#Рамазан_ҳайыты_2024
🌙 РАМАЗАН ҲАЙЫТЫ ҲАҚҚЫНДА
🌐 Өзбекстан мусылманлары басқармасы Уламалар Кеңесиниң нәўбеттеги онлайн мәжлиси болып өтти. Онда Рамазан ҳайытын көтериңки руўхта өткериўге тийисли күн тәртибиндеги бир қатар мәселелер талқыланды.
💬 Жыйналыста уламалар ҳәм тараў қәнигелери тәрепинен Рамазан ҳайыты қайсы күнге туўры келиўи ҳәм ҳижрий 1445-жыл Шәўўәл айы ҳилалын гүзетиў бойынша исленип атырған ислер ҳәм де астрономиялық есап-санақлар толық анализ етилди.
🔭 Сондай-ақ, дүньядағы үлкен пәтўа басқармалары ҳәм белгили астрономия институтлары хабарлары толық көрип шығылды. Туркий мәмлекетлер диний басқармалары жуўапкерлери менен де усы мәселе кең талқыланды.
🗣 Өзбекстан мусылманлары басқармасы Уламалар Кеңеси фиқҳий қағыйдалар, астрономиялық есап-санақ ҳәм гүзетиўлерге сүйенген ҳалда усы жылда үлкемизде Рамазан ҳайыты 2024-жыл 10-апрель, сәршемби күнине туўры келиўи күтилип атырғанын мәлим етти.
Өзбекстан мусылманлары басқармасы Баспа сөз хызмети
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
🌙 РАМАЗАН ҲАЙЫТЫ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан мусылманлары басқармасы Баспа сөз хызмети
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍153❤33😍4
#Рамазан_ҳайыты_2024
😐 Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Мүбәрек Рамазан ҳайытын белгилеў ҳаққында"ғы қарары
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍79❤24😍4
#Рамазан_ҳайыты_2024
РАМАЗАН ҲАЙЫТЫ НАМАЗЫ ОҚЫЛДЫ
Бүгин, 10-апрель 2024-жыл. Республикамыздағы бәрше 64 мешитте Рамазан ҳайыты намазы оқылды.
Пайтахтымыз Нөкис қаласындағы орайлық «Имам ийшан Мухаммад» жаме мешитинде ҳайыт намазы оқылыўы алдынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси комитет баслығы Тажибай Раманов гүллән халқымызды, бәрше мөмин-мусылманларды Рамазан ҳайыты байрамы менен қутлықлады ҳәм Ҳүрметли Президентимиздиң ҳәм Жоқары Кеңеси баслығы А.Орынбаевтың ҳайыт қутлықлаўларын жәмәәтке жеткизди.
Қаракалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы, устаз Бахрамаддин Разов та өз гезегинде ҳайыт намазы алдынан “Рамазан хайыты мүбәрек!” темасында баянат жасады ҳәм Рамазан ҳайыты менен гүллән халқымызды қутлықлап, ҳайыт намазы пазыйлети ҳәм елимиздеги тынышлық себепли быйылғы Рамазан айы жүдә өзгеше көтериңки руўхта өткенлигин атап өтти. Ҳайыт намазынан соң журтымыздың тынышлығы ҳәм пәрәўанлығы, халқымыздың абаданшылығын сорап қайырлы дуўалар қылынды.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

👍104❤32👏10😍8🥰1