Paziyletuz | Рәсмий канал
73.1K subscribers
27.7K photos
4.11K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
#Оразаның_пазыйлети

ПИТИР САДАҚАСЫ

Ҳанафий мәзҳабында питир садақасы ўәжиб есапланады. Бул садақа рамазаннан «питир»ге яғный, ендиликте аўзы ашық жүриўге шығыў мүнәсибети менен берилгени ушын да питир садақасы деп аталған. Питир садақасы екинши ҳижрий жылы шариатқа киргизилген. Басқа садақалар мал-дүньядан қылынса, бул садақа адам басына қылынады.
Усы орында соған түсиник берип өтейик. Зәкат, питир, үсир – барлығы да садақаның түрлери. Зәкат ислам дини негизиниң бири болып, парыз әмел. Ал, питир ўәжиб әмел болып, рамазан айында берилетуғын садақа. Үсир болса, араб тилинде ушр деп аталып егиннен алынған зүрәәттиң оннан бирин садақа етиўге айтылады.
Питирди мал-дүньясы нысабқа жеткен адамлар бериўи лазым болады. Бунда бир жыл айланыў ҳәм өсиў шәрт қылынбаған.
Аллаҳ таала: «Ҳақыйқатта, ким зәкаты менен пәкленсе ҳәм Рәббисиниң атын зикир қылса, утысқа ериседи», деген. Касир ибн Абдуллаҳтан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан бул аят ҳаққында соралған еди. Ол: «Питир садақасы ҳаққында назыл болған», деди».
Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам питир садақасын оразадар ушын бийҳуўда гәп-сөз ҳәм ҳәрекетлерден пәклениў ҳәм мискинлер ушын аўқат болсын, деп парыз қылды. Ким оны ҳайыт намазынан алдын қылса, ол қабыл болады. Ким оны намаздан кейин қылса, садақалардан бири болады». Бул рәўияттаға намаз дегенде Рамазан ҳайыты намазы нәзерде тутылған. Питир садақасын ҳайыт намазынан алдын бериў кереклигин усы ҳәдистен билип аламыз.
Ҳәр бир инсан Рамазан айында ораза тутар екен, арасында билип-билмей айырым бир сөзлер аўызынан шығып кеткен болыўы мүмкин, сондай-ақ айырым бир жаман ислерди де қылып қойған болыўы мүмкин, усыларды жуўып жибериў ушын да питир садақасы еңгизилген.
Питир садақасы мискинлерге бериледи, олар оны азық қылып жейди, қуўанады. Ҳайыт күни қуўанышына қуўаныш қосылады. Соның ушын да ҳәр бир журтта сол жердиң ең көп тарқалған азығынан питир берилсин, делинген. Питир садақасы еркеклерге де, ҳаялларға да, жасларға да, қартайғанларға да ўәжиб болады. Яғный, ана қарнындағы ҳәмиледен тысқары бәрше ушын.
Ҳанафий мәзҳабы бойынша мал-дүньясы нысабқа жеткенлер бериўи ўәжиб. Көпшилик уламалар мал-дүньясы нысабқа жетпегенлер де бериўи мүмкин деген. Рәўиятларда айтылыўынша, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның заманында питир садақасы хурма, арпа, кишмиш, торақ ҳәм бийдайдан берилген. Бул нәрселердиң баҳасын пулға шағып, соны берсе де болады.
Ибн Умар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам питир садақасын хурмадан бир соъ, арпадан бир соъ муғдарында мусылманлардан қулға да, ҳүргеде, еркеккеде, ҳаялғада, кишиге де, үлкенге де парыз қылды. Оны адамлар намазға шығыўынан алдын бериўин буйырды».
Хурмадан бир соъ, арпадан бир соъ ўәжиб екен. Бир «соъ» қанша болады? Негизинде «соъ» бир ыдыс болып, бийдай ҳәм соған уқсас нәрселер сол ыдыс пенен өлшенген. Кейин аўырлық өлшемлери шыққанда, оған салыстырылған.
Питир садақасын бериў ҳайыт күни таң атыўы менен ўәжиб болады. Бирақ, оны рамазан айы басланыўынан баслап берсе де болады. Ҳайыт намазынан кейинге қалмаўы керек.
Егер ҳайыт намазына шекем бере алмаса, кейин бериўи керек.
Питир садақасына хурма ҳәм арпадан бир соъдан бериледи.
Ибн Аббас: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бул садақаны хурма ҳәм арпадан бир соъдан ҳәм бийдайдан ярым соъ, деген».
Бул ҳәдисте бийдайдан берилетуғын питир садақасы Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның өзи тәрепинен ярым соъ қылып белгиленгени айтылмақта. Бизлердиң мәзҳабымызда усы гәп алынған. Соъ өлшеми ҳәр бир журтта ҳәр түрли алынған. Ҳижазда ол 2400 г. ға тең болса, Ирақта 3594,24 г. ға тең. Демек питир садақасын бийдайдан беретуғын болсақ 1797,12 г берилиўи керек болады екен. Буны халқымыз бурыннан 2 кг бийдай деп қабыл еткен. Әлбетте, садақаның артықшасы тек саўапты ғана келтиреди.

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ

#рамазан_2023

🌙 РАМАЗАН ҲАЙЫТЫ КҮНИ ҲАҚҚЫНДАҒЫ ХАБАРЛАРҒА МҮНӘСИБЕТ

❗️Жақын күнлерде интернет сайтлары ҳәм социаллық тармақларда Рамазан ҳайыты күнин белгилеў бойынша мағлыўматлар ҳәр түрли жәрияланып атыр. Алдын хабар бергенимиздей, Өзбекистан мусылманлары басқармасында Рамазан айы ҳәм ҳайытын анықлаў ушын Исши топар шуғылланып атыр.

🌙Уламалар ҳәм тәжрийбели қәнигелерден ибарат исши топар Рамазан ҳайыты күни – таза Шәўўәл айы ҳилалын астрономиялық анализлер ҳәм шет еллердеги қәнигелер менен биргеликте бақлап атыр. Ҳәттеки Исши топар ўәкилликлери 🇺🇸АҚШ, 🇹🇷Туркия, 🇰🇷Қубла Корея ҳәм
🇷🇺Россия аймақларында да гүзетиў жумысларын алып бармақта.

🔭 Шет еллердеги абыройлы астрономия орайлары ҳәм Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы жанындағы Астраномия институтынан алынған мағлыўматларға көре, 2023-жыл Рамазан ҳайыты күни, яғный Шәўўәлдың жаңа ай фазасы усы жылы 20-апрель, пийшемби күни 🇺🇿Ташкент ўақты менен саат 09:12 да, ал 🇸🇦Саудия Арабстаны ўақты менен 07:12 да көринеди. Астраном алымлар жуўмағына көре, сол күни Шәўўәл айы ҳилалы Өзбекстан территориясында көринбесе де, бирақ дүньяның айырым жерлеринде көриў мүмкин болады.

🕌Атап өтиў орынлы, Ҳанафий фиқҳи дереклеринде бир орында таза ай яғный ҳилал көрилиўи дуньядағы бәрше мусылманларға Рамазан ҳайытын белгилеўди жайыз қылады. Буған ҳанафий, маликий ҳәм ҳанбалий мазҳабларынан ибарат жумҳур уламалары келисим қылған.

🌙 Шәръий мәселелер ҳәм астрономиялық есап-санақларға сүйенген ҳалда 1444-ҳижрий жыл Шәўўәл айы ҳилалы миләдий 2023-жыл 20-апрель күни Жер жүзиниң айырым аймақларында гүзетиледи. Сол себепли, Рамазан ҳайыты күни 2023-жыл 21-апрель, жума күнине туўры келиўи ҳаққында дәслепки жуўмақлар қылынып атыр. Айтыў мүмкин, АҚШ, Туркия, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикистан, Туркменстан сыяқлы бир қатар мамлекетлер тәрепинен усы жыл 21-апрель, жума күнин Рамазан ҳайыты, деп жәриялады.

🌙 Астрономиялық есап бойынша ҳайыт күни белгили болса-да, Ҳәзрети Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның “Таза айды көрип ораза тутың ҳәм таза айды көрип ҳайыт қылың”, деген ҳәдиси шәрийплерине тийкарланып Исши топардың АҚШ, Туркия ҳәм тағы басқа мамлекетлердеги ўәкилликлериниң ҳилалды гүзетиў туўрысындағы соңғы мағлыўматлары алынғаннан кейин 2023-жыл 20-апрель күни жуўмақлаўшы шешимлери дағазаланады, инша Аллаҳ.

🕌 Ибадат мәселесинде бәрқулла қырағы болыў лазым.
Рамазан оразасының басланыўы ҳәм жуўмақланыўы тек сол елдиң муфтийи тәрепинен жәрияланады, ал мөмин-мусылманлар сол пәтўаға ериўи шәрт болады.

❗️Демек, интернет сайтлары жүритиўшилери ҳәм социяллық тармақлар пайдаланыўшыларынан бул мәселеде ҳәр түрли хабарларды тарқатыў арқалы ҳақыйқый мағлыўматлардан шалғытпаўды илтимас етемиз.

Жақын күнлерде Өзбекстанда Рамазан ҳайыты күни рәсмий дереклерде жәрияланады.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа орайы

https://t.me/paziyletuz
#оразаның_пазыйлети
#мағлыўмат

Жыл бойы ораза

Рамазаннан кейин Шәўўәл айында 6 күн ораза тутыў жыл бойы ораза тутқанның саўабына жеткереди.

Әбиў Айюб Ансорий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким Рамазан оразасын тутып, изинен Шәўўәлдан алты күн ораза тутса, жыл бойы ораза тутқандай болады», деди.
(Имам Муслим рәўияты).

Рамазан оразасының отыз күниниң он барабары он ай (300 күн), Шәўўәл айының алты күн оразасы болса (60 күн) еки ай болады. Барлығы болып 360 күн (бир жыл)ди қурайды. Нәтийжеде, адам пүткил жыл бойы ораза тутқандай болады. Аллаҳ таала Қураны Кәрийде мынандай дейди:

«Ким бир жақсылық қылса, оның ушын (ислеген жақсылығының) он есеси (көбейтип) бериледи» (Анъам сүреси, 160-аят).

Ибн Умар разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким Рамазан оразасын тутып, изинен Шәўўәл айында алты күн ораза тутса, тап анадан туўылғандай гүналардан тазарады», деген.
(Имам Тобароний рәўияты).

Уламалар: «Шәўўәл айының оразасын ай басында избе-из алты күн ямаса ай даўамында бөлип-бөлип тутса да дурыс болады», деген.

Имам Аҳмад раҳматуллаҳи алайҳ айтады: «Шәўўәл айының оразасы избе-из алты күн тутылса да, бөлип-бөлип тутылса да
пазыйлети бирдей».

Аллаҳым, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның сүннетлеринде даўамый қыл ҳәм бизлерди мәғфират ет!

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#рамазан_2024 #пикирлеў #оразаның_пазыйлети

​​     РАМАЗАН ИЙИСИ
 
     Инсан бир нәрсени қатты сағынса, ол жақынласқаны сайын сағынышының күшлилигинен, сол нәрсениң ийисин сезе баслайды.
      Юсуф алайҳиссаламның әкеси перзентин қатты сағынғанынан: «Мен Юсуфтың ийисин сезип атырман», – деген екен.
      Рамазан жақын. Бизлер оны сағындық па? Рамазанның ийисин сезип атырмыз ба?
     Көпшилик Рамазан берекетли ай, түнлери де, күнлери де узақ ўақыт даўам етеди, деп ойлайды.
       Бирақ, умытпаң, әзизлер Рамазан айы да басқа айлар сыяқлы 30 күннен ибарат!
       Ҳәр бир күни де басқа күнлер киби 24 саат!
       Рамазан айында да басқа айлар сыяқлы төрт ҳәпте бар, яғный Рамазан да басқа айлар киби тез өтип кетеди.

😢"Рамазан сағынышы" китабынан.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍117109
#рамазан_2024 #пикирлеў
#оразаның_пазыйлети

🙄 Жәбрайыл алайҳиссалам былай деген екен:

🧔‍♀Егер Аллаҳ таала океанлардағы суў зәррелерин санап кел десе, санап келе аламан.

🧔‍♀Егер Аллаҳ таала шөлдеги қум зәррелерин санап кел десе, қанша қум зәрреси болса да санап келе аламан.

🧔‍♀Егер Аллаҳ теректе қанша жапырақ бар екенин санап кел десе, барып жер бетинде неше дана жапырақ барлығын санап келе аламан.

😮 Бирақ, Аллаҳ таала Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның үмметлерине Рамазан айында беретуғын саўапты санай алмайман...

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
313👍120🥰28👏16😍149
#рамазан_2024 #оразаның_пазыйлети

🙄 РАМАЗАН ЖАЎЫНЫ

Көшелер шаң-тозаңға толып, кир болса, адамның кеўли жаўын қәлеп қалады.
"Жаўын жаўып қалса еди, шаңлар басылар еди, әтирап тазаланар еди", дейди.

Және кир кирлик бар. Оның аты – гүна....
Оны тек Аллаҳ тааланың жаўыны ғана тазалаўға қәдир. Бул жаўын – Рамазан!

😌 Я Аллаҳым, бизлерге Рамазанды пайдалы қыл, гүналарымызды Өзиң мағфират қыл!

📖 "Рамазан сағынышы" китабынан.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍197102👏18😍114
#оразаның_пазыйлети #мағлыўмат

🙄 Оразаның пайдаларынан және бири – ораза тутыўшының қәлби пәклениўи.

Ораза тутқан адам бәрқулла Аллаҳ таала оның өзин көрип турғанын сезип жасайды. Соның ушын өзи жалғыз қалғанда да оразасын ашыўға жүреги бетлемейди. Ал, мудамы Аллаҳ тааланы еслеп, сезинип жүриў инсанның қәлбин пәклейди. Бундай инсанның қәлбине Аллаҳтың муҳаббатынан басқа нәрсе сыймай қалады. Ораза тутқан адам өз-өзинен жаманлық қыла алмай қалыўы да соннан.
Демек, ким қәлби пәк болыўын қәлесе, ораза тутсын!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍20888👏129🥰9
​​#оразаның_пазыйлети

🙄 Рамазанға 2 күн қалды

Салман Фарсий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

«Шаъбан айының ақырғы күнинде Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бизлерге хутба қылды:

– Ҳәй инсанлар! Уллы ҳәм берекетли айдың саясы үстиңизге түсти. Бул айда мың айдан-да қайырлырақ бир кеше бар. Аллаҳ таала бул айдың күндизлеринде ораза тутыўыңызды парыз ҳәм түнлери турып, намаз оқыўыңызды сүннет қылған. Бул айда ким зәрре муғдарындай жақсылық қылса, басқа айларда парыз әмел қылғандай саўап алады. Ким бул айда бир парызды орынласа, басқа айда жетпис парыз әмел орынлағандай болады. Бул ай сабыр ҳәм қыйыншылықларға шыдаў айы. Сабырдың есеси болса – жәннет. Бул ай пақыр ҳәм жарлыларға жәрдем айы. Бул айда мөмин кисиниң ырысқы көбейтиледи. Бул айда бир кисиниң бир оразадарды ифтар қылдырыўы (аўыз аштырыўы) гүналардың кеширилиўине ҳәм дозақ отынан қутылыўға себеп болады. Буннан тысқары оған, оразадардың саўабынан қайтарылмастан оның саўабынша саўап жазылады, деди.

Саҳабалар:

– Я Расулаллаҳ! Бәримиздиң де оразадарға ифтар бериўге күшимиз жетпейди-ғо, – деди.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Ҳәй саҳабаларым! Аллаҳ таала бул саўапты бир дана қурма, бир жүзим, бир кесе сүт бергенге де бере береди», деди.

📖 Ибн Хузайма рәўият қылған.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
145👍110🥰11😍7👏52
#Оразаның_пазыйлети

🙄 ТАРАЎИҲ НАМАЗЫ-1

Рамазан айының пазыйлетлеринен бири бул – тараўиҳ намазы. Тараўиҳ намазы деп тек ғана Рамазан түнлеринде қуптан намазынан кейин, ўитр намазынан алдын оқылатуғын намазға айтылады. Халқымыз арасында бул тараба деп те жүритиледи. Тараўиҳ рәҳәт-дем алыў мәнисинде. Өйткени, бул намаз рәҳәт есапланады, ҳәр төрт рәкәтти оқып болғаннан кейин отырып дем алынады, тасбиҳлар айтылады. Ал, Мәккәдағылар сол ўақытта ҳәр төрт рәкәт тараўиҳ намазынан кейин Байтуллаҳты таўап қылады.
Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Рамазан түнлерин ибадат пенен уйқысыз өткериўге шақырар еди, бирақ мәжбүрий қылмас еди. Сонда, ол: «Ким Рамазанда ийман ҳәм ықлас пенен қайым болса, өткен гүналары кешириледи», дейтуғын еди. Аўҳал усындай ўақытлары Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қайтыс болып кетти. Соң Әбиў Бакрдиң басқарған дәўиринде де Умардың дәўириниң басында да усындай еди».
Бул ҳәдистен ашық-айдын көринип турыпты, Рамазан айы түнлери ибадат қылыў жүдә
пазыйлетли ис. Гүналардың кеширилиўи де сол себепли болады екен. Бирақ, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бул иске шақырыўы менен бирге, мәлим бир ибадатты қылыўға қатаң тәризде буйырмады. Тек улыўма қылып, ибадат қылыўға шақырып қойды. Бундай аўҳал ҳәзирети Әбиў Бакрдиң дәўиринде де даўам етти. Ҳәзирети Умар разыяллаҳу анҳудың дәўириниң басында да усы аўҳал даўам етти.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍16846😍7👏3
#Оразаның_пазыйлети

🙄 Имам Ғаззалийдиң "Мукашафатул қулуб" китабында келтирилген бир ҳәдиси шәрийфте былай делинеди:

"Мениң үмметиме бес қәсийет берилди, бул алдынғы (үмметлерге) берилмеген еди:

1. Аллаҳтың алдында ораза тутыўшының аўзынан мушктан да жақсы ийис келеди.

2. Ифтарлыққа шекем периштелер ораза тутыўшы ушын истиғфар айтады.

3. Бул айда шайтанлар байланады.

4. Аллаҳ ҳәр күни жәннетти безейди ҳәм "Солиҳ бенделерим, қәлблеринен жаманлық ҳәм жуўапкерликти жоқ қылыў ушын асығыс ҳәрекет етип атыр!" деп буйырады.

5. Ол
(Аллаҳ) соңғы түнинде оларды кеширеди.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍219119🥰35😍15👏8
#Оразаның_пазыйлети

Оразаның еки зийнети бар:

😕 Ишки зийнет – тақўа.
'Ҳәй ийман келтиргенлер! Сизлерден алдынғыларға парыз қылынғанындай сизлерге де ораза парыз етилди. Қәнекей, тақўалы болсаңыз" (Бақара сүреси, 183-аят).

😣Сыртқы зийнет – салдамлылық
ҳәм әдеп.
"Ким өтирик сөйлеўди ҳәм оған әмел етиўди қоймаса, Аллаҳ оның тағамы ҳәм ишимлигин тәрк етиўине мүтәж емес". (Имам Бухарий рәўият қылған).

👍22152🥰12😍11
​​#Оразаның_пазыйлети

ПИТИР САДАҚАСЫ

Ҳанафий мәзҳабында питир садақасы ўәжиб есапланады. Бул садақа рамазаннан «питир»ге яғный, ендиликте аўзы ашық жүриўге шығыў мүнәсибети менен берилгени ушын да питир садақасы деп аталған. Питир садақасы екинши ҳижрий жылы шариатқа киргизилген. Басқа садақалар мал-дүньядан қылынса, бул садақа адам басына қылынады.
Усы орында соған түсиник берип өтейик. Зәкат, питир, үсир – барлығы да садақаның түрлери. Зәкат ислам дини негизиниң бири болып, парыз әмел. Ал, питир ўәжиб әмел болып, рамазан айында берилетуғын садақа. Үсир болса, араб тилинде ушр деп аталып егиннен алынған зүрәәттиң оннан бирин садақа етиўге айтылады.
Питирди мал-дүньясы нысабқа жеткен адамлар бериўи лазым болады. Бунда бир жыл айланыў ҳәм өсиў шәрт қылынбаған.
Аллаҳ таала: «Ҳақыйқатта, ким зәкаты менен пәкленсе ҳәм Рәббисиниң атын зикир қылса, утысқа ериседи», деген. Касир ибн Абдуллаҳтан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан бул аят ҳаққында соралған еди. Ол: «Питир садақасы ҳаққында назыл болған», деди».
Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам питир садақасын оразадар ушын бийҳуўда гәп-сөз ҳәм ҳәрекетлерден пәклениў ҳәм мискинлер ушын аўқат болсын, деп парыз қылды. Ким оны ҳайыт намазынан алдын қылса, ол қабыл болады. Ким оны намаздан кейин қылса, садақалардан бири болады». Бул рәўияттаға намаз дегенде Рамазан ҳайыты намазы нәзерде тутылған. Питир садақасын ҳайыт намазынан алдын бериў кереклигин усы ҳәдистен билип аламыз.
Ҳәр бир инсан Рамазан айында ораза тутар екен, арасында билип-билмей айырым бир сөзлер аўызынан шығып кеткен болыўы мүмкин, сондай-ақ айырым бир жаман ислерди де қылып қойған болыўы мүмкин, усыларды жуўып жибериў ушын да питир садақасы еңгизилген.
Питир садақасы мискинлерге бериледи, олар оны азық қылып жейди, қуўанады. Ҳайыт күни қуўанышына қуўаныш қосылады. Соның ушын да ҳәр бир журтта сол жердиң ең көп тарқалған азығынан питир берилсин, делинген. Питир садақасы еркеклерге де, ҳаялларға да, жасларға да, қартайғанларға да ўәжиб болады. Яғный, ана қарнындағы ҳәмиледен тысқары бәрше ушын.
Ҳанафий мәзҳабы бойынша мал-дүньясы нысабқа жеткенлер бериўи ўәжиб. Көпшилик уламалар мал-дүньясы нысабқа жетпегенлер де бериўи мүмкин деген. Рәўиятларда айтылыўынша, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның заманында питир садақасы хурма, арпа, кишмиш, торақ ҳәм бийдайдан берилген. Бул нәрселердиң баҳасын пулға шағып, соны берсе де болады.
Ибн Умар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам питир садақасын хурмадан бир соъ, арпадан бир соъ муғдарында мусылманлардан қулға да, ҳүргеде, еркеккеде, ҳаялғада, кишиге де, үлкенге де парыз қылды. Оны адамлар намазға шығыўынан алдын бериўин буйырды».
Хурмадан бир соъ, арпадан бир соъ ўәжиб екен. Бир «соъ» қанша болады? Негизинде «соъ» бир ыдыс болып, бийдай ҳәм соған уқсас нәрселер сол ыдыс пенен өлшенген. Кейин аўырлық өлшемлери шыққанда, оған салыстырылған.
Питир садақасын бериў ҳайыт күни таң атыўы менен ўәжиб болады. Бирақ, оны рамазан айы басланыўынан баслап берсе де болады. Ҳайыт намазынан кейинге қалмаўы керек.
Егер ҳайыт намазына шекем бере алмаса, кейин бериўи керек.
Питир садақасына хурма ҳәм арпадан бир соъдан бериледи.
Ибн Аббас: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бул садақаны хурма ҳәм арпадан бир соъдан ҳәм бийдайдан ярым соъ, деген».
Бул ҳәдисте бийдайдан берилетуғын питир садақасы Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның өзи тәрепинен ярым соъ қылып белгиленгени айтылмақта. Бизлердиң мәзҳабымызда усы гәп алынған. Соъ өлшеми ҳәр бир журтта ҳәр түрли алынған. Ҳижазда ол 2400 г. ға тең болса, Ирақта 3594,24 г. ға тең. Демек питир садақасын бийдайдан беретуғын болсақ 1797,12 г берилиўи керек болады екен. Буны халқымыз бурыннан 2 кг бийдай деп қабыл еткен. Әлбетте, садақаның артықшасы тек саўапты ғана келтиреди.

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
👍18236👏7🥰5
​​#оразаның_пазыйлети
#мағлыўмат

Жыл бойы ораза

Рамазаннан кейин Шәўўәл айында 6 күн ораза тутыў жыл бойы ораза тутқанның саўабына жеткереди.

Әбиў Айюб Ансарий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким Рамазан оразасын тутып, изинен Шәўўәлдан алты күн ораза тутса, жыл бойы ораза тутқандай болады», деди.
(Имам Муслим рәўияты).

Рамазан оразасының отыз күниниң он барабары он ай (300 күн), Шәўўәл айының алты күн оразасы болса (60 күн) еки ай болады. Барлығы болып 360 күн (бир жыл)ди қурайды. Нәтийжеде, адам пүткил жыл бойы ораза тутқандай болады. Аллаҳ таала Қураны Кәриймде мынандай дейди:

«Ким бир жақсылық қылса, оның ушын (ислеген жақсылығының) он есеси (көбейтип) бериледи» (Анъам сүреси, 160-аят).

Ибн Умар разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким Рамазан оразасын тутып, изинен Шәўўәл айында алты күн ораза тутса, тап анадан туўылғандай гүналардан тазарады», деген.
(Имам Тобараний рәўияты).

Уламалар: «Шәўўәл айының оразасын ай басында избе-из алты күн ямаса ай даўамында бөлип-бөлип тутса да дурыс болады», деген.

Имам Аҳмад раҳматуллаҳи алайҳ айтады: «Шәўўәл айының оразасы избе-из алты күн тутылса да, бөлип-бөлип тутылса да
пазыйлети бирдей».

🤲 Аллаҳым, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның сүннетлеринде даўамый қыл ҳәм бизлерди мәғфират ет!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍15451🥰2
#Оразаның_пазыйлети

Оразаның еки зийнети бар:

😕 Ишки зийнет – тақўа.
'Ҳәй ийман келтиргенлер! Сизлерден алдынғыларға парыз қылынғанындай сизлерге де ораза парыз етилди. Қәнекей, тақўалы болсаңыз" (Бақара сүреси, 183-аят).

😣Сыртқы зийнет –  салдамлылық
ҳәм әдеп.
"Ким өтирик сөйлеўди ҳәм оған әмел етиўди қоймаса, Аллаҳ оның тағамы ҳәм ишимлигин тәрк етиўине мүтәж емес". (Имам Бухарий рәўият қылған).

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍19072😍6👏43
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Оразаның_пазыйлети

ОРАЗА ТУТЫЎ ИНСАННЫҢ МИЙРИМ-ШӘПӘӘТИН АРТТЫРАДЫ

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍11754😍13👏43🥰2
#оразаның_пазыйлети #мағлыўмат

 💡   Оразаның пайдаларынан және бири – ораза тутыўшының қәлби пәклениўи.
       Ораза тутқан адам бәрқулла Аллаҳ таала оның өзин көрип турғанын сезип жасайды. Соның ушын өзи жалғыз қалғанда да оразасын ашыўға жүреги бетлемейди. Ал, мудамы Аллаҳты еслеп, сезинип жүриў инсанның қәлбин пәклейди. Бундай инсанның қәлбине Аллаҳтың муҳаббатынан басқа нәрсе сыймай қалады. Ораза тутқан адам өз-өзинен жаманлық қыла алмай қалыўы да соннан.
      Демек, ким қәлби пәк болыўын қәлесе, ораза тутсын.

   Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍20894👏104😍4🥰1
#Оразаның_пазыйлети

☪️ Ең абзал садақа – рамазан айындағы садақа

Анас разыяллаҳу анҳу деди: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға: «Садақалардың абзалы қайсы», – деп сорағанда: «Рамазан айындағы садақа» - деп жуўап берген».
Гүна ҳәм жәҳәннем жалынынан қорғаўшы да бул – ораза. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:  «... Ораза қалқан...», деген.
Ораза инсанды сабыр-тақатқа үйретеди. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Рамазан айы – сабыр айы», деген.
Оразадар Аллаҳ тааланың муҳаббаты ҳәм жақсылығына ериседи. Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳу деди: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Аллаҳ таала: «Бенделеримниң ишинде Маған сүйиклиси ифтарлықты кирген ўақтында қылғаны», – деди», деп айтқан». Яғный, ораза тутып, ўақтында аўызын ашқанлары дегени.
Ораза тутқан адамда еки қуўаныш бар. Әбиў Хурайра разыяллаҳу анҳу рәўият қылады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам деди: «...Ораза тутқан адам ушын еки қуўаныш бар: бири аўыз ашқан ўақытта, екиншиси Аллаҳ таалаға жолыққанда...».
Ораза тутқан адамның дуўасы қабыл болады. Әбиў Хурайра разыяллаҳу анҳу рәўият қылады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Үш дуўа қайтарылмайды: ораза тутқан адамның аўыз ашардан алдыңғы дуўасы…» – деди».
Абдуллаҳ ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтты: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ҳәр бир ораза тутыўшының аўыз ашардан алдын қабыл болатуғын дуўасы бар. Ол бул дүньяда бериледи ямаса ақыретке сақлап қойылады» – деди».
Рамазан айындағы умра қылғанның саўабы ҳажға барабар делинген. Анас разыяллаҳу анҳу рәўият қылады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Рамазандағы умра ҳажға тең» ямаса «Мениң менен бирге ҳаж қылыўға барабар» – деди».
Ораза қыямат күни оразадар ушын шәпәәтши болады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: «Ораза ҳәм Қуран қыямат күнинде бенде ушын шәпәәт сорайды. Ораза: «Рәббим мен оны жеп-ишиў ҳәм шаҳўатынан тостым, мениң ол ҳаққындағы шәпәәтимди қабыл қыл!» –дейди. Қуран: «Мен оны түнлери уйқыдан тостым, мениң ол ҳаққындағы шәпәәтимди қабыл қыл!» – дейди. Соннан кейин олардың шәпәәтлери қабыл қылынады».
Ораза тутқан адамның гүналары Рамазан айының ақырғы түнинде кешириледи. Әбиў Хурайра разыяллаҳу анҳу рәўият қылады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: «Рамазан айында үмметиме басқа үмметлерге берилмеген бес артықмашлық берилди: ораза тутқан адамның аўзынан келген ийис Аллаҳ тааланың алдында мушкдан да хош ийисли; Периштелер оразадар ушын ифтарлыққа шекем Аллаҳ тааладан мағфират сорайды; Аллаҳ таала жәннетти безейди ҳәм оған: «Солиҳ бенделеримниң үстиндеги қыйыншылық ҳәм азапларды таслап сениң алдыңа келиўине аз қалды» – дейди; Бул айда жинлер кисенленеди, басқа айда қылған ислерин (ўас-ўасасын) ете алмайды; Рамазанның ақырғы түнинде оразадардың гүналары кешириледи». Саҳабалар: «Я Расулуллаҳ, ол түн Қадр түни ме?» – деп сорады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Яқ, лекин мәрдикар жумысын орынлаған соң саўабы толық етип бериледи», – деди.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍26769😍11🥰5👏51
#Оразаның_пазыйлети

ПИТИР САДАҚАСЫ

Ҳанафий мәзҳабында питир садақасы ўәжиб есапланады. Бул садақа рамазаннан «питир»ге яғный, ендиликте аўзы ашық жүриўге шығыў мүнәсибети менен берилгени ушын да питир садақасы деп аталған. Питир садақасы екинши ҳижрий жылы шариатқа киргизилген. Басқа садақалар мал-дүньядан қылынса, бул садақа адам басына қылынады.
Усы орында соған түсиник берип өтейик. Зәкат, питир, үсир – барлығы да садақаның түрлери. Зәкат ислам дини негизиниң бири болып, парыз әмел. Ал, питир ўәжиб әмел болып, рамазан айында берилетуғын садақа. Үсир болса, араб тилинде ушр деп аталып егиннен алынған зүрәәттиң оннан бирин садақа етиўге айтылады.
Питирди мал-дүньясы нысабқа жеткен адамлар бериўи лазым болады. Бунда бир жыл айланыў ҳәм өсиў шәрт қылынбаған.
Аллаҳ таала: «Ҳақыйқатта, ким зәкаты менен пәкленсе ҳәм Рәббисиниң атын зикир қылса, утысқа ериседи», деген. Касир ибн Абдуллаҳтан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан бул аят ҳаққында соралған еди. Ол: «Питир садақасы ҳаққында назыл болған», деди».
Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам питир садақасын оразадар ушын бийҳуўда гәп-сөз ҳәм ҳәрекетлерден пәклениў ҳәм мискинлер ушын аўқат болсын, деп парыз қылды. Ким оны ҳайыт намазынан алдын қылса, ол қабыл болады. Ким оны намаздан кейин қылса, садақалардан бири болады». Бул рәўияттаға намаз дегенде Рамазан ҳайыты намазы нәзерде тутылған. Питир садақасын ҳайыт намазынан алдын бериў кереклигин усы ҳәдистен билип аламыз.
Ҳәр бир инсан Рамазан айында ораза тутар екен, арасында билип-билмей айырым бир сөзлер аўызынан шығып кеткен болыўы мүмкин, сондай-ақ айырым бир жаман ислерди де қылып қойған болыўы мүмкин, усыларды жуўып жибериў ушын да питир садақасы еңгизилген.
Питир садақасы мискинлерге бериледи, олар оны азық қылып жейди, қуўанады. Ҳайыт күни қуўанышына қуўаныш қосылады. Соның ушын да ҳәр бир журтта сол жердиң ең көп тарқалған азығынан питир берилсин, делинген. Питир садақасы еркеклерге де, ҳаялларға да, жасларға да, қартайғанларға да ўәжиб болады. Яғный, ана қарнындағы ҳәмиледен тысқары бәрше ушын.
Ҳанафий мәзҳабы бойынша мал-дүньясы нысабқа жеткенлер бериўи ўәжиб. Көпшилик уламалар мал-дүньясы нысабқа жетпегенлер де бериўи мүмкин деген. Рәўиятларда айтылыўынша, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның заманында питир садақасы хурма, арпа, кишмиш, торақ ҳәм бийдайдан берилген. Бул нәрселердиң баҳасын пулға шағып, соны берсе де болады.
Ибн Умар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам питир садақасын хурмадан бир соъ, арпадан бир соъ муғдарында мусылманлардан қулға да, ҳүргеде, еркеккеде, ҳаялғада, кишиге де, үлкенге де парыз қылды. Оны адамлар намазға шығыўынан алдын бериўин буйырды».
Хурмадан бир соъ, арпадан бир соъ ўәжиб екен. Бир «соъ» қанша болады? Негизинде «соъ» бир ыдыс болып, бийдай ҳәм соған уқсас нәрселер сол ыдыс пенен өлшенген. Кейин аўырлық өлшемлери шыққанда, оған салыстырылған.
Питир садақасын бериў ҳайыт күни таң атыўы менен ўәжиб болады. Бирақ, оны рамазан айы басланыўынан баслап берсе де болады. Ҳайыт намазынан кейинге қалмаўы керек.
Егер ҳайыт намазына шекем бере алмаса, кейин бериўи керек.
Питир садақасына хурма ҳәм арпадан бир соъдан бериледи.
Ибн Аббас: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бул садақаны хурма ҳәм арпадан бир соъдан ҳәм бийдайдан ярым соъ, деген».
Бул ҳәдисте бийдайдан берилетуғын питир садақасы Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның өзи тәрепинен ярым соъ қылып белгиленгени айтылмақта. Бизлердиң мәзҳабымызда усы гәп алынған. Соъ өлшеми ҳәр бир журтта ҳәр түрли алынған. Ҳижазда ол 2400 г. ға тең болса, Ирақта 3594,24 г. ға тең. Демек питир садақасын бийдайдан беретуғын болсақ 1797,12 г берилиўи керек болады екен. Буны халқымыз бурыннан 2 кг бийдай деп қабыл еткен. Әлбетте, садақаның артықшасы тек саўапты ғана келтиреди.

🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍19860🥰6👏3

133👍120🥰6😍6👏53