Forwarded from NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
#Әмел_етиң!
ӨМИРДИҢ 10 АЛТЫН ҚӘДЕСИ
~*~*~*~*~*~*~*~*~*~*~*~*~*~*~
t.me/nasiyatuz
ӨМИРДИҢ 10 АЛТЫН ҚӘДЕСИ
1. Қоңыраў қылыўға ўәде бердиңизбе, қоңыраў қылың!
2. Кешигип атырсызба, бул ҳаққында ескертип қойың!
3. Басқалардың арзыўын күлки қылыў жақсы емес!
4. Сизге қыянет қылған адамлардың арасына ҳасла қайтпан!
5. Бәрҳа ата-анаңыздың дуўасын алыўға асығың!
6. Әлпайым болың! Бул, айналаңыздағылардан көре көбирек өзиңизге пайда келтириўи анық!
7. Қәтелериңизди мойынлаўды үйрениң!
8. Шағым қылыў әдетин таслаң!
9. Ҳәттеки ең қатал келиспеўшилик жүзеге келгенде де қарсыңыздағы инсанның нәзик тәрепине соққы бермең. Мәрт адамның (мужиктиң) исин қылың!
10. Тек ғана рас сөйлең! Егер рас сөйлеўдиң илажы болмаса, өтирик сөйлемең!
~*~*~*~*~*~*~*~*~*~*~*~*~*~*~
t.me/nasiyatuz
Telegram
NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899
👍183❤34👏11🥰10
#жақсы #әмел #пикир #Аллаҳ
🤲 ЖАҚСЫ ӘМЕЛ ҚЫЛЫЎ ПИКИРИ АЛЛАҲТЫҢ "МИЙМАНЫ"
🗣 Үммет данышпаны, Маўлана Ашраф Әлий Таҳанаўий қуддиса сирруҳ былай дейди:
⏺ "Қәлбке, бир жақсы әмелди ислеп алайын, деген пикир келиўи суўпылар терминологиясында "ўарид" делинеди. Яғный, мен усы саўаплы исти ислейин, намаз оқып алайын, таҳажжудқа турайын, садақа берейин, бирәдарыма жәрдем берейин, достымның қайғысын кетирейин, деген сыяқлы ойлардың келиўин "ўарид" дейди.
⏺ "Ўарид" – Аллаҳ таала тәрепинен келген мийман. Егер сен бул мийманды аз ғана болса да ҳүрмет етсең, миймандослық көрсетсең, онда ол және келеди. Қандай жақсы әмел қылыў ойы қәлбиңе келсе, сол ўақытта оны орынлаў миймандослық болады. Егер сен бир мәрте миймандослық етпесең, ол мийман жүдә ҳүрметке ылайық болғаны себепли алдыңа қайтып келмей қояды. Оның қайтып келмей қалыўынан пана тиле. Ол мийманның қайтып келмей қалыўы, енди қәлбке жақсы әмел ислеў пикири келмейди дегени. Аллаҳ таала сақласын. Қәлбке мөр басылса, тат қапласа, мине сонда жақсы әмел қылыў пикири келмей қалады".
📚 "Нәсиятлар гүлдәстеси"нен.
___
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
📚 "Нәсиятлар гүлдәстеси"нен.
___
🤲 ЯХШИ АМАЛ ҚИЛИШ ФИКРИ АЛЛОҲНИНГ “МЕҲМОНИ”ДИР🗣 Ҳакимул уммат, Мавлоно Ашраф Али Таҳонавий қуддиса сирруҳ бундай дейдилар:⏺ “Қалбга, бирон яхши амални қилиб олайин, деган уй келиши сўфийлар истилоҳида “ворид” дейилади. Яъни, мен шу савоб ишни қилайин, намоз ўқиб олайин, таҳажжудга турайин, садақа берайин, биродаримга ёрдам қилайин, дўстимнинг ғамини кетказайин, деган каби ўйлар келишини “ворид” дейдилар.⏺ “Ворид” Аллоҳ таоло тарафидан келган меҳмондир. Агар сен бу меҳмонни бироз бўлса ҳам иззат қилсанг, меҳмоннавозлик кўрсатсанг, у ҳолда у яна келади. Қайси яхши амални қилиш фикри қалбингга келса, ўша заҳоти уни бажариш меҳмоннавозликдир. Агар сен бир мартта меҳмоннавозлик қилмасанг, у меҳмон жуда ҳурматга сазовор бўлгани сабабли ҳузуринга бошқа келмай қўяди. Унинг қайтиб келмай қолишидан паноҳ сўрагин. У меҳмон қайтиб келмай қолиши, дегани, энди қалбга яхши амал қилиш фикри келмайди деганидир. Аллоҳ таоло сақласин. Қалбга муҳр босилса, занг қопласа, ана ўшанда яхши амал қилиш фикри келмай қолади".📚 “Насиҳатлар гулдастаси”дан.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Telegram
Paziyletuz | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
❤94👍19👏8⚡1