Paziyletuz | Рәсмий канал
73.2K subscribers
27.7K photos
4.11K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
#ҳәдис #Илим_излениў

Ҳәдиси шәрийфте Пайғамбарымыз алайҳиссалам түнде уйқыламастан алдын мусылманларға: «Шыраңды өшир ҳәм Аллаҳтың атын зикир ет», деп айтқан.
АҚШтың Флорида штатындағы Пенсилвания университетиниң медицина факультетинде алып барылған илимий тәжирийбе нәтийжесинде айтылыўынша, Доктор Ричард Стоун басшылығында узақты көре алмаў кеселлигине ушыраған еки жастан жигирма жасқа шекем болған 479 наўқас үстинде алып барылған тәжирийбе ҳаққында да мағлыўматлар берилген. Онда айтылыўынша, 479 наўқастан 10 проценти қараңғыда, 34 проценти орташа жақтылықта ҳәм 56 проценти толық жақтылықта уйқылайды екен. Демек, узақты көре алмаў кеселлиги, тийкарынан, яғный 90% ти шырақты өширмей уйқылаўдан келип шығады екен.
Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа салламның көплеген ҳәдиси шәрийфлеринен бириниң бир бөлегинде айтылған усыныстың сол ўақытта ҳәм оннан кейин де биреўдиң ақылына келмеген пайдасы бир мың төрт жүз жылдан кейин
илимий тәризде тастыйықланғаны, әжайып.
Аўа, Ислам шәриятында келген ҳүкимлер ҳәм көрсетпелердиң ҳикмети дәўир өткен сайын,
илим раўажланған сайын өз тастыйғын және де күшлирек таўып бара береди.
Солай екен, биз – мусылманлар динимиз тәлиматларын қаншелли көп үйренсек, оларға қаншелли көп әмел қылсақ, өзимизге соншелли көп жақсылықты қаратқан боламыз ҳәм жаманлықлардан узақ боламыз.


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ