Paziyletuz | Рәсмий канал
73K subscribers
27.8K photos
4.11K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
ҚУРБАНЛЫҚ УШЫН САТЫП АЛЫНҒАН ҲАЙЎАН ӨЛИП ҚАЛСА...
#қурбанлық

709-СОРАЎ: Қурбанлыққа сатып алынған ҳайўан өлип қалса не исленеди?

💬 ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Егер сораўдан "оның орнына басқа ҳайўан алыў керек пе ямаса керек емес пе" деп соралып атырған болса, қойдың ийесиниң жағдайына қарап ҳүким еки түрли болады. Яғный, қурбанлыққа алған ҳайўаны өлип қалған адам нысаб ийеси болса, яғный зәкатқа қәдир болған бай адам, өлген ҳайўанның орнына басқа ҳайўан алып сойыўы керек. Егер жарлы адам болса оған басқа ҳайўан алып сойыўы шәрт емес. "Мажмуал анҳур" китабында былай келтириледи:

اذا ماتت المشتراة للتضحية علي موسر تجب مكانها اخري و لا شيء علي الفقير

"Қурбанлыққа сатып алынған ҳайўан өлип қалса, орнына басқасын алып сойыў байға ўәжиб, жарлыға емес". (4-том 173-бет). Ўаллоҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа орайы.
_______

ҚУРБОНЛИККА СОТИБ ОЛИНГАН ҲАЙВОН ЎЛИБ ҚОЛСА...
#қурбонлик

709-CАВОЛ: Қурбонликка сотиб олинган ҳайвон ўлиб қолса нима қилинади?

💬 ЖАВОБ:
Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳим.
Агар саволдан "унинг ўрнига бошқа ҳайвон олиш керакми ёки керакмас"лиги сўралаётган бўлса, қўй эгасининг ҳолатига қараб ҳукм икки хил бўлади. Яъни, қурбонликка олган ҳайвони ўлиб қолган киши нисоб эгаси бўлса яъни закотга қодир бўлган бой киши, ўлган ҳайвоннинг ўрнига бошқа ҳайвон олиб сўйиши керак. Агар фақир киши бўлса унга бошқа ҳайвон олиб сўйиши лозим бўлмайди. “Мажмуал анҳур” китобида шундай келтирилади:

اذا ماتت المشتراة للتضحية علي موسر تجب مكانها اخري و لا شيء علي الفقير

“Қурбонликка сотиб олинган ҳайвон ўлиб қолса, ўрнига бошқа олиб сўйиш бойга вожиб, фақирга эмас”. (4 жилд 173 бет). Валлоҳу аълам.

Ўзбекистон мусулмонлари идораси
Фатво ҳайъати


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
126👍19👏111🥰1😍1
ҚАССАПҚА ИС ҲАҚЫСЫ ҚАЛАЙ БЕРИЛЕДИ?
#қурбанлық қурбанлық

713-СОРАЎ: Қассапқа ис ҳақысы қалай бериледи? Қурбанлық гөшинен ямаса терисин қол ҳақы етип бериў дурыс па?

💬 ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Қурбанлықтың гөшинен ямаса терисинен ямаса оған тийисли қандай да бир ағзасын қурбанлықты сойған қассапқа хызмет ҳақы сыпатында бериў мүмкин емес. Себеби, Пайғамбарымыз алайҳиссалам ҳәзирети Әлий разыяллаҳу анҳуды бундай қылыўдан қайтарған:

ولا تعط أجر الجزار منها (رواه الإمام البخاري عن عبد الرحمن بن أبي ليلى رضي الله عنه)

"Қурбанлық ушын сойылған жанлықтан қассаптың ҳақысын бермең" (Имам Бухарий рәўияты).

Соны да атап өтиў керек, қурбанлық қылыўшы қассаптың ҳақысын өз есабынан берип болғаннан кейин, қассапқа иҳсан сыпатында қурбанлықтың гөши, майы, териси сыяқлы нәрселеринен бериўи мүмкин. Бунда қассапқа хызмет ҳақысынан тысқары сыйлық берилип атырған болады. Ўаллоҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа орайы.
_______
ҚАССОБГА ИШ ҲАҚИ ҚАНДАЙ БЕРИЛАДИ?
#қурбонлик

713-САВОЛ: Қассобга иш ҳақи қандай берилади? Қурбонлик гўштидан ёки терисини иш ҳақи қилиб бериш жоизми?

💬 ЖАВОБ:
Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳим.
Қурбонликнинг гўштидан ёки терисидан ёки унга тегишли бирор-бир аъзосини қурбонликни сўйган қассобга хизмат ҳаққи сифатида бериш мумкин эмас. Чунки Пайғамбаримиз алайҳиссалом ҳазрати Алий разияллоҳу анҳуни бундай қилишдан қайтарганлар:

ولا تعط أجر الجزار منها (رواه الإمام البخاري عن عبد الرحمن بن أبي ليلى رضي الله عنه)

Қурбонлик учун сўйилган жонлиқдан қассобнинг ҳаққини берманг” (Имом Бухорий ривояти).

Шуни ҳам таъкидлаш керакки, қурбонлик қилувчи қассобнинг ҳаққини ўз ҳисобидан бериб бўлгандан кейин, қассобга эҳсон сифатида қурбонликнинг гўшти, ёғи, териси каби нарсаларидан бериши жоиз. Бунда қассобга хизмат ҳаққидан ташқари ҳадя берилаётган бўлади. Валлоҳу аълам.

Ўзбекистон мусулмонлари идораси
Фатво ҳайъати
.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
113👍46👏2😍1
ҚУРБАНЛЫҚ ГӨШИН АЛМАСТЫРЫЎ
#қурбанлық

1696-СОРАЎ: Анамның қан басымы бар. Қой гөшин жей алмайды. Өзимиз қурбанлыққа сойған қой гөшиниң бир бөлегин, қассапқа берип, мал гөшине алмастырсақ бола ма?

➤ ЖУЎАП:
Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Яқ, бул ис дурыс емес. Себеби, оны басқа гөшке алмастырыў сатыў болып табылады. Уламалар қурбанлық ҳайўанының териси ҳәм гөшин сатыў мүмкин емеслигин, сатып қойған болса, ақшасын садақа етиў керек екенин айтқан. Бирақ, узақ ўақыт хызмет ететуғын затлар (қазан, ошақ сыяқлылар)ға алмастырыўды дурыс деген.
Анаңыз қой гөшин жей алмаса, мал гөшин алып келиң ямаса жети ҳәм оннан азырақ адам жыйналып, қарамал сойың. Сонда сиз айтқан мәселе келип шықпайды. Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа орайы.

___
ҚУРБОНЛИК ГЎШТИНИ АЛМАШТИРИШ
#қурбонлик

1696-САВОЛ: Онамнинг қон босими бор. Қўй гўшти ея олмайдилар. Ўзимиз қурбонликка сўйган қўй гўштининг бир қисмини, қассобга бериб, мол гўштига алмаштирсак бўладими?

💬 ЖАВОБ:
Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳим. Йўқ, бу иш жоиз эмас. Чунки, уни бошқа гўштга алмаштириш сотиш ҳисобланади. Уламолар қурбонлик ҳайвонининг териси ва гўштини сотиб бўлмаслигини, сотиб қўйган бўлса, пулини садақа қилиш лозим бўлишини айтишган. Аммо узоқ муддат хизмат қиладиган ашёлар (қозон, ўчоқ кабилар)га алмаштиришни жоиз дейишган.
Онангиз қўй гўшти ея олмасалар, мол гўшти олиб келиб беринглар ёки етти ва ундан кам киши тўпланиб, қорамол сўйинглар. Шунда сиз айтган муаммо келиб чиқмайди. Валлоҳу аълам.

Ўзбекистон мусулмонлари идораси
Фатво ҳайъати.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
136👍38👏4😍43🥰1