Paziyletuz | Рәсмий канал
72.8K subscribers
23.6K photos
3.01K videos
33 files
29.1K links
Download Telegram
#мақала

САБЫР МЕНЕН БУЛ СЫНАЎДЫ ДА ЖЕҢЕМИЗ!

Расында да, әзизлер, Аллаҳ тааланың биз бенделерге берген неъматларының ишинде сабыр неъматы ең кең ҳәм үлкени есапланады. Сабыр сөзи Қураны кәриймде 103 аятта келген. Сабыр сөзиниң мәнилери оғада көп болып, олардан бири “қыйыншылықта өзин услап турыў” дегени. Ҳәзирде ҳәммемиз ғалабалық қәўипке айланған COVID-19 коронавирусқа қарсы гүресип атырған екенбиз, биз ушын сабырдың мине, усы мәниси зәрүр, деп атап өтти Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Баҳауддинов.



👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#мақала

Жетимлерге ғамқорлық

Ислам дини жәмийетимиздиӊ еӊ меҳирге мүтаж қатламларынан болған жетимлер ҳаққында ҳәмийше қайғырыўға оларға ғамқорлық меҳрибанлық кѳрсетиўге шақырады. Қураний кәрим аятларында Пайғамбарымыз алайҳиссаламныӊ ҳәдислеринде жетимлерге ғамқорлық кѳрсетиў оларға зулым қылмаў оларға тийисли болған мал дүньяларды ысрап қылып жибермеўге ямаса қыянет қылмаўға шақырады.
Жәмийетимизде ата-анасынан ерте айрылып кѳмекке, жәрдемге мүтәж болған жетимлер ушырасады. Динимиз тәлийматы бизлерди ѳз-ара бир-бирлеримизге жақсылық қылыўға, мүтәжлерге жәрдем бериўге буйырар екен, соныӊ ишинде жетимлерге ғамқорлық қылыў, оларды ҳәр тәреплеме кәмил инсан болыўлығына әҳмийет қаратыўға шақырады.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#мақала

ИСЛАМДА ЎАТАНҒА МУҲАББАТ 

Ўатан меҳри түсиниги. Ўатан меҳри ең дәслеп, инсанның өз шаңарағы, үйи, мәҳеллеси ҳәм туўылып өскен жерине болған меҳир-муҳаббаты болып есапланады. Ўатанға муҳаббат жоқары инсаный пазыйлетлерден екени көп айтылады. Бул ҳаққында: «Ўатанды сүйиў ийманнандур» делинген ҳикметти еске түсириўдиң өзи жеткиликли. Ўатанды сүйиў инсанға тән тәбийий туйғы болғаны ушын Ислам оны ийманның бир бөлеги деп қарайды. Атақлы саҳаба Билал разыяллаҳу анҳу Мадинаға ҳижрат қылып, өзиниң муқаддес үлкесин еслеп қосық оқыйтуғын еди. Бул да, әлбетте, ҳәр бир инсанның кеўилинде өзиниң туўылып өскен жерине муҳаббатлы болатуғыны тәбийий екенин билдиреди.

Толық оқыў ушын.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#мақала

Әке наласы

Әкениң ҳақы, меҳри, қайыр-сақаўаты ананыкинен кем емес. Буны ǝке болғаннан соң билемиз, перзентимиз наўқас болғаннан соң, сеземиз. Толық.


👉 Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#әҳмийетли #мақала

ПАЛКЕРГЕ БАРЫП, АЎЫР ГҮНАҒА ҚОЛ УРМАҢ!

Ҳәзирги ўақытта халқымыз арасында палкерлик, дуўаханлық, сыйқыр менен шуғылланып атырғанлар ҳәм оларға мүрәжат етип атырғанлар көплеп ушыраспақта. Тилекке қарсы, олардың арасында динди нықап қылып алған «мақсым аға» атанғанлары да бар. Олар негизинде адамларды емес, өзлерин алдап атыр, нәпсиниң қулына айланып, ийманын сатпақта.
Бундайлар тек диннен шығып, Аллаҳ таалаға гүнакар болып ғана қалмай, ғайыпты билемен, деген даўагерлиги, жалған хабарлары менен адамлар арасына иритки салады, жақынларды бир-биринен айырады, бахытсыз өмир кешириўине себеп болады.
Өкинишлиси, палкерлердиң сөзи менен еки қоңсы бир-бирине душпан, перзент әкеге қарсы, қәйинене-келин, ерли-зайыплар, ҳәттеки туўысқанлар бир-бири менен жүз көрмес болып кетиў ҳалатлары ушыраспақта. Нәтийжеде, қаншадан-қанша шаңарақлардың аўызбиршилигине, тынышлығына зыян жетпекте.
Өзин ийман-итиқадлы есаплаған ҳәр бир мусылман палкерге ҳеш қашан жақынламаўы керек.
Палкердиң жуўабын тастыйықламаған ҳалда сораў бериў де ҳарам. Себеби, палкерликтиң негизи жалғаннан ибарат. Имам Муслим ҳәм Аҳмад рәўият қылған ҳәдисте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким палкерге келип, оннан қандайда бир нәрсе ҳаққында сораса, оның намазы қырық күнге шекем қабыл болмайды», – деди.
Ҳақыйқый мөмин ушын қырық күнлик емес, бир мезгил намазының қабыл болмай қалыўының өзи үлкен мүсийбет есапланады. Бул мүсийбет тек ғана палкерге барып, оннан бир нәрсе ҳаққында сораўдың жазасы. Оның айтқанына исене ме, жоқ па, бул – екинши мәселе.
Имам Аҳмадтың рәўиятында: «Ким палкерге яки порханға келип, оның айтқанын тастыйықласа, ҳақыйқатында да, Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламға нәзил болған нәрсеге күпир келтирипти», – делинген.
Яғный, ким палкерге барып, оған исенсе, оның айтқанын тастыйықласа, күпирге кеткен болады, диннен шыққан есапланады. Аллаҳ сақласын!
Аллаҳ таалаға ҳәм ақырет күнине ийман келтирген бенде ҳәр бир исте Пәрўардигарының разылығын табыўға тырысады. Пайғамбарымыз алайҳиссалам ҳәм де саҳабаи кирамлардың нәсиятларына ереди. Жақсылардан мәсләҳәт алып, жалатай, жалған сөйлейтуғынлардан узақласады. Буның менен өзин ҳақ жолдан адасыўдан сақлайды.
Палкерлер наўқаслыққа шатылып келгенлерге де түрли болар-болмас сөзлерди айтып, жин тийгени, напәк жерди басып алғаны, биреў оған ырым қылып, дуўа оқытқаны, бир нәрселер ислегени себепли кесел болғанын уқтырыўға ҳәрекет етеди. Ал, бүгинги күнде де сондай адамлардың өз дәртине шыпа излеп шыпакерлерге емес, ал палкер, дуўахан, порхан ҳәм қәлпеки тәўиплерге барып атырғаны өкинишли жағдай.
Ислам дини бундай ислерге қарсы аяўсыз урыс ашқан. Динимиз наўқасланған инсанларды ҳақыйқый тәўиплерге, шыпакерлерге барыўға шақырыў менен бирге, оларды түрли палкер, порхан, дуўахан ҳәм көз бояўшыларға барыўдан, олардың гәплерине исениўден қайтарады.
Гейде адамлардың, «палкерлердиң айтқанларының базылары дурыс шығады-ғо», деген гәплерин еситип қаламыз. Ҳақыйқатында да, айырым ўақытлары палкердиң гәпи туўрыға уқсап көринеди. Негизинде, адамларды палкерлер дузағына илиндиретуғын нәрсе де әне сол болады. Әне сол нәрсе не екенлигин Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам баян етеди:
«Ол ҳақтан болған бир кәлийма болып, жинлерден бири оны илип алып, «шериги»ниң қулағына таўықтың ғоқоқлаўына уқсатып, жеткереди. Ал, олар оған жүзден аслам жалғанды араластырып жибереди».
Бул ҳәдистеги «шерик» – палкер. Аўа, палкер жинниң шериги болады. Жин урмаған адам палкер болармеди?! Қайсы бир палкер жақсырақ үйренип шығылса, дәрҳал бул ҳақыйқат айдынласады.
Бәршемизге белгили, палкерлер ғайыпты билиўин айтады, болажақ ўақыялар туўралы хабар бермекши болады. Ал, негизи ғайыпты билиў тек ғана Аллаҳ таалаға тән. Қураны кәриймниң «Анъам» сүресиниң 59-аятында:
«Ғайыптың (жасырын ис ҳәм нәрселердиң) гилтлери Оның (Аллаҳтың) алдында. Оны Оннан басқасы билмейди», – дейди.

Даўамы бар...

https://t.me/paziyletuz
#әҳмийетли #мақала

ПАЛКЕРГЕ БАРЫП, АЎЫР ГҮНАҒА ҚОЛ УРМАҢ!

(Даўамы)

Аллаҳ таала бенделерин Аллаҳтың ғайып ислерин билиўин даўагерлик қылыўшы палкер, дуўахан ҳәм қәлпеки тәўиплерге алданбаўға шақырыў менен бирге бул сыяқлы адамларға ақыретте аўыртыўшы азаплар таярлап қойғанының хабарын береди:
«Және оларға дозақ азабын да таярлап қойдық. Өзлериниң Рәббисине күпир келтиргенлерге жәҳәннем азабы бар. Буншелли жаман жер!» («Мулк» сүреси, 5–6-оятлар).
Тилекке қарсы, ҳәзирги ўақытта да айырым инсанлар палкерлер яки дуўаханлар барлық машқалаларды шешип береди, деп ойлайды. Жумысы жүриспей атырғанлар да, жаман түс көрип, шоршып оянатуғынлар да, түрли дәртлерге жолығып, наўқасланғанлар, саўдасы болмай атырған саўдагерлер, бир нәрсесин жойтып алғанлар, лаўазымды гөзлеген ҳәмелпаразлар, жоқары оқыў орнына кире алмай атырған жаслар, қулласы, көпшилик палкер ямаса дуўаханлардан жәрдем күтеди.
Жумысы жүриспей атырғанлар сол палкер яки дуўаханның өзи жалғыз баслы екенин, шаңарағы бузылған яки ең жақын адамлары да сол машқалаға дус келип жүргенин ойлап көрмейди. Жоқары лаўазымнан үмит етип жүрген ҳәмелпараз, бул адамның қолынан лаўазымға көтериў келсе, ең дәслеп өзи сол лаўазымға өзи ийе болмай ма ямаса неше жылдан берли жумыссыз жүрген балаларын, аға-инилерин жумыс пенен тәмийинлеп қоймаспеди, деп пикир жүритип көрмей ме екен?
Сондай-ақ, палкерлер, ҳақыйқатында да келешекти болжайтуғын болса, шаңарақтан ажырасып, үйине қайтып келип отырған қызының бахтын неге алдыннан көре алмаған?
Адамларға байып кететуғын дуўа жазып берер-миш? Не ушын сол дуўа менен өзи байып кете бермейди? Ҳақыйқатында да, келешекти болжайтуғын болса, не ушын қайсы лотореяда утыс бар екенин, қайсы санлар шығатуғынын билип, утып, байып кетпейди.
Палкер ҳәм дуўаханлар жоқары оқыў орынларына киргизетуғын дуўаларды билетуғын болса, не ушын өзиниң ул-қызлары неше жылдан берли оқыўға кире алмай жүр?
Ҳақыйқатында да, келешекти болжай алатуғын болса, спорт ойынларында қайсы команда утатуғынын алдыннан билип, соған пул тигип, не ушын миллионлаған пулды утып алмайды.
Айырымлар палкерлер өзлерин ақламақшы болып айтыўы мүмкин, лоторея – бул қумар. Ал, қумар – ҳарам деп. Әне усы жерге келгенде олар өзлериниң тилинен өзлери усланады. Динимизде қумар қаншелли ҳарам болса, пал ашыў, аштыртыў да соншелли ҳарам-ғо! Оларға Аллаҳтың кәламы менен жуўап беремиз. Аллаҳ таала Қураны кәриймде айтады:
«Ҳәй ийман келтиргенлер! Әлбетте, хамр (мәс қылыўшы ишимликлер), қумар, бутлар ҳәм (пал ашатуғын) шөплер – шайтанның исинен болған ипласлық. Солай екен, оннан шетлениң. Қәнекей, утысқа ериссеңиз (Маида сүреси, 90-аят).
Палкер ҳәм дуўаханлар себепли бүгин жәмийетлик турмыста көплеген зыянлар, кеўилсизликлер ҳәм қарама-қарсылықлар келип шықпақта. Буның ең кишкенеси ретинде айтыў мүмкин – адамлар арасында душпанлық кейпияты, исенимсизликтиң тарқалыўы. Мәселен, бир адам палкерге басы көп аўыратуғынын айтып, мүрәжат етти. Палкер де бул жағдайда оны емлениўге буйырмайды. Ол өзиниң сада «клиент»ине: «Қәне, бир көрип жиберейин», дейди-де, карта, тас, моншақ таслап ямаса китап ашып: «Сизиң жақыныңызға кимдур дуўа оқытқан. Я ағайинлер арасынан, я қоңсылардан, ямаса бирге жумыс ислейтуғын биреў қатты дуўалатқан. Оған тез қарсы дуўа оқытпасаңыз, ақыбети жаман болады...» – деп оның мийин зәҳәрлейди. Соннан кейин ол үйине барған соң, душпанын излеп баслайды. Жақын арада айтысып қалған ямаса өкпелесип қалған ағайинлери, қоңсылары ҳәм кәсиплеслериниң дизимин дизип, өзинше бир нәрселерди ислеп яки палкерлерге ислетип жүреди. Нәтийжеде, жәмийетте өз ара душпанлық ҳәм исенимсизлик артып бара береди.

Даўамы бар ...

https://t.me/paziyletuz
#мақала

ҮММЕТКЕ ШӘПӘӘТТИ КӨБЕЙТЕТУҒЫН ӘМЕЛ

Динимизде терек егиўдиң пазыйлетлеринен бири дүньяда жақсы әмеллер қылған мөмин бенделерге жәннетте де олар ушын сыйлық тәризинде терек егилиўи болып табылады. Ким нәл, терек ексе, жер бетинде Аллаҳ таалаға сәжде қылатуғын тереклер санының көбейиўине себеп болған болады.

Оның бундай сый-саўапқа ерисиўине себеп сол, ол турмыстың пәраўанлығы, мөминлердиң пайдасы ушын, қалаберсе, тәбияттың және де көркем болыўы ушын өз үлесин қосады. Ол тек өзин ойламады, ал қоршаған орталықтағы инсанлардың да мәпин ойлап, ис тутты, жақсылықтың көбейиўине жәрдем берди. Муқаддес динимизде бундай ислер жоқары қәдирленеди.


Толық оқыў ушын.

https://t.me/alberuniyuz
#мақала

КИЙИНИЎ ӘДЕПЛЕРИ

Әбиў Ҳамид Ғаззалий «Кеўил әжайыбатлары» атлы китабында көркем ҳәм қымбат баҳалы кийимлерге өш болыў шайтанның инсан кеўилин жаўлап алыў ушын киретуғын есиклеринен бири екенлиги ҳаққында жазған.
Толық.

https://t.me/paziyletuz
#мақала

Миссионерлар найрангларидан эҳтиёт бўлинг!

Миссионерлик ҳақида сўз борар экан, аввало  ушбу тушунчанинг луғавий ва истилоҳий маъноларини тушуниб олиш муҳим аҳамиятга эга. Ушбу сўз лотин тилидаги «missio» -  «юбориш», «вазифа топшириш» муайян дин, конфессия, номинация ёки секта вакилларининг ўз диний таълимотини тарғиб қилиш ва тарқатишга қаратилган фаолияти ҳисобланади. 
Миссионер (missionary) ўзи эътиқод қилувчи диний таълимотни ўзга, бошқа дин вакиллари ичида тарқатиш билан шуғулланувчи шахс ҳисобланади. Миссионерлик одатда миллий динлардан бошқа деярли барча динларда учрайди. Миссионерлик фаолиятини фуқаровий мансублик жиҳатидан ташқи (хорижда амалга ошириладиган) ва ички (мамлакат ичида) турларга ажратиш мумкин. Хусусан, христианликнинг католик ва православ йўналишларида миссионерлик билан руҳонийлар шуғулланса, протестант конфессияларида миссионерлик барча диндорларнинг бурчи ҳисобланади.


Толық оқыў ушын

https://t.me/paziyletuz
#мақала

САМАРҚАНД САММИТИ – ГЛОБАЛ МАШҚАЛАЛАР ШЕШИМИ

Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Бүгин дүнья жәмийетшилигиниң нәзери және әййемги ҳәм наўқыран, әпсаналарға бай Самарқанд қаласына қаратылған. Бул жерде 15–16-сентябрь күнлери Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң нәўбеттеги саммити болып өтиўи күтилмекте. Шөлкемниң дүнья жәмийетшилигиндеги тутқан орны, дәрежеси ҳаққында ҳүрметли Президентимиздиң «Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Самарқанд саммити: өза ара байланыстағы дүньяда қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиў» атлы мақаласында ҳәр тәреплеме терең анализ етилип, оның тарийхый әҳмийети ашып берилди. Атап айтқанда, онда Шанхай бирге ислесиў шөлкемин жүзеге келтириўши факторлар, оның мақсет ҳәм ўазыйпалары, ерискен жетискенликлери ҳәм де перспективалы режелери бойынша пикирлери баян етиледи. Толық.

https://t.me/paziyletuz
#мақала

НӘЛ ОТЫРҒЫЗАЙЫҚ, АЛЛАҲ ТААЛАҒА ТАСБИҲ АЙТЫЎШЫ ТЕРЕКЛЕР КӨБЕЙСИН!

Ҳәммемизге белгили, соңғы жыллары елимизде жасыл әлемди қорғаў ҳәм кеңейтиў ислери мәмлекет сиясаты дәрежесине көтерилди. Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев басламасы менен «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде жылына 200 миллион түп терек нәллерин егиў ҳәм буның нәтийжесинде қала ҳәм районлардағы жасыл майданларды ҳәзирги 8 проценттен 30 процентке көбейтиў режелестирилген. Атап айтқанда, жыл ақырына шекем 75 миллион дана ҳәм 2023-жыл бәҳәр айларында және 125 миллион дана мийўели ҳәм декоратив нәллер егиў ўазыйпасы қойылды.
Елимизде өткен жылғы тәжирийбеден келип шығып, 20-октябрьден 1-декабрьге шекем терек егиў бойынша әҳмийетли 40 күнлик жәрияланып, бул бағдардағы қайырлы ҳәм ийгиликли ислер еле даўам етпекте. Толық.

https://t.me/paziyletuz
#мақала

Мәмлекетимизде шерек әсирден зыятлаў дәўир даўамында ерисилген барлық утыслар, ҳәмме бағдардағы раўажланыўға, әсирлерге татыйтығын өзгерислерге, ҳеш гүмансыз, Бас нызамымыз ҳуқуқый негиз болып хызмет етти.
Тийкарғы Нызамымыз халқымыздың көп әсирлик тәжирийбеси, қайталанбас менталитети, шексиз үрп-әдетлери, өзине сай арзыўларына байланыслы ислеп шығылған. Итибарлы тәрепи, ондағы нормалар муқаддес динимиз қағыйдаларына да толық муўапық келеди. Бул болса жәҳән мәмлекетлериниң ҳәммесинде де бар емес!
Ҳәзирги дүньяны бақласаңыз, айырым еллерде даўам етип атырған урысларды көрип жаға услайсыз. Шет еллер ҒХҚ тарқатып атырған хабарларды оқыўға, көриўге шыдамаймыз...
Сол ушын шүкирлик қылыўымыз зәрүр! Елимизде 16 диний конфессия 130 ден артық миллет ўәкиллери өз-ара татыў жасамақта. Конституциямыздың 18 статясында «Өзбекстан Республикасында барлық пуқаралар бир қыйлы ҳуқуқ ҳәм еркинликлерге ийе болып, жынысы, расасы, миллети, тили, дини, социаллық аҳўалы, итиқады, шахсы ҳәм жәмийетлик дәрежесине қарамастан, нызам алдында тең» деп белгилеп қойылған.
Ал, Қураны кәриймде Бақара сүресиниң 256-аятында «Динде зорлаў жоқ, өйткени, туўры жол қәте жолдан айырылды...» деп, инсан қәдири жоқары екени, ҳәр бир шахстың ҳуқуқый қол қатылмаслығы кепилленген.
Ислам дини кекселерге ҳүрмет көрсетиў, оларға итибарлы болыўға шақырады. «Рәббиңиз Оның Өзине ғана ибадат қылыўыңызды ҳәм ата-анаға жақсылық қылыўды буйырды. (Ҳәй инсан!) Егер олардың бири яки ҳәр екеўи алдында кекселик жасына жетсе, оларға «уф!..» деме ҳәм оларды жеркиме! Оларға (бәрқулла) жағымлы сөз айт!» деп мәрҳәмат қылынады Қураны Кәриймниң Исро сүресиниң 23-24 аятларында.
Конституциямыздың 66-статясында «Ержетпеген, мийнетке жарамлы перзентлер өз ата-аналары ҳаққында ғамхорлық қылыўға мәжбүр» деп белгиленген.
Жоқарыдағы аяты кәрийма ҳәм ҳәдиси шәрийф пенен Бас Нызамымыздың 66-статясында келтирилген нормаларды оқыған адам динимиздиң қаншелли уллы, Конституциямыздың қаншелли халықшыл екенине тағы бир мәрте исенеди.
Жуўмақлап айтқанда, Конституциямыз – мәмлекетимиздиң тек социаллық-экономикалық раўажланыўының ҳуқуқый тийкарлары емес, бәлки руўхыйлығымыз, ағартыўшылығымыз, миллий қәдириятларымызды қорғаўдың ҳуқуқый тийкары!


Иброҳимжон устаз ИНОМОВ
Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы орынбасары.

https://t.me/paziyletuz
#Раддия
#мақала

Намазда қолларды көкирек үстине байлаў мәкируҳ әмел екенине дәлийл

Толық оқыў ушын силтемени басың:

https://www.paziylet.uz/single?id=818

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#мақала

"МӘНАЎИЙ ҚӘЎИПТЕН САҚЛАНАЙЫҚ".

⚡️ ТОЛЫҚ...

© Аминжан Набатов.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#мақала

"МӨМИНДИ КҮПИРДЕ АЙЫПЛАМАҢ!".

⚡️ ТОЛЫҚ...

© Абдулазиз Идрисов.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#мақала

Тема: "АТА-АНАҒА ЖАҚСЫЛЫҚ ҚЫЛЫЎ ЖАРАТҚАННЫҢ РАЗЫЛЫҒЫ".

⚡️ ТОЛЫҚ...

© Аминжан Набатов.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#мақала

Тема: "Динимиз ата-анаға жақсылық етиўге буйырады".

⚡️ ТОЛЫҚ...

© Жалалатдин Абдираззақов.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#мақала

Тема: "ФИТНА - МАЪНАВИЙ ИЛЛАТ".

⚡️ ТОЛЫҚ...

© Муҳаммаджон Отажонов.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#мақала

🔹 Тема: "ҚОҢСЫЛАРҒА ЖАҚСЫЛЫҚ ҚЫЛЫЎ- ДИНИМИЗДИҢ ТАЛАБЫ".

«Қоңсы» дегенде үйи-жайы, бағы ямаса дүканы жақын инсанлар нәзерде тутылады. Бир сөз бенен айтқанда ҳәўли қоңсы, бағ қоңсы ҳәм дүкан қоңсыға уқсас қоңсылар болыўы мүмкин. Шәриятта жақсылық қылыў, жаманлық қылмаў нәзерде тутылған қоңсылар кимлер деген сораў туўылады. Исламда жәмийетлик байланыслар ҳаққында сөз еткенде, қоңсышылық байланысларына үлкен әҳмийет бериледи.

⚡️ ТОЛЫҚ...

© Жалалатдин Абдиразақов.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM