#үлги
Мадинада Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам дунядан өткенинен соң, қурғақшылық басланды, азық аўқатлар жетиспеўшилиги көбейип кетти.
Сондай ўақытта Усман разыяллаҳу анҳу жүдә улкен кәрўан менен келди. Мадинаның ең улкен байлары жолынан шығип: "Ҳәй Усман, бизге усы кәрўаныңды еки есесине сатасаң ба?" деди
Усман разияллоҳу анҳу көнбеди. Олар баҳаны бес есе көтерди. Усман разияллаҳу анҳу және разы болмады. Сонда олар ҳайран болып: "Ҳәй Усман Мадинаның ең алды байлары бизлермиз. Неге сатпай атырсаң?" деп сорады. Сонда Усман разыяллаҳу анҳу: "Мен бул кәрўанды он есесине сатпақшыман" деди. Байлар буған: "Аллаҳқа ант Мадинада бундай баҳаға сатип алатығун адам жоқ", деп пикир билдирди.
Усман разыяллаҳу анҳу болса, "Яқ, сизлер Аллаҳ тааланың: "Бир жақсылық онға көбейтириледи", деген ўәдесин умытып атырсыз", деп, кәрўанындағы бар нәрсесин Мадина қаласы халқына иҳсан қылып жиберипти.
Мине биз өрнек алыўымыз керек болған инсанлар, халық алдында, қыйыншылық болған ўақытта олардың тутқан жолы ...
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
👉 Телеграм каналымыз: @paziyletuz
👉 Инстаграм каналымыз: @paziyletuz
👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
https://t.me/paziyletuz

Telegram
Paziyletuz | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Инсан дүньяға келер екен, әлбетте өзине берилген өмирди мазмунлы, унамлы ҳәм ийги ислерге бай көринисте өткериўи тийис болады. Инсан тек жалғыз өзине емес, ал имканы барынша жақынлары, ели-халқы, әтирапындағы бәрше-бәрше ушын жақсылықлар ҳәм пайдалы ислерде даўамлы болыўы тийис.
Устаз Шамсуддин Баҳауддинов мине усындай пидайы инсанлардан бири болып табылады.
Шамсуддин Баҳауддинов 1998-жылда "Имам Бухарий" атындағы Ташкент ислам институтын жоқары баҳаларға жуўмақлап, сол жылы Нөкис қаласында жайласқан "ал-Беруний" атындағы ислам билимлендириў мәкемесине оқытыўшы болып жумысқа киреди. Билим журтындағы табыслы мийнетлери ушын 2011-жылда усы билим журтына директор болып тайынланады.
Жумыс баслаўының дәслепки күнлеринен-ақ, өзиниң пидайылығы ҳәм жанкүйерлиги менен ажыралып турғанлығынан, 2012-жылда директорлық лаўазымы сақлап қалынған ҳалда, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы лаўазымына да сайланады.
👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👍1
#үлги #әлбетте_оқың
Шамсуддин Баҳауддинов тайынланған лаўазымларында оннан күтилген ислерден де артықша нәтийжелерге ериседи. Ол қазылық лаўазымына тайынланған ўақытта Қарақалпақстан аймағында мешитлер жүдә аянышлы жағдайда еди. Ҳәтте Нөкис қаласындағы бас мешит те толық питкерилмеген еди. Ал, районлардағы мешитлер болса, ишине адам кириўге қорқарлықтай дәрежеде гөнерген, қулап түсиў жағдайына келген еди. Көпшилик мешитлер искерлиги тамамланып, жабылыў алдында тур еди.
Бирақ, Шамсуддин Баҳауддиновтың хызметлери менен бул мешитлер жабылмады, керисинше олар толық оңлаўдан өткерилди, көпшилиги бузып жаңадан қурылды. Улыўма айтқанда Республикадағы бәрше мешитлерге итибар қаратылды ҳәм жәҳән талапларына сай көриниске алып келинди. Буннан тысқары Шамсуддин Баҳауддиновтың белсендилиги менен бир неше мешит жаңадан ашылды.

Сондай-ақ, Шамсуддин Бахауддинов ислам билим журты искерлигинде де өзиниң гиреўли орнын қалдырды. Халық тилинде медресе деп аталатуғын бул оқыў орны имаратын ири оңлаўдан өткерип, қолайлы ҳәм шырайлы оқыў имаратына айландырды. Тынып-тыншымаған жанкүйер пидайы инсан буның менен шекленбеди ҳәм сол имарат жанына талабалар жатақханасын, асхана, үлкен таҳәратхана, сондай-ақ заман талапларына сай спорт залы ҳәмде жазғы ашық футбол газонлы майданын қурып питкерди. Медресе әтирапындағы абадаланластырыўларды, талабалар ушын таярланған әжайып дем алыў орынларын айтпасақ та болады.

Шамсуддин Баҳауддинов диний кадрлар таярлаў мәселесинде де белсендилик қылды. "Ал-Беруний" медресесиниң абырай-атағын Өзбекстан бойынша жоқарыға көтерди, Республикалық жарысларда медресемизди ҳәмийше алдағы орынларға алып шықты.
Медресе питкериўшилериниң көпшилик бөлеги жоқары оқыў орынларына кириўине еристи.
Алдынлары медресеге оқытыўшы жетиспегенликтен Ташкент қаласынан мүддетли шәртнама бойынша оқытыўшылар алып келинер еди.
Шамсуддин Баҳауддиновтиң искерлиги менен жергиликли жоқары мағлыўматлы кадрлар таярланды ҳәм кадрларымыз толық жеткиликли болды.

Бир сөз бенен айтқанда, негизинде бул ислерди әмелге асырыўға бир инсан өмири жетерли емес. Бирақ, Шамсуддин Баҳауддинов ҳақыйқый пидайы инсан сыпатында 12 жыл даўамында мине усындай жанкүйерлик көрсетти.
Биз Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты жәмәәти, Республикадағы бәрше имамлар, медресе устаз ҳәм талабалары бәршемиздиң устазымыз Шамсуддин Баҳауддиновтан шексиз миннетдармыз.
Аллаҳ тааладан устазымызға саў-саламатлық тилеймиз, ендиги жағында да өзиниң илимий ҳәм дөретиўшилик ислеринде тасқын табыслар тилеп қаламыз!

👍2
#үлги
Анаға ҳүрмет
Уқайлдың маўласы Абу Муррадан рәўият қылынады:
"Әбиў Ҳурайраны Марўан өз орнына қойып кетер еди. Оның үйи Зулҳулайфада еди. Анасы бир үйде, ол бир үйде жасайтуғын еди. Ол үйинен шықпақшы болса, анасының есигиниң алдына барып:
"Ассалаўма алайкум ўа раҳматуллаҳи ўа баракатуҳу, анажан!" дейтуғын еди.
Анасы да:
"Ўа алайкум ўа раҳматуллаҳи ўа баракатуҳу, балам!" дер еди.
"Кишкенелигимде тәрбиялағаныңыз ушын сизге Аллаҳтың мийрими болсын!" дер еди.
"Үлкейгенимде жақсылық қылғаның ушын саған да Аллаҳтың мийрими болсын!" дейтуғын еди анасы.
Кейин үйге кирмекши болса да, сондай қылар еди".
Имам Бухарий "Әдеп"те рәўият қылған.
___
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Анаға ҳүрмет
Уқайлдың маўласы Абу Муррадан рәўият қылынады:
"Әбиў Ҳурайраны Марўан өз орнына қойып кетер еди. Оның үйи Зулҳулайфада еди. Анасы бир үйде, ол бир үйде жасайтуғын еди. Ол үйинен шықпақшы болса, анасының есигиниң алдына барып:
"Ассалаўма алайкум ўа раҳматуллаҳи ўа баракатуҳу, анажан!" дейтуғын еди.
Анасы да:
"Ўа алайкум ўа раҳматуллаҳи ўа баракатуҳу, балам!" дер еди.
"Кишкенелигимде тәрбиялағаныңыз ушын сизге Аллаҳтың мийрими болсын!" дер еди.
"Үлкейгенимде жақсылық қылғаның ушын саған да Аллаҳтың мийрими болсын!" дейтуғын еди анасы.
Кейин үйге кирмекши болса да, сондай қылар еди".
Имам Бухарий "Әдеп"те рәўият қылған.
___
Онага эҳтиром
Уқайлнинг мавлоси Абу Муррадан ривоят қилинади:
«Абу Ҳурайрани Марвон ўз ўрнига қўйиб кетар эди. Унинг уйи Зулҳулайфада эди. Онаси бир уйда, у бир уйда яшар эди. У уйидан чиқмоқчи бўлса, онасининг эшиги олдига бориб:
«Ассалому алайкум ва роҳматуллоҳи ва барокатуҳу, онажон!» дер эди.
Онаси ҳам:
«Ва алайка ва роҳматуллоҳи ва барокатуҳу, ўғилгинам!» дер эди.
«Кичиклигимда тарбиялаганингиз учун сизга Аллоҳнинг раҳмати бўлсин!»дер эди.
«Катталигимда яхшилик қилганинг учун сенга ҳам Аллоҳнинг раҳмати бўлсин!» дер эди онаси.
Кейин уйга кирмоқчи бўлса ҳам, шундай қилар эди».
Имом Бухорий «Адаб»да ривоят қилган.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Telegram
Paziyletuz | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
❤133👍25🥰8😍4👏2⚡1