Paziyletuz | Рәсмий канал
73.2K subscribers
27.7K photos
4.11K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
#сораў_жуўап

КРИПТОВАЛЮТАЛАР АРҚАЛЫ ТАБЫЛҒАН ПУЛЛАР ҲАДАЛ МА?
#саўда

СОРАЎ: Криптовалюта, Биткоин, Ватсмайнер, Майнер арқалы табылған пуллар ҳадал ма?

💬 ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Соңғы ўақытлары "биткоин" деп аталатуғын электрон пуллар, яғный, криптовалюталар пайда болды. Оларды доллар, евро сыяқлы басқа валюталар менен салыстырыў мүмкин болса да, олар арасында айырым парықлар бар. Ең тийкарғысы усы пуллар электрон пуллар болып, тек ғана интернет тармағында жүреди ҳәм ҳақыйқый қунға ийе емес.
Биткоинлар арқалы тармақ пайдаланыўшылары арасында финанслық операциялар, электрон имзалар жүргизилип, онда шахслар арасында ҳеш қандай усы операцияларды тәртипке салыўшыларсыз, туўрыдан-туўры шифрлаў арқалы әмелге асырылады. Бунда валюта бир пайдаланыўшының есабынан басқа пайдаланыўшының есабына бирден, ҳеш қандай төлем хызметлерисиз, ҳәтте банк ҳәм оған уқсас дәлдалшылардың қатнасыўысыз өтеди.
Бул хызметлер пүткил дүнья бойлап бар болып, ҳәр қыйлы шәрт ҳәм талаплардан азат ҳәм ҳеш қандай тосқынлықларға ушырамайды. Қашан пулға ийе болынса, оны электрон шыжланда сақлап қойылады. Кейин оларды ҳәр түрли интернет сатып алыўларына пайдаланыў мүмкин. Доллар, евро сыяқлы валюталарға алмастырыў да мүмкин. Бунда биткоинларға ийе болған пайдаланыўшы оларды сатып алмақшы болған ҳақыйқый валютасы бар басқа биткоин алыўды қәлеўши пайдаланыўшы менен келисим дүзеди. Келисим өз ара келисиў тийкарында дүзиледи. Демек, келисиў баҳасын пайдаланыўшылар белгилейди. Соның ушын биткоинлардың баҳасы дәл ҳақыйқый валюта сыяқлы базарға байланыслы өзгерип турады.
Биткоинлар дәстүрий валюталардан парықлы түрде алтын ямаса гүмис сыяқлы қымбат баҳалы металлардан таянышы болмайды. Ал, оларды пайдаланыўшылардың өзлери ислеп шығарады. "Пайдаланыўшы" дегенде интернет тармағына жалғанған компьютерге ийе болып, биткоин менен операция жүргизиў тилегинде болған адам түсиниледи. Бул ис компьютерге арнаўлы қосымшаны жүклеп алғаннан соң әсте-ақырын криптовалюталар шығарыўды (майнинг) баслаў арқалы жолға қойылады. Усы процести пайдаланыў арқалы пайдаланыўшы белгили муғдардағы биткоин электрон пулларға ийе болады. Бул пуллар оған компьютерине орнатылған қосымшаның есаплаў имканиятларын жаңа валюта ислеп шығарыўда пайдалана алыўы нәтийжесинде келеди.
Усылай етип ҳәр бир пайдаланыўшы қасында белгили муғдардағы криптовалюталар пайда болады. Олар пайдаланыўшылар арасында белгили алгоритм тийкарында бөлистириледи, бунда базарда бар болған биткоин валюталарының улыўма қуны 21 миллион биткоиннен артып кетпеўи керек. Сондай-ақ, жоқары өндирис қуўатына ийе болған компьютер ийелерине валюталардан үскенелериниң өндирис шегине сәйкес түрде көбирек тийеди.
Бул жол менен мал-дүнья арттырыў, яғный, майнерлик арқалы пул табыў мәселесине келсек, "ўасила (яғный, бир мақсетке алып барыўшы нәрсе)ге мақсеттиң ҳүкими бериледи," деген фиқҳий қағыйдаға бола, оның ҳүкими биткоинларды пайдаланыў ҳүкиминен келип шығады. Биткоинлар ҳаққындағы ҳәзирги заман уламаларының пикирлерине қарағанда, Мысыр Араб Республикасындағы "Дәрул-ифта" (пәтўа үйи)ниң пикиринше, Биткоин ҳарам есапланады. Себеби, бул пуллар ҳақыйқый таянышқа ийе болмаған виртуал пуллар болыўы менен бирге шахслар ҳәм ҳәттеки мәмлекетлер көлеминдеги қәўиплерден жырақ емес.
Саудия Арабстанындағы "Ҳайъати кибарил-улама" (Үлкен уламалар жәмәәти)не көре де бул валюталар менен операция жүргизиў ҳарам. Себеби, Исламда ҳарам етилген қумар ҳәм түрли қәўипке тийкарланған ойынлардағы алданыў дәрежеси биткоинлар менен операция жүргизиўдеги қәўиптен кем.
Жоқарыдағылардан бүгинги күнде уламаларымыз тәрепинен биткоинлар менен операция жүргизиў бойынша руқсат жоқ екенлиги мәлим болмақта. Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа орайы.

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍16231👏12😍43