Paziyletuz | Рәсмий канал
73.2K subscribers
27.7K photos
4.11K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
#Қуран_аятлары_мәниси #фатиҳа_сүреси

ФАТИҲА СҮРЕСИ

Сүрениң оқылыўы: Әъу'зу биллә'ҳи минәш шәйто'нир рожи'м. Бисмиллә'ҳир роҳмә'нир роҳи'м.
1. Әлҳамду лиллә'ҳи роббил ъа'ләми'н. 2. Арроҳмә'нир роҳи'м. 3. Мә'лики йәўмидди'н. 4. Иййә'кә наъбуду ўә иййә'кә нәстәъи'н. 5. Иҳдинас сиро'тол мустәқи'м. 6. Сиро'тол ләзи'нә әнъамтә ъаләйҳим. 7. Ғойрил мәғду'би ъаләйҳим ўәләддо'лли'н.


Мәниси: Қуўылған шайтанның жаманлығынан Аллаҳтан пана сорайман. Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен баслайман.
1. Барлық ҳамд әлемлердиң Рәббиси – Аллаҳтики,
2. (Ол –) Меҳрибан ҳәм Рейимли.
3. Ол – қыямет күниниң ийеси.
4. Тек Саған ғана сыйынамыз ҳәм тек Сеннен ғана жәрдем сораймыз.
5. Бизлерди туўры жолға басла.
6. Өзиң неъмат бергенлердиң жолына (басла),
7. ғәзепке ушырағанлардың жолына емес, адасқанлардикине де емес!

Тәфсири: Бул сүре Муҳаммадқа (а.с.) еки рет: Мәккәда Мераж түни ҳәм де ҳижраттан кейин Мадинада, қубла өзгертилгенде қайта нәзил болған. Соның ушын да бул сүре «ас-сабъул-масаний», яғный «еки рет нәзил болған жети аятлы сүре» деп те аталады.
Сүрениң онға жақын атамасы болып, олардан ең белгилиси – «
Фатиҳа», яғный «Ашыўшы». Қураны кәрийм усы сүре менен басланғаны ушын усы атама берилген. Ислам дини көрсетпелериниң тийкарын қурағаны ушын оған «Уммул Қуръан», яғный «Қуранның анасы» атамасы да берилген.
«Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм» сөз дизбеги бизиң ҳанафий мәзҳабымыз бойынша «
Фатиҳа» сүресиниң биринши аяты есапланбайды, ал «Намл» сүресиниң 30 аятының қурамында келген бир гәп болып, ол сүрелердиң басына теберик етип жазып келинген. «Фатиҳа» сүресин намаз қирәәтинде толық оқыў ҳанафий мәзҳабы бойынша ўәжиб, ал басқа мәзҳабларда парыз есапланады.
1-аят. «Ҳамд»тың сөзликтеги мәниси мақтаў болып, ол тийкарынан Аллаҳға қолланылады. Ал, шүкир сөзи миннетдаршылықты аңлатыў болып, ол қандай да бир жақсылық яки иҳсанның орнына айтылады. Ҳамд айтыў ушын мақталыўшы тәрепинен қандай да бир неъмат инам етилген болыўы шәрт емес, ал мақтаўға ылайық болыўдың өзи жеткиликли. Инсан яки басқа нәрселер мақталғанда араб тилинде «мадҳ» сөзи қолланылады. Себеби, Ол мақталыўшыда болмаған жақсы сыпатларды да қосып мақтаўдан ибарат.
Аяттағы «әлемлер» дегенде Аллаҳтан басқа пүткил барлық, космос ҳәм жанзатлар түсиниледи.
3-аят. «Ийе» сөзин билдириўши араб тилиндеги «мә`лик» сөзи басқа бир қирәәтте мәлик түринде оқылып, мәниси «патша» дегенди билдиреди. Ол бойынша, Аллаҳ жаза (қыямет) күниниң патшасы, деген мәни келип шығады. Бирақ, белгили қирәәтлерде, соның ишинде, бизиң үлкемизде «мәлик» түринде оқылып келеди.
6-аят. Аллаҳ инам еткен адамлар – пайғамбарлар, сыддықлар, шейитлер ҳәм солиҳ бенделер.
7-аят. Аллаҳтың ғәзебине ушырағанлар – Муўса (а.с.) қәўиминиң итаатсызлары есапланады («Бақара сүресиниң 61-аятына қаралсын). Ал, адасқанлар Ийса (а.с.) қәўиминиң «Аллаҳтың перзенти бар» деп исенетуғынлары.
«
Фатиҳа» сүреси тиләўат қылынғаннан соң «Әмийн!», яғный «қабыл ет!» деп қойыў сүннет есапланады. Ол тек ҳанафий мәзҳабында иштен, ал басқа мәзҳабларда еситтирип (даўысын шығарып) айтылады. Дәлиллерди фиқҳ китапларынан көриўге болады.

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ