ТАТЫЎЛЫҚ СЫРЫ
#нәсият
Бир қалада еки қоңсы жасайтуғын еди. Биреўиниң шаңарағындағылар ҳәмме нәрседе бир-бирин айыплайтуғын, ҳеш келисе алмайтуғын, үйлеринен бақырыс-шақырыс даўыслары еситилип туратуғын еди. Екинши қоңсының үйинен болса ҳеш қандай қатты даўыс еситилмейтуғын еди. Бир күни жәнжелкеш қоңсының ҳаялы күйеўине:
- Барың, не ушын олардың урыспайтуғынының себебин билип келиң, - деди.
Кейеўи қоңсысының үйине кирип, бир мүйешке жасырынды, аңлый баслады. Үй бийкеси ыдысларды сыпырып атыр еди.
Бираздан соң телефон шыңғырлады. Ҳаял қолындағы гүзени столдың шетине қойып, телефонды алды. Ол қайтып келгенше күйеўи басқа бөлмеден шығып, абайсызда сол гүзени жерге түсирип жиберди. "Енди жәнжел болады", деп ойлады қоңсы жасырынған жеринде.
Ҳаял келип, өкиниш пенен:
- Кеширерсиз, ағасы. Мен айыплыман, ыдысты столдың шетине қойыппан, - деди.
- Яқ, не деп турсаң? - деп жуўап берди күйеўи. - Мен айыплыман. Бәрқулла асығыс жүремен, итибарсызбан.
Кейин қосып қойды:
- Ҳәй, мейли, сынса-сынар, ыдыс екен ғой!..
Жәнжелкеш қоңсы үйине келиўден-ақ ҳаялы сораўға тутты:
- Ҳее, бунша қалып кеттиңиз? Не екен?
- Не, не? Ҳеш нәрсе. Олардың екеўи де айыплы екен. Ал, бизлерде айыпкер жоқ, ҳәммемиз бәрқулла ҳақ боламыз...
Яқуб УМАР таярлады.
_____
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺 Телеграм| 🤪 Facebook| 🛍 Instagram| 😍 Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

ТОТУВЛИК СИРИ
#Ўгит
Бир шаҳарда икки қўшни яшар эди. Бирининг оиласидагилар ҳамма нарсада бир-бирларини айблар, ҳеч келишолмас, уйларидан бақир-чақир овозлари келиб турарди. Иккинчи қўшнининг уйидан эса, ҳеч қаттиқ овоз эшитилмасди. Бир куни жанжалкаш қўшнининг бекаси эрига:
– Боринг, нега уларнинг жанжаллашмаслиги сабабини билиб келинг, – деди.
Эри қўшнисининг уйига кириб, бир бурчакка беркинди, пойлай бошлади. Уй бекаси идишларни артаётган эди.
Бирпасдан сўнг телефон жиринглаб қолди. Аёл қўлидаги кўзани стол четига қўйиб, телефонни олди. У қайтгунича эри бошқа хонадан чиқиб, бехосдан ҳалиги кўзани ерга тушириб юборди. “Энди жанжал бўлади”, деб ўйлади қўшни беркинган жойида.
Аёл келиб, афсус билан:
– Кечирасиз, хўжайин. Мен айбдорман, идишни столнинг четига қўйибман, – деди.
– Йўғ-е, нима деяпсан? – жавоб берди эр. – Мен айбдор. Доим шошиб юраман, эътиборсизман.
Кейин қўшиб қўйди:
– Ҳа, майли, синса-синар, идиш экан-ку!..
Жанжалкаш қўшни уйига келган заҳоти хотини саволга тутди:
– Ҳа, бунча қолиб кетдингиз? Нима экан?
– Нима, нима? Ҳеч нима. Уларнинг иккаласи ҳам айбдор экан. Бизда эса айбдор йўқ, ҳаммамиз доим ҳақ бўламиз...
Ёқуб УМАР тайёрлади.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Telegram
Paziyletuz | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

❤138👍55👏8⚡4😍1