Paziyletuz | Рәсмий канал
73.2K subscribers
27.7K photos
4.11K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
#рамазан_2024 #ораза #рәўият

АЛЛАҲ ТААЛА ОРАЗА ТУТЫЎШЫҒА ЕКИ НУР БЕРЕДИ

Рәўиятларда айтылады: Aллаҳ тaала Муўса алайҳиссаламға: «Ҳәй Муўса! Мeн Муҳаммадтың үмметине еки нурды бердим, олар сол еки нурды алса, оларға еки қараңғылық зыян жеткизбейди», дeди.
Муўса алайҳиссалам: «Я Рәббим, ол еки нур не?» дeп сорады.
Aллаҳ таала: «Бириншиси Рaмaзанның нуры, екиншиси Қуранның нуры», дeди.
Муўса алайҳиссалам: «Я Рәббим, еки қараңғылық не?» дeп сорады.
Сонда Aллаҳ таала aйтты: «Бириншиси қәбир қараңғылығы, екиншиси Қыямет күниндеги қараңғылық».


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍256117🥰21😍1311
#рәўият #рамазан_2024 #ораза

Ораза тутқан адам ушын Арштың астына дастурхан жайылады

       Анас разыяллаҳу анҳу рәўият қылады: «Ораза тутқан адамлардың аўзынан мушк аңқып турады ҳәм олар ушын Арштың астына дастурхан жайылады. Қыяметте адамлар есап-санақ қылынып атырғанда, ораза тутқан адамлар зыяпатта отырады».
       «Аллаҳтың көз көрмеген, қулақ еситпеген ҳәм инсанның ойына келмеген дастурханы бар. Оның дөгерегинде тек ораза тутқан адамлар ғана отырады».
      Сол ўақытта есап-санақ қылынып атырған адам: «Рәббимиз, биз есап берип атырмыз, неге олар зыяпатта отырыпты?» – деп сорайды. Оларға: «Олар ораза тутқанында, сизлер ораза тутпаған едиңиз», деп жуўап бериледи екен.


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍20683😍18👏96🥰1
#рәўият #рамазан_2024 #рамазанның_пазыйлети

Рамазан – мағфират айы

Рамазан айының ортасындағы он күни тек Рамазанның емес, ал сол жылдың «мағфират күнлери» болып есапланады.
Әбиў Фазл Рамазан пазыйлети ҳаққында Салман разыяллаҳу анҳудан қылған рәўиятта Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ол алды раҳмат, ортасы мағфират ҳәм ақыры дозақтан азат болыў пурсаты болған ай», деген.
Рамазанның ақырғы кешеси мағфират кешеси.
Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳу айтады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: «О (Рамазан)ның ақырғы кешесинде ораза услаўшылардың гүналары кешириледи», деди. Олар: «Ҳәй Аллаҳтың Расулы, ол Қәдир кешеси ме?», деп сорады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: «Яқ, бирақ жумысшы жумысын орынлап болғаннан кейин сыйлығы – ҳақысы толық қылып бериледи», деди.
Имам Аҳмад
рәўият қылған.

👇
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍13157👏3😍1
#рәўият

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: "Бир адам басқа аўылдағы достын жоқлап барды. Оның изинен Аллаҳ таала бир периштени гүзетиўши етип жиберди. (Периште) оннан:
– Қаяққа баратырсаң, – деп сорады.
– Усы аўылдағы достымның алдына, – деп жуўап берди киси.
– Онда саған қандайда бир пайда беретуғын нәрсе бар ма? – деди периште.
Ол:
– Яқ. Бирақ, мен оны Аллаҳ ушын жақсы көремен, деди.
Сонда периште:
– Мен саған Аллаҳ тәрепинен жиберилген елшимен. Достыңды Аллаҳ ушын жақсы көргениң сыяқлы Аллаҳ таала да сени жақсы көреди, – деди". (Имам Муслим рәўияты).

"Ең ҳүрметли үммет" китабынан.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍17576🥰15😍84👏1
#рәўият

     Өткен уламалардан бири айтады: «Жума күни намазлыгер менен шамның арасында дуўа қылғанымда Рәббим дуўаларымды қабыл ете бергенинен ҳәтте (Рәббимнен бир нәрсени сораўға) уялатуғын болып қалдым».

   Әзизлер, бүгин Жума. Дуўалар қабыл болып, гүналар кеширилетуғын күн. Әсиресе рәўиятта келгениндей намазлыгер менен шамның арасында кеўилимизге түйип қойған жақсы нийет, арзыў-тилеклеримизди, шаңарақларымыз аманлығын Аллаҳ тааладан дуўа етип сорайық. Аллаҳ дуўаларымызды, тилеклеримизди қабыл етсин!

📖 Бул сәтлерди гәниймет билип, үнемли пайдаланып қалайық!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
75👍61👏8🥰2
#рәўият

🙄 ШҮКИРШИЛИКТИҢ ҲӘМ САҚЫЙЛЫҚТЫҢ ЕҢ АҒЛА КӨРИНИСИ

    Әбиў Зарр Fифарий разыяллаҳу анҳу дүнья буйымларына ҳеш қызықпайтуғын еди. Өзине жетерли болған нәрселер менен шекленер еди.
    Әбиў Зарр Fифарий разыяллаҳу анҳудың досларынан бири оның ески кийим кийип жүргенин көрип:
    «Сениң буннан басқа кийимиң жоқ па?! Бир неше күн алдын үстиңде жап-жаңа еки кийим көрген едим-ғо!» – деди.
    «Ҳәй бирәдарымның улы! Оларды өзимнен көре мүтәжирек адамға бердим», – деди.
    «Аллаҳға ант, әлбетте, сен өзиң оларға мүтәжсең», – деди жаңағы адам.
Сонда, Әбиў Зарр Fифарий разыяллаҳу анҳу:
    «Аллаҳым, Өзиң кешир! Ҳәй достым! Әлбетте, сен дүньяны улығлайды екенсең. Мениң үстимдеги мына шапанды көрмей атырсаң ба?! Менде жума намазы ушын және биреўи бар. Мениң саўып ишетуғын ешким, минетуғын ешегим бар. Бизде бар неъматтан уллырақ неъмат бар ма?!» – деди.

📖 «Ҳәдис ҳәм турмыс» китабынан

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍111455👏5😍1
#рәўият

Әбиў Зарр Fифарий разыяллаҳу анҳу бир күни адамларға төмендегилерди айтты:

«Халилим Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам маған жети нәрсени ўәсият қылған:

🔹Ол маған мискинлерди жақсы көриўди ҳәм оларға жақынласыўды буйырған.

🔹Ол маған өзимнен төменге нәзер салыўымды, өзимнен жоқарыға нәзер салмаўымды буйырған.

🔹Ол маған биреўден бир нәрсе сорамаўымды буйырған.

🔹Ол маған силаи раҳм қылыўымды буйырған.

🔹Ол маған ашшы болса да, ҳақты айтыўымды буйырған.

🔹Ол маған Аллаҳ ушын маламатшының маламатынан қорықпаўымды буйырған.

🔹Ол маған «Ләә ҳаўлә ўә ләә қуўўәтә илләә билләәҳи»ди көп айтыўымды буйырған», – деди.

Әбиў Зарр Fифарий разыяллаҳу анҳу Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның усы ўәсиятларының ҳәммесин әмелге асырып өткен.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍9442👏7🥰43
#рәўият

​​ТУЎЫСҚАНЛАР МЕНЕН БАЙЛАНЫСТЫ ҮЗБЕҢ!

      Аға-ини бир-бири менен қапаласып қалыпты. Ағасы “Иним жасы киши, келип кеширим сорар”, – деп күтипти. Ол да келе қоймапты. Шыдамаған ағасы ақыры инисине келеди, сөйтсе иниси де ағасын қатты сағынып жүр екен. Ағасын көрип, қатты қушақлап, өкирип жылап жиберипти. Сонда ағасы:
– Сен жас кишисең ғой, неге биринши болып келип кеширим сорамадың? – депти.
     Сонда, иниси:
– Әжаға, ким биринши болып кеширим сораса сол биринши жәннетке киреди, дейтуғын еди. Жәннетке биринши сизиң кириўиңизди ҳәм мол саўапларды сиз алыўыңызды қәледим, – депти, көз жасын сүртип.


🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
197👍124👏15😍12
#рәўият #тәрбия

🍀АНАҒА БОЛҒАН ҲҮРМЕТТИҢ ЕҢ ЖОҚАРЫ ҮЛГИСИ

     Даўыт ибн Қайстан рәўият қылынады:
     «Бир адам маған хабар берди. Әбиў Ҳурайра азанда үйинен шықпақшы болса, кийимлерин кийип, анасының алдына келип:
      «Ассаламу алайкум, анажан ўа раҳматуллаҳи ўа баракатуҳ! Мени кишкенелигимде тәрбия қылғаныңыз ушын Аллаҳ сизди жақсы сыйлықласын!» – дер еди.
      «Балам, қартайғанымда маған жақсылық қылғаның ушын сени де Аллаҳ жақсы сыйлықласын!» – дейтуғын еди анасы.
      Кейин шығатуғын еди. Қашан қайтса,  және соған уқсаған гәпти айтар еди».

      Мине, перзент пенен ананың арасында болатуғын мүнәсибеттиң үлгили бир көриниси. Уллы саҳаба, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның медресесин питирген Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳу ананы ҳүрмет қылыў бойынша дүньядағы бәрше перзентлерге үлгили сабақ өтпекте.


📚«ҳәдис ҳәм турмыс» китабынан

🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
118👍86🥰15👏6😍6
#рамазан_2025 #ораза #рәўият

ОРАЗА ТУТҚАН АДАМНЫҢ ДӘРЕЖЕСИ!

      Муўса алайҳиссалам Рәббисине жалбарынып:
«Я Рәббим! Ҳеш бир бендеңди мени ҳүрметли қылғаныңдай ҳүрметли қылдың ба? Өйткени, Сен маған өзиңниң кәламыңды еситтирдиң», – деди.
       Сонда Аллаҳ таала: «Ҳәй Муўса! Мен сен менен сөйлескен ўақтымда арамызда жетпис мың перде бар еди. Бирақ, ақыр заман болғанында Мениң сондай бенделерим болады, Мен оларды Рамазан айы менен ҳүрметли қыламан, оларға Мен бул мүбәрек айда оғыры жақын боламан. Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның үммети ораза тутып, ерини ағарып, реңи сарғайып аўыз ашарға отырған пайытларда Мен сол перделерди көтеремен. Ҳәй Муўса! Рамазан айында қарны аш қалып, баўыры күйгенлерге Жәннет болсын. Мен оларды жамалымды көриўдей үлкен бахытқа жеткиземен”.


     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
283👍144🥰28😍14👏84
#рамазан_2025 #ораза #рәўият

🙄ИФТАРЛЫҚТЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ

     Ифтарлық бир қарағанда кешки тағамланыў. Бирақ усы әйтеўир тағамланыў ораза тутыўшы адам ушын уллы пайзыйлет саналады, қуўаныш ҳәм қайыр-берекет себепшисине айландырылған. Ҳәттеки барлық пайғамбарлар ифтарлық қылыўға буйырылған.
     Имам Табараний Ибн Аббас разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылған ҳәдисте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Биз – пайғамбарлар жәмәәти ифтарды ерте қылыўға ҳәм сәҳәрликти кешлетиўге буйырылғанбыз», деген.

      Имам Бухарий Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылған ҳәдисте былай делинеди: «Ораза тутыўшыға еки қуўаныш бар. Олар: Ифтар қылғанда сүйсинеди ҳәм қашан Рәббисине жолыққанда, оразасы менен сүйсинеди», деген.

     Имам Бухарий Саҳл ибн Саъд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Адамлар ифтарға асығады екен, жақсылықта болып барабереди», деген».

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍20463🥰8👏5😍54
#рәўият #рамазан_2025 #рамазанның_пазыйлети

Рамазанда жақсы әмеллердиң саўабы бир неше есеге көбейтип бериледи

   Рамазан ҳаққында Салман Фарсийден рәўият қылынған узын ҳәдисте: «Ким онда ықтыярлы тәризде бир жақсы ис қылса, тап бир парызды орынлағандай болады. Ким онда бир парызды орынласа, жетпис парызды ислегендей болады», делинген.
     Ибн Ражаб раҳматуллаҳи алайҳи айтады: «Оразаның сонда да басқа әмеллерге қарағанда саўабы бир неше есе көп болғаннан кейин, Рамазанның оразасы да басқа оразаларға қарағанда бир неше есе үстем болады. Бул оның ўақтының шарапаты ҳәм ол Аллаҳ парыз қылған ораза болғаны ҳәм Ол бул оразаны Ислам қурылған сүтинлериниң бири қылғаны итибарынан».
      Рамазанда жақсы әмел қылған адам тәбийий тәризде оны ораза тутқан ҳалда орынлайды. Бир әмелди ибадат ишинде қылыў оны басқа ўақыт қылыўдан көре пазыйлетли ҳәм саўаплы болады.
(muslim.uz)

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍16548🥰9👏42😍2
#рамазан_2025 #рәўият

🤲 Аллаҳты зикир ет

Ҳашим ибн Зияд ағасы ҳаққында айтады: «Ала ибн Зияд ҳәр жума түнин ибадат пенен өткерер еди. Бир күни ол шаршады, ҳаялына: «Асма, мен шаршадым. Пәлен ўақыт киргенде мени оят», деди. Ҳаялы «Яқшы» деди. Бирақ, айтылған ўақытта оятыўды умытты. Ала ибн Зиядтың түсинде бир адам келип, оның маңлайынан услап, «Ибн Зияд, тур, Аллаҳты зикир ет, Аллаҳ та сени еслейди», деди. Ол оянып кетти ҳәм қайтыс боламан дегенше ҳәр түнде Аллаҳ тааланы зикир ететуғын болды. Аллаҳ оны мийримине алсын».

«Жақсылар гүлшаны» китабынан

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍16873👏10🥰94😍3
#рәўият

   НИЙЕТТИҢ ӨЗИНДЕ САЎАП БАР

     Таҳанаўий раҳматуллаҳи алайҳ “Хутубат” китабында бир ҳикаяны келтиреди.
     “Уламалардан бири таза үй қурған шәкиртиниң үйине мийманға келди. Дийўалдағы Қуяштың нуры түсип турған айнаны көрип: “Бул айнаны неге қойдың” дейди.

   Шәкирт:
   “Қуяштың нуры түсип турсын, деп қойдым", деди.

   Устаз:
   “Саўаптан қуры қалыпсаң. Егер “Намаз ўақты киргенин ҳәм мешиттеги азанды еситиў ушын” деп нийет қылғаныңда, мына айна өз орнында турар екен, нийетиңе жараса саўапқа да ийе болар едиң, Қуяштың нуры да түсип турар еди”, деген екен.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
100👍84🥰5😍5
#рәўият
 
ИМАМ БУХАРИЙДИҢ АНАСЫ

      Перзентлерин жер-көкке исенбей жүрген Фатиманы Аллаҳтың және бир имтиҳаны күтип турар еди. Бир күни енди жүрип баслаған перзенти Муҳаммад тай-тай басып жүрип баратырып жығылды. Сонда жерде жатқан бир шақа оның еки көзине зақым жеткерди. Арадан төрт күн өтип ана перзентиниң көрмей атырғанын сезип қалды. Фатима дүньясын умытты, тилинен Аллаҳтың зикри түспей қалды. Ол сол ўақытта перзентиниң көриўи ушын ийманынан басқа ҳәмме нәрсени бериўге таяр еди. Үлкен баласы менен Бухараның атақлы ҳазийқ (исенимли) тәўиплерине барды.
      Фатима тәўип алдынан босасып, аяқ-қолы жансыз ҳалда қайтты. Қартайған, көзлери қысық, қалтыраған қолы менен тәўип перзентин еринбей тексерип көрип, даўалаўға әззи екенин айтты.  Артынан «Үмит жалғыз Аллаҳтан!» деп кеўлин көтерип те қойды.
     Сол сааттан баслап Фатимаға өмириниң қызығы қалмады. Неше күн түнлери уйқысыз, күндизлери ораза тутар еди. Тоқтаўсыз намаз оқыйды. Жайнамазы көз жасларынан сығып алынғандай суў болып қалар еди. Аллаҳ таалаға жалбарынды, перзентиниң кеселине шыпа сорайды.
     Әне сондай күнлердиң биринде Фатима түс көреди. Ҳаса услаған келискен, шырайлы жүзли, көркем сақаллы бир шайх түсине кирди. Кейин билсе, Ибраҳийм ҳалийлуллаҳ екен. Ол инсан Фатиманың алдына келип, оған шад болған ҳалда: «Ҳәй ҳаял, Аллаҳға көп жалбарынып жыладың, тынбай дуўалар қылғаның бийкарға кетпеди, меҳрибан Аллаҳ улыңның көзлерин қайтарып берди!», деди.
     Уйқыдан жүреги шәўкилдеп оянды. Асығып таҳарат алды ҳәм перзенти жатқан ханаға жүгирди. Кирип қараса, көзи және ҳәмме жақты көре баслаған улы орнында күле шырай берип жатар еди. Ҳаял тақўасы сыйлығына берилген бул жақсылықтан жүдә сүйинди. Аллаҳ таалаға есапсыз шүкирлер айтты, мақтаўлар жоллады.
     Анасы буншелли сүйип-еркелетип өсирген Муҳаммад кейиншелли ҳәдис илиминиң султаны, уллы муҳаддис болып жетискен Муҳаммад ибн Исмаил Бухарий (Имам Бухарий) еди.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍22688🥰9👏8😍31
#рәўият

АШ ЖҮРИЎДИҢ ПАЗЫЙЛЕТИ

Ҳәзирет Мәўлана Зулфиқар Аҳмад Нақшбандый айтады:

«Баязид Бистамий раҳматуллаҳи алайҳ бир күни аш жүриўдиң пазыйлети ҳаққында айтып атыр еди.
Сонда бир адам:
«Ҳәзирет! Ашлықтың да пазыйлети бар ма?», деди.
Баязид Бистамый раҳматуллаҳи алайҳ:
«Аўа, егер Фиръаўнға ашлық жеткенде еди, онда ол ҳеш қашан "Мен қудайман", деп айтып шықпаған болар еди. Фиръаўнның қарны ҳәмме ўақыт тоқ болғаны ушын, мен қудайман, деп айтып шықты», деди.

Инсанның қарны ҳәмме ўақыт тоқ жүрсе, онда ол бенде өзиниң ҳәддин умытады. Аллаҳ таала биз әззи бенделерге өз ҳәддимиз ҳәм дәрежемизди билдириў ушын да Рамазан оразасын парыз етти. Нәтийжеде бизлер ашлықты да, шөллеўди де билемиз. Сонда бизлер аўқат таба алмай жүрген, суў таба алмай жүрген бийшара, мискин, ғәрип адамлардың аўҳалын түсинемиз. Демек, оразада жүдә көп ҳикметлер бар екен».

👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍25597👏12🥰8😍52
#рәўият

🥖БИР БӨЛЕК НАН...

Күнлик ырысқын жүк тасыў арқалы табыўшы бир жигит намаз оқып болып былай дуўа етти:
- "Я Рәббим, маған не берсең де қайырлысын бер. Бир бөлек нанды несип етсең де қайырлысын несип ет”.

Жүк тасыўшының күнде бундай дуўа етиўи басқаларды ҳайран қалдырар еди.

Бир адам оннан сорады:
- Ҳәй достым, сен неге намаз оқып болып,
- "Я Рәббим маған не берсең де қайырлысын бер. Бир бөлек нанды несип етсең де қайырлысын несип ет", деп Аллаҳға илтижа етесең. Нанның да қайырлы емеси бола ма?

Жүк тасыўшы былай деди:
– Бирәдар, мениң басыма түскен ислерди билгениңде, сен де усындай дуўа еткен болар едиң.

Адамлар қызығып сорады:
– Басыңа түскен исти айтып бер, бизлер де еситейик.

Жүк тасыўшы айта баслады:
– Бир күни аўыр жүкти көтерип қыя жерден жоқарыға шығып атыр едим. Ҳалдан тайып, үстимдеги жүкти жерге түсириўге мәжбүр болдым. Маңлайымнан шыққан терди сыпырып атырып, иш-ишимнен былай дедим:
- "Я Аллаҳ, несибем болған бир бөлек нанды қандай қыйыншылықлар менен бересең! Мени терге батырмай, жейтуғын нанымды отырған жеримнен қозғалтпай, берип қойсаң болмай ма?!"

Бул гәпим аўзымнан шығар-шықпас, алдымда еки адам жағаласып атырғанын көрип қалдым. Индемей тура алмай, оларды ажыратыўға урындым. Сонда олардан биреўиниң мушы бетиме тийип кетип, мурным қанап қалды. Жетип келген миршаблар мени де жәнжеллесип атыр деп ойлап, мени де алып кетти.

Зинданда жатқанымда миршаблар ҳәр күни маған нан әкелип берди. Аспанға қарап жатар екенмен, қайғыға батқаным ушын бул бийпул, қыйыншылықсыз нан тамағымнан өтпеди.

Өз-өзиме:
- "Әне енди жүк те тасып атырғаның жоқ, маңлайыңнан тер де ағып атырған жоқ. Мине саған бийпул келген нан. Тойғаныңша же”, дер едим.

Себеби азатлықта маңлайымнан тер ағып табылған гүлше зинданда бийпул берилген наннан шийрин еди. Сонда натуўры дуўа еткенимди түсинип жеттим. Сол күннен баслап дуўамды өзгерттим. Аллаҳ тааладан мудамы қайырлы ырысқы бериўин сорайман.

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍41199👏23🥰8😍5
#рәўият

Әбиў Ҳурайрадан рәўият қылынады:
«Адамлардың ең сықмары – сәлем бериўге сықмарлық қылғаны. Адамлардың ең әззиси – дуўа қылыўға әззи адам».
Шолыў: Ҳақыйқатында да, сәлем бермеген адам ең сықмар адам есапланады екен. Ал, ең аңсат, ең жақсы нәрсе болған дуўаны да қылмайтуғын адам ең әззи адам болады екен.

"Әдеплер ғәзийнеси" китабынан.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
110👍80👏8🥰73😍1
#рәўият

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтқан: "Бул дүнья – мөминниң зинданы, кәпирдиң жәннети"

(Имам Термизий рәўияты).

Зикир етилиўинше, Ҳафыз ибн Ҳажар Асқаланий раҳимаҳуллаҳ қазы үлкен лаўазымда отырған ўақытларында күнлердиң биринде жақсы кийинип, әжайып безетилген көликке минип, изинен бир неше шәкиртлерин ертип базар аралап баратырса, алдынан май сиңген кийимде, қолаңса ийисли бир яҳудий май сатыўшы шықты да шайхтың жолын тосып, көлигиниң жүўенинен услап: Ҳәй шайх, сизлердиң пайғамбарыңыз айтпаған ба еди: бул дүнья – мөминниң зинданы, кәпирдиң жәннети, деп? Қәне саған зиндан болғаны, қәне маған жәннет болғаны? - деди.  Сонда Шайх яҳудийге жуўап ретинде: Аллаҳ тааланың маған ақыретте таярлап қойған неъматларына салыстырғанда, мен ҳәзир зинданда турғандайман. Бирақ, саған ақыретте таярлап қойған азапларға салыстырғанда, сен ҳәзир жәннеттесең, деди. Алымның усы жуўабын еситкен яҳудий тәўбе қылып, ийман келтирди.

Файзул қодир.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍1464310😍7👏3
#Рәўият #Дуўа

Даўыт алайҳиссалам Пәрўардигарға былай илтижа қылыпты: "Аллаҳым, Сеннен төрт нәрсени тилеймен ҳәм төрт нәрседен Сеннен пана тилеймен.
Тилеклерим:
🔸 Сени зикир қылыўшы кеўил;
🔸 Шүкир етиўши қәлб;
🔸 Сабырлы дене;
🔸 Дүнья ҳәм ақыретте маған жәрдемши бир өмир жолдас.

Сеннен пана сорағанларым:
🔸 Өзин үлкен тутыўшы әдепсиз-арсыз перзенттен сақла;
🔸 Ерте қартайтыўшы итаатсыз ҳаялдан сақла;
🔸 Обадай жүги бар, жақсылықсыз мал-дүньядан сақла;
🔸 Кемшилигимди әшкара қылыўшы жаман қоңсыдан сақла!"

"Ески дүнья рәўиятлары" китабынан

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

  Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍15958👏10😍4🥰2