CHATGPT ДЕН ДИНИЙ СОРАЎЛАРҒА ЖУЎАП АЛЫЎ
#заманагөй_мәселелер
❓ 1711-СОРАЎ: Chatgpt (жасалма интеллект) арқалы диний сораўларымызға жуўап алсақ бола ма, усы жуўапларға әмел қылсақ бола ма?
💬 ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Яқ, бул дурыс емес. Расында да, chatgpt платформасы айырым тараўларда адамларға пайда берип атыр. Бирақ, диний сораўларға дурыс жуўап бериўге әззилик етеди. Себеби, ол да инсан факторы тәрепинен ислеп шығарылған бир өним. Қалаберсе, гейде сораўларға болжаўлы жуўаплар, ҳәтте бул мәселе пәлен китапта бар деп, арабша текстлер де бериўи мүмкин. Бирақ, ол келтирген текстлер я ол айтқан китапта, я басқа фиқҳий дереклерде ушыраспайды. Соның ушын шәрий мәселелерге илим әҳли, қәнигелерге мүрәжат етиў арқалы шешим табыў керек. Аллаҳ таала аяты кәриймде былай деген:
فَاسْأَلُوا أَهْلَ الذِّكْرِ إِنْ كُنْتُمْ لَا تَعْلَمُونَ
"Егер билмейтуғын болсаңыз, зикир әҳлинен сораң!" (Әнбия сүреси, 7-аят). Мусылман адам бир нәрсени билмей қалса, оны билетуғын адамнан, сол тараўдың "зикр әҳли"нен үйрениўи лазым болады. Солай екен, исеним ҳәм дин-диянатқа тийисли нәрселерди де сол тараўдың билимданларынан сораў талап етиледи. Уллы табеийн Ибн Сийрийн раҳимаҳуллаҳ былай деген:
إن هذا العلم دين فانظروا عمن تأخذون دينكم. رواه مسلم
"Әлбетте, бул илим - дин. Сонлықтан, дининизди кимнен алып атырғаныңызға қараң" (Имам Муслим рәўияты).
Бул гәптиң шолыўында Молла Әлий Қарый раҳимаҳуллаҳ былай деген:
"Бул илим" сөзи делингенде Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам үмметке алып келген Қураны кәрийм ҳәм ҳәдиси шәрийфтен ибарат болған тәлиймат нәзерде тутылған. Оны исенимли ҳәм әдалатлы инсанлардан алып атырсыз ба я жоқ па, соған нәзер салың, яғный қай жерден, кимнен илим алып атырғаныңызды анық билиң". ("Мирқотул мафотиҳ" китабы). Ўаллаҳу аълам.
Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа орайы.
__
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

CHATGPT ДАН ДИНИЙ САВОЛЛАРГА ЖАВОБ ОЛИШ
#замонавий_масалалар
❓1711-САВОЛ: Chatgpt (сунъий интеллект) орқали диний саволларимизга жавоб олсак бўладими, шу жавобларга амал қилсак бўладими?
💬 ЖАВОБ: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳим. Йўқ, бу жоиз эмас. Тўғри, Chatgpt платформаси айрим соҳаларда инсонларга фойда бермоқда. Аммо диний саволларга тўғри жавоб беришга ожизлик қилади. Чунки у ҳам инсон омили томонидан ишлаб чиқилган бир маҳсулот. Қолаверса, баъзан саволларга тахминий жавоблар, ҳатто бу масала фалон китобда бор деб, арабий иборалар ҳам бериши мумкин. Лекин у келтирган иборалар на у айтган китобда ва на бошқа фиқҳий манбаларда учрамайди. Шу боис шаръий масалаларга аҳли илм, мутахассисларга мурожаат қилиш орқали ечим топиш даркор. Аллоҳ таоло ояти каримада шундай марҳамат қилган:
فَاسْأَلُوا أَهْلَ الذِّكْرِ إِنْ كُنْتُمْ لَا تَعْلَمُونَ
"Агар билмайдиган бўлсангиз, зикр аҳлидан сўрангиз!” (Анбиё сураси, 7-оят). Мусулмон одам бирор нарсани билмай қолса, уни биладиган кишидан, ўша соҳанинг «зикр аҳли»дан ўрганиши лозим бўлади. Шундай экан, эътиқод ва дину-диёнатга тегишли нарсаларни ҳам шу соҳанинг билимдонларидан сўраш талаб этилади. Буюк тобеий Ибн Сирин роҳимаҳуллоҳ шундай деганлар:
إن هذا العلم دين فانظروا عمن تأخذون دينكم. رواه مسلم
Албатта, бу илм диндир. Бас, динингизни кимдан олаётганингизга қаранглар” (Имом Муслим ривояти).
Мазкур иборанинг шарҳида Мулла Али Қори раҳимаҳуллоҳ бундай деганлар:
“Бу илм” сўзидан мурод Расулуллоҳ соллаллоҳу алайҳи васаллам умматга олиб келган Қуръони карим ва ҳадиси шарифдан иборат бўлган таълимотдир. Уни ишончли ва адолатли зотлардан олмоқдамисиз ёки йўқ, шунга назар солинглар, яъни қаердан, кимдан илм олаётгангизни аниқ билинглар”. (“Мирқотул мафотиҳ” китоби). Валлоҳу аълам.
Ўзбекистон мусулмонлари идораси
Фатво маркази.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤120👍51😍5👏2