Paziyletuz | Рәсмий канал
72.9K subscribers
27.8K photos
4.12K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
Устаз ҳәм шәкирт
<unknown>
#нәсият

Сен өмирде дәрьядай болып жасаўды үйрен. Кеўлиңди кең қыл. Турмыс қыйыншылықлары билинбейди.

@paziyletuz
#ўақыя #нәсият #пикир

СИЗ ҲАЯЛЛАРДЫҢ КИМ ЕКЕНИН БИЛЕСИЗ БЕ?

Жораларымнан биреўи үйге келип "дәрт"ин шашты. Айтыўынша ҳаялында кеўли жоқ екен. Оның бул гәпине қатты ашыўым келди. Өйткени, үш перзентли адамның бундай гәплерди айтыўы мениңше оның еле ақылы толыспағанын, турмысқа шынтлы тәризде итибар бермейтуғын екенин билдиреди. Ашыўланғанымнан азмас индемей отырдым.
Кейин оған: "Сен өзи ҳаяллардың ким екенин билесең бе?", дедим.
Ол: "Ким болар еди, теректи бир тепсең, мыңы түседи ғо?", деди.
Мен: "Сен еле ҳаяллардың ким екенин билмейтуғын екенсең. Мына гәплеримди тыңла, ҳаяллардың ким екениң билесең", дедим:

Саған жақпай атырған сол ҳаялға сениң де көп қылықларың жақпайтуғын шығар, бирақ саған сабыр етип киятыр ғо...!

Сен қырыққа шыққанша усы гәпти айтып, оның үстинен шағым етип келип отырған ҳаял, жаныңнан артық көретуғын перзентлериңниң АНАсы...!

Саған жаманлығы болмаған, бирақ сен онша унатпайтуғын ата-ананың еркетай ҚЫЗы...!

Сен тилиңде ата-анамның хызметин қылып атырман деп, гердейип жүргениңде, негизинде ҳеш нәрсе де қылмай үйиңде телефоныңды шуқлап жатқаныңда, қартайған ата-анаңның хызметин қылып, ыссы-суўығына қарап, керек ўақтында шомылдырып та қоятуғын, сениң ата-анаңның туўған перзентлеринен жақын КЕЛИНи...!

Сен көшеде уялмай, ярым жалаңаш ҳаялларға қарап, оларға сөз атып жүргенде, үйиңде отырып ар-намысын ҳәм ийманын сақлап, сениң, балаларыңның, ата-анаңның ден-саўлығын, ийманының пүтинлигин сорап дуўа етип отыратуғын ДУЎАГӨЙиң...!

Сен көшеде айырым тәрбиясыз балалардың қылықларына ашыўың келип, мыналардың: "Әке-шешеси жоқ па екен, тәрбия беретуғын?!", деп бирақ өзиң де балаларыңның тәрбиясы менен шуғулланбай атырғаның есиңде де жоқ ўақытта, үйиңде сениң зүрядларыңа әдеп-икрамлықты тәрбия берип атырған балаларыңның ТӘРБИЯШЫсы...!

Сен оның не затларды жақсы көриўин ойлап та көрмеген ўақтыңда, сениң қайсы аўқатларды жақсы көриўиңнен баслап, не нәрселерди унатыўыңа шекем ҳәмме нәрсениң дизимин ядтан билетуғын ҒАМХОРШЫң...!

Сен көшеде жораларың менен кафелерде аўқатланып келгенде, сени ойлап ең жақсы аўқатларды писирип, өзи жеместен сениң келиўиңди күтип отыратуғын АСПАЗың...!

Сен үйде не бар, не жоқ екенин ойлап та көрмей жүрген ўақтыңда, сениң айлығыңды бир айдан екинши айға жеткериўди ойлап жүрген ҒӘЗИЙНЕШИң...!

Сен жумыс тәшўишлеринен шаршап, үйиңе келгенде, сени ашық жүзлилик пенен күтип алатуғын ҮЙ БИЙКЕси...!

Сен бир неше күнлеп, жумыс пенен узақ жерлерге кеткениңде, келемен дегениңше түнлери көзлерине уйқы келмейтуғын, сениң үйиңди қорғайтуғын ҚАРАЎЫЛ...!

Сен көшеде еркекпен деп көкирегиңди керип жүриўиңе себепши болған ӨМИР ЖОЛДАСың...!

Мен: "Және айта берейин бе, ҳаяллардың ким екенин?", дедим. Сонда жорам, енди түсиндим, усындай ўақытта сендей жақсы нәсиятларды беретуғын адамды маған дос, мәсләҳәтши етип қойған Аллаҳға шүкир, деп үйине қайтты...


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ