#хошхабар
Әссәләму аләйкум!
Өзбекстан мусылманлары басқармасына қараслы Қарақалпақстандағы бирден-бир диний билим бериў орны болған Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтының рәсмий www.al-beruniy.uz илимий-ағартыўшылық ҳәм дөретиўшилик сайтының al-beruniy телеграмм каналы ашылды.
@alberuniy_medrese

#Хошхабар
🕌 Мешитлерде жума намазларын оқыў бойынша карантин шеклеўлери бийкар етилди.
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ

Telegram
Paziyletuz | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Хошхабар
2022-жылғы диний ағартыўшылық журнал ҳәм газеталарына жазылыўлар басланды
Сиз әзизлерге мәлим етип билдиремиз, 2022-жылдан баслап "Мўминалар" журналы да ҳәр айда басып шығарылады.
Жазылыўға асығың! "2022-жылғы жазылыўлар" басланды.
Жазылыў ушын:
obuna.hidoyat.uz
(0 371) 227-34-30
(0 371) 202-34-30
Тарқатың ↘️
Тelegram | Facebook | Instagram | YouTube | Веб-сайт | Tik Tok

Тѳрткүл районындағы “Ғайып ата” мешитиниң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.
Толық👇
https://paziylet.uz/janaliq/237cba1286924e69a857

#ХОШХАБАР
ѲЗБЕКСТАН ДЕЛЕГАЦИЯСЫ САУДИЯ АРАБСТАНЫНА “ҲАЖ” ҲӘМ “УМРА” САПАРЫ МӘСЕЛЕЛЕРИН ШЕШИЎ УШЫН КЕТТИ. Толық.
👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube
👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

Шымбай районында үшинши мешит ѳз жумысын баслады
Елимизде күннен-күнге жаңаланыўлар, унамлы ѳзгерислер ǝмелге асырылмақта. Солар қатары диний тараўда да бир қанша жаңаланыўлар болмақта. Жаңадан мешитлер ашылып, тараўдағы руўхый-ағыртыўшылық, қурылыс-ремонт ислери кѳзге кѳринбекте.
Мине усы жаңаланыўлардың даўамы ретинде Шымбай районы «Майжап» аўыл пуқаралары жыйыны аймағынан «Раҳматуллаҳ мақсым» жоме мешити Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тǝрепинен рǝсмий дизимнен ѳтип, ѳз жумысын баслады.
Бүгин усы мешиттиң ашылыў мǝресими болып ѳтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы орынбасары Р.Сапарбаев, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги бѳлим баслығы А.Ѳтеўлиев, имам-хатиблер ҳǝм аўыл турғынлары қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы орынбасары Р.Сапарбаев елимизде алып барылып атырған реформалардың түпкиликли мǝниси ǝўеле инсанларды разы қылыў, олардың машқалаларын жеңиллетиў, диний-ағартыўшылық ҳǝм диний билимлендириў тараўындағы реформалар ҳаққында айтты.
Бир қанша жанкүйер инсанлардың, қǝўендерлердиң инсаныйлық жǝрдеми менен журтымызда жаңадан мешитлер ашылып атыр. Бул жаңа мешитлердиң ашылыўы диний-ағартыўшылық тараўда алып барылып атырған реформалар нǝтийжесиниң тағы бир тастыйығы екенлиги, мешитлер ашылып аўыл халқы, ǝсиресе, ҳақ нийетли нураныйлардың қуўанышына себепши болып атырғанлығы, мешит Аллаҳ тааланың рахмет нурлары таралыўшы, мѳмин-мусылманларымыз емин-еркин ибадат қылыўы, елимиздиң тынышлығы ҳǝм қǝтержамлығын тилеп дуўалар ететуғын теберрик мǝкан екенлиги ҳаққында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов ѳз сѳзинде келтирип ѳтти ҳǝм аўыл халқын қутлықлап, мешит қурылысына жақыннан жǝрдем берген инсанларға Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тǝрепинен миннетдаршылық билдирди.
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги бѳлим баслығы А.Ѳтеўлиев «Рахматуллаҳ мақсым» мешитиниң гүўалығын тапсырды ҳǝм жаңа мешиттиң ашылыўы менен қутлықлады.
Усының менен Шымбай районында мешитлер саны 3, республикамызда болса 60 мешитке жетти. Ескертип ѳтемиз, усы айдың 10-сǝнесинде Шымбай районында “Юсип аты” жоме мешити ашылған еди.
Елимизде жаңадан жумыс баслап атырған мешитлеримизди Аллаҳ таала мүбǝрек қылсын. Қыямет күнине шекем мѳмин-мусылманлар ушын хызмет етиўин несийп етсин.
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
Шымбай районында үшинши мешит ѳз жумысын баслады
Елимизде күннен-күнге жаңаланыўлар, унамлы ѳзгерислер ǝмелге асырылмақта. Солар қатары диний тараўда да бир қанша жаңаланыўлар болмақта. Жаңадан мешитлер ашылып, тараўдағы руўхый-ағыртыўшылық, қурылыс-ремонт ислери кѳзге кѳринбекте.
Мине усы жаңаланыўлардың даўамы ретинде Шымбай районы «Майжап» аўыл пуқаралары жыйыны аймағынан «Раҳматуллаҳ мақсым» жоме мешити Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тǝрепинен рǝсмий дизимнен ѳтип, ѳз жумысын баслады.
Бүгин усы мешиттиң ашылыў мǝресими болып ѳтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы орынбасары Р.Сапарбаев, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги бѳлим баслығы А.Ѳтеўлиев, имам-хатиблер ҳǝм аўыл турғынлары қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы орынбасары Р.Сапарбаев елимизде алып барылып атырған реформалардың түпкиликли мǝниси ǝўеле инсанларды разы қылыў, олардың машқалаларын жеңиллетиў, диний-ағартыўшылық ҳǝм диний билимлендириў тараўындағы реформалар ҳаққында айтты.
Бир қанша жанкүйер инсанлардың, қǝўендерлердиң инсаныйлық жǝрдеми менен журтымызда жаңадан мешитлер ашылып атыр. Бул жаңа мешитлердиң ашылыўы диний-ағартыўшылық тараўда алып барылып атырған реформалар нǝтийжесиниң тағы бир тастыйығы екенлиги, мешитлер ашылып аўыл халқы, ǝсиресе, ҳақ нийетли нураныйлардың қуўанышына себепши болып атырғанлығы, мешит Аллаҳ тааланың рахмет нурлары таралыўшы, мѳмин-мусылманларымыз емин-еркин ибадат қылыўы, елимиздиң тынышлығы ҳǝм қǝтержамлығын тилеп дуўалар ететуғын теберрик мǝкан екенлиги ҳаққында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов ѳз сѳзинде келтирип ѳтти ҳǝм аўыл халқын қутлықлап, мешит қурылысына жақыннан жǝрдем берген инсанларға Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тǝрепинен миннетдаршылық билдирди.
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги бѳлим баслығы А.Ѳтеўлиев «Рахматуллаҳ мақсым» мешитиниң гүўалығын тапсырды ҳǝм жаңа мешиттиң ашылыўы менен қутлықлады.
Усының менен Шымбай районында мешитлер саны 3, республикамызда болса 60 мешитке жетти. Ескертип ѳтемиз, усы айдың 10-сǝнесинде Шымбай районында “Юсип аты” жоме мешити ашылған еди.
Елимизде жаңадан жумыс баслап атырған мешитлеримизди Аллаҳ таала мүбǝрек қылсын. Қыямет күнине шекем мѳмин-мусылманлар ушын хызмет етиўин несийп етсин.
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
Telegram
Paziyletuz | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
#хошхабар
Бүгин, 29.12.2021 күни саат 13:00 пайтахтымыздан 450 км дей узақлықта жайласқан, ең шетки аймақ, Қоңырат районы, «Қарақалпақстан» посёлкасында «Бердақ баба» жаме мешитиниң ашылыў мәресими болып өтеди.

Республикамыздың ең шетки аймағынан мешит ашылды
Республикамыздың ең шетки аймақларынан бири болған, Нѳкис қаласынан 450 км узақлықта жайласқан Қоңырат районындағы «Қарақалпақстан» посёлка пуқаралары жыйынында “Бердақ баба” жоме мешити мǝмлекет дизиминен ѳткерилип, ѳз жумысын баслады.
Усы күнлердеги ҳаўа райының кескин суўытыўы да жаңа мешиттиң ашылыў мǝресимине келгенлердиң кеўил-кейпиятларын түсире алмады.
29-декабрь күни усы «Бердақ баба» мешиттиң ашылыў мǝресими болып, онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы орынбасары Р.Сапарбаев, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги бѳлим баслығы А.Ѳтеўлиев, имам-хатиблер ҳǝм аўыл турғынлары қатнасты.
Елимиздеги тынышлық, ғәрезсизлик, раўажланыў. Бул уллы түсиниклер бир-бири менен тығыз байланыслы. Усылар ел-журт абаданшылығын, оның келешегин ҳәм раўажланыў басқышларын белгилеп береди. Журтымыз ерискен ҳәм ерисип атырған шексиз табыслар, үлкен реформалар, жаңаланыўлар, дөретиўшилик жумыслар, халқымыздың абадан турмысы, тыныш турмысымыз, камалға келип атырған бәркамал әўлад – мине усы уллы жемислерди инам еткен ғәрезсизлик ушын қаншадан-қанша ата-бабаларымыз гүрескен, шейит кеткен. Бул жолда жанын пидә еткен бабаларымызды еслеў, олардың мүбәрек руўхларын шад етиў бәршемиздиң инсаныйлық парызымыз екенлиги ҳаққында сѳзге шыққанлар айтып ѳтти.
780 хожалыққа, 3267 халық санына ийе «Қарақалпақстан» посёлкасы турғынлары елатта мешит болыўын ǝрман етер еди. Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тийисли шѳлкемлер менен келискен ҳалда мешит қурыўды режелестирди. Посёлка турғынларының мүрǝжǝǝтлери ҳǝм ис-ҳǝрекетлер, усыныслар нǝтийжесинде жергиликли қǝўендерлер, халықтың жақыннан берген кѳмеги менен барлық қолайлықларға ийе, ықшам мешит қурып питкерилди ҳǝм мешитке қарақалпақ халқының классик шайыры Бердақ шайырдың аты берилди.
Посёлка пуқараларының қуўанышлары шексиз, усындай мешит қурылысына себепши болғанлардан миннетдар. Еслетип ѳтемиз бул «Бердақ баба» жоме мешити республикадағы 61-мешит, 60-мешит «Рахматуллаҳ мақсым» Шымбай районында, 59-мешит «Сапар ата» Шоманай районында ашылған еди
Жаңадан жумыс баслап атырған мешитлеримизди Аллаҳ таала мүбǝрек қылсын. Қыямет күнине шекем мѳмин-мусылманлар ушын хызмет етиўин несийп етсин.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

«Ережеп бий» мешитиниң жаңа имаратында биринши жума намазы оқылды
Усы жыл Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ушын табыслы жыл болды. Себеби, бир қанша мешитлер ири қайта оңлаўдан шығарылды. Жаңа мешитлер қурып питкерилип, мѳмин-мусылманлар ықтыярына берилди. Әлбетте бул тынымсыз мийнеттиң, умтылыслардың ҳәм сақый инсанлардың жақыннан берген кѳмеги нәтийжесинде. Аллаҳ таала олардың ислерине раўаж, ажр-саўаплар берсин.
Умтылыслар, ис-ҳәрекетлер нәтийжесинде Нѳкис қаласы «Шадлы аўыл» мәкан пуқаралары жыйынындағы «Ережеп бий» жоме мешитиниң жаңа имараты қурып питкерилди.
Бул аты аталған мешиттиң ески имараты тозыўы жетип, талапқа жуўап бермей қалған еди. Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты жергиликли ҳәкимият пенен келискен ҳалда исбилермен ҳәм халықтың жақыннан берген кѳмеги менен қысқа ўақытта архитектуралық талапларға жуўап беретуғын үлгиде қурып питкерилди ҳәм биринши жума намазы оқылды.
Бүгин усы мешиттиң жаңа имаратының ашылыў мәресими болды онда Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов жаңа мешит имамраты менен «Шадлы аўыл» турғынларын қутлықлады. Мешит қурылысына жақыннан кѳмек берген инсанларға Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты атынан миннетдаршылық билдирди ҳәм естелик саўғалар берди.
Ашылыў мәресиминде Нѳкис қаласы ҳәкимияты ўәкиллери, нураный аталар ҳәм мәҳәлле турғынлары қатнасты.
Аллаҳ таала елимиздеги бәрше мешитлер қатары бул мешиттиң де мѳмин-мусылманлар ушын хызмет етиўин несийп етсин.
https://t.me/paziyletuz

#ХОШХАБАР: ЖАҢА КӨРСЕТИЎ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ!
Өзбекстан муылманлары басқармасының басламасы менен халқымыздың илим мәрипатын асырыў, наданлыққа қарсы мәрипат пенен гүресиў мақсетинде, “Маданият ва маърифат” телеканалында ✅ “ Маърифий суҳбатлар” атлы жаңа көрсетиў ҳәр пийшемби күни эфирге узатылады.
🔸Усы жыл 13 январь, пийшемби күни саат 21:00 ден баслап, “Маърифий суҳбатлар” атлы көрсетиўдиң дәслепки санын тамаша қылыўды усыныс етемиз.
🤲 Аллаҳ таала бул жаңа телекөрсетиўди ҳәммемиз ушын мүбәрек қылсын!
Өзбекстан мусылманлары бақармасы Баспасөз хызмети
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

РЕСПУБЛИКАМЫЗДА ЖӘНЕ БИР МЕШИТ РӘСМИЙ ДИЗИМНЕН ѲТИП, ѲЗ ЖУМЫСЫН БАСЛАДЫ.
Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Нуриддин домла Халиқназаровтың республикамызға расмий сапары ўақтында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Бауатдинов пенен бирге Қараѳзек районындағы «Қараѳзек» аўыл пуқаралары жыйынында халықтың кѳмек жолы менен жаңадан қурылып, ашылыў қарсаңында турған «Айымбет ахун» жоме мешитиндеги қурылыс жумыслары менен танысқаны ҳǝм аўыл турғынлары менен ушырасқаны ҳаққында социаллық тармақларымыз арқалы хабар берген едик.
Усы аты аталған «Айымбет ахун» жоме мешити Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тǝрепинен №70-санлы гүўалық пенен рǝсмий дизимнен ѳтип, ѳз жумысын баслады.
Аллаҳ таала мешит қурылысына жақыннан жǝрдем берген қурылысшыларға, қǝўендерлер ҳǝм аўыл турғынларына сыйлығын берсин. Пүткил халқымыз, қараѳзеклилер ушын мүбǝрек болсын. Бул мешиттиң де Қыямет күнине шекем мѳмин-мусылманларға хызмет етиўин несийп етсин…
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты
https://t.me/paziyletuz
РЕСПУБЛИКАМЫЗДА ЖӘНЕ БИР МЕШИТ РӘСМИЙ ДИЗИМНЕН ѲТИП, ѲЗ ЖУМЫСЫН БАСЛАДЫ.
Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Нуриддин домла Халиқназаровтың республикамызға расмий сапары ўақтында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Бауатдинов пенен бирге Қараѳзек районындағы «Қараѳзек» аўыл пуқаралары жыйынында халықтың кѳмек жолы менен жаңадан қурылып, ашылыў қарсаңында турған «Айымбет ахун» жоме мешитиндеги қурылыс жумыслары менен танысқаны ҳǝм аўыл турғынлары менен ушырасқаны ҳаққында социаллық тармақларымыз арқалы хабар берген едик.
Усы аты аталған «Айымбет ахун» жоме мешити Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тǝрепинен №70-санлы гүўалық пенен рǝсмий дизимнен ѳтип, ѳз жумысын баслады.
Аллаҳ таала мешит қурылысына жақыннан жǝрдем берген қурылысшыларға, қǝўендерлер ҳǝм аўыл турғынларына сыйлығын берсин. Пүткил халқымыз, қараѳзеклилер ушын мүбǝрек болсын. Бул мешиттиң де Қыямет күнине шекем мѳмин-мусылманларға хызмет етиўин несийп етсин…
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты
https://t.me/paziyletuz
Telegram
Paziyletuz | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
#ХОШХАБАР
МЕШИТ АШЫЛЫЎ САЛТАНАТЫ БОЛЫП ӨТТИ
Мүбәрек ҳәм ҳикметли Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға үлкен қуўанышлы хабар сыпатында күни кеше пайтахтымыз Нөкис қаласы, "Қум аўыл" мәкан пуқаралар жыйынында "Салмен ийшан" жамеъ мешити бой тикледи ҳәм рәсмий дизимнен өтти.
Мине бүгин песин намазында усы мешиттиң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube
👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
МЕШИТ АШЫЛЫЎ САЛТАНАТЫ БОЛЫП ӨТТИ
Мүбәрек ҳәм ҳикметли Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға үлкен қуўанышлы хабар сыпатында күни кеше пайтахтымыз Нөкис қаласы, "Қум аўыл" мәкан пуқаралар жыйынында "Салмен ийшан" жамеъ мешити бой тикледи ҳәм рәсмий дизимнен өтти.
Мине бүгин песин намазында усы мешиттиң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube
👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#Хошхабар
Бүгин 22-май күни Самарқанд қаласында жайласқан Ҳәдис илми мектебинде "Саҳиҳул Бухарый" китабының хатманасы болып өтти. Бул хатманада Ташкент ислам институты ректори У. Ғафуров басшылығындағы устазлар топары ҳәм 4-курс талабалары қатнасты. Усы орында айрықша атап өтиўимиз орынлы питкериўши курс талабалары қатарында Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўли ислам билим журтын 2018-жыл питкерген 4 талабамыз: Нөкисли Ережепов Ҳайтмурат, Қараөзекли Нажиматдинов Караматдин, Манғытлы Файзуллаев Абдулла ҳәм Нөкисли Низаматдинов Төлеген бар. Бул питкериўши талабаларымыз да, басқа Ташкент ислам институтын питкерип атырған талабалар қатарында "Саҳиҳул Бухарый" китабынан сабақ берген устазларынан ижазаларын алды. Әлбетте, бул қуўанышлы хабар. Талабаларымыздың бундай дәрежеге жетисиўинде, үлкен китаплардан ижазалар алыўында әлбетте, оларға сабақ берген устазларының орны гиреўли.
"Саҳиҳул Бухарый" китабынан ижаза алған шәкиртлеримизге Аллаҳ тааладан пайдалы илим, күшли зейин, алдағы жумысларында тасқын табыслар тилеймиз. Аллаҳ таала шәкиртлеримиздиң алған ижазаларын өзлерине пайдалы, берекетли қылсын. Әмийн!
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
👉telegram | instagram

alberuniy.uz| Rásmiy kanal
Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy orta arnawlı islam bilim jurtı rásmiy saytınıń telegram kanalı
Forwarded from HUMAYRO
#Хошхабар
❗️Халқымыз муслима ҳаял-қызлары ушын жаңадан қарақалпақ тилинде «Дүньядағы ең бахытлы ҳаял» китабы баспадан шықты. Бул китап муслима ҳаялларға ең керек китап болып, өзлери ушын жүдә көплеген пайдалар алады иншааллаҳ.
Китапты медресе жанындағы alberuniyuz китапханадан тапса болады.
❗️Халқымыз муслима ҳаял-қызлары ушын жаңадан қарақалпақ тилинде «Дүньядағы ең бахытлы ҳаял» китабы баспадан шықты. Бул китап муслима ҳаялларға ең керек китап болып, өзлери ушын жүдә көплеген пайдалар алады иншааллаҳ.
Китапты медресе жанындағы alberuniyuz китапханадан тапса болады.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
👉 Telegram | instagram | youtubeForwarded from HIDAYATNURI.UZ | Рәсмий канал️
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#хошхабар
Кеше 28-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Хожели районы Сарышунгил АПЖ аймағындағы қурылажақ таза мешиттиң қазық қағыў мәресими болып өтти.
Оған Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Баҳауддинов, қазы орынбасары, Хожели районы бас имам-хатиби И.Шерниязов, район ҳәкими Ж.Ермашев, район сектор басшылары ҳәм нураный ақсақаллар қатнасты.
•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Каналға ағза болыў:👇
👉 @hidayatnuriuz 👈

#ХОШХАБАР:
🕋 КААБА ӘТИРАПЫНДАҒЫ ТОСЫҚ АЛЫП ТАСЛАНДЫ
🤲 Әлҳамду лилләәҳ, бүгин интернет сайтлары ҳәм социаллық тармақларда Кааба әтирапындағы тосық алып тасланғаны ҳаққында хошхабарлар тарқалды. Олардың арасында ҳәзир Макка қаласында болып турған елимиз зияратшылары бар екени де қуўанышлы жағдай.
✅ Ендигиден былай пүткил дүнья мусылманлары қатары елимиз зыяратшылары да Каабаны қол менен услап, Ҳажарул асўадты сүйип, таўаф қылыў имканиятына ийе болды.
🔹 Мағлыўмат ушын, Коронавирус себепли 2020-жылда Кааба әтирапына тосық қойылып, умра ҳәм ҳаж қылыўшылар аралықтан таўаф қылып атыр еди.
🔸Еслетип өтемиз, “Ҳаж – 2022” мәўсиминде елимизден 235 адам мүбәрек сапарға атланып, мүбәрек ибадатты орынлап усы жыл 28-июль күни елимизге қайтып келген еди. Ең соңгы зыяратшылар 4-август күнине шекем елимизге қайтыўы режелестирилген.
🤲 Аллаҳ таала бәрше мөмин-мусылманларға Каабаны таўаф қылыўды несип етсин.

✅ “ИМАМ БУХАРИЙ” ОРДЕНИ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ
🖊 “Имам Бухарий” орденин шөлкемлестириў ҳаққындағы Нызам (ӨРН–789-сан, 15.08.2022 ж.) Президент тәрепинен имзаланды.
🔸 Нызамға муўапық, “Имам Бухарий” ордени еки дәрежеден ибарат болады:
▫️“Жоқары Дәрежели Имам Бухарий” ордени;
▫️“Имам Бухарий” ордени.
✅ “Жоқары Дәрежели Имам Бухарий” ордени менен илим-пән ҳәм мәденият, сол қатары Ислам мәрипаты раўажланыўына үлкен үлес қосқан уллы алым ҳәм ойшыллардың өмири ҳәм де илимий мийрасын үйрениў ҳәм халықаралық майданда кең нәсиятлаўда үлкен табысларға ерискени ушын:
➖сырт ел мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары;
➖ сырт ел мәмлекет парламентлери ўәкиллери;
➖халықаралық шөлкемлер, дипломатиялық ўәкилликлер, консуллық шөлкемлер ҳәм де оларға теңлестирилген басқа уйымлардың басшылары ҳәм ўәкиллери, соның менен бирге сырт ел ғайраткерлери ҳәм алымлар;
➖мәмлекетимиздиң атақлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлери, диний-социаллық тараўдағы басшылар ҳәм жетик уламалар, атақлы алымлар, әдебиятшылар, педагоглар ҳәм илимий излениўшилер сыйлықланады.
✅ “Имам Бухарий” ордени менен уллы алымларымыздың илимий ҳәм диний мийрасын үйрениў ҳәм нәсиятлаў, ислам дининиң улыўмаинсаныйлық қәдириятлары ҳәм негизги мазмун-мәнисин мәмлекет халқына, әсиресе жасларға жеткериўдеги хызметлери ушын:
➖илим-пән, тәлим-тәрбия, мәденият, көркем-өнер ҳәм әдебият тараўы хызметкерлери;
➖мәмлекет ҳәм жәмийетлик шөлкемлер хызметкерлери;
➖диний уламалар;
➖алымлар ҳәм илимий излениўшилер сыйлықланады.
🔹“Жоқары Дәрежели Имам Бухарий” ордени менен сыйлықланған инсанларға БЕМның 70 есеси (21 млн сўм), ал “Имам Бухарий” ордени менен сыйлықланған адамларға БЕМның 50 есеси (15 млн сўм) муғдарында бир мәртелик пул сыйлықлары бериледи.
https://t.me/paziyletuz
✅ “ИМАМ БУХАРИЙ” ОРДЕНИ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ
🖊 “Имам Бухарий” орденин шөлкемлестириў ҳаққындағы Нызам (ӨРН–789-сан, 15.08.2022 ж.) Президент тәрепинен имзаланды.
🔸 Нызамға муўапық, “Имам Бухарий” ордени еки дәрежеден ибарат болады:
▫️“Жоқары Дәрежели Имам Бухарий” ордени;
▫️“Имам Бухарий” ордени.
✅ “Жоқары Дәрежели Имам Бухарий” ордени менен илим-пән ҳәм мәденият, сол қатары Ислам мәрипаты раўажланыўына үлкен үлес қосқан уллы алым ҳәм ойшыллардың өмири ҳәм де илимий мийрасын үйрениў ҳәм халықаралық майданда кең нәсиятлаўда үлкен табысларға ерискени ушын:
➖сырт ел мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары;
➖ сырт ел мәмлекет парламентлери ўәкиллери;
➖халықаралық шөлкемлер, дипломатиялық ўәкилликлер, консуллық шөлкемлер ҳәм де оларға теңлестирилген басқа уйымлардың басшылары ҳәм ўәкиллери, соның менен бирге сырт ел ғайраткерлери ҳәм алымлар;
➖мәмлекетимиздиң атақлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлери, диний-социаллық тараўдағы басшылар ҳәм жетик уламалар, атақлы алымлар, әдебиятшылар, педагоглар ҳәм илимий излениўшилер сыйлықланады.
✅ “Имам Бухарий” ордени менен уллы алымларымыздың илимий ҳәм диний мийрасын үйрениў ҳәм нәсиятлаў, ислам дининиң улыўмаинсаныйлық қәдириятлары ҳәм негизги мазмун-мәнисин мәмлекет халқына, әсиресе жасларға жеткериўдеги хызметлери ушын:
➖илим-пән, тәлим-тәрбия, мәденият, көркем-өнер ҳәм әдебият тараўы хызметкерлери;
➖мәмлекет ҳәм жәмийетлик шөлкемлер хызметкерлери;
➖диний уламалар;
➖алымлар ҳәм илимий излениўшилер сыйлықланады.
🔹“Жоқары Дәрежели Имам Бухарий” ордени менен сыйлықланған инсанларға БЕМның 70 есеси (21 млн сўм), ал “Имам Бухарий” ордени менен сыйлықланған адамларға БЕМның 50 есеси (15 млн сўм) муғдарында бир мәртелик пул сыйлықлары бериледи.
https://t.me/paziyletuz
Telegram
Paziyletuz | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#хошхабар #умра #мадина #мәккә
🕋 РӘСМИЙ: УМРА МӘЎСИМИ 10 СЕНТЯБРДЕН БАСЛАНАДЫ!
🌙 Зыяратшыларымыз Мадина қаласында 3 күн, ал Мәккә қаласында 7 күн болады. Мәўсим даўамында тәжирийбели исши топары ҳәм имам-хатиблерден ибарат елиў басылар ҳәм де шыпакерлер журтласларымызға жолдас болады.
🏨 Мадина қаласында "Grand Shahba", ал Мәккә қаласында "Marmara Group Hotel" мийманханаларында журтласларымыз турады. Мийманханалар 3-4 орынлы болып, 3 мезгил аўқатлар, шийринлик ҳәм ҳәр түрли мийўелер инам етиледи.
📍 Бул қалаларда мүбәрек зыярат орынларына зыярат шөлкемлестириледи.
🏪 Мийманханаларда медицина пунктлери, транспорт хызмети ҳәм исши топарлары штаблары 24 саат даўамында жумыс алып барады.
💦 Сапар жуўмағында зам-зам суўы саўға қылынады.
📞 Мүрәжат ушын телефон:
⏺ +998-97-349-04-57.
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
🕋 РӘСМИЙ: УМРА МӘЎСИМИ 10 СЕНТЯБРДЕН БАСЛАНАДЫ!
📢 2024-жыл 10-сентябрь күнинен Өзбекстан мусылманлары басқармасы ҳәм Дин ислери бойынша комитет тәрепинен шөлкемлестирилетуғын "Умра –
2024"тиң нәўбеттеги мәўсими басланады. Журтласларымыз "Uzbekistan Airways" АЖ авиакомпаниясы арқалы туўрыдан-туўры рейслерде Саудия Арабстанына алып барылады.
🌙 Зыяратшыларымыз Мадина қаласында 3 күн, ал Мәккә қаласында 7 күн болады. Мәўсим даўамында тәжирийбели исши топары ҳәм имам-хатиблерден ибарат елиў басылар ҳәм де шыпакерлер журтласларымызға жолдас болады.
🏨 Мадина қаласында "Grand Shahba", ал Мәккә қаласында "Marmara Group Hotel" мийманханаларында журтласларымыз турады. Мийманханалар 3-4 орынлы болып, 3 мезгил аўқатлар, шийринлик ҳәм ҳәр түрли мийўелер инам етиледи.
💦 Сапар жуўмағында зам-зам суўы саўға қылынады.
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍106❤28🥰5😍5👏4