Paziyletuz | Рәсмий канал
73.2K subscribers
27.7K photos
4.11K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
​​#рамазан_2024
#аят #ҳәдис #зәкат
#мағлыўмат

Зәкатты бериў – Аллаҳ тааланың буйрығы

Зәкат – имканияты бар болған мусылман адамға Аллаҳ таала тәрепинен буйырылған муқаддес ўазыйпа болып есапланады. Мусылман адам зәкат ибадатын орынлар екен, экономикалық мәмилеге емес, илаҳый көрсетпеге көре шәрий ибадат қылған есапланады.
Төмендеги аяты кәрийма
зәкат бериў парыз екенлигине дәлил есапланады:
«Мал-мүлклеринен оларды ол себепли пәклеўиңиз ушын ҳәм тазалаўыңыз ушын садақа алың…» (Тәўбе сүреси, 103-аят).

Басқа бир аяты кәриймада байлар бир бөлек малларын камбағалларға бериўи парыз қылынған. Аллаҳ таала мынандай дейди:
«(тапқан) мал-мүликлеринде (ажыратылған) мәлим ҳақ бар болып, (ол) тиленши ҳәм бийшаралар ушын» (Маъариж сүреси, 24-25-аят).

Зәкат бай ҳәм камбағалды бир-бирине жақынластырады, бай адам жәрдем бериў муҳаббаты менен жасайды, ал камбағал байға муҳаббат ҳәм ҳүрмет сезимин сезеди ҳәм қызғаншақлық, көреалмаслық ортадан көтериледи.

Қураны кәриймде Аллаҳ таала мынандай деп айтады:
“(Ҳәй мөминлер) Намазды кәмил оқың, зәкатты бериң ҳәм пайғамбарға бойсының. Қәнекей, (сонда) рейим қылынсаңыз” (Нур сүреси, 56-аят).

Зәкат – бул қайырхомлық емес, ол байдың мойнындағы жуўапкершилик, ўазыйпа. Бай адам зәкат ибадатын орынлаўға мәжбүр ҳәм мүтәж есапланады. Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мине усындай мәнистеги гәпти айтқан:
“Егер зәкатты берсеңиз, расында, мойныңыздағы (ўазыйпа)ны орынлапсыз”, деген. (Имам Ҳәким, Имам Байҳақий рәўияты).

Имам Әбиў Ҳамид Ғаззалий раҳимаҳуллаҳ айтады: “Аллаҳ таала Өз бендесине жан неъматын ҳәм мал неъматын берген. Дене ибадатлары жан неъматының шүкирлиги. Қаржылай ибадатлар мал неъматының шүкрлиги болып есапланады”.

https://t.me/paziyletuz
👍14431
#зәкат

БАЙЛЫҚҚА БЕРЕКЕТ БЕРЕТУҒЫН ИБАДАТТЫ БИЛИП АЛЫҢ!

Зәкат сөзликте «арттырыў, пәклеў, берекет» мәнилерин аңлатады. Ҳақыйқаттанда, зәкаты берилген мал-мүлк пәкленип, оған берекет киреди.
Шәрият термининде болса, мал-дүньясы нысабқа жеткен адамның ҳәр қамарий жылда бир мәрте малының қырқтан бир бөлегин Аллаҳ таала парыз қылған ҳақ ийелерине бериўи «зәкат» делинеди.
Зәкат динимиздиң бес тийкарғы үстининен бири болған матеряллық ибадат саналады. Қуран ҳәм сүннет пенен беккем тастыйқланған болып, ким оны жалған десе диннен шығады, ал исенип орынламаған адам үлкен гүна қылған болады.
Зәкат ҳижраттың екинши жылы парыз қылынған. Ол балағатқа жеткен, ес-ақылы пүтин, мүтәжлигинен ҳәм қарызларынан тысқары жыл толған, нысаб муғдарындағы көбейетуғын мал-мүлки бар мусулманға парыз болады.
Зәкат берип атырғанда, яки мүлкинен ажырап атырғанда оның зәкат екенин нийет қылыў лазым.
Зәкатты алып атырған мүтәж адам оның зәкат екенлигин билиўи шәрт емес.
Бырақ, зәкат бериўши оны нийет қылып бир жарлы яки жетимниң қарнын тойдырса, ол зәкат орнына өтпейди.
Зәкат Қуран ҳәм сүннетте «садақа» деп те аталған. Салық төлеў зәкат орнына өтпейди, себеби зәкат мүтәж болғанларға, оның мүлки қылып берилиўи шәрт.

@paziyletuz бенен бирге қалың!
👍11157
#рамазан_2024
#зәкат #сораў_жуўап

Сораў: Бир адамның нисаб муғдарында қаржысы болыўы менен бирге қарызы да болса қандай жол тутады.

💭 Жуўап: Бисмилләҳир Роҳманир Роҳийм.
"Қарызының муғдарынша малынан
зәкат ўәжиб болмайды. Қарызынан аўысқаны нисабқа жетсе, оннан зәкат шығарады" (Роддул мухтар).
Усы орында бир нәрсеге итибар қаратыў керек, егер бир инсанға
зәкат бериў ўәжиб болып, еле зәкат бермей турып, қарызлардан биреўине дус келсе, алдын зәкаттың қарызын береди. Себеби, зәкат ўәжиб болғанынан кейин қарыздар болыў зәкатты сақыт кылмайды. Керисинше болса, зәкатты сақыт қылады. (Умдатул фиқҳ). Ўаллоҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа кеңеси

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍6324🥰2
#рамазан_2024
#зәкат #сораў_жуўап

Сораў: Зәкатты Click арқалы берсе бола ма яки нақ пул көринисинде бериў керек пе?

💭 Жуўап: Бисмилләҳир Роҳманир Роҳийм.
Зәкат, фитир садақасы ҳәм басқа садақаларды мүтәж адамның пластик картасына өткизип берип, ада етиў жайыз. Себеби, пластикке пул түскенде де мүтәж адам оған толық ийелик қыла алады ҳәм қәлегенинше пайдаланады.
Ўаллоҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа кеңеси

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍11930👏9
#Зәкат

Зәкат бериўши шәрият оның мал-дүньясында белгилеген муғдарды кәмбағал мусылманға берип атырып, кәмбағал мусылман тәрепинен болыўы мүмкин болған ҳәр қандай пайданы гөзлеместен береди. Яғный, зәкатты берип, оннан пайда гөзлемейди.

Уламаларымыз: "Зәкат бериўши зәкатты тап аманатқа қарыз алып, оны ийесине саў-саламатлықта қайтарып атырған адамдай кәмбағал мусылманға бериўи керек", дейди.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!щ

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍9630👏93😍2
​​#рамазан_2024
#ҳәдис #зәкат

Зәкат мал-мүликтиң қорғаны

Зәкаты берилген мүлик – байлық кәмбағаллар ҳақысынан пәкленеди ҳәм көбейеўине себеп болады. Түрли апатлардан сақланады. Табийнлерден Ҳасан Басрий раҳматуллаҳи алайҳтан нақыл қылыныўынша:
“Малларыңызды
зәкат пенен қорғаң, аўырыўларыңызды садақа менен емлең. Бәлелер толқынына өзиңизди пәс тутыў арқалы дуўа ҳәм жалбарыныўлар менен қарсы шығың”, делинген (Имам Табараний рәўияты).

Зәкат адамды сықмарлық қәсийетинен қутқарып, Аллаҳға жақын бенделерден қылады;

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Сақаўатлы адам Аллаҳға жақын, жәннетке жақын, адамларға жақын ҳәм дозақтан узақ. Сықмар адам Аллаҳтан узақ, жәннеттен узақ, адамлардан узақ ҳәм дозаққа жақын. Өзи надан, бирақ сақый адам ибадатгөй болса-да, сықмар болған адамнан көре Аллаҳға сүйкимлирек”, деген (Имам Термизий рәўияты).

Шайтан
зәкат бериўши адамға тап малының қырықтан бирин берсе, малы азайып кеткендей көрсетиўи мүмкин. Бирақ малды жарлыға бериў менен мал ҳеш қашан кемеймейди. Ал, ийеси ойламаған тәрептен Аллаҳ таала малын зыяда қылады. Буған төмендеги ҳәдис айқын мысал болады:
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады:
«Мал-мүлик садақа қылыў менен ҳеш кемеймейди» (Имам Термизий рәўияты).

https://t.me/paziyletuz
👍13633🥰13😍31
#рамазан_2025 #рамазанның_пазыйлети #зәкат
#сораў_жуўап

Сораў: Зәкаттың мәнис-мазмуны не?

💬
Жуўап: Бисмилләҳир Роҳманир Роҳийм. Зәкат бул – Ислам дининиң бес парызынан бири болған зәкат қаржылай ибадат есапланады. Оның “өсиў” “пәклеў” деген мәнилери бар. Шәриятымызда _бай деп есапланған адам белгили бир мал-мүлкинен өзине ўәжиб болған муғдарды кәмбағалға мүлик қылып бериўи* зәкат деп айтылады. Зәкат бериўде нысаб ҳәм жыл толыўы әҳмийетли.

Зәкат бериўдиң парыз екенлиги аяты кәриймалар ҳәм ҳәдислерде келтирилген. Аллаҳ таала Қураны кәриймде:

“Намаз оқың ҳәм зәкат бериң...” деген. (Бақара сүреси, 43-аят). Усы буйрық Аллаҳ тааланың кәламында сегиз мәрте тәкирарланған.

Пайғамбарымыз алайҳиссалам Ислам дини бес сүтнниң үстине қурылғанын айтып, соның ишинде зәкатты да айтты.

Пайғамбарымыз алайҳиссалам әтираптағылардан
зәкат алыў ушын адамларды жиберетуғын еди. Буған мысал ретинде Муаз ибн Жабал разыяллаҳу анҳуды Яманға жиберип:

“Оларға Аллаҳ таала мал-мүлкинен белгили бир бөлегин алып, кәмбағалларға берилетуғын бир садақа бар екенлигиниң хабарын бериң”* деген (Имам Бухарий рәўияты).

Аллаҳ таала
зәкат бермейтуғынларға қатты азап бар екенин ескертип:

“... алтын ҳәм гүмислерди жасырын ғәзийне қылып, оларды Аллаҳтың жолында сарпламайтуғынларға қатты азап бар екениниң хош хабарын бериң” (Тәўбә сүреси, 34-аят)

Ўаллоҳу аълам

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўә кеңеси

🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍8781😍4
#рамазан_2025 #рамазанның_пазыйлети #зәкат
#сораў_жуўап

Ораза тутыўшының тис пастасынан пайдаланыўы
#Ораза

СОРАЎ:
Ораза адам тисин тис пастасы менен жуўса бола ма?

💬 ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Ораза тутқан адам тислерин тазалаўда тис пасталарынан пайдаланыўы мүмкин. Әлбетте, бунда тис пастасы араласқан силекейди жутып жибериўден сақланыў керек болады. Болмаса ораза ашылып кетиўи мүмкин.

Айырым заманымыз уламалары ораза ўақтында тис пастасынан пайдаланбаўды, керисинше оны сәҳәрликтен алдын ямаса аўыз ашқаннан кейинге қалдырыўды усыныс етеди. Себеби, ибадат мәселесинде сақ болыў жақсырақ саналады. Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа орайы

🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍24457👏11😍42
#рамазан_2025
#аят #ҳәдис #зәкат
#мағлыўмат

Зәкатты бериў – Аллаҳ тааланың буйрығы

     Зәкат – имканияты бар болған мусылман адамға Аллаҳ таала тәрепинен буйырылған муқаддес ўазыйпа болып есапланады. Мусылман адам зәкат ибадатын орынлар екен, экономикалық мәмилеге емес, илаҳый көрсетпеге көре шәрий ибадат қылған есапланады. 
      Төмендеги аяты кәрийма
зәкат бериў парыз екенлигине дәлил есапланады:
     «Мал-мүлклеринен оларды ол себепли пәклеўиңиз ушын ҳәм тазалаўыңыз ушын садақа алың…» (Тәўбе сүреси, 103-аят).

      Басқа бир аяты кәриймада байлар бир бөлек малларын камбағалларға бериўи парыз қылынған. Аллаҳ таала мынандай дейди:
     «(тапқан) мал-мүликлеринде (ажыратылған) мәлим ҳақ бар болып, (ол) тиленши ҳәм бийшаралар ушын» (Маъариж сүреси, 24-25-аят).

     Зәкат бай ҳәм камбағалды бир-бирине жақынластырады, бай адам жәрдем бериў муҳаббаты менен жасайды, ал камбағал байға муҳаббат ҳәм ҳүрмет сезимин сезеди ҳәм қызғаншақлық, көреалмаслық ортадан көтериледи.

      Қураны кәриймде Аллаҳ таала мынандай деп айтады: 
      “(Ҳәй мөминлер) Намазды кәмил оқың, зәкатты бериң ҳәм пайғамбарға бойсының. Қәнекей, (сонда) рейим қылынсаңыз” (Нур сүреси, 56-аят).

      Зәкат – бул қайырхомлық емес, ол байдың мойнындағы жуўапкершилик, ўазыйпа. Бай адам зәкат ибадатын орынлаўға мәжбүр ҳәм мүтәж есапланады. Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мине усындай мәнистеги гәпти айтқан: 
      “Егер зәкатты берсеңиз, расында, мойныңыздағы (ўазыйпа)ны орынлапсыз”, деген. (Имам Ҳәким, Имам Байҳақий рәўияты).

      Имам Әбиў Ҳамид Ғаззалий раҳимаҳуллаҳ айтады: “Аллаҳ таала Өз бендесине жан неъматын ҳәм мал неъматын берген. Дене ибадатлары жан неъматының шүкирлиги. Қаржылай ибадатлар мал неъматының шүкрлиги болып есапланады”.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍13939👏32🥰2😍2
#рамазан_2025
#рамазанның_пазыйлети #зәкат
#сораў_жуўап

Сораў: Зәкаттың  мәнис-мазмуны не?

💬 Жуўап: Бисмилләҳир Роҳманир Роҳийм. Зәкат бул – Ислам дининиң бес парызынан бири болған зәкат қаржылай ибадат есапланады. Оның “өсиў” “пәклеў” деген мәнилери бар. Шәриятымызда бай деп есапланған адам белгили бир мал-мүлкинен өзине ўәжиб болған муғдарды кәмбағалға мүлик қылып бериўи зәкат деп айтылады. Зәкат бериўде нысаб ҳәм жыл толыўы әҳмийетли.

Зәкат бериўдиң парыз екенлиги аяты кәриймалар ҳәм ҳәдислерде келтирилген. Аллаҳ таала Қураны кәриймде:

     “Намаз оқың ҳәм зәкат бериң...” деген. (Бақара сүреси, 43-аят). Усы буйрық Аллаҳ тааланың кәламында сегиз мәрте тәкирарланған.

     Пайғамбарымыз алайҳиссалам Ислам дини бес сүтнниң үстине қурылғанын айтып, соның ишинде зәкатты да айтты.

      Пайғамбарымыз алайҳиссалам әтираптағылардан
зәкат алыў ушын адамларды жиберетуғын еди. Буған мысал ретинде Муаз ибн Жабал разыяллаҳу анҳуды Яманға жиберип:

     “Оларға Аллаҳ таала мал-мүлкинен белгили бир бөлегин алып, кәмбағалларға берилетуғын бир садақа бар екенлигиниң хабарын бериң” деген (Имам Бухарий рәўияты).

      Аллаҳ таала
зәкат бермейтуғынларға қатты азап бар екенин ескертип:

      “... алтын ҳәм гүмислерди жасырын ғәзийне қылып, оларды Аллаҳтың жолында сарпламайтуғынларға қатты азап бар екениниң хош хабарын бериң” (Тәўбә сүреси, 34-аят)

Ўаллаҳу аълам

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа орайы

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍14855👏6😍4🥰31
#зәкат

     БАЙЛЫҚҚА БЕРЕКЕТ БЕРЕТУҒЫН ИБАДАТТЫ БИЛИП АЛЫҢ!

     Зәкат сөзликте «арттырыў, пәклеў, берекет» мәнилерин аңлатады. Ҳақыйқаттанда, зәкаты берилген мал-мүлк пәкленип, оған берекет киреди.  
     Шәрият термининде болса, мал-дүньясы нысабқа жеткен адамның ҳәр қамарий жылда бир мәрте малының қырқтан бир бөлегин Аллаҳ таала парыз қылған ҳақ ийелерине бериўи «зәкат» делинеди.
     Зәкат динимиздиң бес тийкарғы үстининен бири болған матеряллық ибадат саналады. Қуран ҳәм сүннет пенен беккем тастыйқланған болып, ким оны жалған десе диннен шығады, ал исенип орынламаған адам үлкен гүна қылған болады. 
     Зәкат ҳижраттың екинши жылы парыз қылынған. Ол балағатқа жеткен, ес-ақылы пүтин, мүтәжлигинен ҳәм қарызларынан тысқары жыл толған, нысаб муғдарындағы көбейетуғын мал-мүлки бар мусулманға парыз болады.
     Зәкат берип атырғанда, яки мүлкинен ажырап атырғанда оның зәкат екенин нийет қылыў лазым.
     Зәкатты алып атырған мүтәж адам оның зәкат екенлигин билиўи шәрт емес.
     Бирақ, зәкат бериўши оны нийет қылып бир жарлы яки жетимниң қарнын тойдырса, ол зәкат орнына өтпейди.
     Зәкат Қуран ҳәм сүннетте «садақа» деп те аталған. Салық төлеў зәкат орнына өтпейди, себеби зәкат мүтәж болғанларға, оның мүлки қылып берилиўи шәрт.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍15343👏4😍3🥰1
#рамазан_2025
#рамазанның_пазыйлети #зәкат
#сораў_жуўап

Сораў: Ҳаялымның алтын тағыншақлары зәкат нисабына жеткен. Бирақ, қолында пулы жоқ. Ол зәкатты қалай береди?

💭 Жуўап: Бисмилләҳир Роҳманир Роҳийм.
Мүлик кимдики болса,
зәкат төлеў де оның мойнына болады. Ҳаял адам тағыншақларынан зәкат муғдарыншасын сатып, зәкат төлейди. Егер, ҳаял адам күйеўинен мениң зәкатымды төлеп бериң деп илтимас қылса ҳәм күйеўи оның атынан төлесе, ҳаялының мойнынан зәкат ада болған болады. Егер буның имканы болмаса, қарыз алып болса да, зәкатты төлеўи лазым болады.
Ўаллоҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа орайы

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍7470🥰5👏5
#рамазан_2025
#рамазанның_пазыйлети #зәкат
#сораў_жуўап

Ораза тутқан адам қандай ислерди қылыўы сүннет?

✅️Жуўап: Сәрлик қылыў; таңнан алдын оразаны нийет етиў; ораза менен нәпсини жаман нийетлерден тоқтатыўды нийет етиў; ораза болған ҳалда пайдасыз сөзлерди сөйлеў ҳәмде еситиўден өзин сақлаў; адамлар менен жәнжеллесиўден, ҳәмде ҳәр бир гүна ислерден өзин тартыў; имканы болғанша зикир айтыў ҳәмде Қуран тиләўат қылыў менен шуғылланыў; күн батқан ўақытта шам намазды оқымастан алдын аўыз ашыў сүннет болып есапланады.

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
77👍71🥰5👏2
#зәкат

     ЗӘКАТ КИМЛЕРГЕ БЕРИЛЕДИ

     Ислам шәриятында зәкат төменде көрсетилген топарларға бериледи:

     1. Кәмбағалларға, яғный малы нысабқа жетпегенлерге.

     2. Мискинлерге, яғный ҳеш нәрсесиз қыйналып қалғанларға.

     3.
Зәкат жыйнаўшыларға. (Ески дәўирлерде зәкат жыйнап жүриўши арнаўлы жумысшылар болған)

     4. Азат болыў ушын ийеси менен шәртнама дүзген қулларға. (Бундай топар адамлар бүгинги күнде жоқ)

     5. Муаллафатул-қулубқа, яғный кеўили Исламға жақын болып турған мусылман болмаған адамларға. (Ҳәзирги күнде бул топарға
зәкат бериў ҳаққындағы ҳүким бийкар етилген).

     6. Қарыздарларға, яғный мал-мүлкинен көре қарызы көплерге.

     7. Аллаҳ жолындағыларға, яғный ҳаж жолында, илим талабында жүргенлерге.

     8. Жолда қалып қойған мусәпирлерге, мәмлекетлерине жетип алатуғун муғдарда
зәкат бериледи.

    Ата-апа, әке-ана, перзентлерге, байларға зәкат берилмейди. Күйеўи ҳаялына яки ҳаялы күйеўине зәкат бериўи мүмкин емес. Бирақ, аға-ини, әжапа-сиңли,әкениң туўысқанлары, ананың туўысқанлары сыяқлы ағайынлерге зәкат бериўге болады.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍16539🥰5👏51😍1
#рамазан_2025 #зәкат #питир #фидя

2025-ЖЫЛ УШЫН ЗӘКАТ, ПИТИР ҲӘМ ФИДЯ МУҒДАРЫ

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа орайының миләдий 2025 / ҳижрий 1446-жылғы Рамазан айы ушын зәкат нысабы бойынша қарары қабыл етилди, оған муўапық:

ЗӘКАТ НЫСАБЫ
Өзбекстанмусылманлары басқармасы пәтўа орайы быйылғы Рамазан айы ушын
зәкат нысабын ≈85 грамм 585 пробалы алтын баҳасынан келип шығып 61 200 000  (алпыс бир миллион еки жүз мың) сўм етип белгиледи.

Демек, кимде зәрүрий мүтәжлигинен тысқары 61 200 000  (алпыс бир миллион еки жүз мың) сўм ҳәм оннан артық пул қаржысы ямаса усы баҳадағы саўда малы болса, жәми қаржысының қырықтан бири (2,5 пайызы)н зәкат нийетинде ҳақылыларға береди.

ПИТИР:
Питир садақасының муғдары төмендегише белгиленди:

≈ 2 кг бийдайдан - 8 000
(сегиз мың) сўм;
≈ 4 кг арпадан - 20 000
(жигирма мың) сўм;
≈ 2 кг кишмиштен - 100 000
(жүз мың) сўм;
≈ 4 кг қурмадан - 160 000
(бир жүз алпыс мың) сўм деп белгиленди.

Ҳәр ким жағдайына қарап усы төрт өнимниң қәлеген түринен питир садақасын бериўи мүмкин.

ФИДЯ: Фидя муғдары питир садақасының муғдары менен бирдей болады.
Солай екен, ҳәр ким жағдайына қарап усы төрт өнимниң қәлеген түринен фидя бериўи мүмкин.

Еслетпе: Бул питир садақасы муғдары Нөкис дийқан базарындағы өнимлердиң орташа баҳасына көре белгиленди. Сондай екен районларда питир садақасы муғдары район базарларындағы нырққа тийкарланып өзгериўи мүмкин.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍18443😍3🥰2
#рамазан_2025
#зәкат #сораў_жуўап

Сораў: Узақ мүддетли қарызларды да зәкат бериўде шығарып жибериле ме. Мысалы: Жигирма миллионға бес жылда төлеў шәрти менен жай алса ҳәм қолында он-он бес миллион пулы болса, ол адамға зәкат ўәжиб бола ма?

💭 Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Қарыз еки түрге бөлинеди. Мүъажжәл (нақ берилиўи керек болған) ҳәм мүәжжәл (кейинирек бериўге келисилген) яғный нақ берилиўи керек  болған ҳәм кейиншелли берилиўи керек болған. Сораўдағы қарыз кейиншелли берилиўи ўәжиб болған қарызға киреди. Ол
зәкат бериўден қайтармайды. Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўә орайы

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
63👍59👏7🥰4😍1
#рамазан_2025
#зәкат #сораў_жуўап

Сораў: Зәкаттың ўәжиб болыўына тосқынлық қылыўшы қарызлар қайсылар?

💭 Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Бир адамның мәлим муғдарда қаржысы болып, қарызы да болса, ол қаржы негизги итияжына кирип қалады ҳәм олардан
зәкат бериў ўәжиб болмайды. Егер қарызы қолындағы қаржысынан көп болса, қолындағы пулы өзиники емес, бәлким қарыз бериўшилердики болса, оннан зәкат бериў ўәжиб болмайды. Егер қолындағы пулы қарызынан көп болып, қарызын шығарғаннан кейин қалған пул нысабқа жетсе, соннан зәкат береди (Роддул муҳтар).Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўә орайы

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍10531👏11😍3
#рамазан_2025
#ҳәдис #зәкат

     ЗӘКАТ СЕБЕПЛИ ИСЛАМҒА КИРГЕН НАСРАНИЙ

      Зәкат – мал-мүлик қорғаны!
      Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтқан:
      “Мал-мүлкиңизди
зәкат пенен қорғаң, наўқасларыңызды садақа берип даўалаң, (зәкат ҳәм садақа бергеннен кейин), бәле толқынлары келешегине (қорықпай) шығабериң” (Табараний).

      Рәўият етилиўинше, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам усы ҳәдиси шәрипти саҳабаларына айтып турған ўақытта бир насраний өтип қалды ҳәм Расулуллаҳ алайҳиссаламның бул сөзлерин еситти,, үйине барып мал-мүлкинен
зәкат берди ҳәм қыялында: “Егер рас сөйлеген болса көремиз, шеригимде кеткен мал-мүлким аман қайтып келеди. Солай болып шықса оған ийман келтирип тастыйықлайман. Егер жалған айтқан болса, оны өлтиремен”, – деди. Ол сол ўақытта бир саўда кәрўанынан саўда ушын Мысырға мал-мүлик жиберген еди.
      Кәрўаннан хат келди. Онда “Кәрўанға қарақшылар ҳүжим етти. Бар мал-мүликти талан-тараж қылды. Қолымызда ҳеш нәрсе қалмады. Жанымызды зорға сақлап қалдық”, – деп жазылған еди.
      Бул кеўилсиз хабар артынан насраний ашыўланды ҳәм: Муҳаммад
зәкат – мал-мүлик қорғаны, деп жалған айтқан екен, деп Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламды өлтириў нийетинде қылыш жалаңашлап Расулуллаҳ алайҳиссалламды излеп кетти.
      Усы арада сол насранийге шабарман келди. Ол насранийдиң саўдагер шериклесинен хат келтирген еди. Хатта: “Кәрўанымыз жолда қарақшыларға дус келгенинен хабар алған шығарсаң. Кеўилсиз ўақыяларды еситкен шығарсаң. Саған соны мәлим етемен, сен ҳасла тәшўишленбе. Екеўимиздиң жүгимиз жүкленген түйе қатар басында барар еди. Күтилмегенде түйемиз ақсап қалды ҳәм мен жолдағы бир кәрўан сарайда қалып кетиўге мәжбүр болдым. Кәрўан басы мени қалдырып, жолында даўам етти. Бизлердиң затларымыз аман ҳәм сен күткеннен көбирек пайда менен қайтып келмектемен. Жақын күнлерде көрисемиз”, – деп жазылған еди.
      Хаты оқыған насраний бул хабардан қуўанып кетти ҳәм: “ол адамның гәпинде жан бар екен. Мениң мал-мүлким
зәкат себепли аман қалды. Буған исенимим кәмил”, – деди ҳәм Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам алдына келип айтты: «Ҳәй Муҳаммад! Маған Исламды таныстырың!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍16457👏7🥰4😍31
#рамазан_2025
#сораў_жуўап

Китаплардан зәкат
#зәкат

СОРАЎ: Танысымның үйинде үлкен китапханасы бар. Ондағы китаплардың қуны нысабқа жетеди. Ол да зәкат бере ме?

💫 ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Зәкат үш түрли нәрседен бериледи. Солардан бири саўда затлары есапланады. Соған бола танысыңыз китапханасындағы китапларды оқып пайдаланыў ушын алған болса, зәкат бермейди. Егер саўда мақсетинде алып қойған болса ҳәм олардың қуны нысабқа жетсе, зәкат төлейди. Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа орайы.

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍7751👏3🥰2😍21
​​#рамазан_2025

👍17259🥰5👏21😍1