Paziyletuz | Рәсмий канал
72.9K subscribers
27.8K photos
4.12K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
#Бир_сораў_сорасам:

40 ЖЫЛЛЫҚ ҚАЗА НАМАЗЛАРЫМДЫ ҚАЛАЙ ОРЫНЛАЙМАН?

😹 Жасым 60 қа шамаласып атыр. Намаз оқый баслағаныма 20 жылдай болды. Мен бурын оқымаған намазларымның қазасын қалай оқыўым керек? Ҳәзирги намазларға қосып оқыйман ба ямаса тек ғана парызын оқысам бола ма?

Намаздың тек ғана парызлары ҳәм Ўитр ўәжиб намазы қаза қылынады. сүннет намазлар қаза қылынбайды. Қаза оқымақшы болған инсан ҳәр бир күнделикли парыз намазынан алдын сол намаздың қазасынан да оқып барса, ҳәр күни бир күнлик қаза орынлаған болады. Ямаса күнниң ямаса түнниң белгили бир ўақтын ажыратып алып, бир ўақыттың өзинде тәртип пенен: Таң, Песин, Намазлыгер, Шам, соңынан Қуптан ҳәм Ўитрди қаза қылса да болады. Бунда егер екеўден қаза намаз оқыса, еки күнлик қаза намазы сақыт болады. Мине, усы тәризде, айлар, жыллар даўамында бир неше жыллар қалдырылған намазлардың қазасын орынлаў мүмкин.

Сизге уқсап он жыл, оннан артық ямаса оннан аз мүддеттеги көплеген намазларды тәрк еткен адамлар усы тәртипке әмел етиўи керек.

Ҳәр намаздың ўақтында бир-еки қазаны оқып барсаңыз да болады. Бунда өзиңизге аңсат болыўы ушын, ҳәр намазда оны «соңғы ямаса биринши қалдырылған намаз» деп нийет етесиз. Мысалы, «биринши қалдырған Таң намазым» яки «ақырғы қалдырған Таң намазым» деп нийет етесиз. Намазлыгер ҳәм Шам намазлары арасында қаза намаз оқыў мүмкин.

Муҳаммад Айюб ҲАМИДОВ

#Қаза_намаз(muslim.uz)

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍30064👏11😍11