Paziyletuz | Рәсмий канал
73.2K subscribers
27.7K photos
4.11K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
#Қуран_аятлары_мәниси
#Нас_сүреси

Нас сүреси

Оқылыўы:
Әъу'зу биллә'ҳи минәш шәйто'нир рожи'м. Бисмиллә'ҳир роҳмә'нир роҳи'м.

1. Қул әъу'зу бироббин нә'с.
2. Мәликин нә'с.
3. Илә'ҳин нә'с.
4. Миң шәррил ўәсўә'сил хоннә'с.
5. Әлләзи' йуўәсўису фи' суду'рин нә'с.
6. Минәл жиннәти ўән нә'с.


Мәниси: Қуўылған шайтанның жаманлығынан Аллаҳтан пана сорайман. Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).
1. (Ҳәй Муҳаммад!) Айт: «Пана тилеп илтижа қыламан адамлардың Рәббисине,
2. адамлардың патшасына,
3. адамлардың илаҳына
4. (инсан Аллаҳты еслегенде) жасырынып, (еслемегенде) ўасўаса қылыўшы (шайтан)ның жаманлығынан,
5. (ол) адамлардың кеўиллерине ўасўаса салады.
6. (Өзи) жинлер ҳәм адамлардан (болған)».


Тәфсири: «Нас» – адамлар, деген мәнини аңлатады. Бул сүреде инсанлар ҳәм жинлердиң жаўызлары, яғный шайтанларынан аман болыў ушын Аллаҳтан пана сораў тәлим берилип атыр. 6-аяттан белгили болыўынша, жинлердиң шайтаны болғанындай, адамлардың да шайтаны болады екен. Ҳәр еки тайпаның иси де адамларды ўасўаса етип, жолдан аздырыў болып есапланады.
6-аят. Рәўиятларға қарағанда, яҳудийлерден Лабид ибн ал-Аъсам деген бир мунафиқ өзин мусылман көрсетип, Пайғамбардың алдына келип-кетип жүреди ҳәм айырым ислерин питкериў ушын хызмет етип турады екен. Оны қолға алып бир топар яҳудийлер Расулуллаҳ алайҳиссаламның төгилген шашлары ҳәм тарағынан сынып түскен тислерин қолға түсиреди ҳәм усы нәрселерге сыйқыр оқып, бир ески қудыққа таслайды. Соннан кейин Расулуллаҳ алайҳиссаламның шашлары төгилип, алты ай бийтап болып жатып қалады. Бир күни еки периште келип, бири дизесиниң алдына, екиншиси бас тәрепине отырып бир-бири менен сораў-жуўап қылады. Бири:
– Оған не болыпты? – десе, екиншиси:
– Сыйқырланыпты, – дейди.
– Ким сыйқырлапты?
– Лабид ибн ал-Аъсам атлы бир яҳудий.
– Сыйқырды не нәрсеге оқыпты?
– Төгилген шашлары ҳәм тарақ тислерине.
– Сыйқыр оқылған нәрселер қай жерде?
– Зарўан атлы қудықта.
Соннан кейин адам жиберип көрсе, ҳақыйқатында да, сол қудықта шаш талшықлары, тарақ тислери ҳәм ийне қадалған және он еки түйин бар екен. Сол ўақытта Аллаҳ таала усы еки сүрени нәзил етеди. Жәбрайыл алайҳиссалам сүрелерди ҳәр бир мәрте оқығанында, биреўден түйин шешиледи. Солай етип, он еки мәрте оқығанда, дәрттен пүткиллей қутылып кеткен екен (Мд.).


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
👍1