Paziyletuz | Рәсмий канал
73K subscribers
27.8K photos
4.11K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
#әҳмийетли_мәселе

АЛДАЎШЫЛЫҚ ҲӘМ ЖАЛАТАЙЛЫҚТЫҢ ЖАМАН АҚЫБЕТИ

Жалатайлық жынаяты басқаның мал-мүлкин наҳақ жол менен жеўдиң бир көриниси болып, бундай жол менен табылған дүнья дозақ отының бир бөлеги есапланады. Бул ҳаққында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өзиниң ҳәдислериниң биринде былай деген:
Умму Салама разыяллаҳу анҳа анамыз рәўият қылып айтады, Расулуллаҳ алайҳиссалам өжиресиниң алдында жәнжел даўысын еситип, сыртқа шықты ҳәм былай деди:
“Мен де бир инсанман. Мениң алдыма ҳақ таласып, даўа менен келип турасызлар. Бәлким бириңиз екиншиңизден көре сөзге шешенирек болып шығарсыз. Ҳәм мен оны рас айтып атыр, деп соған қарап ҳүким шығараман. Лекин билип алың, мен кимге басқа бир мусылманның ҳақы болған нәрсени алып берген болсам, сол нәрсе дозақтың бир шоғы. Қәлеген оны алсын, қәлемеген алмасын” (Имам Бухарий рәўияты).
Жалатайлық пенен дүнья табыў инсанларды алдап олардың ҳақына орынсыз ийелик етиў болып табылады. Бул исти қылып атырған адамлар Пайғамбар алайҳиссаламның жоқарыдағы ҳәдийсин еситип, өзлерине жуўмақ шығарса мақсетке муўапық болады.
Әбиў Бакр разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Мөминге зыян жеткерген ҳәм алдағанға нәлет болсын», деди» (Имам Термизий рәўияты).
Пайғамбар алайҳиссалам кимди нәлетлеген болса ол адамға нәлет анық урады. Себеби, Пайғамбар алайҳиссааламның дуўасы әлбетте қабыл болатуғын дуўа болып есапланады. Демек, жалатайлық пенен дүнья таўып жүргенлер бул нәлеттен сақланып, қылып атырған қылмысларын тез тоқтатыўы керек. Болмаса ол адамның дүньясы да, ақырети де күйип кетеди. Аллаҳ бундай нәлетке қалыўдан ҳәммемизди Өзи сақласын!
Буннан тысқары ҳеш бир адам алдаў, жалатайлық яки қыянет жоллары менен ҳеш қашан байлық арттырып, оған ийелик қыла алмаған. Яғный тапқаны ѳзине буйырмаған. Турмыста көп гүўасы болып қаламыз, перзентлери меҳирсиз, ата-ана ҳақларына әмел етпеўин айтып, жылап жүрген адамлардың көбисиниң өмири дүзиў өтпеген. Я олар биреўлерди алдаған болады, я биреўлердиң малын наҳақ жеген болады.
Ямаса, бундай ҳарам жоллар менен табылған мал-дүнья бендениң жақсы күнлерине ҳеш қашан буйырмайды. Халықта гәп бар “Биреўдиң ҳақы тесип шығады”, деген. Сондай ол адамның да бундай жоллар менен жыйнағаны оның жаман күнлерине жумсалады.

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#әҳмийетли_мәселе

ЛУҚМАНЫҢ ПӘКЛИГИНЕ ИТИБАР БЕРИЎ

Ҳарам луқмадан ҳәм биреўдиң ҳақысынан қорқпайтуғын адамлардың перзентлери өзлери арзыў қылғанындай адам болып шықпайды! Олар да ары барса биреўдиң ҳақысынан қорқпайтуғын ҳәм ең жаманы, ата-ана разылығын табыўға қызықпайтуғын адам болады, Себеби Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ҳарам жеп өскен дене жәннетке кирмейди”, – деген. (Имам Ибн Ҳиббан рәўияты).
Луқманы пәк қылыў алды менен ҳарам араласқан неъматларды жемеў менен болады. Егер жеген неъматыңда бир зәрре шелли ҳарам болса да, ол тағамды жемеў керек. Шаңарақ ҳәм перзентлеримизге аз болса да ҳадал ырысқы таўып бериўге ҳәрекет етейик. Өйткени, берекет ҳадаллықта екени және дүнья ҳәм ақырет саадатына ерисиўдиң тийкарғы себеби пәкликте екенин ҳасла умытпайық.
Луқмаға ҳарам араласса адамның ибадатлары, дуўалары ҳәм қылып атырған саўаплы ислери Аллаҳ дәргайында қабыл болмайды. Бул ҳаққында келген ҳәдислердиң биринде, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бир адамды мысал келтирип айтады:
«Узақ ҳаж сапарына шығып, шаш-сақалы тозып, шаңға батқан жағдайда еки қолын аспанға көтерип «Я Раббим, Я Раббим», дейди, дуўа қылады. Бирақ оның жегени де ҳарам, ишкени де ҳарам, кийгени де ҳарам, ҳарамнан азықланған… қалай оның дуўасы қабыл болсын?!».
Ҳәдиске итибар берсек, дуўалар тосықсыз қабыл болатуғын ҳаж сапарында да адамның Аллаҳ тааладан сорап қылған дуўалары ҳарам луқма себепли қабыл болмай атыр.
Және бир ҳәдиси шәрийпте Пайғамбар алайҳиссаламның бул ҳаққында Саъд ибн Әбиў Ўаққас разыяллаҳу анҳуға айтқан нәсиятлары да бар: «Ҳәй Саъд, тағамыңның ҳадал болыўына итибар бер. Дуўасы қабыл болатуғынлардан боласаң».
Имам Табараний басқа бир ҳәдисти рәўият қылады:
Пайғамбар алайҳиссалам айтады: «Муҳаммадтың жаны қолында болған Аллаҳға ант, бенде қарнына бир ҳарам луқма тасласа, оның қырқ күнлик әмели қабыл болмайды. Қайсы бир бендениң денеси ҳарам ҳәм риба (сүтхорлық) арқасынан өскен болса, ол дозаққа ылайық».
Демек, бул дүнья ҳәм ақыретте бахыт-саадатлы болыўымыз ушын ишип-жеп атырған луқмаларымызға итибар бериўимиз керек.

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#әҳмийетли_мәселе

ПАРАХОРЛЫҚ ЖӘМИЙЕТ ТАМЫРЫНА БАЛТА УРЫЎШЫ ИЛЛЕТ

Парахорлық дерлик дүньяның ҳәмме жеринде тамыр жайған жаман иллет. Гейпара нәпсиқаў адамлар өз ўазыйпаларына жеңил қарап, жеке мәплерин биринши қойып, мәмлекет мүлкинен орынсыз пайдаланады. Бул жәмийеттиң өсиў ҳәм раўажланыўына кери тәсир көрсетеди. Әпиўайы халықтың реформаларға болған исениминиң жоғалыўына алып келеди.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деген: “Пара бергенге де, пара алғанға да, олардың арасында дәлдәлши болғанға да Аллаҳтың нәлети болсын”. (Иймам Аҳмад рәўияты).
Пара бериўши белгиленген нызамды бузған, нызамды өз мәпине ислеткен, ҳақсызлық қылып исин питирген болады. Пара алыўшы ҳүжданын умытқан, ҳақсызлыққа, әдалатсызлыққа разы болған, өз мәпин ойлаған, халық ҳақына қыянет еткен болады.
Және бир ҳәдиси шәрифте Абдуллаҳ ибн Амр разыяллаҳу анҳу айтады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Пара бериўши де, пара алыўшы да дозақта болады», – деген (Табароний рәўияты).
Парахорлық жүдә жаман иллет есапланады. Парахор қаншелли бай болса да, ҳадал пул табыў имканиятлары болса да, пара алыўдан өзин тоқтата алмайды. Парахорлық жәмийет ағзаларын бир-бирине душпан етип қояды. Жәмийетте ҳақыйқаттың орналасыўына, әдиллик ҳүким сүриўине, нызам үстемлигине тосқынлық етеди. Олар арзымаған мал-дүнья есесине инсаныйлық қәдир-қымбатын сатып, жәмийетке зыян келтирмекте.
Буның алдын алыў тийис, себеби, жаслардың санасында парасыз ҳеш ис питпейди, деген түсиник пайда болып қалады. Ал, бул олардың билимсиз, жуўапкершиликсиз болып қәлиплесиўине алып келеди.

Саўдада өтирик сөйлеў ҳарам

Саўдагер сатыўға шығарған нәрсесин мақтаў ушын жалған сөйлеў ҳарам екенин ҳасла умытпаўы керек.
Сондай-ақ, ўәдеге опа қылмай, соң жалған сөйлеў, нәрселердиң баҳасын баян етиўде жалған қолланыў да ҳарам.

Рифаъа разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Ол Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам менен намаз оқыйтуғын жерге шыққан екен. Сонда Пайғамбарымыз алайҳиссалам саўда ислеп атырған адамларды көрип: «Ҳәй саўдагерлер жамааты!» – деди. Олар басларын көтерип, шақырыққа жуўап берип, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға қарады. Сонда Расулуллаҳ алайҳиссалам: «Әлбетте, саўдагерлер Қыямет күни гүнакар ҳалында тириледи. Тек Аллаҳға тақўа қылған, жақсылық ҳәм расгөйлик қылған буннан тысқары», – деди».
Термизий рәўияты

Егер исбилермен адам тақўадар, жақсылық қылыўшы ҳәм расгөй болмаса, саўдагерлер ийесине пушайманлық, ақырет шерменделигин келтиреди. Ҳәр бир саўдагер усы ҳәдиси шәрийфте зикир етилген 3 сыпатты өзинде жәмлеўге талпыныўы керек:
1. Аллаҳ таалаға тақўа қылыў;
2. Жақсылық қылыў;
3. Расгөй болыў;

Усы сыпатлары бар адам ғана саўда-сатықта бузықлық, алдаўлық, ҳарамхорлық қылмайды.

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#әҳмийетли_мәселе

ШОШҚАНЫҢ ГӨШИ НЕГЕ ҲАРАМ!!!

Динимизде Аллаҳ таала қайтарғаны ушын айырым ҳайўанларды жеўге болмайды. Ондай қайтарықларда көплеген ҳикметлер бар. Дүньясын ҳәм ақыретин ойлайтуғын адам динимиздиң ҳадал деген нәрсесин жеп, ҳарам деген нәрсесинен тыйылыўы керек.

Ал енди шошқаның неге ҳарам екени ҳаққындағы аятларға нәзер салсақ. Қураны Кәриймде Аллаҳ таала былай деген:

"Сен: «Маған ўаҳий қылынған нәрседе (Қуранда) аўқатланыўшы ушын өлимтик, төгилген қан, ҳарам болған шошқа гөши ҳәм (сойғанда) Аллаҳтан өзгениң аты аталып сойылғаннан басқа ҳарам нәрсени таппадым...», – деп айт". (Анъам сўреси, 145-аят).

"Әлбетте, Ол сизлерге өлимтикти, қанды, шошқаның гөшин ҳәм Аллаҳтан басқаға атап сойылған нәрсени ҳарам қылды...". (Бақара сүреси, 174-аят).

Динимизде жеўден қайтарылған шошқаның гөши - нәжас, жеркенишли нәрсе болып, оның ҳарам болыўының бир нешше себеби бар:

Шошқаның гөшин, сондай ақ ҳарам етилген нәрселерди жеп-ишкенниң дуўасы қабыл болмайды.

Медицинада да шошқаның гөшинде адамға зыянлы вируслар оғада көп екени көп айтылады.

Шошқа алдынан шыққан нәрсени жеп кетебереди. Ҳәттеки тышқан ҳәм тышқан сыяқлы нәжас нәрселерди де жейди. Нәжас жейтуғын қәлеген ҳайўанның гөши ҳарам саналады.

Шошқа тәбиятынан қәсийетсиз ҳайўан. Шошқада мийрим деген болмайды.

Шошқаның еркеги өзиниң анасына шабады. Урғашысы өзиниң баласын жейди. Ким шошқаның гөшин жесе, ол адамның минезине тәсир етеди.

Шошқадан «трихина» деген қәўипли аўырыў пайда болады. Трихина қуртлары асқазан арқалы қанға өтип барлық денеге тарқайды.

Шошқа гриппти тарқатады. Вирусолог Ричард Шоптың айтыўынша, шошқадан исленген колбасаларда «грипп» вирусы болады.

Шошқа гөшиниң көп муғдары майдан ибарат. Сонлықтан шошқаның гөшин жеген адам семизликке жолығады.

Уллы алым Ибн Кәсир мынандай деген: «Аллаҳтың ҳадал қылған нәрселериниң ҳәр бири жақсы ҳәм адамның денеси ҳәм динине пайдалы. Ал ҳәр бир ҳарам қылған нәрсеси патас, кир, нәжас болып адамның денеси ҳәм динине зыянын тийгизеди». (Тәфсирўл Қуранил ъазыйм).

Демек шәрият жағынан да, медициналық жақтан да шошқаның гөши нәжас ҳәм адамға зыян екен. Ислам алымлары шошқа гөшиниң жетписке жақын түрли аўырыў келтирип шығарыўын айтқан. Сонлықтан ҳәр күнлик ишип-жеп жүрген тағамларымыздың тазалығына итибар бериўимиз керек
.

#әлбетте_оқың!

#ҳәдис
#әҳмийетли_мәселе
#әлбетте_оқың

ҲАРАМ МЕНЕН ЕМЛЕНИЎ ДУРЫС ЕМЕС!

Ториқ ибн Суўайд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Ол Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан хамр ҳаққында сорағанында, ол қайтарды. Соң ол және сорады. Сонда, ол және қайтарды.
«Я Аллаҳтың Расулы! Ол –шыпа», – деди ол.
«Яқ! Керисинше, ол – дәрт!» – деди Нәбий алайҳиссалам».
Әбиў Даўыт, Термизий ҳәм Муслим рәўият қылған.

Шолыў: Усы рәўиятта баян етилген ҳүкимнен бир мың бес жүз жыл мүддет өткеннен кейин инсаният мәс қылыўшы нәрселер ҳақыйқатында да дәрт екенлигин илимий рәўиште түсинип жетти.
Айырым түсинбеген адамлар «Дәрилик ушын аз ғана ишсе болады екен», деген гәпти көтерип жүреди. Усы ҳәдиси шәрийф олардың пикирине қарсы. Мәлим болыўынша, хамрдың бәрше түри: ишилетуғыны да, шегилетуғыны да, ийискеленетуғыны да, ийне менен қабыл етилетуғыны да аздан басланып, көпке өтер екен. Шыпа ушын, деп аздан баслаўда дәртке жолығыў қәўпи болғанлығы ушын Исламда бул нәрсе пүткиллей ҳарам қылынған. Оны дәри ушын аз ғана пайдаланыў да мүмкин емес.

«Бир тәўип Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан бақаны дәриге қосыў ҳаққында сорады. Сонда, ол оны өлтириўден қайтарды».
Әбиў Даўыт ҳәм Насаий рәўият қылған.

Шолыў: Бул – «Бақаны дәри ушын қолланып болмайды», дегени. Себеби, оны өлтирмей турып, дәриге қосып болмайды. Ал, өлтириўге руқсат берилмегени – дәриге қосыўға да руқсат берилмегени. Себеби, бақа – иплас ҳәм нажас нәрсе. Соның ушын, ол ҳарам қылынған. Шәрият ҳарам қылған нәрсе зыянлы болады. Демек, ол пайда бериўши дәри бола алмайды.

Әбиў Дарда разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Әлбетте, Аллаҳ дәртти ҳәм шыпаны түсирген. Ҳәм ҳәр бир дәртке шыпа қылып қойған. Солай екен, емлениң. Тек ҳарам менен емленбең», – деди».

Шолыў: Демек, аты ҳарам нәрсе бар екен, шыпа болыўы мүмкин емес екен. Соның ушын, мусылман адам тағамы ҳадал болыўын талап еткениндей, дәриси ҳадал болыўын да талап еттиўи лазым. Усы жерде спирт, банж (наркоз) сыяқлы нәрселер ҳаққында сораў пайда болады. Бул ҳаққында соны айтып өтиў керек, бул ҳәм буған уқсас нәрселер негизинде шыпа ушын аталған нәрселер. Тек тәбияты бузық адамлар ғана оларды мәс қылыўшы нәрсе сыпатында пайдаланыўды ойлап шығарған ҳәм пайдаланады. Соның ушын, бул сыяқлы негизи медициналық болған нәрселерден, оларда мәс қылыў қәбилети болса да, шыпакерлер медициналық қағыйдалар тийкарында пайдаланса бола береди. Ҳәттеки, лазым болады.