#рамазан_2024 #ораза #мағлыўмат
ОРАЗАНЫҢ МУСТАҲАБЛАРЫ
Оразаның мустаҳаблары ҳаққындағы барлық дәлиллерди дыққат пенен үйренип шыққан ҳанафий уламалар төмендеги әмеллерди оразаның мустаҳаблары сыпатында атап өткен:
1. Бир нәрсе менен, бир уртлам суў менен болса да сәҳәрлик қылыў. Сәҳәрликти кешениң ақырына дейин апарыў.
2. Қуяш батыўы менен дәрриў, намазшамды оқыўдан алдын аўыз ашыў. Қурма яки шийрин нәрселер ямаса суў менен аўыз ашқан абзал.
3. Аўыз ашарда рәўиятларда келген дуўалар менен дуўа қылыў.
4. Ораза тутыўшыларға ифтарлық (аўыз ашар) қылып бериў.
5. Жунублық, ҳайз ҳәм нифастан болған пәклениў ушын қылынатуғын ғусылды кешиктирмей, таң атыўынан алдын қылып алыў.
6. Артықша гәп-сөз ҳәм әмеллерден тил ҳәм денени тыйыў.
7. Оразаны бузбайтуғын, бирақ жағымлы нәрселерди тәрк қылыў.
8. Шаңарақ ағзалары ҳәм ағайинлерге кеңшилик жаратыў. Жетим-жесир ҳәм кәмбағалларға қайыр-иҳсанды көбейтиў.
9. Қуран қирәәти, илим сәўбетлери, зикир ҳәм салаўатларды көбейтиў.
МУСТАҲАБ (араб. - сүйилген, жақсы көрилген) - шәрий әмел; оны қылған киси саўаплы болады, қылмаған киси гүнакар болмайды.
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

"Мөминниң қалқаны (Муфассал ораза китабы)"

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍146❤24⚡9👏7
#Ораза_2024
#Пайдалы
🍬 Ораза тутыўдың инсан организмине тәсири қандай?
Ишки тазалаў – 16-30 күн. Рамазан айының соңғы бөлегинде денеңиз ораза тутыўға пүткиллей көнигип болады. Бул ўақытқа келип, жуўан ишек, баўыр, бүйрек ҳәм терилерде тазаланыў процесси басланып кетеди.
😐 «Ораза тутыў арқалы өз-өзин тазалап алған органлар өзиниң искерлигин толық тиклеп алады. Еслеў ҳәм дыққатты жәмлеў қәбилетиңиз жақсыланып, өзиңизди тетик сезе баслайсыз», дейди қәнигелер.
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#Пайдалы
Ишки тазалаў – 16-30 күн. Рамазан айының соңғы бөлегинде денеңиз ораза тутыўға пүткиллей көнигип болады. Бул ўақытқа келип, жуўан ишек, баўыр, бүйрек ҳәм терилерде тазаланыў процесси басланып кетеди.
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍216❤45😍14👏13🥰7
#ораза_2024 #питир_садақасы
🙄 Питир садақасының 10 пазыйлети
😀 Ким питир садақасын берсе, оған он нәрсе бериледи:
1. Денеси гүнадан пәкленеди;
2. Дозақтан азат болады;
3. Оразасы қабыл болады;
4. Оған жәннет ўәжиб болады;
5. Қәбиринен аманлықта шығады;
6. Аллаҳ таала оның ийгиликли (ислерин) сол иси себепли қабыл етеди;
7. Оған қыямет күни шәпәәт ўәжиб болады;
8. Сират көпиринен шақмақ урғандай тез өтеди;
9. Тәрезиси аўыр келеди;
10. Оразасы қайтарылмайды ҳәм оның аты бахытсызлар дизиминен өшириледи.
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
1. Денеси гүнадан пәкленеди;
2. Дозақтан азат болады;
3. Оразасы қабыл болады;
4. Оған жәннет ўәжиб болады;
5. Қәбиринен аманлықта шығады;
6. Аллаҳ таала оның ийгиликли (ислерин) сол иси себепли қабыл етеди;
7. Оған қыямет күни шәпәәт ўәжиб болады;
8. Сират көпиринен шақмақ урғандай тез өтеди;
9. Тәрезиси аўыр келеди;
10. Оразасы қайтарылмайды ҳәм оның аты бахытсызлар дизиминен өшириледи.
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤140👍134😍4⚡3
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#ораза_2024
#әҳмийетли
🔹 Тема: «Шәўўәл айындағы оразаның пазыйлети»
🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱
🎤 Устаз Бахрамаддин Разов.
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#әҳмийетли
🔹 Тема: «Шәўўәл айындағы оразаның пазыйлети»
🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤86👍78😍6⚡3
#ражаб #ораза #умытпаң
🙄 РАЖАБ АЙЫНЫҢ ОРАЗАСЫН ТУТЫЎДЫ УМЫТПАҢ!
🤲 ҲАРАМ АЙЛАРДА ОРАЗА ТУТ!
🌙 Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: "Ҳарам (ай)ларында ораза тут, соң тәрк қыл, ҳарам (ай)ларында ораза тут, соң тәрк қыл, ҳарам (ай)ларында ораза тут, соң тәрк қыл, деп үш бармағын бүгип ашып көрсетти" (Имам Әбиў Даўыт рәўияты).
💬 ҲӘДИС ШОЛЫЎЫ
📚 Уламалар ҳәдиске былай шолыў жасайды: "Бул ҳарам айларда ораза тутыўға шақырық ҳәм үш күн ораза тутып, үш күн қалдырыўға (тутпаўға) ишара қылады. Ражаб айы да ҳарам айларынан бири есапланады".
🗣 ҲАРАМ АЙЛАРЫ ТӨРТЕЎ
📖 Аллаҳ таала Қураны кәриймде былай дейди: "Әлбетте, Аллаҳтың алдында айлардың саны – аспанлар ҳәм жерди жаратқан күни Аллаҳтың жазғанына муўапық – он еки ай. Олардан төртеўи (урыс) ҳарам қылынған (айлар)", (Тәўбе сүреси, 36-аят).
🕌 БУЛ АЙДА РАСУЛУЛЛАҲ САЛЛАЛЛАҲУ АЛАЙҲИ ЎА САЛЛАМ ҚАНДАЙ ОРАЗА ТУТАР ЕДИ?
💬 Усман ибн Ҳаким разыяллаҳу анҳу айтады: "Саъийд Ибн Зубайрден ражаб айында турғанымызда бул ай оразасы ҳаққында сорадым. Ол: "Ибн Аббастың Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ораза тутар еди, ҳәттеки аўзын ашпаса керек, дер едик. Аўзы ашық болар еди, ҳәттеки ораза тутпаса керек, дер едик, деп айтып атырғанын еситкенмен", – деди.
🕌 РАЖАБ АЙЫНДА ОРАЗА ТУТЫЎШЫЛАРҒА САРАЙ ҚУРЫЛАДЫ
🤲 Әбиў Қилаба разыяллаҳу анҳу айтады: "Ражаб айында ораза тутыўшы ушын жәннетте бир сарай бар".
🌙 БИР КҮНЛИК ОРАЗАНЫҢ СЫЙЛЫҒЫ
🌙 Әбиў Саъийд Худрий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: "Бир бенде Аллаҳ жолында бир күн ораза тутса, сол күнги оразасы себепли Аллаҳ оның жүзин дозақтан жетпис жыллық қашықлыққа узақ қылады", – деди (Имам Бухарий рәўияты).
⏺ Сәҳәрлик ўақты (аўыз жабыў): 07:02
⏺ Ифтарлық ўақты (аўыз ашыў): 17:50
🗣 ҚАНДАЙ НИЙЕТ ҚЫЛЫНАДЫ?
🤲 Нийети: "Қалыс Аллаҳ ушын Ражаб айы оразасын тутыўды нийет қылдым". (Muslim.uz).
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
🤲 ҲАРАМ АЙЛАРДА ОРАЗА ТУТ!
⏰ СӘҲӘРЛИК-ИФТАРЛЫҚ ЎАҚТЫ📍 06-январь – дүйшемби
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍255❤80😍8👏7⚡1🥰1
#шаъбан_айы #ораза #ўақытлар
🌙 ШАЪБАН АЙЫНЫҢ ОРАЗАСЫН ТУТЫЎДЫ УМЫТПАҢ!
🕌 3 күнлик ораза – 1 жыллық оразаның саўабына тең
🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂
⬅️ ▶️ Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
🌙 ШАЪБАН АЙЫНЫҢ ОРАЗАСЫН ТУТЫЎДЫ УМЫТПАҢ!
📿 Айша анамыз разыяллаҳу анҳа айтады:
"Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам басқа ҳеш бир айда шаъбандағыдай көп ораза тутпас еди. Дерлик ол шаъбанның ҳәммесинде ораза тутар еди".
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤170👍121😍18👏8🥰7⚡1
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#ораза
🙄 РАМАЗАНҒА ТАЯРЛЫҚ
1. Ораза тутатуғын адамның нийети
Қуранның «Ахзаб» сүресиниң 35-аятында ораза тутыўшы ер адамлар менен ораза тутыўшы ҳаялларға Аллаҳ тааланың жарылқаўы менен үлкен сыйлықлары болатуғыны айтылған.
Ислам дининиң өзи бес сүтиннен туратуғын болса, солардың биреўи усы уллы Рамазан айының оразасын тутыў.
«Ораза тутатуғын адам ең алды менен нени билиўи керек?» деген сораў болыўы турған гәп. Мусылман адам ораза тутқанда ең алды менен Аллаҳтың буйрығына бағынаман ҳәм разылығын табыўға ҳәрекет етемен, деген нийетте болыўы керек.
😌 "Аллаҳ таала бәршемизди ораза айы болған пазыйлетли Рамазан айына жеткерип, бул айда шаңарақларымызға қут-берекетлерин жаўдырсын!".
🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂
⬅️ Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
1. Ораза тутатуғын адамның нийети
Қуранның «Ахзаб» сүресиниң 35-аятында ораза тутыўшы ер адамлар менен ораза тутыўшы ҳаялларға Аллаҳ тааланың жарылқаўы менен үлкен сыйлықлары болатуғыны айтылған.
Ислам дининиң өзи бес сүтиннен туратуғын болса, солардың биреўи усы уллы Рамазан айының оразасын тутыў.
«Ораза тутатуғын адам ең алды менен нени билиўи керек?» деген сораў болыўы турған гәп. Мусылман адам ораза тутқанда ең алды менен Аллаҳтың буйрығына бағынаман ҳәм разылығын табыўға ҳәрекет етемен, деген нийетте болыўы керек.
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍222❤83👏21🥰11😍8⚡3
#рамазан_2025
#ораза #мағлыўмат
💡 Оразаның дәрежелери
Ибн Қудама разыяллаҳу анҳу былай деди:
"Оразада үш дәреже бар:
😕 Ҳәммениң оразасы. Ол таң атқаннан күн батқанға шекем қарын ҳәм жыныс талапларын тыйыў;
😣 Арнаўлы адамлар оразасы. Ол жоқарыдағылар менен бирге көз, тил, қол, аяқ, қулақ ҳәм басқа ағзаларды гүналардан тыйыў;
😢 Ең уллы адамлардың оразасы. Ол жоқарыдағылар менен бирге қәлбти ҳәр түрли ғамлардан ҳәм Аллаҳтан узақлатыўшы ойлардан тыйыў".
Пикир жүргизиң ҳәм ораза тутыўшылардың ең жоқарғы топарларынан болың!!!
🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂
⬅️ Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#ораза #мағлыўмат
Ибн Қудама разыяллаҳу анҳу былай деди:
"Оразада үш дәреже бар:
Пикир жүргизиң ҳәм ораза тутыўшылардың ең жоқарғы топарларынан болың!!!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍244❤108😍9👏6🥰1
#рамазан_2025 #ораза #рәўият
ОРАЗА ТУТҚАН АДАМНЫҢ ДӘРЕЖЕСИ!
Муўса алайҳиссалам Рәббисине жалбарынып:
«Я Рәббим! Ҳеш бир бендеңди мени ҳүрметли қылғаныңдай ҳүрметли қылдың ба? Өйткени, Сен маған өзиңниң кәламыңды еситтирдиң», – деди.
Сонда Аллаҳ таала: «Ҳәй Муўса! Мен сен менен сөйлескен ўақтымда арамызда жетпис мың перде бар еди. Бирақ, ақыр заман болғанында Мениң сондай бенделерим болады, Мен оларды Рамазан айы менен ҳүрметли қыламан, оларға Мен бул мүбәрек айда оғыры жақын боламан. Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның үммети ораза тутып, ерини ағарып, реңи сарғайып аўыз ашарға отырған пайытларда Мен сол перделерди көтеремен. Ҳәй Муўса! Рамазан айында қарны аш қалып, баўыры күйгенлерге Жәннет болсын. Мен оларды жамалымды көриўдей үлкен бахытқа жеткиземен”.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
ОРАЗА ТУТҚАН АДАМНЫҢ ДӘРЕЖЕСИ!
Муўса алайҳиссалам Рәббисине жалбарынып:
«Я Рәббим! Ҳеш бир бендеңди мени ҳүрметли қылғаныңдай ҳүрметли қылдың ба? Өйткени, Сен маған өзиңниң кәламыңды еситтирдиң», – деди.
Сонда Аллаҳ таала: «Ҳәй Муўса! Мен сен менен сөйлескен ўақтымда арамызда жетпис мың перде бар еди. Бирақ, ақыр заман болғанында Мениң сондай бенделерим болады, Мен оларды Рамазан айы менен ҳүрметли қыламан, оларға Мен бул мүбәрек айда оғыры жақын боламан. Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның үммети ораза тутып, ерини ағарып, реңи сарғайып аўыз ашарға отырған пайытларда Мен сол перделерди көтеремен. Ҳәй Муўса! Рамазан айында қарны аш қалып, баўыры күйгенлерге Жәннет болсын. Мен оларды жамалымды көриўдей үлкен бахытқа жеткиземен”.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤283👍144🥰28😍14👏8⚡4
#рамазан_2025 #рамазанның_пазыйлети #зәкат
#сораў_жуўап
Ораза тутыўшының тис пастасынан пайдаланыўы
#Ораза
❔ СОРАЎ:
Ораза адам тисин тис пастасы менен жуўса бола ма?
💬 ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Ораза тутқан адам тислерин тазалаўда тис пасталарынан пайдаланыўы мүмкин. Әлбетте, бунда тис пастасы араласқан силекейди жутып жибериўден сақланыў керек болады. Болмаса ораза ашылып кетиўи мүмкин.
Айырым заманымыз уламалары ораза ўақтында тис пастасынан пайдаланбаўды, керисинше оны сәҳәрликтен алдын ямаса аўыз ашқаннан кейинге қалдырыўды усыныс етеди. Себеби, ибадат мәселесинде сақ болыў жақсырақ саналады. Ўаллаҳу аълам.
Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа орайы
🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂
⬅️ Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#сораў_жуўап
Ораза тутыўшының тис пастасынан пайдаланыўы
#Ораза
Ораза адам тисин тис пастасы менен жуўса бола ма?
Ораза тутқан адам тислерин тазалаўда тис пасталарынан пайдаланыўы мүмкин. Әлбетте, бунда тис пастасы араласқан силекейди жутып жибериўден сақланыў керек болады. Болмаса ораза ашылып кетиўи мүмкин.
Айырым заманымыз уламалары ораза ўақтында тис пастасынан пайдаланбаўды, керисинше оны сәҳәрликтен алдын ямаса аўыз ашқаннан кейинге қалдырыўды усыныс етеди. Себеби, ибадат мәселесинде сақ болыў жақсырақ саналады. Ўаллаҳу аълам.
Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа орайы
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍244❤57👏11😍4⚡2
#рамазан_2025 #ораза #рәўият
🙄 ИФТАРЛЫҚТЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ
Ифтарлық бир қарағанда кешки тағамланыў. Бирақ усы әйтеўир тағамланыў ораза тутыўшы адам ушын уллы пайзыйлет саналады, қуўаныш ҳәм қайыр-берекет себепшисине айландырылған. Ҳәттеки барлық пайғамбарлар ифтарлық қылыўға буйырылған.
Имам Табараний Ибн Аббас разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылған ҳәдисте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Биз – пайғамбарлар жәмәәти ифтарды ерте қылыўға ҳәм сәҳәрликти кешлетиўге буйырылғанбыз», деген.
Имам Бухарий Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылған ҳәдисте былай делинеди: «Ораза тутыўшыға еки қуўаныш бар. Олар: Ифтар қылғанда сүйсинеди ҳәм қашан Рәббисине жолыққанда, оразасы менен сүйсинеди», деген.
Имам Бухарий Саҳл ибн Саъд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Адамлар ифтарға асығады екен, жақсылықта болып барабереди», деген».
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Ифтарлық бир қарағанда кешки тағамланыў. Бирақ усы әйтеўир тағамланыў ораза тутыўшы адам ушын уллы пайзыйлет саналады, қуўаныш ҳәм қайыр-берекет себепшисине айландырылған. Ҳәттеки барлық пайғамбарлар ифтарлық қылыўға буйырылған.
Имам Табараний Ибн Аббас разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылған ҳәдисте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Биз – пайғамбарлар жәмәәти ифтарды ерте қылыўға ҳәм сәҳәрликти кешлетиўге буйырылғанбыз», деген.
Имам Бухарий Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылған ҳәдисте былай делинеди: «Ораза тутыўшыға еки қуўаныш бар. Олар: Ифтар қылғанда сүйсинеди ҳәм қашан Рәббисине жолыққанда, оразасы менен сүйсинеди», деген.
Имам Бухарий Саҳл ибн Саъд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Адамлар ифтарға асығады екен, жақсылықта болып барабереди», деген».
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍204❤63🥰8👏5😍5⚡4
Forwarded from Paziyletuz | Рәсмий канал
#ораза #дуўа
Аллаҳым!
Рамазанда күш-ғайрат бер:
– ораза тутыўға қәдир дене бер!
– тараўиҳда қайым болыўға қәдир геўде бер!
– зикирли тил бер, Аллаҳым!
– қайырлы әмеллеримди сәтли қыл, Рәббим!
– Рамазан айында өзимди ҳәм шаңарақ ағзаларымды дозақтан азат қыл!
– мусылман бирадарларыма да соны сорайман!
– әмеллерим қалыс Өзиң ушын болыўын сорайман!
– оразаларымыз, намазларымыз, зәкатларымыз ҳәм түнги ибадатларымызды қабыл қыл!
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube
👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

❤215👍110🥰15👏5⚡3
#ҳәдис #рамазан_2025
#ораза
✌️ Оразада өтирик сөз
Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким өтирик сөйлеўди ҳәм оған әмел қылыўды тасламаса, оның аўқатты ҳәм суўды тәрк етиўине Аллаҳ таала мүтәж емес», деди».
💀 Түсиндирме: Муқаддес динимиз тәлиматы бойынша мусылман адам тилин мудамы жаман сөзлерден, биймәни гәплерден тыйыўы лазым. Ал, оразадар ушын бул шәрт және де күшли болады. Уламаларымыз бул ҳәдистеги «өтирик сөйлеў», дегенде өсек айтыў, гәп тасыў, жала жабыў ҳәм дослардың арасына суўықшылық салыўшы гәплерди айтыў, пуш гәплерди сөйлеў киби ис-ҳәрекетлерди нәзерде тутқан деген пикирлерди айтады. Ал, «оған әмел қылыў» дегенде Аллаҳ таала ҳәм Оның Расулы наразы болатуғын ҳәр бир қылмыс түсиниледи.
Демек, ораза тутқан адам өзин тек ғана жеп-ишиўден емес, ал пайдасыз, пуш гәп-сөз ҳәм шәриятымызға қайшы болған ислерден тыйыўы лазым болады екен. Буннан тек ғана Рамазан айында шәриятымызға қайшы болған ислерден тыйылыў керек екен деп түсинип қалмаўымыз керек, ал бундай ислерден бәрқулла аўлақ болыўды аңлаўымыз керек.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#ораза
Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким өтирик сөйлеўди ҳәм оған әмел қылыўды тасламаса, оның аўқатты ҳәм суўды тәрк етиўине Аллаҳ таала мүтәж емес», деди».
Демек, ораза тутқан адам өзин тек ғана жеп-ишиўден емес, ал пайдасыз, пуш гәп-сөз ҳәм шәриятымызға қайшы болған ислерден тыйыўы лазым болады екен. Буннан тек ғана Рамазан айында шәриятымызға қайшы болған ислерден тыйылыў керек екен деп түсинип қалмаўымыз керек, ал бундай ислерден бәрқулла аўлақ болыўды аңлаўымыз керек.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Telegram
Paziyletuz | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

👍142❤46👏4😍3
#рамазан_2025
#ораза #ҳикмет
Ҳаялларымыз Рамазан айында:
– ораза тутыў саўабын;
– үй жумысларын ислеп, күйеўине хызмет қылғанының саўабын;
– ораза тутқан шаңарақ ағзаларына ифтарлық қылып бергениниң саўабын алады!
Әлбетте, бул ислердиң ҳәммесинде ықлас пенен, саўап берилиўине исенип хызмет қылыў керек!
Пайғамбарымыз алайҳиссалам айтады: “Ким бир ораза тутқан инсанға ифтарлық қылып берсе, оған ораза тутқан инсанның саўабындай саўап жазылады. Оның саўабынан кем болмайды!”. (Имам Бухарий ҳәм Имам Муслим рәўияты)
Демек, ҳәдиске итибар берсек, ҳаялларымыз бир күнде еки кун ораза тутқан адамның саўабын алатуғынын билип алдық.
Егер бул ислерден тысқары, зикир қылыў, Қуран қирәәт қылыў менен бәнт болса, жыйнап атырған саўаплары оғада көп болып, гүналарының кеширилиўине себеп болады, иншааллаҳ!

❤197👍170🥰12⚡5👏4😍4
#Ораза_пазыйлети
🙄 Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
"Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам деди: "Бүгин сизлерден ким ораза тутты?" Әбиў Бәкир разыяллаҳу анҳу: "Мен" деди.
"Бүгин сизлерден ким жаназаға ерди?" деди. Әбиў Бәкир разыяллаҳу анҳу: "Мен" деди. "Бүгин сизлерден ким бир мискинди аўқатландырды?" деди. Әбиў Бәкир разыяллаҳу анҳу: "Мен" деди.
"Бүгин сизлерден ким наўқасты зыярат етти?" деди. Әбиў Бәкир разыяллаҳу анҳу: "Мен" деди.
Сонда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Бир адамда усылар жәм болса, әлбетте жәннетке киреди", деди".
📖
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
"Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам деди: "Бүгин сизлерден ким ораза тутты?" Әбиў Бәкир разыяллаҳу анҳу: "Мен" деди.
"Бүгин сизлерден ким жаназаға ерди?" деди. Әбиў Бәкир разыяллаҳу анҳу: "Мен" деди. "Бүгин сизлерден ким бир мискинди аўқатландырды?" деди. Әбиў Бәкир разыяллаҳу анҳу: "Мен" деди.
"Бүгин сизлерден ким наўқасты зыярат етти?" деди. Әбиў Бәкир разыяллаҳу анҳу: "Мен" деди.
Сонда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Бир адамда усылар жәм болса, әлбетте жәннетке киреди", деди".
Имам Муслим рәўияты.
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍181❤78🥰9⚡8👏7😍4
#рамазан_2025
#қысқа_сораў_жуўаплар
ФИДЯ БЕРГЕННЕН КЕЙИН ОРАЗАҒА ҚӘДИР БОЛЫЎ
#Ораза #фидя
❔ СОРАЎ: Ораза тутыўға қәдир болмаған адам фидя бергеннен саўалып, ораза тутыўға қәдир болып қалса, қазаларын тутып бере ме ямаса берген фидясы ораза орнына өте ме?
💬 ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Фидя бергеннен кейин ораза тутыўға қәдир болып қалса, берилген фидяның ҳүкими жоғалады ҳәм тутпаған оразаларының қазасын тутып бериўи лазым болады. Усы күнге шекем берген фидялары да пайдасыз кетпейди, ал нәпил садақа болып, оның есесине саўапқа ийе болады. Ўаллаҳу аълам.
Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа орайы.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#қысқа_сораў_жуўаплар
ФИДЯ БЕРГЕННЕН КЕЙИН ОРАЗАҒА ҚӘДИР БОЛЫЎ
#Ораза #фидя
💬 ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Фидя бергеннен кейин ораза тутыўға қәдир болып қалса, берилген фидяның ҳүкими жоғалады ҳәм тутпаған оразаларының қазасын тутып бериўи лазым болады. Усы күнге шекем берген фидялары да пайдасыз кетпейди, ал нәпил садақа болып, оның есесине саўапқа ийе болады. Ўаллаҳу аълам.
Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа орайы.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤76👍68👏7😍2
#рамазан_2025 #ораза #мағлыўмат
ОРАЗАНЫҢ МУСТАҲАБЛАРЫ
Оразаның мустаҳаблары ҳаққындағы барлық дәлиллерди дыққат пенен үйренип шыққан ҳанафий уламалар төмендеги әмеллерди оразаның мустаҳаблары сыпатында атап өткен:
1. Бир нәрсе менен, бир уртлам суў менен болса да сәҳәрлик қылыў. Сәҳәрликти кешениң ақырына дейин апарыў.
2. Қуяш батыўы менен дәрриў, намазшамды оқыўдан алдын аўыз ашыў. Қурма яки шийрин нәрселер ямаса суў менен аўыз ашқан абзал.
3. Аўыз ашарда рәўиятларда келген дуўалар менен дуўа қылыў.
4. Ораза тутыўшыларға ифтарлық (аўыз ашар) қылып бериў.
5. Жунублық, ҳайз ҳәм нифастан болған пәклениў ушын қылынатуғын ғусылды кешиктирмей, таң атыўынан алдын қылып алыў.
6. Артықша гәп-сөз ҳәм әмеллерден тил ҳәм денени тыйыў.
7. Оразаны бузбайтуғын, бирақ жағымлы нәрселерди тәрк қылыў.
8. Шаңарақ ағзалары ҳәм ағайинлерге кеңшилик жаратыў. Жетим-жесир ҳәм кәмбағалларға қайыр-иҳсанды көбейтиў.
9. Қуран қирәәти, илим сәўбетлери, зикир ҳәм салаўатларды көбейтиў.
МУСТАҲАБ (араб. - сүйилген, жақсы көрилген) - шәрий әмел; оны қылған киси саўаплы болады, қылмаған киси гүнакар болмайды.
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
ОРАЗАНЫҢ МУСТАҲАБЛАРЫ
Оразаның мустаҳаблары ҳаққындағы барлық дәлиллерди дыққат пенен үйренип шыққан ҳанафий уламалар төмендеги әмеллерди оразаның мустаҳаблары сыпатында атап өткен:
1. Бир нәрсе менен, бир уртлам суў менен болса да сәҳәрлик қылыў. Сәҳәрликти кешениң ақырына дейин апарыў.
2. Қуяш батыўы менен дәрриў, намазшамды оқыўдан алдын аўыз ашыў. Қурма яки шийрин нәрселер ямаса суў менен аўыз ашқан абзал.
3. Аўыз ашарда рәўиятларда келген дуўалар менен дуўа қылыў.
4. Ораза тутыўшыларға ифтарлық (аўыз ашар) қылып бериў.
5. Жунублық, ҳайз ҳәм нифастан болған пәклениў ушын қылынатуғын ғусылды кешиктирмей, таң атыўынан алдын қылып алыў.
6. Артықша гәп-сөз ҳәм әмеллерден тил ҳәм денени тыйыў.
7. Оразаны бузбайтуғын, бирақ жағымлы нәрселерди тәрк қылыў.
8. Шаңарақ ағзалары ҳәм ағайинлерге кеңшилик жаратыў. Жетим-жесир ҳәм кәмбағалларға қайыр-иҳсанды көбейтиў.
9. Қуран қирәәти, илим сәўбетлери, зикир ҳәм салаўатларды көбейтиў.
"Мөминниң қалқаны (Муфассал ораза китабы)"
МУСТАҲАБ (араб. - сүйилген, жақсы көрилген) - шәрий әмел; оны қылған киси саўаплы болады, қылмаған киси гүнакар болмайды.
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍166❤56👏7😍2
#рамазан_2025
#сораў_жуўап
ОРАЗА ТУТҚАНҒА ИФТАРЛЫҚ ҚЫЛЫП БЕРИЛСЕ, ОРАЗА ТУТҚАННЫҢ САЎАБЫНДАЙ САЎАПҚА ЕРИСИЛЕ МЕ?
#Ораза
❔ СОРАЎ: Ораза тутқан инсанға тағам алып берсе, сауабы ораза тутқан инсан менен бирдей болады екен. Бул қаншелли дурыс? Алдын ала рахмет.
💬 ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Аўа, динимизде ораза тутыўшыны аўыз аштырыў үлкен саўаплы ислерден. Ҳәттеки, бир қурма, я бир уртлам суў, я бир уртлам сүт пенен болса да, ораза тутыўшыны аўыз аштырыў үлкен саўапқа себеп болады. Бул ҳаққында Пайғамбарымыз алайҳиссалам былай деген:
"Ким ораза тутыўшыға ифтарлық қылып берсе, ораза тутыўшының саўабындай саўапқа ериседи. Бирақ, ораза тутқанның саўабынан ҳеш нәрсе кемеймейди" (Имам Термизий рәўияты).
Бүгинги күнде ифтарлық қылып бериўди нийет еткенлер мүтәж ағайин-туўысқанлар ҳәм қоңсы-қобаларына ақшалай ямаса өним түринде ифтарлықты жеткерип берсе, әйне мақсетке муўапық болады ҳәм бул ҳәдисте келтирилген саўапқа ериседи.
Бирақ, соны да атап өтиў керек, бул ис қаншелли саўабы уллы болмасын, ораза тутыўшыға ифтарлық қылып берген адамның мойнынан оразаны сақыт қылмайды. Себеби, Рамазан айында ҳәр бир саў-саламат мусылман адамның ораза тутыўы парыз. Аллаҳ таала Қураны кәриймде:
"Енди сизлерден ким ол айға жетсе, ораза тутсын", – деп буйырған (Бақара сүреси 185-аят). Ўаллаҳу аълам.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#сораў_жуўап
ОРАЗА ТУТҚАНҒА ИФТАРЛЫҚ ҚЫЛЫП БЕРИЛСЕ, ОРАЗА ТУТҚАННЫҢ САЎАБЫНДАЙ САЎАПҚА ЕРИСИЛЕ МЕ?
#Ораза
💬 ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Аўа, динимизде ораза тутыўшыны аўыз аштырыў үлкен саўаплы ислерден. Ҳәттеки, бир қурма, я бир уртлам суў, я бир уртлам сүт пенен болса да, ораза тутыўшыны аўыз аштырыў үлкен саўапқа себеп болады. Бул ҳаққында Пайғамбарымыз алайҳиссалам былай деген:
"Ким ораза тутыўшыға ифтарлық қылып берсе, ораза тутыўшының саўабындай саўапқа ериседи. Бирақ, ораза тутқанның саўабынан ҳеш нәрсе кемеймейди" (Имам Термизий рәўияты).
Бүгинги күнде ифтарлық қылып бериўди нийет еткенлер мүтәж ағайин-туўысқанлар ҳәм қоңсы-қобаларына ақшалай ямаса өним түринде ифтарлықты жеткерип берсе, әйне мақсетке муўапық болады ҳәм бул ҳәдисте келтирилген саўапқа ериседи.
Бирақ, соны да атап өтиў керек, бул ис қаншелли саўабы уллы болмасын, ораза тутыўшыға ифтарлық қылып берген адамның мойнынан оразаны сақыт қылмайды. Себеби, Рамазан айында ҳәр бир саў-саламат мусылман адамның ораза тутыўы парыз. Аллаҳ таала Қураны кәриймде:
"Енди сизлерден ким ол айға жетсе, ораза тутсын", – деп буйырған (Бақара сүреси 185-аят). Ўаллаҳу аълам.
Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа орайы.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤109👍101🥰5😍5👏1
ЗУЛХИЖЖА АЙЫ ОРАЗАСЫ
#ораза
❓1688-СОРАЎ: Мен пазыйлетли, муқаддес айларда ораза тутып жүремен. Мине Зулҳижжа айы да кирип келди. Бул айда да тутылатуғын ораза бар ма?
💬 ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Ҳеш гүмансыз, Зулҳижжа айы муқаддес айлардан есапланады. Өйткени, бул айда ҳаж ибадаты әмелге асырылады. Сондай-ақ, қурбан ҳайыт намазы оқылады ҳәм қурбанлықлар шалынады. Тәкбир ташриқлер айтылады ҳәм көплеген ийгиликли әмеллер исленеди. Сол себепли бул айда саўаплы әмеллер ислеўге шақырылады. Солардың қатарында бул айдың дәслепки тоғыз күнинде нәпил ораза тутыў жүдә пазыйлетли әмел саналады. Имам Аҳмад ҳәм басқа муҳаддислер рәўият қылған ҳәдиси шәрийфте былай делинеди: "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Зулҳижжа айының дәслепки тоғыз күнинде, Ашура күнинде ҳәм ҳәр айдан үш күн - айдың дәслепки дүйшемби менен еки пийшембисинде - ораза тутатуғын еди".
Сондай-ақ, бул айдың ақырғы күни менен Муҳаррам айының биринши күни де ораза тутыў мақул әмел есапланады. Себеби, бул әмелди қылған инсан жылды ибадат пенен жуўмақлап, жаңа жылды ибадат пенен баслаған болады. Ўаллаҳу аълам.
Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа орайы.
_______

ЗУЛҲИЖЖА ОЙИ РЎЗАСИ
#рўза
❓1688-САВОЛ: Мен фазилатли, муқаддас ойларда рўза тутиб юраман. Мана Зулҳижжа ойи ҳам кириб келди. Бу ойда ҳам тутиладиган рўза борми?
💬 ЖАВОБ: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳим. Ҳеч шубҳасиз Зулҳижжа ойи муқаддас ойлардан ҳисобланади. Зеро, бу ойда ҳаж ибодати амалга оширилади. Шунингдек қурбон ҳайити намози ўқилади ва қурбонликлар қилинади. Такбири ташриқлар айтилади ва кўплаб солиҳ амаллар қилинади. Шу боис бу ойда савобли амаллар қилишга тарғиб қилинади. Шулар қаторида бу ойнинг аввалги тўққиз кунида нафл рўза тутиш жуда ҳам фазилатли амал саналади. Имом Аҳмад ва бошқа муҳаддислар ривоят қилган ҳадиси шарифда шундай дейилади: “Расулуллоҳ соллаллоҳу алайҳи васаллам Зулҳижжа ойининг аввалги тўққиз кунида, Ашуро кунида ва ҳар ойдан уч кун – ойнинг аввалги душанбаси билан икки пайшанбасида – рўза тутардилар”.
Шунингдек, бу ойнинг охирги куни билан Муҳаррам ойининг аввалги куни ҳам рўза тутиш афзал амал ҳисобланади. Чунки бу амални қилган инсон йилни ибодат билан якунлаб, янги йилни ибодат билан бошлаган бўлади. Валлоҳу аълам.
Ўзбекистон мусулмонлари идораси
Фатво маркази.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤127👍33😍5
#Ораза_тутыўшының_пазыйлети
Ораза – кеселликлерден шыпа табыўдың себеплериниң бири.
Сыртқы ағзаларды қорғаўда, ишки ағзаларға күш бериўде, оларды зыянлы затларды тартыўшы қәсийетлерден қорғаўда оразаның әжайып тәсири бар. Бул – тақўаға жәрдем беретуғын ең үлкен фактор.
Әлий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
"Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былай деди: "Аллаҳ таала Бәний Исрайыл пайғамбарларының бирине: "Қәўимиңе хабар бер, бенде Мениң разылығым ушын бир күн ораза тутса, денесин саў-саламат қыламан, саўабын уллы қыламан", деген"
(Имам Байҳақий рәўияты).
___
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Ораза – кеселликлерден шыпа табыўдың себеплериниң бири.
Сыртқы ағзаларды қорғаўда, ишки ағзаларға күш бериўде, оларды зыянлы затларды тартыўшы қәсийетлерден қорғаўда оразаның әжайып тәсири бар. Бул – тақўаға жәрдем беретуғын ең үлкен фактор.
Әлий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
"Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былай деди: "Аллаҳ таала Бәний Исрайыл пайғамбарларының бирине: "Қәўимиңе хабар бер, бенде Мениң разылығым ушын бир күн ораза тутса, денесин саў-саламат қыламан, саўабын уллы қыламан", деген"
(Имам Байҳақий рәўияты).
___
Руза – касалликлардан шифо топишнинг сабабларидан биридир.
Ташқи аъзоларни муҳофаза қилишда, ички аъзоларга қувват беришда, уларни зарарли моддаларни жалб қилувчи хусусиятлардан ҳимоя қилишда рўзанинг ажойиб таъсири бор. Бу – тақвога ёрдам берадиган энг катта омилдир.
Алий розияллоҳу анҳудан ривоят қилинади:
«Расулуллоҳ соллаллоҳу алайҳи васаллам шундай дедилар: «Аллоҳ таоло Бану Исроил пайғамбарларидан бирига: «Қавмингга хабар бер, банда Менинг розилигим учун бир кун рўза тутса, жисмини саломат қиламан, ажру савобини улуғ қиламан», деган»
(Имом Байҳақий ривояти).

❤131👍39🥰7👏3