Paziyletuz | Рәсмий канал
73.2K subscribers
27.7K photos
4.11K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
#Қуран_аятлары_мәниси
#Фийл_сүреси

ФИЙЛ СҮРЕСИ

Оқылыўы:
Әъу'зу биллә'ҳи минәш шәйто'нир рожи'м. Бисмиллә'ҳир роҳмә'нир роҳи'м.

1. Әләм тәро кәйфә фәъалә роббукә би асҳа'бил фи'л.
2. Әләм йәжъал кәйдәҳум фи' тадли'л.
3. Ўә арсәлә ъаләйҳим тойрон әбә'би'л.
4. Тарми'ҳим би ҳижә'ротим миң сижжи'л.
5. Фә жәъаләҳум кәъасфим мәьку'л.


Мәниси: Қуўылған шайтанның жаманлығынан Аллаҳтан пана сорайман. Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).
1. (Ҳәй Муҳаммад) Рәббиң «пил ийелери»н не қылғанын көрмедиң бе?
2. (Ол) олардың ҳийлелерин жоққа шығармады ма?!
3. Олардың үстине топар-топар қусларды жиберди.
4. (Олар) пискен таслар менен оларды атар еди.
5. Кейин, оларды (Каабаны бузыўға келгенлерди) жеп (шайнап) тасланған сабандай етип қойды.


Тәфсири: "Фийл" сүресинде Пайғамбарымыз алайҳиссалам туўылмастан алдын болған бир ўақыя ҳаққында айтылған.
Ҳабашстан патшасының Ямандағы ҳәкими Абраҳа Ашрам адамларды Каабадан бурып, Яманда адамлар зыярат етиўи ушын үлкен ширкеў қурдырады. Бирақ адамлар оның ширкеўин зыярат етпейди. Сонда Абраҳа Каабатуллаҳты бузып таслаў ушын көп санлы әскерлери ҳәм пиллери менен Мәккә қаласына жақын жерге келип тоқтайды.
Мәккә қаласының қасында әскерлери менен турғанда, оның алдына Пайғамбарымыз алайҳиссаламның атасы Абдулмутталиб келеди. Абраҳа Абдулмутталибтиң саўлатын ҳәм айбатын көрип тахтынан түсип оны күтип алады.
Абраҳа менен Абдулмутталибтиң арасында төмендеги сәўбет болады:
- Меннен не нәрсе сорайжақсыз?
- Мениң еки жүз түйемди әскерлериң айдап әкетип қалыпты, соны қайтар.
- Сениң саўлатыңды ҳәм айбатыңды көрип ҳайран қалып едим. Меннен Каабаны бузба, деп жалынады деп ойласам, сондағы түйелериңди сорайжақсаң ба?
- Мен түйелеримниң ийесимен, ал Каабаның өз ийеси бар, яғный оның ийеси Аллаҳ таала, оны Өзи қорғап алады.
- Бирақ ҳәзир Аллаҳ та оны меннен қорғай алмайды.
- Онда билгениңди қыла бер.

Абдулмутталиб түйелерин алып қайтады. Абраҳа әскерлери ҳәм пиллери менен Каабаны бузыў ушын сол тәрепке жүриўге буйрық береди, бирақ Пил жүрмейди, оңға, шепке, арқаға жүрсе де, алдынға ҳеш жүрмейди. Сол ўақытта Аллаҳ таала Абраҳаның пүткил ләшкерин Әбәбийл қусларының ылақтырған таслары арқалы жоқ етеди. Абраҳаның өзи қыйын аўҳалда Яманға қайтады ҳәм сол жерде өледи.
Аллаҳ таала бул сүреде бәршеге Өз қүдиретин еслетип атыр. Ким Аллаҳға қарсы шықса, дүньяда бузғыншылық қылмақшы болса, ақыбети не болыўын билдирмекте.
Бул ўақыя 570-жылы, Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссалам туўылыўынан сәл алдынырақ болған.


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ