Paziyletuz | Рәсмий канал
73.1K subscribers
27.7K photos
4.11K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
​​#Рамазан_ҳайыты_қутлықлаўы
#дуўа

• Ассаламу алайкум ўа раҳматуллоҳи ўа баракатуҳ!

Кирип келген
РАМАЗАН ҲАЙЫТЫ бәршемизге мүбәрек болсын!

– Бул күнлерге жетип келе алмаған мөмин-мусылманларды Рәббимиз Өз мийримине алған болсын!
– Дуўалар қабыл болатуғын күнлерде қәлблеримиздеги ийги нийетлеримизди Өзи әмелге асырсын!
– Ойлағанымыздан көре абзал дәрежелерге еристирсин!
– Елимизге тынышлық, раўажланыў, халқымызға бахыт-саадат, мәмлекет басшыларымызға халқымыз мәпи жолында хызмет етиўге күш-жигер берсин!
– Илим талабында жүргенлерге пайдалы илим;
– Перзентсизлерге солиҳ ҳәм солиҳа перзентлер;
– Бойдақларға еки дүнья саадатында шерик болатуғын жубайлар;
– Наўқасларға кәмил шыпа;
– Карыздарларға қарызын үзиў;
– Ғәрийплерге мәдет;
– Зулым көргенлерге қутылыў;
– Мүсәпирлерге аманлық;
– Үмметке аўызбиршилик;
– Душпанларға алаўызлық;
– Алымларымызға айбат;
– Перзентлеримизге илим, әдеп ҳәм халық хызмети;
– Ҳаял-қызларымызға ийбе, ар-намыс несип етсин!
– Ата-аналарымызға узақ ҳәм бахытлы өмир, қайтыс болғанларын мийримине алып, мәғфират етсин!

Әмийн!
Әмийн!
Әмийн!

🌙
РАМАЗАН ҲАЙЫТЫҢЫЗ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ