#ражаб #ораза #умытпаң
🙄 РАЖАБ АЙЫНЫҢ ОРАЗАСЫН ТУТЫЎДЫ УМЫТПАҢ!
🤲 ҲАРАМ АЙЛАРДА ОРАЗА ТУТ!
🌙 Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: "Ҳарам (ай)ларында ораза тут, соң тәрк қыл, ҳарам (ай)ларында ораза тут, соң тәрк қыл, ҳарам (ай)ларында ораза тут, соң тәрк қыл, деп үш бармағын бүгип ашып көрсетти" (Имам Әбиў Даўыт рәўияты).
💬 ҲӘДИС ШОЛЫЎЫ
📚 Уламалар ҳәдиске былай шолыў жасайды: "Бул ҳарам айларда ораза тутыўға шақырық ҳәм үш күн ораза тутып, үш күн қалдырыўға (тутпаўға) ишара қылады. Ражаб айы да ҳарам айларынан бири есапланады".
🗣 ҲАРАМ АЙЛАРЫ ТӨРТЕЎ
📖 Аллаҳ таала Қураны кәриймде былай дейди: "Әлбетте, Аллаҳтың алдында айлардың саны – аспанлар ҳәм жерди жаратқан күни Аллаҳтың жазғанына муўапық – он еки ай. Олардан төртеўи (урыс) ҳарам қылынған (айлар)", (Тәўбе сүреси, 36-аят).
🕌 БУЛ АЙДА РАСУЛУЛЛАҲ САЛЛАЛЛАҲУ АЛАЙҲИ ЎА САЛЛАМ ҚАНДАЙ ОРАЗА ТУТАР ЕДИ?
💬 Усман ибн Ҳаким разыяллаҳу анҳу айтады: "Саъийд Ибн Зубайрден ражаб айында турғанымызда бул ай оразасы ҳаққында сорадым. Ол: "Ибн Аббастың Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ораза тутар еди, ҳәттеки аўзын ашпаса керек, дер едик. Аўзы ашық болар еди, ҳәттеки ораза тутпаса керек, дер едик, деп айтып атырғанын еситкенмен", – деди.
🕌 РАЖАБ АЙЫНДА ОРАЗА ТУТЫЎШЫЛАРҒА САРАЙ ҚУРЫЛАДЫ
🤲 Әбиў Қилаба разыяллаҳу анҳу айтады: "Ражаб айында ораза тутыўшы ушын жәннетте бир сарай бар".
🌙 БИР КҮНЛИК ОРАЗАНЫҢ СЫЙЛЫҒЫ
🌙 Әбиў Саъийд Худрий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: "Бир бенде Аллаҳ жолында бир күн ораза тутса, сол күнги оразасы себепли Аллаҳ оның жүзин дозақтан жетпис жыллық қашықлыққа узақ қылады", – деди (Имам Бухарий рәўияты).
⏺ Сәҳәрлик ўақты (аўыз жабыў): 07:02
⏺ Ифтарлық ўақты (аўыз ашыў): 17:50
🗣 ҚАНДАЙ НИЙЕТ ҚЫЛЫНАДЫ?
🤲 Нийети: "Қалыс Аллаҳ ушын Ражаб айы оразасын тутыўды нийет қылдым". (Muslim.uz).
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
🤲 ҲАРАМ АЙЛАРДА ОРАЗА ТУТ!
⏰ СӘҲӘРЛИК-ИФТАРЛЫҚ ЎАҚТЫ📍 06-январь – дүйшемби
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍255❤80😍8👏7⚡1🥰1