#сийрат_жарысы
СИЙРАТ ЖАРЫСЫ
Әзизлер! Сиз бенен биз гүўасы болып турған бул Робиъул әўўәл айы әлемлерге мийрим болып келген Пайғамбарымыз Муҳаммад Мустафа саллаллаҳу алайҳи ўа салламның туўылған айы болып есапланады. Сол себепли бул айды Мәўлид айы деп те атайды.
Бүгин яғный, 21-октябрь күни Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында Робиъул әўўәл айы мүнәсибети менен "Расулуллаҳқа муҳаббат - ийманнан" атлы жарыс шөлкемлестирилди. Бул жарыста билим журтымыздың үшинши ҳәм төртинши курс талабалары өз-ара беллести. Ҳәр бир басқыштан еки топар жәми төрт топар өз-ара алған билимлерин устазларының алдында сынаўдан өткерди.
Жарысты билим журты директоры, устаз Шамсуддин Баҳауддинов кирис сөзи менен ашып берип, қатнасыўшыларға жарыста әўмет тиледи. Жарыс жәми бес басқыштан ибарат болды.
Биринши шәрт: "Ислам тарыйхында жүз берген әҳмийетли ўақыялар" бойынша ҳәр бир топардан бир талаба шығып ўақыя ҳаққында мағлыўмат айтып береди.
Екинши шәрт: "Сораўларға тез жуўап қайтарыў".
Үшинши шәрт: "Ҳәдис айтып жарысыў".
Төртинши шәрт: "Қысқа сораўларға жуўап қайтарыў".
Бесинши шәрт: "Ҳәр бир топар ислам тарыйхына тийисли сахналы көринис көрсетиў".
Жарыс қызғын сораў-жуўаплар, мазмунлы ҳәм ибратлы сахналы көринислерге бай болды. Жарыс жуўмағында биринши орынды "4Б курс топары", екинши орынды "3А курс топары" ал үшинши орынды "3Б курс топары" қолға киргизди.
Жарыс жуўмағында қатнасыўшылар мақтаў жарлығы ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
"Аллооҳуммә солли ўә сәллим ўә бәәрик аләә Муҳаммадин ўә аләә әәлиҳии ўә асҳаабиҳии әжмаъийн"
https://t.me/alberuniyuz

Telegram
alberuniy.uz| Rásmiy kanal
Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy orta arnawlı islam bilim jurtı rásmiy saytınıń telegram kanalı