#Қуран_аятлары_мәниси
#Фалақ_сүреси
ФАЛАҚ СҮРЕСИ
Оқылыўы: Әъу'зу биллә'ҳи минәш шәйто'нир рожи'м. Бисмиллә'ҳир роҳмә'нир роҳи'м.
1. Қул әъу'зу бироббил фәлақ.
2. Миң шәрри мә' холақ.
3. Ўә миң шәрри ғо'сиқин изә' ўәқоб.
4. Ўә миң шәррин нәффә'сә'ти фил ъуқод.
5. Ўә миң шәрри ҳа'сидин изә' ҳасәд.
Мәниси: Қуўылған шайтанның жаманлығынан Аллаҳтан пана сорайман. Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).
1. (Ҳәй Муҳаммад!) Айт: «Пана сорап илтижа қыламан таң Рәббисине,
2. жаратқан нәрселериниң жаманлығынан,
3. қап-қараңғы болған түнниң жаманлығынан,
4. түйинлерге дем салыўшы ҳаяллардың жаманлығынан,
5. көре алмаған күншилдиң жаманлығынан».
Тәфсири: «Фалақ» – таң, деген мәнини аңлатады. Бул ҳәм буннан кейинги сүрени қосып турып, олар «муаўўазатайн», «пана соралыўшы еки сүре» деп те аталады. Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссаламға сыйқыршылар сыйқыр ислерин қылғанда, Аллаҳ таала усы еки сүрени нәзил еткен. Фалақ ҳәм Нас сүрелерин Пайғамбарымыз алайҳиссалам жатардан алдын оқып дем салып жатыўы ҳаққында ҳәдиси шәрийфлер бар.
4-аят. Түйинлерге дем салыўшы, дегени, бул айырым бир порхан ҳәм соған уқсаған адамлар басқаларға зыян жеткериў жолында болады, әне солардың ислеринен аманда сақлаўды сораўымыз бизлерге усы сүре арқалы үйретилип атыр.
5-аят. Бул сүрениң пазыйлетлери туўралы көплеген ҳәдиси шәрийфлер бар. Барлық жаманлық ҳәм жаўызлықлардан аман болыў ушын «Фалақ», «Нас», «Ихлас» сүрелерин оқып, Аллаҳтан жәрдем сораўдың пайдалары туўралы ҳәдислерде көп хош хабарлар бар. Усы аяттағы күншилден мурад - көре алмаўшы, дегени. Яғный, достында, жақынында, туўысқанында қандайда бир жақсылықты көрсе, оған зыян жеткериў жолында жүриўши, оның жақсы аўҳалынан қапа болыўшы адамлар нәзерде тутылған.
Бул сүрелерди ҳәр бир мөмин-мусылман азанда-кеште, жатардан алдын, қорққан ўақытлары оқып жүрсе мақсетке муўапық болады.
https://t.me/paziyletuz

Telegram
Paziyletuz | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

👍1