#рамазан_2021 #рамазанның_пазыйлети #фидя
ФИДЯ
Ислам шәриятында буйырылған мәлим бир әмел орнына мал жумсаў «фидя» делинеди. Буның ушын шәриятта көрсетилген үзирли себеплер бар болыўы лазым. Мысалы, Рамазан айының оразасын үзирли себеплер менен тута алмай қалғанлар буның ушын фидя береди.
Исламда инсан көтере алмайтуғын нәрсени талап қылыў жоқ.
Мысалы, Аллаҳ таала ораза парыз қылыныўы менен бирге
«Оны қыйналып тутауғынлардың мойнында бир мискинниң (бир күнлик) аўқаты фидя болады» (Бақара сүреси, 184-аят).
Ҳәдиси шәрийфте: «Бул аят насҳ болмаған, ал қартайған ғарры ҳәм кемпир ушын. Олар ораза тутыўға қәдир емес, соның ушын ҳәр бир күнниң орнына кәмбағалды тағамландырады», делинген.
Басқа ҳәдиси шәрийфте: «Бул руқсат тек оразаны көтере алмайтуғын ҳәм тәўир болмайтуғын кеселлерге ғана бериледи», делинген.
Қартайғаны себепли ораза тута алмайтуғынлар ушын фидя бериўдиң жолға қойылыўы қурыға емес. Онда кәмбағаллардың пайдасы менен бирге, ол ораза тута алмаған кисилердиң оны орынлай алмағаны ушын өкинишин жеңиллетиў де бар. Қартайғанлар оразаны күши жетсе тутыўы лазым, тута алатуғын жағдайдада фидя берсе, дурыс емес. Жоқарыда келтирилген аяты кәриймада көзде тутылғанлар улыўма ораза тутыўға жарамайтуғын, күннен-күнге физикалық жақтан әззиленип баратырған оғада қартайған кемпир-ғаррылар, өлим төсегинде жатырған қартайғанлар ҳәм тәўир болыўынан үмит етилмейтуғын аўырыўлар нәзерде тутылған. Бул тайпадағы кисилер ораза услаў мүмкиншилиги болмағаны ушын орнына фидя бериў жолға қойылған.
Ораза тутыўда ўақытшалық қыйыншылыққа ушырап, кейин және ораза тутыў мүмкиншилигине ийе болатуғын кеселлер, ҳәмледар ҳәм емизиўли ҳаяллар, мүсәпир кибилер қаза оразасын кейинги Рамазан келемен дегенше тутып бериўи лазым.
Ҳәдиси шәрийфте: «Ким өлсе ҳәм мойнында айдың (парыз) оразасы болса, оның атынан ҳәр бир күн ушын бир жарлыға тағам берилсин», делинген. Себеби тутылмай қалған ораза, оқылмай қалған намазлар бендениң Аллаҳ таала ҳүзириндеги қарызы есапланады, оны үзиў перзентлериниң (мийрасхорлардың) мойнында. Фидя бериўде марҳумнан қалатуғын мийрастың үштен бир муғдарына шекем жумсаў мүмкин. Мийрасхорлар болмаса ҳәммесин жумсаў дурыс. Мусылман адамның айрым намазлары ямаса оразасы қазаға қалған болса, адам қайтыс болыўынан қәўипсиреген ўақытта егер қалатуғын артықша малы болса, мийрасхорларына фидя бериўин ўәсият қылыўы ўәжип. Бирақ, марҳум ўәсият қылмаған болса, фидя бериў мийрасхорларға ўәжип емес.
Кәмбағал делингенде күнделик турмысы қыйыншылықта өтип атырған, көшеге шығып тилемшилик қылыўға ҳүжданы жол қоймай атырған адам түсиниледи. Фидя бир жарлының орташа бир күнлик тиршилигин тәмийинлейтуғын аўқат муғдары болып, оның муғдары тағам ямаса оған тең келетуғын пул бирлигинде белгиленеди. Бунда ҳәр бир аймақтының экономикалық-турмыслық шәрт-шәраятынан келип шығылады. Бир күнлик ораза ушын берилетуғын фидя садақасы (яғный еки килограмм бийдай ямаса оның баҳасы)нан кем болмаўы лазым. Өлини көмгеннен кейин фидя бериў дурыс болса да, оны көмбей турып бериў абзал.
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ

Telegram
Paziyletuz | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

13
<unknown>
#рамазан_2021 #фидя
❗️Жүдә әҳмийетли мәселе!
БЫЙЫЛҒЫ ФИДЯ САДАҚАСЫ МУҒДАРЫ.
❓ФИДЯНЫ КИМЛЕР БЕРЕДИ?
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube
👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

#рамазан_2025 #зәкат #питир #фидя
2025-ЖЫЛ УШЫН ЗӘКАТ, ПИТИР ҲӘМ ФИДЯ МУҒДАРЫ
Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа орайының миләдий 2025 / ҳижрий 1446-жылғы Рамазан айы ушын зәкат нысабы бойынша қарары қабыл етилди, оған муўапық:
ЗӘКАТ НЫСАБЫ
Өзбекстанмусылманлары басқармасы пәтўа орайы быйылғы Рамазан айы ушын зәкат нысабын ≈85 грамм 585 пробалы алтын баҳасынан келип шығып 61 200 000 (алпыс бир миллион еки жүз мың) сўм етип белгиледи.
Демек, кимде зәрүрий мүтәжлигинен тысқары 61 200 000 (алпыс бир миллион еки жүз мың) сўм ҳәм оннан артық пул қаржысы ямаса усы баҳадағы саўда малы болса, жәми қаржысының қырықтан бири (2,5 пайызы)н зәкат нийетинде ҳақылыларға береди.
ПИТИР:
Питир садақасының муғдары төмендегише белгиленди:
≈ 2 кг бийдайдан - 8 000 (сегиз мың) сўм;
≈ 4 кг арпадан - 20 000 (жигирма мың) сўм;
≈ 2 кг кишмиштен - 100 000 (жүз мың) сўм;
≈ 4 кг қурмадан - 160 000 (бир жүз алпыс мың) сўм деп белгиленди.
Ҳәр ким жағдайына қарап усы төрт өнимниң қәлеген түринен питир садақасын бериўи мүмкин.
ФИДЯ: Фидя муғдары питир садақасының муғдары менен бирдей болады.
Солай екен, ҳәр ким жағдайына қарап усы төрт өнимниң қәлеген түринен фидя бериўи мүмкин.
Еслетпе: Бул питир садақасы муғдары Нөкис дийқан базарындағы өнимлердиң орташа баҳасына көре белгиленди. Сондай екен районларда питир садақасы муғдары район базарларындағы нырққа тийкарланып өзгериўи мүмкин.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍184❤43😍3🥰2
#рамазан_2025
#қысқа_сораў_жуўаплар
ФИДЯ БЕРГЕННЕН КЕЙИН ОРАЗАҒА ҚӘДИР БОЛЫЎ
#Ораза #фидя
❔ СОРАЎ: Ораза тутыўға қәдир болмаған адам фидя бергеннен саўалып, ораза тутыўға қәдир болып қалса, қазаларын тутып бере ме ямаса берген фидясы ораза орнына өте ме?
💬 ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Фидя бергеннен кейин ораза тутыўға қәдир болып қалса, берилген фидяның ҳүкими жоғалады ҳәм тутпаған оразаларының қазасын тутып бериўи лазым болады. Усы күнге шекем берген фидялары да пайдасыз кетпейди, ал нәпил садақа болып, оның есесине саўапқа ийе болады. Ўаллаҳу аълам.
Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа орайы.

❤76👍68👏7😍2