#ўақыя #нәсият #пикир
СИЗ ҲАЯЛЛАРДЫҢ КИМ ЕКЕНИН БИЛЕСИЗ БЕ?
Жораларымнан биреўи үйге келип "дәрт"ин шашты. Айтыўынша ҳаялында кеўли жоқ екен. Оның бул гәпине қатты ашыўым келди. Өйткени, үш перзентли адамның бундай гәплерди айтыўы мениңше оның еле ақылы толыспағанын, турмысқа шынтлы тәризде итибар бермейтуғын екенин билдиреди. Ашыўланғанымнан азмас индемей отырдым.
Кейин оған: "Сен өзи ҳаяллардың ким екенин билесең бе?", дедим.
Ол: "Ким болар еди, теректи бир тепсең, мыңы түседи ғо?", деди.
Мен: "Сен еле ҳаяллардың ким екенин билмейтуғын екенсең. Мына гәплеримди тыңла, ҳаяллардың ким екениң билесең", дедим:
Саған жақпай атырған сол ҳаялға сениң де көп қылықларың жақпайтуғын шығар, бирақ саған сабыр етип киятыр ғо...!
Сен қырыққа шыққанша усы гәпти айтып, оның үстинен шағым етип келип отырған ҳаял, жаныңнан артық көретуғын перзентлериңниң АНАсы...!
Саған жаманлығы болмаған, бирақ сен онша унатпайтуғын ата-ананың еркетай ҚЫЗы...!
Сен тилиңде ата-анамның хызметин қылып атырман деп, гердейип жүргениңде, негизинде ҳеш нәрсе де қылмай үйиңде телефоныңды шуқлап жатқаныңда, қартайған ата-анаңның хызметин қылып, ыссы-суўығына қарап, керек ўақтында шомылдырып та қоятуғын, сениң ата-анаңның туўған перзентлеринен жақын КЕЛИНи...!
Сен көшеде уялмай, ярым жалаңаш ҳаялларға қарап, оларға сөз атып жүргенде, үйиңде отырып ар-намысын ҳәм ийманын сақлап, сениң, балаларыңның, ата-анаңның ден-саўлығын, ийманының пүтинлигин сорап дуўа етип отыратуғын ДУЎАГӨЙиң...!
Сен көшеде айырым тәрбиясыз балалардың қылықларына ашыўың келип, мыналардың: "Әке-шешеси жоқ па екен, тәрбия беретуғын?!", деп бирақ өзиң де балаларыңның тәрбиясы менен шуғулланбай атырғаның есиңде де жоқ ўақытта, үйиңде сениң зүрядларыңа әдеп-икрамлықты тәрбия берип атырған балаларыңның ТӘРБИЯШЫсы...!
Сен оның не затларды жақсы көриўин ойлап та көрмеген ўақтыңда, сениң қайсы аўқатларды жақсы көриўиңнен баслап, не нәрселерди унатыўыңа шекем ҳәмме нәрсениң дизимин ядтан билетуғын ҒАМХОРШЫң...!
Сен көшеде жораларың менен кафелерде аўқатланып келгенде, сени ойлап ең жақсы аўқатларды писирип, өзи жеместен сениң келиўиңди күтип отыратуғын АСПАЗың...!
Сен үйде не бар, не жоқ екенин ойлап та көрмей жүрген ўақтыңда, сениң айлығыңды бир айдан екинши айға жеткериўди ойлап жүрген ҒӘЗИЙНЕШИң...!
Сен жумыс тәшўишлеринен шаршап, үйиңе келгенде, сени ашық жүзлилик пенен күтип алатуғын ҮЙ БИЙКЕси...!
Сен бир неше күнлеп, жумыс пенен узақ жерлерге кеткениңде, келемен дегениңше түнлери көзлерине уйқы келмейтуғын, сениң үйиңди қорғайтуғын ҚАРАЎЫЛ...!
Сен көшеде еркекпен деп көкирегиңди керип жүриўиңе себепши болған ӨМИР ЖОЛДАСың...!
Мен: "Және айта берейин бе, ҳаяллардың ким екенин?", дедим. Сонда жорам, енди түсиндим, усындай ўақытта сендей жақсы нәсиятларды беретуғын адамды маған дос, мәсләҳәтши етип қойған Аллаҳға шүкир, деп үйине қайтты...
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ

Telegram
Paziyletuz | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

#ўақыя
Ерли зайыптың арасында әйтеўир нәрседен тартысыў келип шықты, изи урысқа айланып, шаңарақ басшысы ҳаялын қатты ренжитти. Күйеўинен қатты қапа болған ҳаял жылап, бөлмеден шығар екен, бирден сыртқы есиктиң қоңыраўы басылды. Ҳаял есикти ашқан еди, келип турған оның ата-анасы, туўысқанлары екен. Олар қызының көзиндеги жасты көрип, ҳаўлығып не болды? деп сорай баслады.
Сонда ҳаял: "Жаңа ғана сизлерди еслеп, сағынып, көзиме жас алып муңайып, отыр едим. Аллаҳ таалам қәлеўимди сорамаяқ бергенине қараң!" деди, қуўанып. Буны еситкен күйеўиниң қәлбинде ҳаялына деген ҳүрмет оянып, ҳаялының даналығынан қуўанса, ал өзиниң бул қылған исинен қатты өкинди. Ақыллы ҳаялының шаңарақ сырларын ҳеш кимге жаймаўға тырысқаны және тапқырлығы таң қалдырды.
Аллаҳ таала ҳәр бир шаңарағына қорған болатуғын если еркеклер менен ақыллы, ийбели ҳаялларға татыў өмир бахтын несип етсин!
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube
👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

❤1
#ўақыя
ТЕЗ ТӘСИР ЕТИЎШИ РЕЦЕПТ
Шыпакердиң алдына уйқысы жақсы болмай атырғанынан шикәят еткен бир наўқас келди. Ислеўи зәрүр болған көп жумыслары бар екенин, бирақ үлгере алмай атырғанын, ал жумыс болса күтип турмайтуғынын айтты.
Доктор сорады:
«Бул жумысларыңызды басқа биреў ислесе болмай ма? Яки бир жәрдемши алсаңыз болмай ма?»
– Яқ, бул жумысты тек мен ғана ислей аламан. Басқалардың еплеўине көзим жетпейди.
- «Онда, сизге бир рецепт жазып беремен. Оған толық әмел етсеңиз тәўир боласыз».
Наўқас рецептты оқып ҳайран қалды. Қағазда ҳәр күни еки саата таза ҳаўада айланыў ҳәм ҳәптеде ярым күн қәбирстанда болыў жазылған еди.
– Таза ҳаўада айланыўды түсиндим, қәбирстан неге керек? – деп сорады шыпакерден.
– Қәбирстанға барып, қәбирлерге қараң. Ол жер - өзин ҳәммеден де керекли деп ойлайтуғын адамлар менен толы. Сиз де қайсы бир күн қәбирге кирсеңиз, меннен басқасы бул исти қыла алмайды, деп ойлаған ислериңизди басқалар даўам еттирип атырғанын көресиз...
•┈•┈•┈•┈•❁🍂❁•┈•┈•┈•┈•

ДУЎАДА ДАЎАМЛЫ БОЛЫҢ!
Доктор Ишон Ҳусайный көрсеткен хызметлери ушын халықаралық сыйлықлаў мәресимине кетип баратыр еди. Самолётқа шықты. Ҳаўа-райының жаманлығы себепли самолёт басқарыўшы самолётты жақын жердеги аеропортқа қондырыўға мәжбүр болды. Самолёт шамалы 16 сааттан кейин ушыўы мәлим болды. Буған ашыўланып,
-“Жыйналысқа әлбетте жетип барыўым керек, 16 саат күте алмайман”, деп бақырды. Аеропортта өз жумысларын ислеп атырған жумысшылар оған баратырған қаласы бул жерге жақын екенин, жеңил машинада жетип барыўы мүмкин екенин, айтты. Доктор буны еситип асығып жолға шықты, бирақ жолда да нөсер жаўын жаўып турар еди. Селдиң қаттылығынан жол жаўылып қалды.
Доктор жол шетиндеги гөнерип қалған бир үйди көрди, сол тәрепке барыўға мәжбүр болды. Үйдиң ишинде бир кемпир бар еди. Кемпир доктордың ҳаўлығып:
-“Маған телефоныңызды берип турың, бир жерге тез телефон етиўим керек” дегенин еситип, күле шырай менен:
-“Аўҳалымды көрип турсыз ғой, бизлерде телефон жоқ. Кир ишке, бир аз демиңди ал, аўқатлан, шай иш, оннан кейин ислериңди қыларсаң”.
Доктор илажсызлықтан кемпирдиң айтқанын қылды, бир аз ысынып, аўқатланды.
Ол шай ишип болғанша кексе ҳаял намаз оқып, узын-узын дуўалар етти. Кейин бесиктеги нәрестелерге қарады. Буларды дыққат пенен гүзетип турған доктор:
-“Апа, бул кимниң баласы, тынышлық па, не себептен жылап дуўа етип атырсыз?”, деп сорады.
Кемпир:
-“Бул мениң ақлығым. Балам менен келиним дүньядан өтип кетти. Ақлығым да аўыр кесел, жақын жерде буны ҳеш ким емлей алмады. Еситиўимше Ишон Ҳусайный деген бир доктор бар екен, ол усындай кеселликтиң даўасын биледи екен. Бирақ, ол жүдә узақта, ақлығыма ден-саўлық бер, деп Аллаҳтан сорап атырман…”, деди.
Доктор Ҳусайный көз жасларын тоқтата алмай, апа Аллаҳ дуўаларыңызды қабыл етти. Сизиң дуўаларыңыз аспаннан шақмақ шағып самолётты жерге қоныўына себепши болды, селлер ағыўына ҳәм мениң сизге жолығыма себепши болды, доктор Ҳусайный мен апа. Аллаҳ Өз бенделериниң дуўаларын усындай ҳалда ислеп қойыўына исенимим кәмил болды.
Пүткил жолларыңыз жаўылып қалған ҳалда да, аспанлар ҳәм жерди Жаратқан Аллаҳға сыйының. Оның мийрими дуўа менен...

Үмитти үзбей ҳәрекетте бол!
<unknown>
#ўақыя
Үмитти үзбей ҳәрекетте бол!
Аллаҳ таала ҳәр бир қыйыншылық пенен бирге жеңиллик бар екенлигин хабар берген. Сондай екен ҳәрекеттен тоқтама!
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
👉 Телеграм каналымыз: @paziyletuz
👉 Инстаграм каналымыз: @paziyletuz
👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Үмитти үзбей ҳәрекетте бол!
Аллаҳ таала ҳәр бир қыйыншылық пенен бирге жеңиллик бар екенлигин хабар берген. Сондай екен ҳәрекеттен тоқтама!
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
👉 Телеграм каналымыз: @paziyletuz
👉 Инстаграм каналымыз: @paziyletuz
👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#ўақыя
«АЎҚАТ АСЫЎҒА УЯЛЫП ОТЫРМЫЗ…»
Бир адам қоңсысының тарығып, ҳәтте үйинде аўқат асалмай қалғанынан хабар тапты. Үйинде писирилген аўқаттың тең ярымын табаққа салып, қоңсысына алып шықты.
Тарыққан қоңсысы қысынып, аўқатты алмады. Бул жағдай бир неше күн тәкирарланды, буның бергенин ол қайтара берди.
Ақыры аўқат алып шығатуғын қоңсыныкинен де аўқат ийиси келмей, ошағында түтин көринбей қалды. Ҳәттеки, перзентлериниң аш болып жүргени де көзге таслана баслады.
Сонда тарыққан қоңсы оннан: Сиз де тарығып, қазан қайната алмай қалдыңыз ба? – деп сорады.
Оған берилген жуўап былай болды: Яқ тарыққаным жоқ. Қәрежетим жетерли, бирақ аўқат асыўға сизлерден уялып отырмыз...
👉Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Пикир жүритиў сизден!!!
👉Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube
👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#ўақыя #ўақыт_қәдири
Мениң анам-1
Азанда шай ишип отырған едим. Ҳаялым келип қасыма отырды. Кесеге шай қуйып берип атырып, әсте гәп баслады:
- Ағасы, бүгин сиз басқа бир ҳаялды кешки аўқатқа шақырыўыңызды қәлеймен.
Шайнап турған наным тамағыма тығылып қалды.
-Тынышлық па анасы? Ким менен аўқатланыўға бараман, көргенлер не дейди, ақылыңды жойтпадың ба? - дедим өзиме келип.
- Мен сизди жаннан артық көремен, ҳәммеден қызғанаман, бирақ бир нәрсени анық билемен, ол ҳаял сизди меннен де көбирек жақсы көреди ҳәм сиз бенен бир ләҳзе болса да сөйлесип, дийдарыңызға тойыўды қәлейди. Бул инсан - сизиң анаңыз,- деди ҳаялым.
Терең ойға талдым. “Мине 19 жыл болыпты, анам ағамсыз, бир ғана иним менен аўылда жасайды. Үш баламды ҳәм ҳаялымды жақсы кийиндирип, жақсы бағаман деп, анама дурыслы итибар бермеппен. Ҳәй, сени, бала болмай.., тез тур орныңнан”, деп өзиме өзим сөйлеп орнымнан турдым.
Телефонымды алып анама телефон қылдым. Анам телефонды алып, “Тынышлық па балам, не болды, бунша ерте телефон қылып атырсаң”, деп сорады.
- Апа, қәўетерленбең. Тек жаман нәрсе болыўы шәрт емес ғо азанда телефон қылыўым ушын? Сизди сағындым, - дедим демим аўзыма тығылып.
Анам еситип турған қулақларына исенбеди. Себеби бул гәплерди көп жыллардан берли биринши мәрте айтып атырған едим.
- Балам гаплериң жақпай атыр. Тап өлиминен алдын ўәсият айтатуғын адамға уқсап сөйлеме! Не болды? - деп анам және сорады.
- Ҳеш нәрсе болған жоқ, апа. Бүгин кешке ўақтыңыз бар ма? Сизди бир ресторанға апарайын деп едим. Екеўимиз кеште бирге барсақ.
- Анам азырақ үндемей қалды, “Жан-жан деп бараман балам” - деди. Телефоннан анамның пықырлап жылағаны еситилди.
Кеште машинамды минип, анамның үйи тәрепке баратырып, жүрегим жас балалардикиндей тез-тез ура баслады. Жетип келип тоқтағанымда, ҳаўа райы суўық болыўына қарамай, анам дәрўазаның алдында күтип турған екен.
- Апа, неге сыртта турыпсыз? Келгенимнен кейин, өзим үйден алып шығатуғын едим, тоңып қалыпсыз сыртта.
Анам келип маңлайымнан сүйди де:
- “Балам жүрегим сабыр ете алмады, ақыры өзим шығып турдым”, деди.
Анам ушырасыўға шығатуғындай етип жасанып алыпты. Анамды көрип бир күлгим келди, бир өзимди жаман көрип кеттим:
- “Не ушын усы ўақытқа шекем анаңды бир мәрте болса да қуўантпадың”, дедим өзиме өзим.
Анам машинаға отырғанда:
- “Досларыма бүгин балам ресторанға шақырды, десем, ҳәммеси маған ҳәўес етти”, - деди.
Қаланың ортасындағы ресторанға кирдик. Кирип баратырғанымызда, анам қолымнан услап алып, салдамлылық пенен қаланың биринши дәрежели ханымындай болып ишке кирди. Көзлериндеги қуўанышты жасырыўдың имканы жоқ еди. Столға отырып, менюды алып оқыдым. Анам тәўирақ қартайып қалыпты, менюдағы тек ғана үлкен ҳәрип пенен жазылғанларын ғана оқый алды.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
👉 Telegram | instagram | youtube

HUMAYRO
«HUMAYRO» – Qaraqalpaqstan musılmanları qazıyatınıń rásmiy saytı «paziylet.uz»dıń shańaraq máseleleri, perzent tárbiyası hám hayal-qızlar rubrikasın jarıtıwshı telegram kanalı
Botımız @humayrouz_bot xizmetinen paydalanıń
Botımız @humayrouz_bot xizmetinen paydalanıń
#ўақыя
Мениң анам-2
- Сен кишкенелигиңде оқыўды билмейтуғын едиң, менюди мен оқыйтуғын едим, ал сен еркелеп бир нәрсе таңлағаныңша көп ўақыт өтер еди, енди сениң нәўбетиң келипти, - деди анам узақ өтмишти еслеп.
Көп ўақыт сөйлесип отырдық. Ўақыт өтип кеткенин де сезбей қалыппыз. Қәлбимде өткенлер ҳаққында шийрин еслеўлер бир-бир өтти. Өмиримдеги ең зор отырыс болды.
“Усы ўақытқа шекем не ушын бир мәрте де анамды бирге аўқатланыўға алып бармаппан?”, деп өзимди өзим тергедим.
Ол жерден қайтып, анамды үйине апарғанымда: “Балам сениң менен сол жерге және бир мәрте барайық”, - деди.
- Әлбетте барамыз апа, онда кейинги ҳәптеге барағояйық, - дедим.
- Бирақ кейингисинде мен пул төлеймен, - деди қайсарлық пенен.
- Яқшы апа, сиз не десеңиз сол, - дедим.
Үйге қайтқанымда ҳаялыма рахмет айттым.
Арадан 2 күн өтип, азан менен иним телефон қылып:
- “Әжаға тез келиң, анам аўырып атыр”, деди.
Анамды тири көриў несип етпеди. Барғанымша қайтыс болып қалыпты. Анамды жерге тапсырып келгенимизден кейин иним бир конверт берди, анам берип кеткен екен. Аштым. Конвертте анам хат жазып кеткен екен:
- “Балам, ўәде еткенимдей алдыннан барып ресторанға еки адамлық кешки аўқатты есаплатып, пулын төлеп келдим. Төлем қағазы усы жерде. Бәлким сол күнге шекем жетип бармасман. Бирақ сен әлбетте келинди алып сол жерге бар. Екеўимиз отырған жерге..
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
👉 Telegram | instagram | youtube
Мениң анам-2
- Сен кишкенелигиңде оқыўды билмейтуғын едиң, менюди мен оқыйтуғын едим, ал сен еркелеп бир нәрсе таңлағаныңша көп ўақыт өтер еди, енди сениң нәўбетиң келипти, - деди анам узақ өтмишти еслеп.
Көп ўақыт сөйлесип отырдық. Ўақыт өтип кеткенин де сезбей қалыппыз. Қәлбимде өткенлер ҳаққында шийрин еслеўлер бир-бир өтти. Өмиримдеги ең зор отырыс болды.
“Усы ўақытқа шекем не ушын бир мәрте де анамды бирге аўқатланыўға алып бармаппан?”, деп өзимди өзим тергедим.
Ол жерден қайтып, анамды үйине апарғанымда: “Балам сениң менен сол жерге және бир мәрте барайық”, - деди.
- Әлбетте барамыз апа, онда кейинги ҳәптеге барағояйық, - дедим.
- Бирақ кейингисинде мен пул төлеймен, - деди қайсарлық пенен.
- Яқшы апа, сиз не десеңиз сол, - дедим.
Үйге қайтқанымда ҳаялыма рахмет айттым.
Арадан 2 күн өтип, азан менен иним телефон қылып:
- “Әжаға тез келиң, анам аўырып атыр”, деди.
Анамды тири көриў несип етпеди. Барғанымша қайтыс болып қалыпты. Анамды жерге тапсырып келгенимизден кейин иним бир конверт берди, анам берип кеткен екен. Аштым. Конвертте анам хат жазып кеткен екен:
- “Балам, ўәде еткенимдей алдыннан барып ресторанға еки адамлық кешки аўқатты есаплатып, пулын төлеп келдим. Төлем қағазы усы жерде. Бәлким сол күнге шекем жетип бармасман. Бирақ сен әлбетте келинди алып сол жерге бар. Екеўимиз отырған жерге..
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
👉 Telegram | instagram | youtube
Telegram
HUMAYRO
«HUMAYRO» – Qaraqalpaqstan musılmanları qazıyatınıń rásmiy saytı «paziylet.uz»dıń shańaraq máseleleri, perzent tárbiyası hám hayal-qızlar rubrikasın jarıtıwshı telegram kanalı
Botımız @humayrouz_bot xizmetinen paydalanıń
Botımız @humayrouz_bot xizmetinen paydalanıń
#ўақыя
Ерли зайыптың арасында әйтеўир нәрседен тартысыў келип шықты, изи урысқа айланып, шаңарақ басшысы ҳаялын қатты ренжитти. Күйеўинен қатты қапа болған ҳаял жылап, бөлмеден шығар екен, бирден сыртқы есиктиң қоңыраўы басылды. Ҳаял есикти ашқан еди, келип турған оның ата-анасы, туўысқанлары екен. Олар қызының көзиндеги жасты көрип, ҳаўлығып не болды? деп сорай баслады.
Сонда ҳаял: "Жаңа ғана сизлерди еслеп, сағынып, көзиме жас алып муңайып, отыр едим. Аллаҳ таалам қәлеўимди сорамаяқ бергенине қараң!" деди, қуўанып. Буны еситкен күйеўиниң қәлбинде ҳаялына деген ҳүрмет оянып, ҳаялының даналығынан қуўанса, ал өзиниң бул қылған исинен қатты өкинди. Ақыллы ҳаялының шаңарақ сырларын ҳеш кимге жаймаўға тырысқаны және тапқырлығы таң қалдырды.
Аллаҳ таала ҳәр бир шаңарағына қорған болатуғын если еркеклер менен ақыллы, ийбели ҳаялларға татыў өмир бахтын несип етсин!
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube
👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Ерли зайыптың арасында әйтеўир нәрседен тартысыў келип шықты, изи урысқа айланып, шаңарақ басшысы ҳаялын қатты ренжитти. Күйеўинен қатты қапа болған ҳаял жылап, бөлмеден шығар екен, бирден сыртқы есиктиң қоңыраўы басылды. Ҳаял есикти ашқан еди, келип турған оның ата-анасы, туўысқанлары екен. Олар қызының көзиндеги жасты көрип, ҳаўлығып не болды? деп сорай баслады.
Сонда ҳаял: "Жаңа ғана сизлерди еслеп, сағынып, көзиме жас алып муңайып, отыр едим. Аллаҳ таалам қәлеўимди сорамаяқ бергенине қараң!" деди, қуўанып. Буны еситкен күйеўиниң қәлбинде ҳаялына деген ҳүрмет оянып, ҳаялының даналығынан қуўанса, ал өзиниң бул қылған исинен қатты өкинди. Ақыллы ҳаялының шаңарақ сырларын ҳеш кимге жаймаўға тырысқаны және тапқырлығы таң қалдырды.
Аллаҳ таала ҳәр бир шаңарағына қорған болатуғын если еркеклер менен ақыллы, ийбели ҳаялларға татыў өмир бахтын несип етсин!
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube
👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#ўақыя #ўақыт_қәдири
Мениң анам-1
Азанда шай ишип отырған едим. Ҳаялым келип қасыма отырды. Кесеге шай қуйып берип атырып, әсте гәп баслады:
- Ағасы, бүгин сиз басқа бир ҳаялды кешки аўқатқа шақырыўыңызды қәлеймен.
Шайнап турған наным тамағыма тығылып қалды.
-Тынышлық па анасы? Ким менен аўқатланыўға бараман, көргенлер не дейди, ақылыңды жойтпадың ба? - дедим өзиме келип.
- Мен сизди жаннан артық көремен, ҳәммеден қызғанаман, бирақ бир нәрсени анық билемен, ол ҳаял сизди меннен де көбирек жақсы көреди ҳәм сиз бенен бир ләҳзе болса да сөйлесип, дийдарыңызға тойыўды қәлейди. Бул инсан - сизиң анаңыз,- деди ҳаялым.
Терең ойға талдым. “Мине 19 жыл болыпты, анам ағамсыз, бир ғана иним менен аўылда жасайды. Үш баламды ҳәм ҳаялымды жақсы кийиндирип, жақсы бағаман деп, анама дурыслы итибар бермеппен. Ҳәй, сени, бала болмай.., тез тур орныңнан”, деп өзиме өзим сөйлеп орнымнан турдым.
Телефонымды алып анама телефон қылдым. Анам телефонды алып, “Тынышлық па балам, не болды, бунша ерте телефон қылып атырсаң”, деп сорады.
- Апа, қәўетерленбең. Тек жаман нәрсе болыўы шәрт емес ғо азанда телефон қылыўым ушын? Сизди сағындым, - дедим демим аўзыма тығылып.
Анам еситип турған қулақларына исенбеди. Себеби бул гәплерди көп жыллардан берли биринши мәрте айтып атырған едим.
- Балам гаплериң жақпай атыр. Тап өлиминен алдын ўәсият айтатуғын адамға уқсап сөйлеме! Не болды? - деп анам және сорады.
- Ҳеш нәрсе болған жоқ, апа. Бүгин кешке ўақтыңыз бар ма? Сизди бир ресторанға апарайын деп едим. Екеўимиз кеште бирге барсақ.
- Анам азырақ үндемей қалды, “Жан-жан деп бараман балам” - деди. Телефоннан анамның пықырлап жылағаны еситилди.
Кеште машинамды минип, анамның үйи тәрепке баратырып, жүрегим жас балалардикиндей тез-тез ура баслады. Жетип келип тоқтағанымда, ҳаўа райы суўық болыўына қарамай, анам дәрўазаның алдында күтип турған екен.
- Апа, неге сыртта турыпсыз? Келгенимнен кейин, өзим үйден алып шығатуғын едим, тоңып қалыпсыз сыртта.
Анам келип маңлайымнан сүйди де:
- “Балам жүрегим сабыр ете алмады, ақыры өзим шығып турдым”, деди.
Анам ушырасыўға шығатуғындай етип жасанып алыпты. Анамды көрип бир күлгим келди, бир өзимди жаман көрип кеттим:
- “Не ушын усы ўақытқа шекем анаңды бир мәрте болса да қуўантпадың”, дедим өзиме өзим.
Анам машинаға отырғанда:
- “Досларыма бүгин балам ресторанға шақырды, десем, ҳәммеси маған ҳәўес етти”, - деди.
Қаланың ортасындағы ресторанға кирдик. Кирип баратырғанымызда, анам қолымнан услап алып, салдамлылық пенен қаланың биринши дәрежели ханымындай болып ишке кирди. Көзлериндеги қуўанышты жасырыўдың имканы жоқ еди. Столға отырып, менюды алып оқыдым. Анам тәўирақ қартайып қалыпты, менюдағы тек ғана үлкен ҳәрип пенен жазылғанларын ғана оқый алды.
https://t.me/paziyletuz

- “Балам, ўәде еткенимдей алдыннан барып ресторанға еки адамлық кешки аўқатты есаплатып, пулын төлеп келдим. Төлем қағазы усы жерде. Бәлким сол күнге шекем жетип бармасман. Бирақ сен әлбетте келинди алып сол жерге бар. Екеўимиз отырған жерге...

#рәўият #ўақыя #тәрбия
БЕРЕКЕТ НЕДЕ?
Бир жигит байдың қолында бес дирҳам ҳақ алып жумыс ислер екен. Бирақ, сол бес дирҳам күн-көрисине жетпей, имам Шафеъийдың алдына келип, шикаят қылады.
Сонда имам Шафеъий жигитке, байдың алдына барып бес дирҳам ҳақты төрт дирҳамға түсириўин сораўды мәсләҳәт береди.
Жигит ҳайран болса да, имамның сөзине қулақ салып, айтқанын орынлайды. Бирақ, бир мүддет өтип, жигит және имамның алдына келип, аҳўал өзгермегенин, еле жетиспеўшиликтен қыйналып атырғанын айтады.
Имам Шафеъий бул рет те жигитке төрт дирҳам ҳақын үш дирҳамға кемейтиўи керек екенлигин айтады. Жигит мың ҳайран болса да, имамның илимине гүман қылмағанлықтан, бул сапары да айтқанын орынлайды.
Арадан және бир қанша мүддет өтип, жигит имамның алдына қуўанған ҳалында келип, күн-көриси, ҳәммеси жақсы болып кеткенин айтады ҳәм берген мәсләҳәтиниң ҳикметин сорайды.
Сонда имам Шафеъий: "Сен байдың қолында негизинде бес дирҳам ҳақына емес, ал үш дирҳамға ылайық жумыс ислеп жүргенсең. Үстинде алған еки дирҳам сениң ҳақың емес. Мине усы биреўдиң ҳақы болған еки дирҳам, өзиңниң ҳақың болған үш дирҳамға араласып, оның да берекесин жоқ етип тур еди", деген екен.

ҚӘНЕ ЕДИ ОЛ МЕНИҢ БАЛАМ БОЛҒАНДА...
Үлкен жастағы ата емлеўханаға түсип қалды... Оны ҳәр күни бир жас жигит келип, хабар алып турар еди... Келип көп ўақтын оның менен бирге өткерер, аўқатландырар, жуўындырар, емлеўхана аймағында айландырып келер ҳәм соңында жатқарып, кеўлин қәтержам етип кетер еди...
Бул ислерге ҳәўәси кеткен мийирбийке ол атаның қасына дәрилерин бериўге келгенде:
– Мәә шәә Аллаҳ, бахтыңызға Аллаҳ таала балаңыздың өмирин зыяда етсин...
Берекет тапсын, күнде еринбестен, ўақыт таўып алдыңызға келип турады...
Кесел адам үндемей азырақ турды...
Кейин әсте сөз баслап:
Қәне еди, балаларымнан бири болғанда... Бул бала - бизиң аўылда туратуғын жигит. Оның әкеси қайтыс болғанда, қәбирстанның алдында турып өкирип жылап турғанын көрип реймим келди...
Сонда оны гәплерим менен жубатып, қәбирстаннан алып кеттим...
Оған бир талай шийринликлер алып бердим...
Сол күннен баслап оған ара-арада артық нәрселеримди берип турдым...
Ол өсип үлкен адам болды.
Мени ҳаялым менен емлеўханада жалғыз жатқанымды еситип, сол күннен баслап күнде келе баслады...
Ҳаялымды қыйналмасын деп үйине алып кетти...
Ҳәр күни мени көриўге де ўақыт табады.
Оннан:
– Балам, неге бизлерге буншелли итибар берип атырсаң? - деп сорадым...
Ол күле шырай менен былай деди:
– Сиз алып берген шийринликлер ҳәм шийрин сөзлер еле есимде.
Орны болмаса да жақсылық ислейбер...
Өйткени жақсылық қай жерге егилсе де, жемисин береди...
Заманлар өтсе де, әмеллериниң зүрәәтинен еккен адам пайдаланады...
https://t.me/paziyletuz
ҚӘНЕ ЕДИ ОЛ МЕНИҢ БАЛАМ БОЛҒАНДА...
Үлкен жастағы ата емлеўханаға түсип қалды... Оны ҳәр күни бир жас жигит келип, хабар алып турар еди... Келип көп ўақтын оның менен бирге өткерер, аўқатландырар, жуўындырар, емлеўхана аймағында айландырып келер ҳәм соңында жатқарып, кеўлин қәтержам етип кетер еди...
Бул ислерге ҳәўәси кеткен мийирбийке ол атаның қасына дәрилерин бериўге келгенде:
– Мәә шәә Аллаҳ, бахтыңызға Аллаҳ таала балаңыздың өмирин зыяда етсин...
Берекет тапсын, күнде еринбестен, ўақыт таўып алдыңызға келип турады...
Кесел адам үндемей азырақ турды...
Кейин әсте сөз баслап:
Қәне еди, балаларымнан бири болғанда... Бул бала - бизиң аўылда туратуғын жигит. Оның әкеси қайтыс болғанда, қәбирстанның алдында турып өкирип жылап турғанын көрип реймим келди...
Сонда оны гәплерим менен жубатып, қәбирстаннан алып кеттим...
Оған бир талай шийринликлер алып бердим...
Сол күннен баслап оған ара-арада артық нәрселеримди берип турдым...
Ол өсип үлкен адам болды.
Мени ҳаялым менен емлеўханада жалғыз жатқанымды еситип, сол күннен баслап күнде келе баслады...
Ҳаялымды қыйналмасын деп үйине алып кетти...
Ҳәр күни мени көриўге де ўақыт табады.
Оннан:
– Балам, неге бизлерге буншелли итибар берип атырсаң? - деп сорадым...
Ол күле шырай менен былай деди:
– Сиз алып берген шийринликлер ҳәм шийрин сөзлер еле есимде.
Орны болмаса да жақсылық ислейбер...
Өйткени жақсылық қай жерге егилсе де, жемисин береди...
Заманлар өтсе де, әмеллериниң зүрәәтинен еккен адам пайдаланады...
https://t.me/paziyletuz
Telegram
Paziyletuz | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
#ўақыя
Ерли зайыптың арасында әйтеўир нәрседен тартысыў келип шықты, изи урысқа айланып, шаңарақ басшысы ҳаялын қатты ренжитти. Күйеўинен қатты қапа болған ҳаял жылап, бөлмеден шығар екен, бирден сыртқы есиктиң қоңыраўы басылды. Ҳаял есикти ашқан еди, келип турған оның ата-анасы, туўысқанлары екен. Олар қызының көзиндеги жасты көрип, ҳаўлығып не болды? деп сорай баслады.
Сонда ҳаял: "Жаңа ғана сизлерди еслеп, сағынып, көзиме жас алып муңайып, отыр едим. Аллаҳ таалам қәлеўимди сорамаяқ бергенине қараң!" деди, қуўанып. Буны еситкен күйеўиниң қәлбинде ҳаялына деген ҳүрмет оянып, ҳаялының даналығынан қуўанса, ал өзиниң бул қылған исинен қатты өкинди. Ақыллы ҳаялының шаңарақ сырларын ҳеш кимге жаймаўға тырысқаны және тапқырлығы таң қалдырды.
Аллаҳ таала ҳәр бир шаңарағына қорған болатуғын если еркеклер менен ақыллы, ийбели ҳаялларға татыў өмир бахтын несип етсин!
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube
👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Ерли зайыптың арасында әйтеўир нәрседен тартысыў келип шықты, изи урысқа айланып, шаңарақ басшысы ҳаялын қатты ренжитти. Күйеўинен қатты қапа болған ҳаял жылап, бөлмеден шығар екен, бирден сыртқы есиктиң қоңыраўы басылды. Ҳаял есикти ашқан еди, келип турған оның ата-анасы, туўысқанлары екен. Олар қызының көзиндеги жасты көрип, ҳаўлығып не болды? деп сорай баслады.
Сонда ҳаял: "Жаңа ғана сизлерди еслеп, сағынып, көзиме жас алып муңайып, отыр едим. Аллаҳ таалам қәлеўимди сорамаяқ бергенине қараң!" деди, қуўанып. Буны еситкен күйеўиниң қәлбинде ҳаялына деген ҳүрмет оянып, ҳаялының даналығынан қуўанса, ал өзиниң бул қылған исинен қатты өкинди. Ақыллы ҳаялының шаңарақ сырларын ҳеш кимге жаймаўға тырысқаны және тапқырлығы таң қалдырды.
Аллаҳ таала ҳәр бир шаңарағына қорған болатуғын если еркеклер менен ақыллы, ийбели ҳаялларға татыў өмир бахтын несип етсин!
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube
👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
👏1
Forwarded from HUMAYRO
#ўақыя
САҒАН ҚАНДАЙ МӘМИЛЕДЕ БОЛЫЎЫН ҚӘЛЕСЕҢ, СЕН ДЕ БАСҚАЛАРҒА СОНДАЙ МҮНӘСИБЕТТЕ БОЛ!
Күйеўи ҳаялына айтты:
- Туўысқанларымды, әжағаларымды, инилеримди сағындым. Ертең түске мазалы аўқат писирип соларды шақырсақ. Бүгин оларға телефон етип айтып қояман. Жыйналмағанымызға да көп ўақыт болыпты, - деди.
Ҳаялына бул гәп жағынқырамай:
- Яқшы келеберсин, бир гәп болар! - деди.
Күйеўи:
- Онда оларды ертең түске шақыраман... - деди.
Таң атыпты. Әдеттегидей күйеўи жумысқа кетти, саат 13:00 де үйине жетип келди.
Ҳаялынан:
- Дастурхан таяр ма? Қонақлар ҳәзир келип қалады? - деп сорады.
Ҳаялы:
- Яқ, таярламадым. Жат адамлар емес ғой, олар туўысқанларың, үйдеги бар нәрселерди қояман, - деди.
Күйеўи ашыўланып:
- Дастурхан таярлаў нийетиң жоқ екен, кеше айтсаң болады ғой, ҳәзир келсе не қыламыз?! - деди.
Ҳаялы:
- Оларға телефон етип айтың, үзир сораң, болғаны. Жат адамлар емес ғой, туўысқанларыңыз, туўры түсинеди! -деди.
Күйеўи ашыўланып үйден шығып кетти. Бир неше минут өткеннен кейин есик қоңыраўы қағылды. Ҳаял барып есикти ашып, ҳайранлықтан қатып қалды!...
Себеби үйге келген өзиниң ата-анасы, әжағалары, әжапалары екен.
Әкеси қызынан:
- Күйеў бала қәне? - деп сорады.
Қызы:
- Бираз алдын шығып кетип еди... - деди, зорға.
Әкеси:
- Кеше телефон етип түсликке шақырып еди, енди өзи үйде болмағаны қызық болды ғой - деди.
Ҳаялды шақмақ урғандай болды. Терлеп кеткен қолларын бир-бирине ысқалап, ойлай баслады: «Үйдеги нәрселер менен жақынларымды күте алмайман, оларға туўры келмейди! Күйеўимниң туўысқанларына бола беретуғын еди... Қалай туўысқанларыма әпиўайы, көримсиз дастурхан жаяман?»
Ҳаялы күйеўине телефон етти:
- Неге мениң ағайинлеримди шақырғаның айтпадың? - деди.
Күйеўи:
- Мениң ағайинлерим бе, сениң ағайинлериң бе не парқы бар, бир шаңарақ болғанымыздан кейин екеўимизге де теңдей ағайин бола бермей ме? - деди.
Ҳаялы:
- Оларды күтиўге үйде ҳеш нәрсе жоқ! Аўқат писирмедим. Көшеден таяр бир аўқат әкеле ғойың... - деди.
Күйеўи:
– Мен үйден әдеўир узақтаман.
Кейин олар жат адамлар емес ғой, сениң туўысқанларың! Оларға мениң туўысқанларыма бережақ болған нәрселериңди бер, туўры түсинеди!
Бул қылған исиң саған бир өмирлик сабақ болсын. Мениң де ағайинлеримди ҳүрметлеўди үйрен! - деди.
Саған қандай мәмиле етиўин қәлесең, басқаларға да сондай мүнәсибетте бол!
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
👉 Telegram | instagram | youtube | facebook

НАҚАБЫЛ ПЕРЗЕНТТЕН МЫНА ТЕРЕК ЖАҚСЫ...
Буннан он жыллар алдын бир сөз айтып әкемди қатты қапа етип қойдым. Бир аз ўақыт өткеннен кейин өзиме келип, қылған қәтешилигимди түсинип жеттим. Енди қалайынша әкемнен кеширим сорасам екен, деп ойлай басладым.
Әкем көшедеги бос жерлерди тегислеп, мийўе ағаш отырғызып атыр еди. Мен өзимше кеширим сораў ушын әкеме жәрдемлесип жүрип сөз баслайжақ едим.
Бирақ әкем маған итибар бермеди. Ақыры шыдай алмай былай дедим:
- Аға, неге ҳәмме жерге мийўели терек еге бересиз?
Сонда әкем:
- Балам, нақабыл перзенттен мына терек жақсы да, - деп жуўап берди.
Әкемниң бул жуўабы жүрегиме оқтай тийди. Әкемниң кеўлине қатты тийип алыппан, мени мына мийўе ағашы қурақым көрмейди, деген ойлар мени шулғап алды...
Туўры, арадан бир неше күн өтип әкем мени кеширди, кейиншелик өмириниң ақырына шекем кеўлине тийип алмаўға ҳәрекет еттим, бул мениң перзентлик ўазыйпам, Аллаҳ тааланың буйрығы, әкеге қарсы шығыў Аллаҳға қарсы шығыў менен тең.
Арадан бес жыл өтип, әкем дүньядан өтти. Әкем еккен алма нәлшелери бүгин үлкен мийўе ағашларына айланды.
Бул мийўе ағашларға қарап айырым адамлардың: "Усы мийўе ағашларды еккенге рахмет", деп атырғанын еситемен.
Сонда өз өзиме: "Ақырғы мәрте қашан: "Әкеңе рахмет", деген сөзди еситтим. Әкеме қашан мен арқалы алғыс жетип барды", деймен.
Усы ойлар менен арасында түнлери көзимнен уйқы қашады:
"Әкем туўры айтқан екен", деймен сыбырлап..

🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍209❤61👏8🥰7⚡3😍2
#ўақыя
БАЙЛЫҚТЫ ҒӘНИЙМЕТ БИЛ
Бир күни жаңа үйленген бир жигит ҳаялы менен аўқатланып отыр еди
Есикти биреў қақты. Ол:
~ Ким? ~деп сорады
Сырттан:
~ Мүтәж адамман! ~деген даўыс келди.
Ҳаял күйеўине:
~ Бир нәрсе берейик, саўап болады, ~деди.
Күйеўи:
~ Яқ, бермеймиз, оннан қарызымыз бар ма? ~деп жеркип жиберди.
....Мүтәж адам есик алдында бираз турды да, кейин кетти.
....Арадан күнлер, айлар, жыллар өтип, бул жигиттиң де иси жүриспей қалды. Бар-жоғынан айырылды. Ашыўланып ҳаялы менен де ажырасты.
Ўақыт өтип ҳаял басқа адамға турмысқа шықты.
Бир күни олар аўқатланып отырғанда, есикти биреў қақты.
....Сырттан:
«Мен бийшараға садақа етиң», ~деген даўыс еситилди.
Ҳаял не қылайын, деген мәниде күйеўине қарады.
Күйеўи:
~ Мына таўық гөшин берип жибер.! ~деди.
Ҳаял дәрриў турып, күйеўиниң айтқанын қылды. Таўықтың гөшин мүтәж адамға берип, жылаған ҳалда қайтып келди.
Күйеўи:
~ Не болды? ~деп сорады.
Ҳаял:
~ Ол жарлы адам ким екенин билесиз бе? ~деди.
~ Яқ, ~деди күйеўи.
~ Ол мениң алдыңғы күйеўим екен! Бир ўақытлары күйеўим екеўимиз аўқатланып отырғанымызда бир жарлы адам келип, садақа сорап еди, сонда күйеўим оған ҳеш нәрсе бермей қуўып жиберген еди, енди өзи сол аўҳалға түсип қалыпты~деди.
Бул гәпти еситкен күйеўи:
~ Мен ким екенимди билесиз бе? ~деди.
Ҳаял:
~ Яқ, ~деди.
~ Сизлердиң үйиңизге садақа сорап барған сол жарлы адам - мен едим! ~деди.
....Турмыс сондай, мудамы бирдей болмайды
....Байлық;
....бахыт;
....әўмет;
....жарлылық;
....мүтәжлик;
....кеселлик бенделер арасында айланып жүреди. Ҳәзир сизде, ертең басқада.
....Заман сизге баққан ўақытта қырағы болың. Себеби ол сизде узақ болмайды.
....Байлықтың шүкири - Аллаҳ разылығы ушын мүтәж адамларға иҳсан-садақалар бериў.
Жарлылықтан алдын байлықты ғәниймет бил!
Қәдир болған ўақтыңда саўап алып қалыўды умытпа!
....Бир ўақыт келип байлығыңыздан айырылсаңыз да, ўақтында ислеген қайыр-иҳсаныңыз, ақыретиңиз ушын қалады.

👍205❤129👏13😍2