Paziyletuz | Рәсмий канал
73.2K subscribers
27.7K photos
4.11K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
#пикир

ӨСЕК

Өлген адамды өсек қылыў - гүналардың ең жаманы.

Түсиндирме:
Себеби сениң бул гәпиң оған жетип барып, ол өзин дурыслап алыўға имканы болмайды, бул гүнаңды ол кешириўге де имканы болмайды. Өйткени өсекши айтқан өсегиниң гүнасын жуўыўы ушын өзи өсек еткен адамның алдына барып кеширим сораўы керек. Ал ол болса, дүньядан өтип болған.

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#пикир

ҲАҚЫЙҚАТ

Имам Әбиў Ҳанифа раҳматуллаҳи алайҳ қырық жыл қуптанның таҳәраты менен таң намазды оқыған екен.
Және бир алым намаз оқығанда сондай дәрежеде намазға берилип, аятлардың мәнилерин ойлап туратуғын болған ҳәттеки әтирапта не болып атырғанын сезбейтуғын ҳалда болған.
Басқа бир улама намазда турғанда келип тийген оқжай оғын сезбеген де екен.
Усындай рәўиятларды китаплардан оқыған ўақытымда, олар қалайынша усы дәрежеге шыққан екен деп ҳайран қалатуғын едим. Себеби расын айтқанымызда, өзимиз намазда турып басқа нәрселерди ойлап турамыз, ал уламаларымыз намазларын, өз ислерин сондай берилип ислеген ҳәттеки әтираптағыларды сезбеген.

Буның себебин жақында билдим.

Уламаларымыз намазда турғанда әтирапындағыларды сезбегендей, ҳәзирги заманда адамлар телефонға, социал тармақларға сондай дәрежеде жабысып алған ҳәттеки әтирапындағыларды сезбейди.
- Емизиўли ҳаяллар балаларының жылап атырғанына итибар бермей, социал тармақта отырмақта;
- Алымлар өз ислерин кейинирек қыламан, деп күнлер емес, айлары өтип баратырғанын сезбей қалмақта;
- Жаслар поезд жолда кетип баратырғанын, ҳәттеки, артынан поезд келип қалғанын да сезбей қалмақта;
- Өспирим балалар көшеде ойнаў не екенин билмей қалмақта;
- Мәжилиске келгенлер мәжилисте не мәселе көтерилгенин сезбей қалмақта;
- билим китапларға қарағанда социал тармақлардан көбирек алынбақта;
- ағайин-туўысқанлар менен, дос-яранлар менен социал тармақларда ғана ҳал-аўҳал соралмақта;
- ...

Енди билдим, уламаларымыз қалай бундай дәрежеге жетискенин,
Енди билдим, не ушын алдыңғы заман адамлары алдында болғанын.

Инсан бир нәрсеге қатты жақсы көрип кириссе усындай болады екен.

Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#пикир

МӘРТЛИК ПЕ Я НАДАНЛЫҚ ПА?

Егер жақын ағайинимизди ямаса достымызды бир адам урып атырғанын көрсек, оған жәрдем бериўге асығамыз. Бирақ не ушын шайтан ўасўасасына түсип қалған ағайинимизди, қоңсымызды яки достымызды қутқарыўға асықпаймыз?

Жақында бир отырыста намазханлар шайтанның жолындағы досларын инсапқа шақырғанына гүўа болып едим. Балалықтан бирге өскен дослардың көбиси ийман жолында, айырымлары еле шайтан жолынан қайтпаған екен.

Ийманлылары бул досларына нәсият айтып: “Жасларыңыз алпысқа барып, сонша жылларды арақхорлық пенен өткергениңиз жетер енди. Аллаҳтың алдында гүнакар екениңиз бир мәселе, және бир мәселе – перзент ҳәм ақлықларың сизлер себепли уялып қалып атыр! “Арақхордың баласы” деген маламат тасын көтерип жүриўге арланып атыр”, - десе, ол адасқанлар: “Бизлерден арлансаңыз, онда дослықтан шықтық!” – деп орнынан турып кетти.

Олар өзлеринше мәртлик қылғандай болды. Негизинде бул мәртлик емес, НАДАНЛЫҚтың нәўбеттеги көриниси еди. Егер олар: “Бирадарлар, сизлерге раҳмет, бизлерге туўры жолды көрсеттиңиз, сизлердиң ҳүрметиңиз ушын усы ўақыттан баслап арақ ишиўди тасладық...” – десе, мине усыны ҳақыйқый мәртлик десек болады.

Таҳир Мәликтиң “Адамыйлық мүлки” китабынан.

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#пикир

Еки сыпат адамда болса үшинши өз-өзинен келип шығады

👉 1. Илимсизлик + жарлылық = шүкирсизлик, жынаятшылық.

👉 2. Илимсизлик + байлық = тәкаббырлық, сықымарлық.

👉 3. Илимсизлик + бийлик = әдалатсызлық

👉 4. Илимсизлик + Тақўа = бидъатшылық.

▪️Илимсизликтиң орнына илимди қойсақ не болады ?!

👉 1. Илим + жарлылық = қанаат.

👉 2. Илим + байлық = кишипейиллик, сақыйлық

👉 3. Илим + бийлик = әдалат

👉 4. Илим + тақўа = туўры жолда даўамлылық.

▪️Жуўмақ: Байға да, жарлыға да илимсизлик үлкен мүсийбет болады.

▪️Байға да жарлыға да илимли болыў ҳақыйқый бахыт.

▪️Илимсиз адам қанша тақўа етсе, сонша бидьатқа араласады.

Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!
https://t.me/paziyletuz
#рәўият #пикир

ИНСАН

Абдуллаҳ ибн Мубәректен:
"Кәмил инсанлар ким?" деп сорады.
"Алымлар", деп жуўап берди.
"Патшалар ким?" деп сорады.
"Заҳидлар", деп жуўап берди.
"Пәслер ким?" деп сорады.
"Динниң атынан дүнья жейтуғынлар", деди.

Ибн Мубәрек алымлардан басқаны кәмил инсан демеди. Өйткени инсанды ҳайўаннан ажыратып туратуғын тийкарғы белги, бул — илим.

Инсан не менен уллы болса, сол нәрсе менен инсан.
Инсанның абзаллығы дене тәрептен күшли болғанлықта емес. Себеби түйе инсаннан әдеўир күшли.
Денесиниң үлкенлигинде де емес. Себеби пилдиң денеси инсанның денесинен үлкен.
Ҳәрекетшеңлигинде де емес. Себеби жыртқыш ҳайўанлар инсаннан тез ҳәрекет етеди.
Көп жеп-ишиўинде де емес...
Инсан тек илим менен ғана абзал етилди.

Имам Әбиў Ҳамид Ғаззалыйдың "Иҳяу улумид-дин" китабынан

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#пикир

ЎАҚЫТ ҚӘДИРИ

Бир адам достынан:
-«Үйиңнен жумысыңа шекем қанша ўақытта барасаң?» деп сорады.
Ол:
«Жолда машиналар көп болса, 800 мәрте тәсбиҳ муғдарында жетип бараман, жолда машиналар аз болса, 250 мәрте тәсбиҳ айтып болғанша ақ, жетип бараман», деп жуўап берди.

Саҳабалардан биреўи:
-«Бир күни Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам менен бирге сәҳәрлик еттик. Кейин намазға турдық», деди.

Еситип турғанлар:
-«Сол екеўиниң арасында қанша ўақыт бар еди?» деп сорады.

Сонда саҳаба:
-«Елиў аят муғдарынша», деди.

Өткен уллыларымыз ўақытларын ҳеш босқа жибермеген. Бос ўақты болғанда я зикир менен, я Қуран оқыў менен бәнт болған.

МУСЫЛМАН АДАМ ОЙ-ӨРИСЛИ БОЛЫЎЫ КЕРЕК

Ҳәзирети Жунайд шәкиртлерине былай деген:

Сизлер айырым адамлар әўлийе болып, аспанда ушып жүргенин көрсеңиз, олар туўры жолда жүрген екен, деп ерип кете бермең. Сизлер ол адамның шәриятқа қай дәрежеде әмел етиўине қараң. Егер шәриятқа толық әмел ететуғын болса, оны тастыйықлап оған ере бериң. Егер шәриятқа әмел етпейтуғын болса, онда ол адамнан қашың!

Түсиндирме: Ҳәзирети Жунайд бул гәпи менен, әлбетте тексерип көриў керек екенин баянламақта.
Айырым адамлар ғайры тәбийий ислерди қылса, оны көргенлер бул күшли улама екен, деп ойлап қалады. Бирақ ол адамлардың шәриятқа қай дәрежеде бойсыныўын көрсек, ҳәттеки жума намазға да бармайтуғын болып шығады. Сонда да, айырым адамлар оның бундай айыпларына көз жумып, оның хызметинде бола береди. Ҳәзирети Жунайд бундай адамларға жоламаў керек, деп нәсият айтып атыр. Өйткени, шәриятқа бойсынбай бундай ислерди ислеп жүргенлер шәриятта "Истидраж" деп аталады.
Истидраж - дүньяда Аллаҳ таала оларды гүналар менен таслап қойыўы ҳәм ақыретте қатты есап-санақ қылыўы. Мысалы, Аллаҳ таала шайтанды да, дүньяда қанша гүна қылыўына қарамастан қыяметке шекем жиберип қойыпты. Енди шайтанды қыяметте мәңги дозақ күтип тур. Айырым адамлардың ғайры тәбийий ислери де усындай. Бундай адамлар әдетте Аллаҳ таала буйырған истиң терисин ислеў менен шайтанға жақынласады ҳәм ғайры тәбийий ислерин шайтанның жәрдеминде ислейди. Соның ушын да ҳәзирети Жунайд бундай адамлардың қасына жоламаң, демекте. Өйткени, жаман адамға жоласаң, оның жаманлығының самалы болса да тийип кетиўи мүмкин.

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#пикир

ҲӘЎЕСИМ КЕЛДИ...

Үйлениў тәшўишинде жүрген 25 жасар жигит, жылап атырған 4 жасар балаға былай деди:
"Неге жылап атырсаң, ҳәз етип аўқат жеп, мультфильм көрип, аяғыңды көтерип жата бермейсең бе? Ҳеш қандай тәшўишиң болмаса. Саған ҳәўесим келеди...".

Айлығын бир айдан екинши айға зордан жеткерип атырған 35 жасар еркек, үйлениў тәшўишинде жүрген 25 жасар жигитке былай деди:
"Неге бунша тәшўишленесең? Қуда қәлесе еле үйленесең де, ҳаялың жаныңа да тийер. Мениң аўҳалымды қара, хожалығыма пул жеткере алмай жүрмен. Сениң бул жүрисиңе ҳәўесим келеди...".

Бизнестен банкрот болып басы тәшўиштен шықпай қалған 55 жасар киси, 35 жасар еркекке былай деди:
"Барына шүкир ет. Аз айлық алсаң да, қулағың тыныш. Мине өмирим бойы жыйнаған бизнесим банкрот болды, қулағыма шекем қарызға батып кеттим. Сениң усы жүрисиңе қаншелли ҳәўесим келиўин билмейсең...".

Оның гәпин еситип турған 70 жасар ғарры былай деди:
"Неге оншама тәшўишленесең? Маған уқсап, белиң қақсап, аяқ-қолың қалтырамайды ғой, орныңда болғанымда таўды урып, талқан етер едим. Саған ҳәўесим келеди...".

Қәбирдеги марҳум: "Булардың ҳәммесине ҳәўесим келип атыр, сизлерде ибадат етиўге имканият бар. Қәне еди, менде сол имканият болғанда еди, пүткил өмиримди ибадатқа, жақсылыққа сарплар едим...

Аллаҳ таала Қураны кәриймде былай дейди: "Сизлерден (ҳәр) бириңизге өлим келгенде: "Я Рәббим! Егер мени азырақ мүддетке артқа сүрсең, кейин садақа қылып жақсы адамлардан болсам", - деўден алдын, Биз сизлерге ырысқы етип берген нәрселерден (өз орынларына) напақа қылың!". Мунафиқун, 10-аят.

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#пикир

ҮШ ТӘРЕП

Әсиримиздиң машқаласы үш нәрсениң арасын ажыратыўда:

1. Ибадат;
2. Тәзкия;
3. Жер жүзин абат етиў.

Айырым адамлар тек ибадаттың өзи менен бәнт болып, тәзкияны, яғный ишки дүньяны пәлеўди, әтирапты абат етиўди умытады. Руўхый тәрепке итибар бермейди. Нәтийжеде, ибадатлы болып турып, динниң атына дақ түсиретуғынлар келип шығады.

Айырым адамлар, қәлбим пәк болса болды, деп ибадатқа ҳәм жақсы әмеллерге бел байламайды, ибадатларды шәрт емес, деп ойлайды. Нәтийжеде, Аллаҳ таала парыз еткен ислерден узақ болып, ҳадал-ҳарамның арасын парықламай қалады.

Айырым адамлар дүньяны абат қылыўға кирискен, бирақ ибадаттан да, қәлб пәклигинен де узақ. Өмирди тек усы дүнья, ҳарамнан болса да, жақсы жасасақ болды, деп ойлайды. Аллаҳға исенбейтуғын бундай адамлардан дүньяда бар жаўызлықтың ҳәммеси келип шығады.

Машқалаларды орнында шешиў ушын усы үш тәрепти бирлестириў лазым, яғный, ибадатларды өз ўақтында қылып, қәлбти мудамы таза тутып, жер жүзин абат етиўге кирисиў лазым. Үшеўинен биреўи түсип қалса, қалған екеўи менен муратқа жетиў мүшкил болады.

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#пикир

Перзентине бир кийим алып берсе:

1-ана: «Буны саған ким алып берди? Мен ғой алып берген, солай емеспе?» — деп, перзентиниң итибарын өзине қаратыўды қәлейди.

2-ана: «Балам буны мен алдым, бирақ әкеңе рахмет айтыўымыз керек, себеби ол пул бермегенинде саған алып бере алмас едим» — деп, перзентиниң итибарын әкесине қаратыўға урынады.

3-ана: «Буны мен әпердим, пулын әкең берди, ал тийкарында буны бизлерге Аллаҳ несип етти, Ол бермесе биз өзимизше ала алмас едик» — деп, баланың итибарын Аллаҳға қаратады. Перзентине тек Оннан ғана миннетдар ҳәм ыразы болыўды уқтырады. Бул иси менен ийман ҳәм ибадатқа үйретиў ушын дәслепки қәдемди қойған болады.

Бириншиси — тек ана.

Екиншиси — ҳәм ана, ҳәм опалы яр.

Үшиншиси — ҳәм ана, ҳәм опалы яр, ҳәм Аллаҳты танып-билиўди үйретиўши ҳаял.

Сиз-ше, перзентиңизге қандай тәрбия берип атырсыз?

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#пикир

ӨМИР ӨЗИ НЕ?

— Өмир өзи не? — сорадым атамнан.
— Тәкбир менен намаздың арасы, — деп жуўап берди.
— Бул не дегени? Өмир соншелли қысқа ма?
Атам маған қарап күле шырай етти де былай деди:
— Сен не деп ойлап едиң. Өмир соншелли қысқа. Сен сол тәкбир менен намазды билесең бе?
— Яқ, билмеймен.
— Ол сондай тәкбир, намазы жоқ. Ол сондай намаз, оннан алдын тәкбир айтылмайды.
— Олар не, ата?
— Есиңде ме, Талиб ағаңның жақында туўылған баласының оң қулағына азан, шеп қулағына тәкбир айтылды. Сол намазы жоқ тәкбир.
— Тәкбири жоқ намаз ше ата?
Атам жүзиме қарап:
— Бир күни мениң ўақты саатым таўсылса, оны да билип аласаң, — деди.

#ўақыя #нәсият #пикир

СИЗ ҲАЯЛЛАРДЫҢ КИМ ЕКЕНИН БИЛЕСИЗ БЕ?

Жораларымнан биреўи үйге келип "дәрт"ин шашты. Айтыўынша ҳаялында кеўли жоқ екен. Оның бул гәпине қатты ашыўым келди. Өйткени, үш перзентли адамның бундай гәплерди айтыўы мениңше оның еле ақылы толыспағанын, турмысқа шынтлы тәризде итибар бермейтуғын екенин билдиреди. Ашыўланғанымнан азмас индемей отырдым.
Кейин оған: "Сен өзи ҳаяллардың ким екенин билесең бе?", дедим.
Ол: "Ким болар еди, теректи бир тепсең, мыңы түседи ғо?", деди.
Мен: "Сен еле ҳаяллардың ким екенин билмейтуғын екенсең. Мына гәплеримди тыңла, ҳаяллардың ким екениң билесең", дедим:

Саған жақпай атырған сол ҳаялға сениң де көп қылықларың жақпайтуғын шығар, бирақ саған сабыр етип киятыр ғо...!

Сен қырыққа шыққанша усы гәпти айтып, оның үстинен шағым етип келип отырған ҳаял, жаныңнан артық көретуғын перзентлериңниң АНАсы...!

Саған жаманлығы болмаған, бирақ сен онша унатпайтуғын ата-ананың еркетай ҚЫЗы...!

Сен тилиңде ата-анамның хызметин қылып атырман деп, гердейип жүргениңде, негизинде ҳеш нәрсе де қылмай үйиңде телефоныңды шуқлап жатқаныңда, қартайған ата-анаңның хызметин қылып, ыссы-суўығына қарап, керек ўақтында шомылдырып та қоятуғын, сениң ата-анаңның туўған перзентлеринен жақын КЕЛИНи...!

Сен көшеде уялмай, ярым жалаңаш ҳаялларға қарап, оларға сөз атып жүргенде, үйиңде отырып ар-намысын ҳәм ийманын сақлап, сениң, балаларыңның, ата-анаңның ден-саўлығын, ийманының пүтинлигин сорап дуўа етип отыратуғын ДУЎАГӨЙиң...!

Сен көшеде айырым тәрбиясыз балалардың қылықларына ашыўың келип, мыналардың: "Әке-шешеси жоқ па екен, тәрбия беретуғын?!", деп бирақ өзиң де балаларыңның тәрбиясы менен шуғулланбай атырғаның есиңде де жоқ ўақытта, үйиңде сениң зүрядларыңа әдеп-икрамлықты тәрбия берип атырған балаларыңның ТӘРБИЯШЫсы...!

Сен оның не затларды жақсы көриўин ойлап та көрмеген ўақтыңда, сениң қайсы аўқатларды жақсы көриўиңнен баслап, не нәрселерди унатыўыңа шекем ҳәмме нәрсениң дизимин ядтан билетуғын ҒАМХОРШЫң...!

Сен көшеде жораларың менен кафелерде аўқатланып келгенде, сени ойлап ең жақсы аўқатларды писирип, өзи жеместен сениң келиўиңди күтип отыратуғын АСПАЗың...!

Сен үйде не бар, не жоқ екенин ойлап та көрмей жүрген ўақтыңда, сениң айлығыңды бир айдан екинши айға жеткериўди ойлап жүрген ҒӘЗИЙНЕШИң...!

Сен жумыс тәшўишлеринен шаршап, үйиңе келгенде, сени ашық жүзлилик пенен күтип алатуғын ҮЙ БИЙКЕси...!

Сен бир неше күнлеп, жумыс пенен узақ жерлерге кеткениңде, келемен дегениңше түнлери көзлерине уйқы келмейтуғын, сениң үйиңди қорғайтуғын ҚАРАЎЫЛ...!

Сен көшеде еркекпен деп көкирегиңди керип жүриўиңе себепши болған ӨМИР ЖОЛДАСың...!

Мен: "Және айта берейин бе, ҳаяллардың ким екенин?", дедим. Сонда жорам, енди түсиндим, усындай ўақытта сендей жақсы нәсиятларды беретуғын адамды маған дос, мәсләҳәтши етип қойған Аллаҳға шүкир, деп үйине қайтты...

#рамазан_2022 #пикир

ОЛ

🌷Ол - ҳәр күни ҳәммеден алдын оянады;

🌷Ол - емизикли болғаны ушын ғана ораза тута алмады;

🌷Ол - ата-анам ҳәм мениң ушын шай-аўқат таярлап, кейин бизлерди сәҳәрлик ушын оятады;

🌷Ол - бизлер аўқатланып, ораза тутыўды нийет етип болғанымызша, бизлерге шай қуйып береди, нан сындырып, ҳәмме хызметимизди қылады. Бул исти ҳеш өзине аўыр көрмейди. Қайтама, шын кеўилден ислейди;

🌷Ол - бизлер сәҳәрлик етип, таң намазды ўақты киргеннен оқып орнымызға қайта жатқанымызда, енди жарысып киятырған жарықта далаларды, үй алдын сыпырады, қой-ешкилерге, таўық-шөжелерге қарайды;

🌷Ол - таң атқанда перзентлериме шай таярлайды. Оларды мазалы аўқатлар менен сыйлайды;

🌷Ол - кешке шекем үй жумыслары менен бәнт болады ҳәм соның менен бирге перзентлериме де қарайды;

🌷Ол - түсте перзентлеримди аўқатландырыў ушын түслигин биз оразадарлардан пана бир жерге таярлайды, имканы барынша бизлердиң көзимизден аўлақта балаларыма шай-аўқатын береди;

🌷Ол - кешке жақын және түрли-түрли аўқатларды таярлап, аўызымызды ашыўға дастурхан жаяды. Шөллегенимизди басатуғын ишимликлер таярлап қояды;

🌷Ол - аўыз ашар жақынлағанда, бизлер менен бирге перзентлеримди де дастурхан әтирапына жәмлейди. Олар көрсин, өрнек болсын, балағат жасына жеткенде Рамазан айының оразасын тутыў ушын ҳәзирден таярлансын, деген
пикирди алға сүреди;

🌷Ол - хызметлери ушын ата-анамнан узыннан узақ дуўалар алады;

🌹Ҳәр Рамазанда Оны қайта жақсы көрип қаламан;

🌹Ҳайранман бул Рамазанда мен ораза тутып көп саўап алдым ба? Ямаса ол көп саўап алды ма?

🌹Мениң ораза тутыўымнан басқа әмелим жоқ. Ал, ол ҳәр күни үш үлкен адамға, үш кишкене балаға ҳәм толық үйге қарайды.

https://t.me/paziyletuz
#ҳақыйқат #пикир

Бир уламадан адамлар сорады:

- Шаңарақта ерли-зайып бир-бири менен урысып қалса, қайсы бири биринши кеширим сораўы керек?! Еркек пе, ҳаял ма?!

Улама былай жуўап берди:
- Қайсы бири Аллаҳтан көбирек қорқса, қайсы бири Аллаҳға көбирек жақын болса, сол биринши болып кеширим сорайды....

Сизлерде не, ким биринши болып кеширим сорайды?
Басқаша етип айтқанда, қайсы бириңиз Аллаҳтан көбирек қорқасыз? Қайсы бириңиз Аллаҳға жақынырақсыз?

1
#рамазан_2022 #пикир

ОЛ

🌷Ол - ҳәр күни ҳәммеден алдын оянады;

🌷Ол - емизикли болғаны ушын ғана ораза тута алмады;

🌷Ол - ата-анам ҳәм мениң ушын шай-аўқат таярлап, кейин бизлерди сәҳәрлик ушын оятады;

🌷Ол - бизлер аўқатланып, ораза тутыўды нийет етип болғанымызша, бизлерге шай қуйып береди, нан сындырып, ҳәмме хызметимизди қылады. Бул исти ҳеш өзине аўыр көрмейди. Қайтама, шын кеўилден ислейди;

🌷Ол - бизлер сәҳәрлик етип, таң намазды ўақты киргеннен оқып орнымызға қайта жатқанымызда, енди жарысып киятырған жарықта далаларды, үй алдын сыпырады, қой-ешкилерге, таўық-шөжелерге қарайды;

🌷Ол - таң атқанда перзентлериме шай таярлайды. Оларды мазалы аўқатлар менен сыйлайды;

🌷Ол - кешке шекем үй жумыслары менен бәнт болады ҳәм соның менен бирге перзентлериме де қарайды;

🌷Ол - түсте перзентлеримди аўқатландырыў ушын түслигин биз оразадарлардан пана бир жерге таярлайды, имканы барынша бизлердиң көзимизден аўлақта балаларыма шай-аўқатын береди;

🌷Ол - кешке жақын және түрли-түрли аўқатларды таярлап, аўызымызды ашыўға дастурхан жаяды. Шөллегенимизди басатуғын ишимликлер таярлап қояды;

🌷Ол - аўыз ашар жақынлағанда, бизлер менен бирге перзентлеримди де дастурхан әтирапына жәмлейди. Олар көрсин, өрнек болсын, балағат жасына жеткенде Рамазан айының оразасын тутыў ушын ҳәзирден таярлансын, деген
пикирди алға сүреди;

🌷Ол - хызметлери ушын ата-анамнан узыннан узақ дуўалар алады;

🌹Ҳәр Рамазанда Оны қайта жақсы көрип қаламан;

🌹Ҳайранман бул Рамазанда мен ораза тутып көп саўап алдым ба? Ямаса ол көп саўап алды ма?

🌹Мениң ораза тутыўымнан басқа әмелим жоқ. Ал, ол ҳәр күни үш үлкен адамға, үш кишкене балаға ҳәм толық үйге қарайды.

https://t.me/paziyletuz
#пикир

ЎАҚЫТ ҚӘДИРИ

Бир адам достынан:
-«Үйиңнен жумысыңа шекем қанша ўақытта барасаң?» деп сорады.
Ол:
«Жолда машиналар көп болса, 800 мәрте тәсбиҳ муғдарында жетип бараман, жолда машиналар аз болса, 250 мәрте тәсбиҳ айтып болғанша ақ, жетип бараман», деп жуўап берди.

Саҳабалардан биреўи:
-«Бир күни Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам менен бирге сәҳәрлик еттик. Кейин намазға турдық», деди.

Еситип турғанлар:
-«Сол екеўиниң арасында қанша ўақыт бар еди?» деп сорады.

Сонда саҳаба:
-«Елиў аят муғдарынша», деди.

Өткен уллыларымыз ўақытларын ҳеш босқа жибермеген. Бос ўақты болғанда я зикир менен, я Қуран оқыў менен бәнт болған.

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#пикир

ӨМИР ӨЗИ НЕ?

— Өмир өзи не? — сорадым атамнан.
— Тәкбир менен намаздың арасы, — деп жуўап берди.
— Бул не дегени? Өмир соншелли қысқа ма?
Атам маған қарап күле шырай етти де былай деди:
— Сен не деп ойлап едиң. Өмир соншелли қысқа. Сен сол тәкбир менен намазды билесең бе?
— Яқ, билмеймен.
— Ол сондай тәкбир, намазы жоқ. Ол сондай намаз, оннан алдын тәкбир айтылмайды.
— Олар не, ата?
— Есиңде ме, Талиб ағаңның жақында туўылған баласының оң қулағына азан, шеп қулағына тәкбир айтылды. Сол намазы жоқ тәкбир.
— Тәкбири жоқ намаз ше ата?
Атам жүзиме қарап:
— Бир күни мениң ўақты саатым таўсылса, оны да билип аласаң, — деди.

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#жақсы #әмел #пикир #Аллаҳ

🤲ЖАҚСЫ ӘМЕЛ ҚЫЛЫЎ ПИКИРИ АЛЛАҲТЫҢ "МИЙМАНЫ"

🗣 Үммет данышпаны, Маўлана Ашраф Әлий Таҳанаўий қуддиса сирруҳ былай дейди:

"Қәлбке, бир жақсы әмелди ислеп алайын, деген пикир келиўи суўпылар терминологиясында "ўарид" делинеди. Яғный, мен усы саўаплы исти ислейин, намаз оқып алайын, таҳажжудқа турайын, садақа берейин, бирәдарыма жәрдем берейин, достымның қайғысын кетирейин, деген сыяқлы ойлардың келиўин "ўарид" дейди.

"Ўарид" – Аллаҳ таала тәрепинен келген мийман. Егер сен бул мийманды аз ғана болса да ҳүрмет етсең, миймандослық көрсетсең, онда ол және келеди. Қандай жақсы әмел қылыў ойы қәлбиңе келсе, сол ўақытта оны орынлаў миймандослық болады. Егер сен бир мәрте миймандослық етпесең, ол мийман жүдә ҳүрметке ылайық болғаны себепли алдыңа қайтып келмей қояды. Оның қайтып келмей қалыўынан пана тиле. Ол мийманның қайтып келмей қалыўы, енди қәлбке жақсы әмел ислеў пикири келмейди дегени. Аллаҳ таала сақласын. Қәлбке мөр басылса, тат қапласа, мине сонда жақсы әмел қылыў пикири келмей қалады".

📚 "Нәсиятлар гүлдәстеси"нен.

___
🤲 ЯХШИ АМАЛ ҚИЛИШ ФИКРИ АЛЛОҲНИНГ “МЕҲМОНИ”ДИР

🗣 Ҳакимул уммат, Мавлоно Ашраф Али Таҳонавий қуддиса сирруҳ бундай дейдилар:

“Қалбга, бирон яхши амални қилиб олайин, деган уй келиши сўфийлар истилоҳида “ворид” дейилади. Яъни, мен шу савоб ишни қилайин, намоз ўқиб олайин, таҳажжудга турайин, садақа берайин, биродаримга ёрдам қилайин, дўстимнинг ғамини кетказайин, деган каби ўйлар келишини “ворид” дейдилар.

“Ворид” Аллоҳ таоло тарафидан келган меҳмондир. Агар сен бу меҳмонни бироз бўлса ҳам иззат қилсанг, меҳмоннавозлик кўрсатсанг, у ҳолда у яна келади. Қайси яхши амални қилиш фикри қалбингга келса, ўша заҳоти уни бажариш меҳмоннавозликдир. Агар сен бир мартта меҳмоннавозлик қилмасанг, у меҳмон жуда ҳурматга сазовор бўлгани сабабли ҳузуринга бошқа келмай қўяди. Унинг қайтиб келмай қолишидан паноҳ сўрагин. У меҳмон қайтиб келмай қолиши, дегани, энди қалбга яхши амал қилиш фикри келмайди деганидир. Аллоҳ таоло сақласин. Қалбга муҳр босилса, занг қопласа, ана ўшанда яхши амал қилиш фикри келмай қолади".

📚 “Насиҳатлар гулдастаси”дан.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
94👍19👏81