Paziyletuz | Рәсмий канал
73K subscribers
27.8K photos
4.11K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
#Пикирлеў

ҲӘР НӘРСЕНИ КЕЎИЛГЕ АЛА БЕРМЕҢ!

"...Егер сизлер (оларды) әпиў етсеңиз, гүнасынан өтсеңиз ҳәм кеширсеңиз, онда, әлбетте, Аллаҳ – (сизлерге де) Кеширимли, Рейимли". (Тағобун сүреси, 14-аят).

Масъуд ибн Муҳаммад ал-Ҳамаданий раҳимаҳуллаҳ жақсы адам еди.
👉 Көбинесе инсанларды кеширер ҳәм олардың қәтесин кеўилге алмас еди.
👉 "Өтмиш еске алынбайды", деп қояр еди.
Қайтыс болғанынан кейин бир адам оны түсинде көрди ҳәм сорады:
👉 Аллаҳ сизге қандай мәмиле қылды?
Масъуд ибн Муҳаммад ал-Ҳамаданий раҳимаҳуллаҳ былай жуўап берди:
👉 "Аллаҳ мени алдында турғызып, былай деди:
❗️"Ҳәй Масъуд! Өтмиш еске алынбайды! Оны жәннетке алып барың!"


©️ Шамсуддин Заҳабий раҳимаҳуллаҳ "Сияр аълам ан-нубала" китабынан.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
96👍748😍7👏4
#Пикирлеў

Шайх Әлий Тантаўий былай деди: "Бир күни өзиме өзим: "Аллаҳ ҳақыйқатта сени жақсы көреди ме?" деп сораў бердим. Кейин еслеп көрсем, Аллаҳ бенделерине болған муҳаббатының себеплерин Өзиниң Китабында айтқан екен. Сораўыма жуўап табыў ушын Аллаҳтың Китабын оқый басладым. Қарасам, онда "Әлбетте, Аллаҳ тақўалыларды жақсы көреди" деген аят шықты. Өзимди тақўалылардан деп есаплаўға жүрек ете алмадым. Кейин "Аллаҳ сабырлыларды жақсы көреди" деген аятты таўдым. Өзимде сабыр жетиспеўин еске алдым. Соң "Әлбетте, Аллаҳ ийгиликли ис қылыўшыларды жақсы көреди" деген аятты таўдым. Буннан онша узақласпай, излеўди тоқтаттым. Себеби, Аллаҳ мени жақсы көриўине себеп болыўшы бир нәрсе де таба алмаўдан қорықтым. Кейин әмеллеримди тексериўди басладым. Қарасам, көпшилиги ҳәрекетсизлик, кемшилик ҳәм гүналарға қарысып кеткенин сездим. Сонда, Оның "Әлбетте, Аллаҳ тақўалыларды жақсы көреди" деген сөзи есиме түсти. Әне усы аят мен ҳәм мен киби гүнакарларға тийисли екенин түсинип, қәнекей Аллаҳ мени де жақсы көрсе деген үмитте "Әстәғфируллоҳәл азийм ўә әтуўбу иләйҳ" (Уллы Аллаҳтан кеширим сорайман ҳәм Оған тәўбе қыламан" деп айта басладым".

👇👇👇👇👇👇👇👇👇
👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍13247👏6😍6
#Пикирлеў

🙄 ЗИКИР – СОЛИҲ ДОСҚА МҮТӘЖ

Оны исимде шерик қыл, Саған көбирек тасбиҳ айтыўымыз ушын ҳәм Сени көп зикир қылыўымыз ушын (Тоҳа сүреси, 32-34-аятлар).

Бул аятларда Муўса алайҳиссалам Аллаҳ таалаға илтижа қылып, әжағасы Ҳарун алайҳиссаламның жәрдемине мүтәж екенин айтып атыр.

Ҳақыйқатта, Аллаҳты көп зикир қылыў, Оны мудамы еслеў ушын солиҳ (жақсы) досларға мүтәжбиз.

Себеби:
👉 Солиҳ дос Аллаҳты умытсақ, Оны еслетип турады.
👉 Ийгиликли ислеримизде жәрдемши болады.
👉 Жаман жоллардан қайтарады.
👉 Туўры жол таңлаўымызда көмекши болады.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
82👍53👏8
#Пикирлеў

🙄 КЕСЕЛЛИККЕ ҚАРСЫ ЕҢ ЖАҚСЫ ШЫПА

«Аўырғанымда, Оның Өзи маған шыпа береди» (Шуаро сүреси, 80-аят).

Усман ибн Ас Сақафий разыяллаҳу анҳу мусылман болғанынан берли денесинде аўрыў сезип атырғанын айтып, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға шағым қылды.
Сонда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам оған былай деди:
👉 «Қолыңды денеңдеги аўырып турған жерге қой ҳәм үш мәрте «Бисмилләҳ» деп айт!
👉 Және жети мәрте төмендегилерди айт:


👉 «Әъуўзу биъиззәтиләәҳи ўә қудротиҳи мин шәрри мәә әжиду ўә уҳаазиру».


👉 Мәниси: (Ҳәзир денемде) сезип атырған ҳәм келешекте жүз бериўи мүмкин болған ғам-тәшўиш (яки усы аўрыўдың даўам етиўи)ниң жаманлығынан Аллаҳтың иззети ҳәм қүдрети менен пана сорайман (Имам Муслим рәўияты).

👇
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
122👍1144🥰2
#Пикирлеў

🙄 АЛЫМДЫ ҲҮРМЕТ ЕТИЎ ҚУРАНЫЙ ҮГИТ

"Муўса оған (Хизрге): "Саған үйретилген билимнен маған да туўры жолды үйретиўиң ушын саған ерсем бола ма?" – деди" (Каҳф сүреси, 66-аят).

Муўса алайҳиссаламның мәртебеси Хизрдикинен жоқары еди.

Солай болса да, Муўса алайҳиссалам Хизрден әдеп пенен руқсат сорап атыр.

Бул – Қураный үгит-нәсият!

👉 Алымларға кишипейиллик пенен мәмиледе болың!
👉 Алымнан әдеп пенен сораў сораң!


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
77👍61👏4😍2
#Пикирлеў

🙄 ИЙМАН, НАМАЗ ҲӘМ НАПАҚА

"Олар ғайыпқа ийман келтиреди, намазды толық оқыйды ҳәм Биз оларға берген ырысқыдан напақа қылады" (Бақара сүреси, 3-аят).

Бул аятта төмендегилер айтылған:
1️⃣Ийман, ол қәлб пенен болады.
2️⃣Намаз, ол дене менен болады.
3️⃣Напақа, ол мал-мүлик пенен болады.

Бул аят бәрше ибадатларды өзинде жәмлеген. Себеби:

👉 Ийманда утыс бар.
👉 Намазда мүнәжат бар.
👉 Напақада көтерилиў бар.

👉 Ийманда хош хабар бар.
👉 Намазда каффарат бар.
👉 Напақада таҳәрат (пәклик) бар.

👉 Ийманда иззет (әзизлик) бар.
👉 Намазда Аллаҳға жақынлық бар.
👉 Напақада зыядалық бар.

©️ Әбиў Ҳафс Насафий раҳимаҳуллаҳ

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
80👍47👏11😍3
#Пикирлеў

ҚУРАНДАҒЫ ЕҢ ҮМИТ БАҒЫШЛАЎШЫ АЯТ

"Сизлерге қайсы бир мүсийбет жетсе, демек, өз қолыңыз қылған кәсиптен. Ол – көпшилигин әпиў етиўши" (Шуўро сүреси, 30-аят).

Бенде ҳәр демде жынаятқа бейим.
Аллаҳ оны түрли мүсийбетлер менен жынаятлардан пәклеп барады.
Қыяметте бендениң жүклерин (гүналарын) жеңиллестириў ушын сондай етеди.
Егер Аллаҳтың әпиўи ҳәм мийрими болмағанда, бенде (гүнаға тасланған) дәслепки адымда-ақ набыт болар еди.

Әлий разыяллаҳу анҳу былай деген:
👉 "Бул аят мөминлер ушын Қурандағы ең үмит бағышлаўшы аят!
👉 Себеби, Кәрийм (Аллаҳ) бир мәрте азапласа, екинши мәрте азапламайды.
👉 Егер Аллаҳ әпиў қылса, қарарынан қайтпайды".

©️ Әбул Баракат Насафий раҳимаҳуллаҳ

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
90👍67👏4😍4
#Пикирлеў

📖 ПЕРЗЕНТИҢИЗГЕ "ФАТИҲА"НЫ ҮЙРЕТИҢ!

"Ҳақыйқатында да, Биз саған жети тәкирарланыўшыны (жети аятлы) ҳәм Уллы Қуранды бердик" (Ҳижр сүреси, 87-аят).

Абдуллаҳ ибн Масъуд разыяллаҳу анҳу: "Жети тәкирарланыўшы — "Фатиҳа" сүреси", деген.

Әбиў Мансур ал-Ҳайят раҳматуллаҳи алайҳ қайтыс болғаннан кейин, айырым адамлар оны түсинде көреди ҳәм: "Рәббиңиз сизге не қылды?", деп сорайды.

Сонда ол былай жуўап береди:
"Балаларға "Фатиҳа" сүресин үйреткеним ушын Рәббим мени мағфират қылды".

Ҳүрметли ата-аналар! Перзентиңизге "Фатиҳа" сүресин үйретиўге асығың! Алдын ала бул сүрени өзиңиз пуқта өзлестириң!


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
119👍88👏10😍3🥰1
#Пикирлеў

🙄 ЯРЫМ АЯТТА ПҮТЛИК МЕДИЦИНА

Аллаҳ таала Қуранда былай дейди:
👉 "... Жеп-ишиң, (бирақ) ысырап қылмаң!" (Аъроф сүреси, 31-аят).

Әлий ибн Ҳусайн ибн Ўақид раҳматуллаҳи алайҳ былай деген:
👉 "Аллаҳ таала бул ярым аятта пүткил медицинаны жәмлеген".

Имам Қуртубий раҳматуллаҳи алайҳ былай деген:
👉 "Алымлар ижмаъсы (келисимине) көре, Аллаҳ тааланың бул сөзинде пүткил медицина жәмленген".

Бул аятта төмендеги еки мәселеге итибар берилген:
👉 Тағам ҳәм ишимликти пүткиллей тәрк етип, денени күшсизлендириў шәриятымызда жоқ.
👉 Тағам ҳәм ишимликти ҳәдден артық жеп, денеге зыян бериў де шәриятта қараланған.

Булар – медицинаның тийкарғы мақсети!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
92👍73👏112
#Пикирлеў

🙄 ИЛИМ — АЛЛАҲТЫҢ МИЙРИМИ

"Ар-Роҳман (Мийирман). Қуранды үйретти" (Ар-Роҳман сүреси, 1-2-аятлар).

Бул аятта Аллаҳ таала Қуранды Өзи үйретиўи айтылған.

Буның мәниси сол, тәлим ўақтында илим Аллаҳтың мийрими себепли пайда болады.

Соның ушын да, үйрениўшилер тәлимде (илим үйрениўде) бирдей болса да, илимде ҳәр қыйлы болады.

Себеби, олардағы (Аллаҳтың) мийриминиң белгилери ҳәр түрли болады.

©️ Имам Әбиў Мансур ал-Матуридий раҳматуллаҳи алайҳ

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
85👍42😍6👏51
#Пикирлеў

🙄 ИЛИМ — АЛЛАҲТЫҢ МИЙРИМИ

"Ар-Роҳман (Мийирман). Қуранды үйретти" (Ар-Роҳман сүреси, 1-2-аятлар).

Бул аятта Аллаҳ таала Қуранды Өзи үйретиўи айтылған.

Буның мәниси сол, тәлим ўақтында илим Аллаҳтың мийрими себепли пайда болады.

Соның ушын да, үйрениўшилер тәлимде (илим үйрениўде) бирдей болса да, илимде ҳәр қыйлы болады.

Себеби, олардағы (Аллаҳтың) мийриминиң белгилери ҳәр түрли болады.

©️ Имам Әбиў Мансур ал-Матуридий раҳматуллаҳи алайҳ

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
84👍53🥰54😍4👏2
#Пикирлеў

📖 ИЛИМДИ ҚУРАННАН БАСЛАҢ!

"...Саған ҳәмме нәрсени баян етип бериўши, мусылманларға ҳидаят, мийрим ҳәм хош хабар қылып Китапты (Қуранды) нәзил еттик" (Наҳл сүреси, 89-аят).

Қураны кәриймде бәрше илимлер жәмленген. Қураны кәриймде зәрре, хантал ҳәм шыбыннан баслап, космос ҳәдийселерине дейин баян етилген. Бизиң илимимиз кемислиги себепли, Қурандағы ҳәмме илимлерди де аңлай алмаймыз.

Соның ушын да, Қуран илимниң тийкары саналады. Ата-бабаларымыз илимди Қураннан баслағаны себепсиз емес.

👉 Абдуллаҳ ибн Масъуд разыяллаҳу анҳу бул ҳаққында: "Ким илим үйрениўди қәлесе, дәслеп Қураннан басласын. Себеби, онда алдынғылар ҳәм ақырғылар илими бар", деген (Абдуллаҳ ибн Мубарак раҳматуллаҳи алайҳ рәўияты).

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
89👍70👏8🥰4😍21
#Пикирлеў

😌 ДУЎА

👉 Биринши нәўбетте дуўаның мәнисин билип алайық. «Дуўа» сөзи араб тилинде, «шақырыў, сораў» мәнилерин аңлатады. Көбинесе дуўа қылыў ҳәм де бир нәрсени сораў мәнилери бир-бирине араласып кетеди. Соның ушын, сораў не, дуўа не екенин анық билип алыў әҳмийетли.
👉 Сораў – сораўшы айтатуғын сөздиң сыпаты. «Маған сораған нәрсемди бер» сыяқлы.
👉 Ал, дуўа сораўшыда пайда болатуғын нәпсиге байланыслы ҳалат. Усы нәпсиге байланыслы ҳалат еки нәрсе менен: қәлб ҳәм сезимлердиң ояўлығы ҳәм де олардың ҳәр бириниң кишипейиллиги, өзин пәс тутыўы менен Аллаҳ таалаға жүзлениўи менен ҳәм және дуўа қылыўшының өзи қылған гүналар ушын Аллаҳ таалаға шын кеўилден тәўбе қыла баслаўы менен болады.
👉 Аўа, дуўа қылынып атырғанда қәлб ҳәм сезимлердиң ояўлығы ҳәм де олардың ҳәр бириниң кишипейиллиги ҳәм өзин пәс тутыўы менен Аллаҳ таалаға жүзлениўи болмаса, еки қолды көтерип, тилге келген сораў сөзлерин әдетке көре тәкирарлап атырған болады.
👉 Бундай ўақытта қәлб ғәплетте болыўы, тилде бир гәп, ойда басқа гәп болыўы да мүмкин. Әлбетте, бул ҳалды дуўа деп болмайды.
Солай екен, бул исти қылып атырған адамды «Пәленше Аллаҳ тааладан сорап атыр» деп айтыўымыз мүмкин. Бирақ, «Пәленше Аллаҳ таалаға дуўа қылып атыр», дей алмаймыз.
Көпшилик бир нәрсеге ериспекши болса, түрли дуўаларды үйренип, ядлайды. Оларды тәкирар-тәкирар оқып, Аллаҳ тааладан өз тилегин сорайды. Бирақ, сораған нәрсесине жетисе алмай жүре береди, себеби ол ҳақыйқый дуўа қылған жоқ, тек ғана сораў менен бәнт болды. Дуўа деп аталатуғын нәпсиге байланыслы ҳалатқа ерискен жоқ.
👉 Бир адамнан бир нәрсени сорайтуғын адам сол бериўшиге әдепсизлик еткен болса, алдын сол әдепсизлик ушын үзир айтып турып, кейин сорайтуғын нәрсесин сорайды-ғо?! Не ушын Аллаҳ таалаға гүна қылған бенде Оннан үзир сорамай турып, және басқа нәрсени сораўы керек? Аллаҳ таалаға бойсынбай турып, және қалайынша Оннан «Маған пәлен нәрсени бер» деп сорай алады?!


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍17858👏10🥰4😍3
#пикирлеў

ЎАЗЫЙПАҢЫЗ

«Сен: «Я Рәббим! Маған илимимди зыяда қыл!» – деп айт» (Тоҳа сүреси, 114-аят).

Аллаҳ таала Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламды көбирек илим үйрениўге қызықтырған.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам да өз гезегинде: "Меннен бир аят болса да (басқаларға) жеткизиң", деп илимди тарқатқан.

👉 Ҳәй Қуран үйренип, басқаларға үйретип атырғанлар!

Билиң, сизлердиң ўазыйпаңыз тек ғана бир бетти ядлаў ямаса ядлатыўдан ибарат емес!

Сизлердиң ўазыйпаңыз – үмметти тирилтиўден ибарат.

© Шайх Әлий Тантаўий раҳматуллаҳи алайҳ.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
121👍73🥰3👏32
#күн_аяты #пикирлеў

🙄 Аллаҳ таала айтады: "Биз кимге узақ өмир берсек, оның жаратылыўын (көринисин, денесин) ийилген қылып қоямыз. Ақыл ислетпей ме?!" (Ясийн сүреси, 68-аят).

🔖 Адам баласының өмири қанша узайса, сонша қартайып, әззилеп барады. Ал, бул дүнья өмири өткинши екениниң, баҳасы жоқ екениниң айқын дәлили есапланады. Ақылын ислетип, бул ҳақыйқатты түсинип, ийманға келип, ибадат пенен өткен мөминлер қартайған сайын рәҳәтлери көбейип барады. Өмирде қалыўды ибадат қылыў ҳәм саўап ислеў ушын пурсат, деп қуўанады. Жәннетке ҳәм Аллаҳтың разылығына жетисиў үмитинде өлимди шадлық пенен күтип алады.

📚 "Тәфсири ҳилал" китабынан.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍12157👏74😍3
#Пикирлеў

🙄 ӨЛИМНЕН КЕЙИН ҚУРАН ЯДЛАЎ

"...Солай екен, Қураннан (өзлериңизге) аңсат болған дәрежеде оқың!", (Муззаммил сүреси, 20-аят).

Қуран сондай илаҳий Китап, Оны оқыў, терең ойлаў ҳәм Оған әмел қылыў ҳәттеки Оған нәзер салыў да ибадат.

Қартайып қалған болсаңыз, "Ядлаў (қәбилетим) пәс, өмирим де аз қалды, Қуранды толық ядлай алмайман", деп тәслим болмаң!

Өйткени, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былай деген:

👉 "Ким Қуран оқыса, кейин Оны ядлаўдан алдын қайтыс болса, оған бир периште келеди ҳәм қәбиринде оған Қуранды үйретеди. Нәтийжеде ол Аллаҳ таалаға Қуранды толық ядлаған ҳалда жолығады", (Ибн Шаҳин ҳәм Суйитий раҳматуллаҳи алайҳлар рәўияты).

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍17483👏7🥰4😍3
#Пикирлеў

🙄 ЖӘННЕТ КИШКЕНТАЙЛАРЫ

"...Зүрядын да оларға қосамыз",( Туўр сүреси, 24-аят).

Абдуллаҳ ибн Аббас разыяллаҳу анҳу бул аят ҳаққында былай деген:
👉 "Мөминлердиң кишкене перзентлери жәннетте өз ата-аналарына қосып қойылады".

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳу былай деген:
👉 "Киши жаста қайтыс болғаныңыз – ЖӘННЕТТИҢ КИШКЕНТАЙЛАРЫ. Олардың бири ата-анасының етегинен услайды ҳәм Аллаҳ оны ҳәм де ата-анасын жәннетке киргизгенше қойып жибермейди" (Имам Муслим рәўияты).

👉 Ҳәдистеги "кишкентай" сөзи "кирип жүриўши" деген мәнисти де аңлатады. Яғный, нәресте ҳалында қайтыс болғанлар жәннеттиң қәлеген жерине кирип жүреди.

👉 Балалар бул дүньяда қәлеген исин қылады, ҳеш ким оларды тергемейди. Кишкентайлар жәннетте де сондай еркетай болады.


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
117👍60😍143🥰3👏2
#пикирлеў

Ең уллы неъмат не екенин билесизбе?

Аллаҳ таала сизге қанша неъмат бергенин сезиниўди қәлейсиз бе?

Көзиңизди жумып он адым жүрип көриң!

Жүрип көрдиңиз бе? Нени сезиндиңиз? Бир неъматтың әҳмийети қәншелли екен?
Мениңше түсиндиңиз?!

Қолыңызды қыймылдатпай, дастурқанда турған кеседен суў ишип көриң!

Не деген қыйын екенин ойлап көрдиңиз бе?!

Бир аяғыңызды ислетпей, тек биреўинде жүрип сол жағдайда ҳәжетханаға кирип көриң!

Нени көз алдыңызға келтирдиңиз?!
Мениңше отырып-турыўдың қәншелли қыйын екенин көз алдыңызға келтирдиңиз?!

Үстиңизде турған кийимиңиз қоңсыларыңыз кийетуғын кийимлерден гөнерек, модасы да артта қалып кеткен бе?

Енди арылаўдағы пәленше қоңсыңыз кийетуғын кийим ҳаққында ойлап көриң! Оның кийиминиң алдында сизиң кийимиңиз кәншелли жаңа екенин ойлап көрдиңиз бе?!

Машинаңыз жоқ екенинен налыйсыз ба?!

Еле машинаңыз жоқ екенине өкинсезиз бе?!

Аллаҳ таала дүньяда жасап атырған миллиардлаған бенделери арасынан сизди таңлап, сизге "ИЙМАН" неъматын берген. Бул сиздеги ең уллы неъмат!Буған шүкир етиң! Өмиримизди ИЙМАН шақыратуғын ибадатлар, жақсы әмеллер менен өткизип, гүна-маъсыятлардан узақ болайық!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
204👍161🥰15👏95😍3
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#пикирлеў #ырысқы

     🐋Көк кит Жер жүзиндеги бүгинги күнде ең үлкен жаратылыс есапланады. Көк кит аўқатланыўы ушын күнине 3,5 тоннадан аслам планктон яки майда балықларды жеўи керек.

      Аўа, бир күнги аўқаты!

     Аллаҳ оны жаратты ҳәм Өзи билетуғын ҳикметке көре оның ырысқысына кепил болды. Бир күн ушын 3,5 тонна азықты ырысқы етип бир ғана жаратылысқа жеткерип қойған Аллаҳ ҳаққында билип турып өзиңиздиң ырысқыңызды ойлап тынышсызланып атырсыз ба?!

Аллаҳтан жәрдем сораң, ырысқы себеплерин услаң ҳәм Аллаҳ таалаға исениң!


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
186👍104🥰9😍9👏52
#пикирлеў

ШАЙТАНҒА ЕРГЕН КИМГЕ УҚСАЙДЫ?

📖 "Қашан Қуран оқысаң, әлбетте, қуўылған шайтан (ўасўасасы)нан Аллаҳ пана бериўин сора!"

Ким шайтанның жаманлығынан пана тилеп, Аллаҳға илтижа қылса, соң шайтанға ерип, гүнаға кетсе, бундай инсан кимге уқсайды?

Бундай инсан көп ҳәм үлкен муғдардағы мал-дүнья менен сапарға шыққан адам киби. Ол өз мал-мүлкин әззи ҳәм күшсиз қорғаўшыға тапсырып, оны қорғаў ушын дүньядағы ең шебер урыларды жәрдемге шақырғандай!

📖Әбиў Ҳафс Насафий раҳимаҳуллаҳ.
_______
ШАЙТОНГА ЭРГАШГАН КИМГА ЎХШАЙДИ?

👉 "Қачон Қуръон ўқисанг, албатта, қувилган шайтон (васвасаси) дан Аллоҳ паноҳ беришини сўра!"

Ким шайтоннинг ёмонлигидан паноҳ тилаб, Аллоҳга илтижо қилса, сўнг шайтонга эргашиб, гуноҳга кетса, бундай инсон кимга ўхшайди?

Бундай инсон кўп ва катта миқдордаги мол-дунё билан сафарга чиққан одам каби. У ўз мол-мулкини заиф ва кучсиз қўриқчига топшириб, уни ҳимоя қилиш учун дунёдаги энг моҳир ўғриларни ёрдамга чақиргандек!

🔹Абу Ҳафс Насафий раҳимаҳуллоҳ.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
113👍30🥰4👏3😍2