Paziyletuz | Рәсмий канал
73.1K subscribers
27.8K photos
4.11K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#жаңалық

Республикамыздың ең шетки аймақларынан бири болған, Нѳкис қаласынан 450 км узақлықта жайласқан Қоңырат районындағы «Қарақалпақстан» посёлка пуқаралары жыйынында “Бердақ баба” жоме мешити мǝмлекет дизиминен ѳткерилип, ѳз жумысын баслады. Посёлка пуқараларының қуўанышлары шексиз, усындай мешит қурылысына себепши болғанлардан миннетдар.

Еслетип ѳтемиз бул «Бердақ баба» жоме мешити республикадағы 61-мешит, 60-мешит «Рахматуллаҳ мақсым» Шымбай районында, 59-мешит «Сапар ата» Шоманай районында ашылған еди

Каналымызға ағза болың 👉t.me/alberuniyuz
#жаңалық

КЕГЕЙЛИ РАЙОНЫ БАС ИМАМЫ САЙЛАНДЫ

Бүгин, жума күни Кегейли районына бас имам сайлаў мǝресими болды. Онда Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Бауатдинов қатнасып, бүгинги күнге шекем усы райондығы «Искендер ҳǝм Алаўатдин» жаме мешитинде имам-хатиб лаўазымында ислеп келген Юсупов Арзыўбайдың Кегейли районы бас имам-хатиби ҳǝм усы райондағы «Мағзан ийшан» жоме мешити имам-хатиби лаўазымына тайынланғаны ҳаққындағы Ѳзбекстан мусылманлары басқармасының буйырғын оқып еситтирди.

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#жаңалық #хабар

Юсупов Арзыўбай 2008-жылы Нѳкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал- Беруний атындағы орта арнаўлы ислам билим журтын питкерип, Кегейли районындағы «Мағзан ийшан» жаме мешити имам-найыбы, 2018-жылдан бүгинги күнге шекем усы райондағы «Искендер ҳǝм Алаўатдин» жаме мешитиниң имам-хатиби лаўазымында ислеп келген еди. Мағлыўмат ушын алдын усы лаўазымда ислеп келген Абдираззақов Алматдин денсаўлығы ҳǝм ҳүрметли демалысқа шығыўына байланыслы Кегейли районы бас имамы ҳǝм усы райондағы «Мағзан ийшан» жоме мешити имам-хатиби лаўазымынан азат етилди.

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#жаңалық #хабар

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Бауатдинов район халқы менен ушырасып, елимизде диний тараўда алып барылып атырған унамлы ѳзгерислер ҳǝм жетискенликлер ҳаққында пикир алысты.

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#жаңалық

Умрашыларға әжайып қолайлық: Мобил дәстүр иске түсти!

Усы күнлерде мыңлап ўатанласларымыз Умра зыяратын орынламақта. Оларға ҳəўес еткен журтымыз мөмин-мусылманлары мүбəрек сапар арзыўында.
Жаратқанға шүкир, журтымыз турғынларының талап ҳəм қəлеўлерин инабатқа алған ҳалда Өзбекстан мусылманлары басқармасы ҳəм бир қатар бирге ислесиў шөлкемлери тəрепинен Умра сапары ушын қолай шараятлар таярлаў ислери əмелге асырылды. Атап айтқанда, сапар рейслерди таярлаў бойынша əмелий ис-илажлар көрилип, нəтийжеде усы жылдың 10 февралынан баслап, мүбəрек үлкеге умра ибадаты ушын рейслер ҳəптениң ҳəр сийшемби ҳəм шемби күнлери 3 мəрте, қалған 5 күнлерде 2 данадан рейс жолға қойылды. Сонда бир ҳəпте даўамында жəми 16 мəрте авиапəрўаз əмелге асырылмақта. Тағы бир қуўанышлы хабар, Өзбекстан мусылманлары басқармасы тəрепинен “Умра қолланбасы” мобил дәстүри ислеп шығылды. Онда Умра сапары даўамында лазым болатуғын зəрүрли мағлыўматлар қысқа, əпиўайы ҳəм түсиникли баян етилген.
Ҳəмме де Умра зыяраты əдеплери, бул сүннет əмелди орынлаў тəртип-қағыйдалары, оның дуўалары ҳаққында толық хабардар емес. Умраны нийет еткен айрым инсанлар ол ҳаққында китаптан оқыса, кимдүр зыяратқа барып келгенлерден сорастырады. Басқа биреўлери интернет тармақларынан мағлыўматлар излеп, өз бетинше билим алады. Бирақ, булардың ҳəммеси адамда толық түсиник оятпаўы мүмкин.
Пандемия шəраятында Саудия Арабстанында енгизилген жаңа тəртип-қағыйдалар, аэропорт, мийманханаларда нелерге итибарлы болыў кереклиги, Умра зыяратында қайерлерге барылыўы, зыярат орынларының тарийхы ҳаққында да қысқаша мағлыўматлар берилген. Мобил дәстүрде мүбəрек сапар даўамында зəрүр болатуғын барлық дуўалар аудио формасында берилгени зыяратты кəмил орынлаўда толық жəрдемлеседи.
Мобил дәстүрге тоқталып өтетуғын болса, онда “Умра қолланбасы”, “Умра дуўалары”, “Сапарға таярлық” ҳəм “Ислам тарийхына тийисли орынлар” атлы бөлимлери бар.
“Умра қолланбасы” бөлиминде Умра ибадатына тийисли барлық мəселелер келтирилген: “умра” сөзиниң мəнисинен тап оның əмеллери сүннетлеринеше. Соң зыярат етиў əдеплери, мүбəрек қала ҳəм мешитлердиң пазыйлетлери, мүбəрек сапар тəртип-қағыйдалары киби бир қатар керек мағлыўматлар усынылған.
“Умра дуўалары” бабында мүбəрек сапарда əҳмийетли болған дуўалар толық баян етилген. Сапарға таярлық көриўде, сапар даўамында, мүбəрек қалаға кириўдеги дуўалар, таўап тийкарында, зам-зам суўын ишкенде, теберик орынларда, ўатанға қайтыўда оқылатуғын 50ден аслам дуўалар берилген. Тағы бир əҳмийетли тəрепи, бул бөлиминде Нəбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам менен бир қатарда Әбиў Бəкир ҳəм Ҳəзирети Умар разыяллаҳу анҳумаға сəлем бериў əдеп ҳəм тəртиплери баян етилген. Бул дуўаларды толық билиў зыярат ҳəм ибадатларды толық болыўына тийкар болады.
Сол баплардан және бири Ислам тарийхына тийисли. Бунда сапар даўамында барылатуғын муқаддес орынлар ҳаққында қызықлы ҳəм тарийхый дереклер берилген. Оларды оқыған адам муқаддес орынларға тийисли кең түсиникке ийе болады.
Жəне бир əҳмийетли – сапарға таярлық бөлими. Онда мүбəрек сапарға шықпақшы болған ҳəр бир адамға керекли усыныслар, қадаған етилген тəртип-қағыйдалар, зыяратшылар итибар бериўи керек болған мəселелер баян етилген.
Сондай-ақ, қосымшада бир қатар еслетпе ҳəм хызметлер бар. Атап айтқанда, пандемия шəраятында Саудия Арабстанындағы тəртиплер, қайсы вакциналар алыў зəрүрлиги ҳəм ҳаўа-райы ҳаққында мағлыўматлар бериледи. Қалаберсе, муқаддес сапарға ең соңғы рейслер қашан ушыўы ҳəм қайтыўы ҳаққында да анық хабарлар жайластырылған. Бундай заманагөй хызметлер мүбəрек сапарға атланғанлар ушын қолайлы.
Қысқасы, қосымша менен танысқан адам Умра зыяраты ҳаққында толық мағлыўматқа ийе болады. Ал, бул мүбəрек зыяратқа алдыннан таярлық көриў ҳəм оны толық орынлаўда оғада əҳмийетли қəдем.
Орны келгенде айтыў керек, умра сапарына барып киятырған жерлеслеримиз мүбəрек зыяратқа барыў жолға қойылғаны, таярланған шəраят ҳəм хызмет көрсетиў сыпатының жоқарылығынан миннетдар болмақта. Буның ушын Аллаҳға шүкирлер айтпақта ҳəм бул саўаплы иске жуўапкер болғанлар ҳаққына қайырлы дуўалар қылмақта.

👉Дәстүрди жүклеп алыў

https://t.me/paziyletuz
#Жаңалық

Ассаламу алайкум әзиз ҳүрметли халқымыз мөмин-мусылманлары! Елимизде және бир жаңалық. Әлемлерге раҳмет болып келген Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның шаңарағына тийисли болған «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәм әҳли байт» деген китап қарақалпақ тилинде баспадан шықты. Бул китапты халқымыз мөмин-мусылманлары ушын қарақалпақ тилине аўдарыўда аянбай мийнет қылған устазларымызға Аллаҳ таала ақыретте уллы саўапларын бериўин ҳәм берекетли қылыўын сорап қаламыз. Әмийн!!!

Китапты қаламыздың мешити жанындағы дүкәнлардан таўсаңыз болады.

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз:👉 @nasiyatuz
Instagram каналымыз:👉 instagram
Youtube каналымыз:👉 Youtube
Facebook каналымыз:👉 Facebook
#Жаңалық

Бүгин 1-июнь «Халықаралық балаларды қорғаў күни» мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы орынбасары Р.Сапарбаев, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ҳәм Нөкис қаласы «Имам ийшан Муҳаммад» жоме мешити хызметкерлери елимиздеги Республикалық балалар емлеўханасында наўқасланып жатырған балалардың ҳалынан хабар алып, оларға саўға-сәлемлер үлести.

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз:👉 @nasiyatuz
Instagram каналымыз:👉 instagram
Youtube каналымыз:👉 Youtube
Facebook каналымыз:👉 Facebook
#хош_хабар #жаңалық #әҳмийетли


🕋 ҲАЖ САПАРЫ БЫЙЫЛ 18-ИЮНЬ КҮНИНЕН БАСЛАНАДЫ!

Бүгин, 3-июнь күни “Ҳаж – 2022” мәўсимине таярлық көриў бойынша брифинг болып өтти. Онда ҳаж сапарының басланыў күни де мәлим етилди.

✈️ Өзбекстан зыяратшылары усы жылы 18-июнь күнинен баслап “Uzbekistan Airways” авиакомпаниясының соңғы үрдистеги заманагөй ҳаўалайнерлери арқалы Саудия Арабстанына пәрўаз қылады.
Мүбәрек сапарға жөнеў авиақатнаўлары усы жыл 30-июнь сәнесине шекем даўам етеди.

🔹 Зыяратшыларымызды мәмлекетимиздеги 7 аймақ – Ташкент, Наманган, Самарқанд, Қаршы, Бухара, Үргениш ҳәм Нөкис қалаларынан тасыў режелестирилген.

🛬 Барлық рейслер туўрыдан-туўры Мадина қаласына әмелге асырылады.

🔹Мағлыўмат ушын, усы жылдың 14–31-июль күнлери даўамында зыяратшыларымыз журтымызға алып келинеди.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Баспасөз хызмети.

https://t.me/paziyletuz
#жаңалық

КӘСИПЛЕСИМИЗ ТАҢЛАЎ ЖЕҢИМПАЗЫ БОЛДЫ

Ѳзбекстан Жаслар ислери агентлиги, нǝшебентлик затларды қадағалаў бойынша Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик комиссиясы ҳәм басқа да тийисли шөлкемлер менен биргеликте «Социаллық тармақлар» ҳǝм “Телеканаллар” бағдарында «Нәшебентликке қарсымыз!» атамасында видеороликлер таңлаўын жǝриялаған еди.
Таңлаўға келип түскен видеороликлер таңлаў комиссиясы тәрепинен тийисли тәртипте көрип шығылды ҳәм таңлаў комиссиясының жуўмағына көре “Социаллық тармақлар” бағдарында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты мǝлимлеме медиа қǝнигеси Нурмуҳаммад Сайлаўбаевич Жумағулов «Социаллық тармақлар» бағдарында «Мен киммен?» атамасындағы видеоорилиги менен қатнасып, сыйлы үшинши орын жеңимпазы болды ҳǝм Ѳзбекстан жаслар ислери агентлиги тǝрепинен планшет саўға етилди.
Кǝсиплесимизди ерискен жетискенлиги менен қутлықлаймыз ҳǝм алдағы жумысларында табыслар тилеймиз.


Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

https://t.me/paziyletuz
1
#жаңалық #хош_хабар

Ертең, 16-октябрь күни саат 10:00 Қарақалпақстан Республикасы Нѳкис районы «Ақманғыт» посёлкасындағы орайлық «Имам ийшан» жаме мешитиниң жаңа имаратының ашылыў мәресими болып өтеди.

Бәршеңизди ашылыў мәресимине мирәт етемиз!


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#жаңалық #видео_ролик

Қарақалпақстан Республикасы Нѳкис районы «Ақманғыт» посёлкасындағы орайлық «Имам ийшан» жаме мешитиниң жаңа имаратының ашылыў мәресиминен видео көринислер


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#жаңалық #видео_ролик #умра_2022

Ўатанласларымыз умра зыяратынан елимизге жетип келди. Зыяратшыларды күтип алыў мәресиминен видео көринислер


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#жаңалық

ӨЗБЕКСТАН ПРЕЗИДЕНТИ ШАВКАТ МИРЗИЁЕВ «ДҮНЬЯНЫҢ ЕҢ АБЫРАЙЛЫ 500 МУСЫЛМАНЫ» ДИЗИМИНЕН ОРЫН АЛДЫ

Бул дизим мусылман дүньясында сиясый, экономикалық, диний ҳәм мәдений киби улыўма13 жөнелис бойынша өз тәсирине ийе болған мусылманларды анықлап барады.

Өз нәўбетинде, бүл дизимнен бир қатар мәмлекет басшылары — Саудия Арабстаны Патшасы Салман бин Абдулазиз, Туркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған, Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Саудия Арабстаны шаҳзадасы Муҳаммад бин Салман Аль Сауд, БАӘ Президенти Муҳаммад бин Заид Аль Наҳайян ҳәм Пакистан Бас министри Шаҳбаз Шариф те орын алған.

Мағлыўмат орнында, «Дүньяның ең абырайлы 500 мусылманы» журналы 2009-жылдан берли жылына бир мәрте басып шығарылмақта.

Дерек: @uzauz

https://t.me/paziyletuz
#жаңалық

     Ҳүрметли paziylet.uz ықласбентлери сизлерге каналымыз тәрепинен әжайып жаңалық!
Каналымыз арқалы перзент тәрбиясы ҳаққында муқаддес динимиз дереклеринде баян етилген көрсетпелер ҳаққында мағлыўматлар менен танысып барыўыңыз мумкин:
- Перзент туўылыўынан алдынғы ислер;
- Ҳәмиледарлық;
- Бала туўылғанда қылынатуғын ислер;
Ақийқа
Шаш алыў
Таңлайын көтериў
Шырайлы ат қойыў;
- Шәриятымызда усыныс етилген ең жақсы атлар ҳәм олардың мәнилери;
- Ул перзент тәрбиясы;
- Қыз перзент тәрбиясы;
- Шаңарақ психологиясы
ҳ.т.б

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#жаңалық

«Тәфсири Ҳилал» қарақалпақ тилинде баспадан шықты!

Қарақалпақ халқы, китапқумарлары ушын әжайып жаңалық! Шайх Муҳаммад Содиқ Муҳаммад Юсуфтиң мийнети болған 6 томлы «Тәфсири Ҳилал» китабы қарақалпақ тилинде баспадан шығып, сатыўға шықты.

«Тәфсири Ҳилал» өзбек тилинде жазылған ең танымалы, жәми үш мыңнан аслам беттен ибарат, Қураны кәриймниң арабша тексти, аўдармасы ҳәм оның шолыўы жазылған китап есапланады.

Енди бул итибарлы китапты қарақалпақ халқы китапқумарлары да өз ана тилинде – қарақалпақ тилинде оқыўы, Қураны кәриймди және де тереңирек түсиниўи мүмкин.


Топламды Қарақалпақстан республикаси, Нөкис қаласындағы филиалымыздан сатып алсаңыз, kitoblardunyosi.uz сайты арқалы буйыртпа бериўиңиз мүмкин.

👉 Баҳасы: 698 000 сўм

☎️ +998712175999

📨 @hilol_reception

🌐 Сайттан буйыртпа бериң

📍 Нөкис филиалымыз:
Мәнзил:
Т. Қайипбергенов к, 58/3 - үй
Телефон: +998956012927
Жумыс ўақты: 09.00 – 18.00 (дем алыс күнисиз)
Түслик ўақты: 13.00 - 14.00
Мәнзил (карта)

👇👇👇👇👇

https://t.me/paziyletuz
1
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#жаңалық

Бозатаў районындағы «Сүйин ийшан» мешити имараты ири оңлаўдан шығарылды.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#хош_хабар
#жаңалық

ХЫЗМЕТКЕРИМИЗ ТАҢЛАЎ ЖЕҢИМПАЗЫ БОЛДЫ


«9-декабрь – коррупцияға қарсы гүресиў күни» мүнәсибети менен Ѳзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги тәрепинен «Жәмийетте коррупцияға қарсы гүрести үгит-нәсиятлаўшы видеороликлер» атамасында таңлаў шѳлкемлестирилди. Таңлаў нәтийжелерине кѳре Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Медиа орайы қәнигеси Жумағулов Нурмуҳаммад Республика бойынша биринши орын жеңимпазы болып, (70 балл) I дәрежели диплом ҳәм ноутбук пенен сыйлықланды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
👍3
#Хош_хабар
#жаңалық

ИМАМ-ХАТИБЛЕРГЕ ИЖАЗА БЕРИЎ МӘРЕСИМИ

Бүгин 2023 жыл 27-декабрь күни "Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф" комплексиниң мәжлислер залында имам-хатиблерге ижаза бериў мәресими болып өтти.

2023 жыл 7-августтан усы жылдың 27-декабрь күнине шекем даўам еткен бул "Тәжўид" сабақларында Республикамызда ислеп атырған 500 ге жақын имам-хатиблер онлайн ҳәм офлайн тәризде қатнасты.

Бүгин бул имам-хатиблердиң ең уқыплылары санады Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға тутасқан ижаза менен сыйлықланды.

Илажда Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳәм "Қуран ҳәм тәжўидти үйретиў" бөлими баслығы Шайх Алижон қарый уқыплы имам-хатиблерди ижаза менен сыйлықлады.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
🥰1
#Хош_хабар
#жаңалық

   Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районы бас имамы ҳǝм усы райондағы «Мағзан ийшан» жоме мешити имам-хатиби Юсупов Арзыўбай Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳәм «Қуран ҳәм тәжўидти үйретиў» бөлими баслығы Шайх Алижон қарый тәрепинен ижаза менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, илажда Қоңырат районы «Бердақ баба» жаме мешити имам-хатиби Едилбек Косутов та ижаза менен сыйлықланды

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
👍2
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Жаңалық
#хабар

ПАЙТАХТЫМЫЗ ПУҚАРАЛАРЫНА ИФТАРЛЫҚ ДӘСТУРХАНЫ ЖАЙЫЛДЫ

🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱
    
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
👍9518👏6🥰4😍1