Paziyletuz | Рәсмий канал
73K subscribers
27.8K photos
4.11K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
#kerek

#Коронавирус

Гүллән халқымызға карантин ўақтында артықша ҳаўлықпастан керекли шараларды көрип, тазалыққа әмел етиўин ҳәм төмендеги дуўаны оқып жүриўин және мәнисин билип алыўын усыныс етемиз!

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:

"Қайсы бир бенде таң атқанда ҳәм қараңғы түскенде:
«Бисмиллә'ҳилләзи' лә' йадурру маъасмиҳи шәй ун фил арди ўә лә' фис сәмә'и ўә ҳуўәс сәми'ъул ъали'м», деп 3 мәрте айтса, оған ҳеш нәрсе зыян бермейди", деди.

Имам Әбиў Даўыт ҳәм Термизий рәўият еткен

Мәниси: Аллаҳтың аты менен баслайман, Оның исми себепли аспанларда да, жерде де ҳеш нәрсе зыян бере алмайды. Ол Еситиўши ҳәм Билиўши.

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#дуўа

#Коронавирус.


بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم

Қытайда тарқалып, бәршени қәўетерге салып атырған "КОРОНА" обасынан сақланыў ушын сизлерди Пайғамбарымыз ﷺ ның нәсиятларына шақырамыз, мына дуўаны шаңарағыңыз бенен ядлап алың, Аллаҳтан пана сораң!

Арабша текст:

اللَّهُمَّ إِنِّي أَعُوذُ بِكَ مِنَ الْبَرَصِ، وَالْجُنُونِ، وَالْجُذَامِ، وَمِنْ سَيِّئِ الأَسْقَامِ.

(رواه ابو داوود)

Арабшаның кирилл әлипбесинде оқылыўы:

"Алло'ҳуммә инни' әъу'зу бикә минәл бәроси ўәл жуну'ни ўәл жузәми ўә мин сәййи ил асқо'м".

Мәниси:

"Я Аллаҳым, пес, жинлилик, мақаў ҳәм еми жоқ жаман кеселликлерден маған пана бер"

Имам Әбиў Даўыт рәўияты.


Социал тармақларда бизлерди бақлап барың⤵️

Жақынларыңызға да үлесиң!
👇👇👇👇
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#Рәсмий_хабар
#Коронавирус

Ҳүрметли мусылман халқымыз! Жәмәәт болып, мешитлерде намаз оқыў ўақтынша тоқтатылды, сол қатары Жума намазы да мәмлекетимизде ўақтынша оқылмайды.

Өзбекстан Мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий ҳәзирет Усманхан Алимов "Ўзбекистон 24" телеканалында диний мәресимлерди өткериў тәртиби ҳаққында баянат берди.

https://t.me/paziyletuz
Forwarded from Paziyletuz | Рәсмий канал (Админ)
#дуўа

#Коронавирус.


بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم

Қытайда тарқалып, бәршени қәўетерге салып атырған "КОРОНА" обасынан сақланыў ушын сизлерди Пайғамбарымыз ﷺ ның нәсиятларына шақырамыз, мына дуўаны шаңарағыңыз бенен ядлап алың, Аллаҳтан пана сораң!

Арабша текст:

اللَّهُمَّ إِنِّي أَعُوذُ بِكَ مِنَ الْبَرَصِ، وَالْجُنُونِ، وَالْجُذَامِ، وَمِنْ سَيِّئِ الأَسْقَامِ.

(رواه ابو داوود)

Арабшаның кирилл әлипбесинде оқылыўы:

"Алло'ҳуммә инни' әъу'зу бикә минәл бәроси ўәл жуну'ни ўәл жузәми ўә мин сәййи ил асқо'м".

Мәниси:

"Я Аллаҳым, пес, жинлилик, мақаў ҳәм еми жоқ жаман кеселликлерден маған пана бер"

Имам Әбиў Даўыт рәўияты.


Социал тармақларда бизлерди бақлап барың⤵️

Жақынларыңызға да үлесиң!
👇👇👇👇
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#Коронавирус
#Ёшлар

«Бүгин сиз, жаслардың үйде екенлигиңиз де қайсы бир мәнисте жақсы бир имкәният. Онлайн сабақлар шөлкемлестирилди, аралықтан турып тәлим алып атырсыз. Ўақтыңызды бийкар өткермеўлигиңизди илтимас қылған болар едим. Китап оқың, тил үйрениң, спорт пенен шуғылланың.

Шавкат Мирзиёев

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм каналымыз: @paziyletuz
👉 Инстаграм каналымыз: @paziyletuz
👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#КОРОНАВИРУС

Психолог алымлардың әҳмийетли мәсләҳәтлери:

1. Коронавирус ҳаққындағы хабарлардан өзиңизди шетке алың! Себеби бул ҳаққында билиўиңиз керек болған бәрше нәрселерди билип болдыңыз.

2. Бул вирус себепли қайтыс болған инсанлардың саны менен қызықпаң! Себеби бул футбол ойыны емес, ониң нәтийжесине қызығатуғындай! Сондай екен буннан сақланың!

3. Интернеттен бул ҳаққында қосымша мағлыўматлар излемең! Себеби бул нәрсе кеўлиңизди шөктирип қояды.

4. Қорқынышлы ҳәм ашынарлы хабарларды басқаларға жибериўден сақланың! Себеби адамлардың арасында бундай хабарларды жүреги көтере алмайтуғын инсанлар бар. Сизлер оларға жәрдем бериўдиң орнына басқа кеселликлерин де қозғатып жиберип, оларды түскинликке түсирип қоясыз.

5. Үйиңизде Қуран оқып яки еситип отырың, азаңғы ҳәм кешки зикирлер менен өзиңизди асраң!

6. Балалар ушын түрли қызықлы ойынлар ойлап табың! Мысалы: "Ким биледи?" ойыны яки зеҳнди раўажландырыўшы ойынлар сыяқлы. Олар менен пикир алмасып, сәўбетлесиң. Рәўиятлар оқып бериң!

7. Үйиңизде шипакерлердың мәсләҳтлерине қатаң әмел етиң. Ҳәр дәйим қолларыңызды жуўып жүриң. Зәрүр болмаса, үйиңизден шықпаң!

8. Кеўилли кейпиятта жүриў сизге иммунитетиңиздиң көтерилиўине жәрдем берсе, түсин ҳалатта жүриў иммунитетиңизди пәсейтип, вирусларға қарсы гүресе алмайтуғын қылып қояды.

9. Карантин ўақтын дүнья ҳәм ақыретиңизге пайдалы нәрселер менен өткериң.
Мысалы: Қуран оқыў, зикир қылыў, тәҳәжжүд намазлары, китап оқыў, перзентлериңиздиң сабақларын тексериў, шаңарақ ағзаларыңызға жәрдем бериў сыяқлы ислер менен...


10. Ҳәммесинен де әҳмийетлиси - Аллаҳ таала әлбетте бул обаны кеткизиўине ҳәм өмир және даўам етиўине исениў.

Аллаҳ тааладан бул апатты пүткил инсанлардан кеткизиўин сорап қаламыз. Бәрше жаманлықлардан пана тилеймыз. Бул кеселликке шалынған инсанларға тез арада шыпа бериўин, кеселлик себепли қайтыс болған инсанларды Өз рәҳметине алыўын сораймыз!

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
👍1