#Қуран_аятлары_мәниси #фатиҳа_сүреси
ФАТИҲА СҮРЕСИ
Сүрениң оқылыўы: Әъу'зу биллә'ҳи минәш шәйто'нир рожи'м. Бисмиллә'ҳир роҳмә'нир роҳи'м.
1. Әлҳамду лиллә'ҳи роббил ъа'ләми'н. 2. Арроҳмә'нир роҳи'м. 3. Мә'лики йәўмидди'н. 4. Иййә'кә наъбуду ўә иййә'кә нәстәъи'н. 5. Иҳдинас сиро'тол мустәқи'м. 6. Сиро'тол ләзи'нә әнъамтә ъаләйҳим. 7. Ғойрил мәғду'би ъаләйҳим ўәләддо'лли'н.
Мәниси: Қуўылған шайтанның жаманлығынан Аллаҳтан пана сорайман. Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен баслайман.
1. Барлық ҳамд әлемлердиң Рәббиси – Аллаҳтики,
2. (Ол –) Меҳрибан ҳәм Рейимли.
3. Ол – қыямет күниниң ийеси.
4. Тек Саған ғана сыйынамыз ҳәм тек Сеннен ғана жәрдем сораймыз.
5. Бизлерди туўры жолға басла.
6. Өзиң неъмат бергенлердиң жолына (басла),
7. ғәзепке ушырағанлардың жолына емес, адасқанлардикине де емес!
Тәфсири: Бул сүре Муҳаммадқа (а.с.) еки рет: Мәккәда Мераж түни ҳәм де ҳижраттан кейин Мадинада, қубла өзгертилгенде қайта нәзил болған. Соның ушын да бул сүре «ас-сабъул-масаний», яғный «еки рет нәзил болған жети аятлы сүре» деп те аталады.
Сүрениң онға жақын атамасы болып, олардан ең белгилиси – «Фатиҳа», яғный «Ашыўшы». Қураны кәрийм усы сүре менен басланғаны ушын усы атама берилген. Ислам дини көрсетпелериниң тийкарын қурағаны ушын оған «Уммул Қуръан», яғный «Қуранның анасы» атамасы да берилген.
«Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм» сөз дизбеги бизиң ҳанафий мәзҳабымыз бойынша «Фатиҳа» сүресиниң биринши аяты есапланбайды, ал «Намл» сүресиниң 30 аятының қурамында келген бир гәп болып, ол сүрелердиң басына теберик етип жазып келинген. «Фатиҳа» сүресин намаз қирәәтинде толық оқыў ҳанафий мәзҳабы бойынша ўәжиб, ал басқа мәзҳабларда парыз есапланады.
1-аят. «Ҳамд»тың сөзликтеги мәниси мақтаў болып, ол тийкарынан Аллаҳға қолланылады. Ал, шүкир сөзи миннетдаршылықты аңлатыў болып, ол қандай да бир жақсылық яки иҳсанның орнына айтылады. Ҳамд айтыў ушын мақталыўшы тәрепинен қандай да бир неъмат инам етилген болыўы шәрт емес, ал мақтаўға ылайық болыўдың өзи жеткиликли. Инсан яки басқа нәрселер мақталғанда араб тилинде «мадҳ» сөзи қолланылады. Себеби, Ол мақталыўшыда болмаған жақсы сыпатларды да қосып мақтаўдан ибарат.
Аяттағы «әлемлер» дегенде Аллаҳтан басқа пүткил барлық, космос ҳәм жанзатлар түсиниледи.
3-аят. «Ийе» сөзин билдириўши араб тилиндеги «мә`лик» сөзи басқа бир қирәәтте мәлик түринде оқылып, мәниси «патша» дегенди билдиреди. Ол бойынша, Аллаҳ жаза (қыямет) күниниң патшасы, деген мәни келип шығады. Бирақ, белгили қирәәтлерде, соның ишинде, бизиң үлкемизде «мәлик» түринде оқылып келеди.
6-аят. Аллаҳ инам еткен адамлар – пайғамбарлар, сыддықлар, шейитлер ҳәм солиҳ бенделер.
7-аят. Аллаҳтың ғәзебине ушырағанлар – Муўса (а.с.) қәўиминиң итаатсызлары есапланады («Бақара сүресиниң 61-аятына қаралсын). Ал, адасқанлар Ийса (а.с.) қәўиминиң «Аллаҳтың перзенти бар» деп исенетуғынлары.
«Фатиҳа» сүреси тиләўат қылынғаннан соң «Әмийн!», яғный «қабыл ет!» деп қойыў сүннет есапланады. Ол тек ҳанафий мәзҳабында иштен, ал басқа мәзҳабларда еситтирип (даўысын шығарып) айтылады. Дәлиллерди фиқҳ китапларынан көриўге болады.
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ

Telegram
Paziyletuz | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

#Қуран_аятлары_мәниси #Ихлас_сүреси
ИХЛАС СҮРЕСИ
Сүрениң оқылыўы: Әъу'зу биллә'ҳи минәш шәйто'нир рожи'м. Бисмиллә'ҳир роҳмә'нир роҳи'м.
1. Қул ҳуўалло'ҳу аҳад.
2. Алло'ҳус сомәд.
3. Ләм йәлид ўә ләм йу'ләд.
4. Ўә ләм йәкул ләҳу' куфуўән аҳад.
Мәниси: Қуўылған шайтанның жаманлығынан Аллаҳтан пана сорайман. Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).
1. (Ҳәй Муҳаммад!) Айт: «Ол Аллаҳ – жалғыз.
2. Аллаҳ – Cомад (Өзи ҳеш нәрсеге мүтәж емес, басқа ҳәмме Оған мүтәж) .
3. Ол туўмаған ҳәм туўылмаған да.
4. Сондай-ақ, Оның ҳеш бир теңи жоқ».
Тәфсири: «Ихлас» – қалыс қылыў, (ийманды) пәклеў. Сүре Мәккә мушриклериниң Аллаҳ туўралы надурыс исенимлерине қарсы пикир ҳәм де Пайғамбарымызға «Пәрўардигарыңның нәсил-насабы не?» деп наданларша берген сораўына жуўап тәризинде нәзил етилген. Себеби, олардың ақыйдалары бойынша, Аллаҳ жалғыз емес, ол базы нәрселерге мүтәж, Оның перзентлери бар, басқа бутларда да илаҳий күш-қүдирет бар деген бузық ҳәм жалған идеология бар еди.
2-аят. «Сомад» сөзиниң басқаша тәфсирлери де бар.
4-аят. «Ихлас» сүресиниң пазыйлетлери ҳаққында көп ғана ҳәдиси шәрийфлер бар. Оларға муўапық, бул сүре Қураны кәриймниң үштен бирине тең екенлиги, оны он мәрте оқыған адамға жәннетте бир сарай қурылатуғыны, оны қирәәт қылыў жәннетий болыўға себеп екенлиги ҳаққында хош хабарлар бар.

#Қуран_аятлары_мәниси
#Фалақ_сүреси
ФАЛАҚ СҮРЕСИ
Оқылыўы: Әъу'зу биллә'ҳи минәш шәйто'нир рожи'м. Бисмиллә'ҳир роҳмә'нир роҳи'м.
1. Қул әъу'зу бироббил фәлақ.
2. Миң шәрри мә' холақ.
3. Ўә миң шәрри ғо'сиқин изә' ўәқоб.
4. Ўә миң шәррин нәффә'сә'ти фил ъуқод.
5. Ўә миң шәрри ҳа'сидин изә' ҳасәд.

1. (Ҳәй Муҳаммад!) Айт: «Пана сорап илтижа қыламан таң Рәббисине,
2. жаратқан нәрселериниң жаманлығынан,
3. қап-қараңғы болған түнниң жаманлығынан,
4. түйинлерге дем салыўшы ҳаяллардың жаманлығынан,
5. көре алмаған күншилдиң жаманлығынан».
Тәфсири: «Фалақ» – таң, деген мәнини аңлатады. Бул ҳәм буннан кейинги сүрени қосып турып, олар «муаўўазатайн», «пана соралыўшы еки сүре» деп те аталады. Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссаламға сыйқыршылар сыйқыр ислерин қылғанда, Аллаҳ таала усы еки сүрени нәзил еткен. Фалақ ҳәм Нас сүрелерин Пайғамбарымыз алайҳиссалам жатардан алдын оқып дем салып жатыўы ҳаққында ҳәдиси шәрийфлер бар.
4-аят. Түйинлерге дем салыўшы, дегени, бул айырым бир порхан ҳәм соған уқсаған адамлар басқаларға зыян жеткериў жолында болады, әне солардың ислеринен аманда сақлаўды сораўымыз бизлерге усы сүре арқалы үйретилип атыр.
5-аят. Бул сүрениң пазыйлетлери туўралы көплеген ҳәдиси шәрийфлер бар. Барлық жаманлық ҳәм жаўызлықлардан аман болыў ушын «Фалақ», «Нас», «Ихлас» сүрелерин оқып, Аллаҳтан жәрдем сораўдың пайдалары туўралы ҳәдислерде көп хош хабарлар бар. Усы аяттағы күншилден мурад - көре алмаўшы, дегени. Яғный, достында, жақынында, туўысқанында қандайда бир жақсылықты көрсе, оған зыян жеткериў жолында жүриўши, оның жақсы аўҳалынан қапа болыўшы адамлар нәзерде тутылған.
Бул сүрелерди ҳәр бир мөмин-мусылман азанда-кеште, жатардан алдын, қорққан ўақытлары оқып жүрсе мақсетке муўапық болады.
https://t.me/paziyletuz

👍1
#Қуран_аятлары_мәниси
#Нас_сүреси
Нас сүреси

1. Қул әъу'зу бироббин нә'с.
2. Мәликин нә'с.
3. Илә'ҳин нә'с.
4. Миң шәррил ўәсўә'сил хоннә'с.
5. Әлләзи' йуўәсўису фи' суду'рин нә'с.
6. Минәл жиннәти ўән нә'с.

1. (Ҳәй Муҳаммад!) Айт: «Пана тилеп илтижа қыламан адамлардың Рәббисине,
2. адамлардың патшасына,
3. адамлардың илаҳына
4. (инсан Аллаҳты еслегенде) жасырынып, (еслемегенде) ўасўаса қылыўшы (шайтан)ның жаманлығынан,
5. (ол) адамлардың кеўиллерине ўасўаса салады.
6. (Өзи) жинлер ҳәм адамлардан (болған)».
Тәфсири: «Нас» – адамлар, деген мәнини аңлатады. Бул сүреде инсанлар ҳәм жинлердиң жаўызлары, яғный шайтанларынан аман болыў ушын Аллаҳтан пана сораў тәлим берилип атыр. 6-аяттан белгили болыўынша, жинлердиң шайтаны болғанындай, адамлардың да шайтаны болады екен. Ҳәр еки тайпаның иси де адамларды ўасўаса етип, жолдан аздырыў болып есапланады.
6-аят. Рәўиятларға қарағанда, яҳудийлерден Лабид ибн ал-Аъсам деген бир мунафиқ өзин мусылман көрсетип, Пайғамбардың алдына келип-кетип жүреди ҳәм айырым ислерин питкериў ушын хызмет етип турады екен. Оны қолға алып бир топар яҳудийлер Расулуллаҳ алайҳиссаламның төгилген шашлары ҳәм тарағынан сынып түскен тислерин қолға түсиреди ҳәм усы нәрселерге сыйқыр оқып, бир ески қудыққа таслайды. Соннан кейин Расулуллаҳ алайҳиссаламның шашлары төгилип, алты ай бийтап болып жатып қалады. Бир күни еки периште келип, бири дизесиниң алдына, екиншиси бас тәрепине отырып бир-бири менен сораў-жуўап қылады. Бири:
– Оған не болыпты? – десе, екиншиси:
– Сыйқырланыпты, – дейди.
– Ким сыйқырлапты?
– Лабид ибн ал-Аъсам атлы бир яҳудий.
– Сыйқырды не нәрсеге оқыпты?
– Төгилген шашлары ҳәм тарақ тислерине.
– Сыйқыр оқылған нәрселер қай жерде?
– Зарўан атлы қудықта.
Соннан кейин адам жиберип көрсе, ҳақыйқатында да, сол қудықта шаш талшықлары, тарақ тислери ҳәм ийне қадалған және он еки түйин бар екен. Сол ўақытта Аллаҳ таала усы еки сүрени нәзил етеди. Жәбрайыл алайҳиссалам сүрелерди ҳәр бир мәрте оқығанында, биреўден түйин шешиледи. Солай етип, он еки мәрте оқығанда, дәрттен пүткиллей қутылып кеткен екен (Мд.).

#Фийл_сүреси
ФИЙЛ СҮРЕСИ

1. Әләм тәро кәйфә фәъалә роббукә би асҳа'бил фи'л.
2. Әләм йәжъал кәйдәҳум фи' тадли'л.
3. Ўә арсәлә ъаләйҳим тойрон әбә'би'л.
4. Тарми'ҳим би ҳижә'ротим миң сижжи'л.
5. Фә жәъаләҳум кәъасфим мәьку'л.

1. (Ҳәй Муҳаммад) Рәббиң «пил ийелери»н не қылғанын көрмедиң бе?
2. (Ол) олардың ҳийлелерин жоққа шығармады ма?!
3. Олардың үстине топар-топар қусларды жиберди.
4. (Олар) пискен таслар менен оларды атар еди.
5. Кейин, оларды (Каабаны бузыўға келгенлерди) жеп (шайнап) тасланған сабандай етип қойды.
Тәфсири: "Фийл" сүресинде Пайғамбарымыз алайҳиссалам туўылмастан алдын болған бир ўақыя ҳаққында айтылған.
Ҳабашстан патшасының Ямандағы ҳәкими Абраҳа Ашрам адамларды Каабадан бурып, Яманда адамлар зыярат етиўи ушын үлкен ширкеў қурдырады. Бирақ адамлар оның ширкеўин зыярат етпейди. Сонда Абраҳа Каабатуллаҳты бузып таслаў ушын көп санлы әскерлери ҳәм пиллери менен Мәккә қаласына жақын жерге келип тоқтайды.
Мәккә қаласының қасында әскерлери менен турғанда, оның алдына Пайғамбарымыз алайҳиссаламның атасы Абдулмутталиб келеди. Абраҳа Абдулмутталибтиң саўлатын ҳәм айбатын көрип тахтынан түсип оны күтип алады.
Абраҳа менен Абдулмутталибтиң арасында төмендеги сәўбет болады:
- Меннен не нәрсе сорайжақсыз?
- Мениң еки жүз түйемди әскерлериң айдап әкетип қалыпты, соны қайтар.
- Сениң саўлатыңды ҳәм айбатыңды көрип ҳайран қалып едим. Меннен Каабаны бузба, деп жалынады деп ойласам, сондағы түйелериңди сорайжақсаң ба?
- Мен түйелеримниң ийесимен, ал Каабаның өз ийеси бар, яғный оның ийеси Аллаҳ таала, оны Өзи қорғап алады.
- Бирақ ҳәзир Аллаҳ та оны меннен қорғай алмайды.
- Онда билгениңди қыла бер.
Абдулмутталиб түйелерин алып қайтады. Абраҳа әскерлери ҳәм пиллери менен Каабаны бузыў ушын сол тәрепке жүриўге буйрық береди, бирақ Пил жүрмейди, оңға, шепке, арқаға жүрсе де, алдынға ҳеш жүрмейди. Сол ўақытта Аллаҳ таала Абраҳаның пүткил ләшкерин Әбәбийл қусларының ылақтырған таслары арқалы жоқ етеди. Абраҳаның өзи қыйын аўҳалда Яманға қайтады ҳәм сол жерде өледи.
Аллаҳ таала бул сүреде бәршеге Өз қүдиретин еслетип атыр. Ким Аллаҳға қарсы шықса, дүньяда бузғыншылық қылмақшы болса, ақыбети не болыўын билдирмекте.
Бул ўақыя 570-жылы, Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссалам туўылыўынан сәл алдынырақ болған.