#Бир_сораў_сорасам:
😌 Палкерге барған адамның некеси бузыла ма?
🤗 Ибн Абидин раҳимаҳуллаҳ: “Ким: “Мен урланған затларды билемен ҳəм жин маған хабар берген затлардың хабарын беремен” десе, кəпир болады”, – деген. (Рәддул мухтар). Булардың қатарына ғайыптан болжаўшы жулдызлар болжаўы (гороскоп), алақанға, тасқа ҳəм басқа затларға қарап пал ашатуғынлар да киреди.
😕 Ким палкер ғайыпты биледи деген исенимде оның алдына барса ҳəм айтқанын тастыйықласа, кəпир болады ҳəм ҳаялы менен арасындағы некеси бузылады. Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳу рəўият қылған ҳəдисте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ким келешекте болатуғын ислерден ҳабар бериўшиниң ямаса болып өткен ғайып ислерден ҳабар бериўшиниң алдына барса ҳәм оның айтқанларын тастыйықласа, ҳақыйқатында да, Муҳаммадқа жиберилген нәрсеге кəпир болыпты”, – деген (Имам Аҳмад рəўияты).
😣 Ким палкерлер ғайыпты билмейди, деген исенимде болып, олардан гейпара затларды сораўға барса, ҳарам иске қол урған болады ҳəм қырық күнлик намазы қабыл болмайды. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ким палкерге барып оннан бир нәрсе сораса, қырық күнлик намазы қабыл болмайды”, – деген (Имам Муслим рəўияты).(Muslim.uz)
Муҳаммад Айюб Ҳамидов
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Муҳаммад Айюб Ҳамидов
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍109❤51👏8
#Бир_сораў_сорасам:
40 ЖЫЛЛЫҚ ҚАЗА НАМАЗЛАРЫМДЫ ҚАЛАЙ ОРЫНЛАЙМАН?
😹 Жасым 60 қа шамаласып атыр. Намаз оқый баслағаныма 20 жылдай болды. Мен бурын оқымаған намазларымның қазасын қалай оқыўым керек? Ҳәзирги намазларға қосып оқыйман ба ямаса тек ғана парызын оқысам бола ма?
✅ Намаздың тек ғана парызлары ҳәм Ўитр ўәжиб намазы қаза қылынады. сүннет намазлар қаза қылынбайды. Қаза оқымақшы болған инсан ҳәр бир күнделикли парыз намазынан алдын сол намаздың қазасынан да оқып барса, ҳәр күни бир күнлик қаза орынлаған болады. Ямаса күнниң ямаса түнниң белгили бир ўақтын ажыратып алып, бир ўақыттың өзинде тәртип пенен: Таң, Песин, Намазлыгер, Шам, соңынан Қуптан ҳәм Ўитрди қаза қылса да болады. Бунда егер екеўден қаза намаз оқыса, еки күнлик қаза намазы сақыт болады. Мине, усы тәризде, айлар, жыллар даўамында бир неше жыллар қалдырылған намазлардың қазасын орынлаў мүмкин.
Сизге уқсап он жыл, оннан артық ямаса оннан аз мүддеттеги көплеген намазларды тәрк еткен адамлар усы тәртипке әмел етиўи керек.
Ҳәр намаздың ўақтында бир-еки қазаны оқып барсаңыз да болады. Бунда өзиңизге аңсат болыўы ушын, ҳәр намазда оны «соңғы ямаса биринши қалдырылған намаз» деп нийет етесиз. Мысалы, «биринши қалдырған Таң намазым» яки «ақырғы қалдырған Таң намазым» деп нийет етесиз. Намазлыгер ҳәм Шам намазлары арасында қаза намаз оқыў мүмкин.
Муҳаммад Айюб ҲАМИДОВ
#Қаза_намаз(muslim.uz)
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
40 ЖЫЛЛЫҚ ҚАЗА НАМАЗЛАРЫМДЫ ҚАЛАЙ ОРЫНЛАЙМАН?
Сизге уқсап он жыл, оннан артық ямаса оннан аз мүддеттеги көплеген намазларды тәрк еткен адамлар усы тәртипке әмел етиўи керек.
Ҳәр намаздың ўақтында бир-еки қазаны оқып барсаңыз да болады. Бунда өзиңизге аңсат болыўы ушын, ҳәр намазда оны «соңғы ямаса биринши қалдырылған намаз» деп нийет етесиз. Мысалы, «биринши қалдырған Таң намазым» яки «ақырғы қалдырған Таң намазым» деп нийет етесиз. Намазлыгер ҳәм Шам намазлары арасында қаза намаз оқыў мүмкин.
Муҳаммад Айюб ҲАМИДОВ
#Қаза_намаз(muslim.uz)
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍300❤64👏11😍11
#Бир_сораў_сорасам:
#ФИҚҲ
НАМАЗДА ЕСНЕГИМ КЕЛЕ БЕРЕДИ, НЕ ҚЫЛСАМ БОЛАДЫ?
😹 Сораў: Намаз ўақтында еснеў жақсы емес, деп еситтим. Бирақ, еснеў ерксиз келсе, не ислеў керек?
✅ Жуўап: Ибадат ўақтында еснеў хушуъ ҳәм хузуъды кетиреди. Басқа ўақытларда да еснеўди уламалар жақсы есапламаған. Сол себепли намаз оқыўшы еснеўди қайтарыўға ҳәрекет етиўи керек. Бирақ, қайтара алмаса шеп алақанының арқасы менен аўзын жабыўы керек.
Қыямда турғанда көп ҳәрекет болмаўы ушын оң қол арты менен аўыз бекитиледи. Себеби, қыямда намаз оқыўшының оң қолы шеп қолының үстинде болады. Бирақ, алдын еснеўди қайтарыўға ҳәрекет етиў керек. Қудурий айтады: "Көп мәрте сынадық, еснеўди қайтарыўға ҳәрекет етилсе, ол тоқтайды екен" ("Фатаўаий Қазыхан").
"Туҳфатул мулук" китабында, Пайғамбарымыздың намаз ўақтында ҳеш қашан еснемейтуғынын кеўилден өткерип, Аллаҳ таалаға шын кеўилден итаатлы, жалынышлы ҳалатта турыў адамды намазда еснеў сыяқлы артықша ҳәрекетлерден сақлайды, делинген ("Шарҳул Ўиқоя").(muslim.uz)
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#ФИҚҲ
НАМАЗДА ЕСНЕГИМ КЕЛЕ БЕРЕДИ, НЕ ҚЫЛСАМ БОЛАДЫ?
Қыямда турғанда көп ҳәрекет болмаўы ушын оң қол арты менен аўыз бекитиледи. Себеби, қыямда намаз оқыўшының оң қолы шеп қолының үстинде болады. Бирақ, алдын еснеўди қайтарыўға ҳәрекет етиў керек. Қудурий айтады: "Көп мәрте сынадық, еснеўди қайтарыўға ҳәрекет етилсе, ол тоқтайды екен" ("Фатаўаий Қазыхан").
"Туҳфатул мулук" китабында, Пайғамбарымыздың намаз ўақтында ҳеш қашан еснемейтуғынын кеўилден өткерип, Аллаҳ таалаға шын кеўилден итаатлы, жалынышлы ҳалатта турыў адамды намазда еснеў сыяқлы артықша ҳәрекетлерден сақлайды, делинген ("Шарҳул Ўиқоя").(muslim.uz)
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍148❤122👏8😍5⚡1
#бир_сораў_сорасам:
ШАМНАН КЕЙИН НАЎҚАС КӨРИЎГЕ БАРЫЎ МҮМКИН ЕМЕС ПЕ?
😹 Жақында намазшамнан кейин наўқас адамды көриўге барған едим. Наўқастың жақынлары шамнан кейин кесел көрилмейди, деп мени наўқастың қасына жибермеди. Сондай-ақ, сүт, қатық сыяқлы ағарған затларды да намазлыгерден кейин алып болмайды, деген сөзлер де бар... Усы дурыс па?
😄 Наўқасты зыярат қылыў, ҳалынан хабар алыў сүннети муаккада есапланады, ҳәтте Имам Бухарий раҳимаҳуллаҳ ўәжиб деп те айтқан. Әбиў Муўса Ашъарий разыяллаҳу анҳу рәўият қылған ҳәдисте Нәбий алайҳиссалам: "Қарны ашларды тойдырың, наўқасларды зыярат қылың, тутқынды азат етиң", деген (Имам Бухарий рәўияты).
Наўқас адамды көриўге барыў анық бир ўақытқа белгиленбеген. Адамлардың ўақты ҳәм наўқастың жағдайына қарап зыяратқа барыла береди.
Ҳәзирети Әлий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам былай деди: "Ким азанда бийтапты көриўге барса, оның менен жетпис мың периште бирге барады ҳәм күн батқанша ол ушын истиғфар айтады. Ол жәннетте қурма мийўелери менен сыйлықланады. Күн батқаннан кейин наўқас көриўге барған адам менен де жетпис мың периште барады ҳәм таң атқанша оған истиғфар айтады ҳәм ол жәннетте қурма мийўелери менен сыйлықланады" (Имам Әбиў Даўыт рәўияты).
Демек, күни-түни наўқасларды көриў мүмкин. Әҳмийетлиси, наўқасты қолайсыз жағдайға салып қоятуғын ўақытта бармаса болды.
Сүт, қатық сыяқлы ағарған затларды да намазшамнан кейин алып болмайды, деген гәплердиң динге улыўма байланысы жоқ. Тийкары жоқ гәплер.(muslim.uz)
Муҳаммад Айюб ҲАМИДОВ.
🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂 🙂
⬅️ Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👍227❤35👏13😍4⚡2