шайх Муҳаммад Содиқ Муҳаммад Юсуф” мешити 700 адамға мѳлшерленген, 1 үлкен намаз оқыў залы, 2 хызметкерлер ханасы, 30 метр бийикликтеги 2 минара, 1 гүмбез, 25 адамға хызмет кѳрсетиўши заманагѳй типтеги тахаратхана да қурып питкерилди. Мешиттиң ишки тәрепиндеги шебер усталар тәрепинен исленген безеўлер кеўиллерге заўық бағышлайды.
Мешитке елимизге ислам әлемине белгили улама, ислам дининиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан, бир нешше шәкиртлердиң устазы Шайх Муҳаммад Содиқ Муҳаммад Юсуфтың аты берилди.
Бүгин, усы мешиттиң ашылыў мәресими болып, онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы орынбасары Р.Сапарбаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри С.Мамбетқадиров, Нѳкис қаласы ҳәкими У.Панаев, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, “Имам ийшан Муҳаммад” жоме мешити, Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний атындағы орта арнаўлы ислам билим журты ўәкиллери, белгили уламалар, ветеран имамлар, имам-хатиблер ҳәм мәҳәлле турғынлары қатнасты.
Мүбәрек Қурбан ҳайыты қарсаңында бул мешиттиң пайдаланыўға тапсырылыўы пайтахтымыз халқы ушын әжайып саўға болды.
Иләж соңында мешит қурылысына жақыннан жәрдем берген инсанларға өз миннетдаршылығын билдирип, нураный аталар елимиздиң тынышлығы, қәтержамлығы ҳәм абаданшылығын тилеп дуўалар қылды.
Соның менен республикамызда мешитлердиң саны 64 ке, пайтахтымыз Нѳкис қаласында болса 6 мешитке жетти.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
1
#Хош_хабар

Әмиўдәрья районындағы «Ҳажы ийшан баба» мешитиниң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды

Мешитлерди абат етиў таат-ибадатлар менен ҳǝм де усы мешитлерди жақсылап қурып, пǝк сақлап, кѳз қарашығындай етип асыраў менен болады. Аллаҳ таала Қурани кǝриймниң «Нур» сүреси, 36-аятында: «(Ол шыра) Аллаҳ олардың көтерилиўине (қурылыўына) ҳәм оларда Өзиниң атының зикир қылыныўына руқсат берген үй (мешит)лерде. Ол жер (мешитлер)де азанлы-кеш Оған тасбиҳ айтатуғын», деп марҳамат қылынады.
Соңғы қысқа ўақытта елимизде диний тараўда унамлы ѳзгерислер болмақта. Динимиздиң еле де раўажланыўы ушын кең имканиятлар жаратылмақта. Мешитлер саны кѳбейип, имам-хатиблердиң болса диний ҳәм дүньялық илимлери артпақта.
Әмиўдәрья районындағы «Қыпшақ» мәкан пуқаралары жыйыны аймағындағы «Ҳажы ийшан баба» жоме мешитиниң ески имараты 1988-жылларда қурылғанлықтан, бүгинги күнде мешит имараты авария аўҳалына келип қалған. 2021-жылдың август айында жергиликли ҳǝкимият ҳәм тийисли шѳлкемлердиң келисими менен, юридикалық мǝнзили ѳзгермеген ҳалда, усы аймақтан мешиттиң жаңа имаратын қурыў жумыслары басланды.
Арадан 3 жыл ѳтип, «Қыпшақ» мәкан пуқаралары жыйыны турғынларының, жергиликли исбилерменлердиң, Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының ҳǝм район ҳǝкимиятының жақыннан берген әмелий ҳәм материаллық жақтан берген кѳмеги нǝтийжесинде шығыс архитектурасы үлгисинде, бәрше қолайлықларға ийе, ықшам мешиттиң жаңа имараты қурып питкерилип, халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды.
Бүгин усы «Ҳажы ийшан баба» жоме мешитиниң жаңа имәратын тапсырыў мәресими болып ѳтти. Онда Әмиўдәрья районы ҳәкими Собир Ходжаметов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ўәкиллери, имам-хатиблер ҳәм район турғынлары қатнасты. Мешиттиң қурылыс жумысларында жақыннан жәрдем берген инсанларға естелик саўғалары берилди ҳәм Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының миннетдаршылығы билдирилди.
Хабарыңыз бар, елимиз турмысында унамлы, тарийхый ҳǝм есте қаларлық ўақыялар кѳп болмақта. Ҳүрметли журтбасшымыз тǝрепинен халық мәпи ушын ǝҳимийетли ўазыйпалар белгилеп берилмекте, орайдан алыста жайласқан аймақлардың инфраструктурасын жақсылаў, оларды заманагѳй кѳриниске келтириў, пуқараларымыз ушын ҳǝр тǝреплеме қолай шараят жаратыў ушын ǝҳимийетли жойбарлар ислеп шығылмақта. Мине буларды Әмиўдәрья районы мысалында кѳрсек болады.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#хош_хабар

Бир қатар тараў қәнигелери «Диний кеңпейиллик» кѳкирек нышаны менен сыйлықланды ҳәм хошаметленди

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇


     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#хош_хабар
#жаңалық

ХЫЗМЕТКЕРИМИЗ ТАҢЛАЎ ЖЕҢИМПАЗЫ БОЛДЫ


«9-декабрь – коррупцияға қарсы гүресиў күни» мүнәсибети менен Ѳзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги тәрепинен «Жәмийетте коррупцияға қарсы гүрести үгит-нәсиятлаўшы видеороликлер» атамасында таңлаў шѳлкемлестирилди. Таңлаў нәтийжелерине кѳре Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Медиа орайы қәнигеси Жумағулов Нурмуҳаммад Республика бойынша биринши орын жеңимпазы болып, (70 балл) I дәрежели диплом ҳәм ноутбук пенен сыйлықланды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
👍3
#Хош_хабар
#жаңалық

ИМАМ-ХАТИБЛЕРГЕ ИЖАЗА БЕРИЎ МӘРЕСИМИ

Бүгин 2023 жыл 27-декабрь күни "Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф" комплексиниң мәжлислер залында имам-хатиблерге ижаза бериў мәресими болып өтти.

2023 жыл 7-августтан усы жылдың 27-декабрь күнине шекем даўам еткен бул "Тәжўид" сабақларында Республикамызда ислеп атырған 500 ге жақын имам-хатиблер онлайн ҳәм офлайн тәризде қатнасты.

Бүгин бул имам-хатиблердиң ең уқыплылары санады Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға тутасқан ижаза менен сыйлықланды.

Илажда Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳәм "Қуран ҳәм тәжўидти үйретиў" бөлими баслығы Шайх Алижон қарый уқыплы имам-хатиблерди ижаза менен сыйлықлады.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
🥰1
#Хош_хабар
#жаңалық

   Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районы бас имамы ҳǝм усы райондағы «Мағзан ийшан» жоме мешити имам-хатиби Юсупов Арзыўбай Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳәм «Қуран ҳәм тәжўидти үйретиў» бөлими баслығы Шайх Алижон қарый тәрепинен ижаза менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, илажда Қоңырат районы «Бердақ баба» жаме мешити имам-хатиби Едилбек Косутов та ижаза менен сыйлықланды

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
👍2
#Хош_хабар

🗣"БИРДЕН-БИР ОЛИМПИАДА – 2024" ТАҢЛАЎЫ ЖЕҢИМПАЗЫ АНЫҚЛАНДЫ

💬 Өзбекстан мусылманлары басқармасына қараслы орта арнаўлы ислам билим журтлары питкериўши курс талабалары арасында Ташкент ислам институтында "Бирден-бир олимпиада – 2024" таңлаўы болып өтти. Ҳәр жылы өткерилетуғын таңлаўда жәми 10 орта арнаўлы ислам билим журтларының ең билимли талабалары қатнасты. Талабалар араб тили, фиқҳ ҳәм ақоид пәнлери бойынша беллести.

🏆 Қызғын беллесиўлер менен өткен таңлаўда сыйлы 1-орынды Нөкис қаласы "Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний" орта арнаўлы ислам билим журты талабасы Нажиматдинов Муҳамматдин қолға киритти. Ол "Вақф" қайырқомлық жәмәәтлик фонды гранты тийкарында диний билимлендириў жоқары оқыў орнына конкурссыз оқыўға кириў, Өзбекстан мусылманлары басқармасының биринши дәрежели диплом, 7 миллион сўм ҳәм хошаметлеў сыйлығы ийесине айланды.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👏116👍7630😍6
#хош_хабар
Билим журты талабалары ижаза алыўға мияссар болды

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты талабалары Мамасолиев Аҳмаджон ҳәмде Нажиматдинов Мухамматдин Қураны кәриймниң қирәәт жѳнелисинде Ҳафстың Имам Асымнан ҳәм де Шуъбаның Имам Асымнан қылған рәўиятларынан Шатибия жолы арқалы Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламға байланған санад (шежире) менен устаз Зулфиқар қарый Сапашовтан  “Ижаза” алыўға мияссар болды.
🗣Билим журты жәмәәти ижаза алған шәкиртлеримизге Аллаҳ тааладан пайдалы илим, күшли зеҳин, алдағы жумысларында тасқын табыслар тилеймиз. Аллаҳ таала шәкиртлеримиздиң алған ижазаларын өзлерине, ата-аналарына ҳәм пүткил халқымызға пайдалы, берекетли қылсын!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍8938👏1
#хош_хабар

ЖУРТЫМЫЗ ҚАРЫЙЛАРЫ ИЖАЗА АЛДЫ

🗣 Нөкис қаласында жайласқан "Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний" атындағы ислам билим журтында тәлим берип атырған қарый устазларымыз Аллаяров Исмоил Карамаддинович Имам Ҳафстың Асим ибн Әбун Нажудтан қылған рәўияты Шатибия жолы арқалы ҳәм Жийемуратов Сардарбек Атабай улы Ҳафстың Имам Асымнан ҳәм де Шуъбаның Имам Асымнан қылған рәўиятларынан Шатибия жолы арқалы Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға байланған санад (шежире) менен Жаҳонгир ибн Тўлқин ибн Неъматуллоҳ Тошқандийден ИЖАЗА алды.

Түсиндирме: "Ижаза" сөзликте "руқсат бериў" деген мәнини аңлатады. Ал, терминологияда "Ижаза" деп – бир илимди устаздан үйренип, оны үйретиўге руқсат алыў қағазына айтылады. Әдетте, қирәәт илиминде, ҳәдис илиминде сабақ бериў ушын ижаза талап етиледи. Буннан басқа илимлерде де, ижаза бериў жолға қойылған.

😎 Әлбетте, бул пүткил халқымыз ушын жоқары жетискенлик. Қарый устазларымыздың алдағы ислеринде де үлкен табыслар тилеп қаламыз.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍11187👏16😍2
#хош_хабар
Билим журты талабалары ижаза алыўға мияссар болды

     Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты талабасы Аъзамжонов Шахбоз Қураны кәриймниң қирәәт жѳнелисинде Ҳафстың Имам Асымнан ҳәм де Шуъбаның Имам Асымнан қылған рәўиятларынан Шатибия жолы арқалы Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламға байланған санад (шежире) менен устаз Зулфиқар қарый Сапашовтан  “Ижаза” алыўға мияссар болды.
     Буннан тысқары билим журтының және бир талабасы Холиқов Муҳаммадқодир Қураны кәриймниң қирәәт жѳнелисинде Ҳафстың Имам Асымнан қылған рәўиятынан Шатибия жолы арқалы Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламға байланған санад (шежире) менен устаз Исмоил қарый Аллаяровтан  “Ижаза” алыўға мияссар болды.
     Билим журты жәмәәти ижаза алған шәкиртлеримизге Аллаҳ тааладан пайдалы илим, күшли зеҳин, алдағы жумысларында тасқын табыслар тилеймиз. Аллаҳ таала шәкиртлеримиздиң алған ижазаларын өзлерине, ата-аналарына ҳәм пүткил халқымызға пайдалы, берекетли қылсын!
Түсиндирме: Ижаза сөзликте «Руқсат бериў», деген мәнини аңлатады. Терминологияда болса, «Ижаза» деп – бир илимди устаздан үйренип, оны үйретиўге руқсат алыў қағазына айтылады. Әдетте, қирәәт илиминде, ҳәдис илиминде сабақ бериў ушын ижаза талап етиледи. Буннан басқа илимлерде де, ижаза бериў жолға қойылған. Демек, бул шәкиртлер менен устазлар арасындағы шынжырдың байланысы болып, шынжырдың басындағы санадта болса Пайғамбарымыз алайҳиссалам турады.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🧿alberuniy.uz              🟥youtube 
🌐instagram                 🌐facebook

Каналға ағза болың !
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍11431👏131😍1