Paziyletuz | Рәсмий канал
72.9K subscribers
27.8K photos
4.12K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
#Рәўият #Дуўа

Даўыт алайҳиссалам Пәрўардигарға былай илтижа қылыпты: "Аллаҳым, Сеннен төрт нәрсени тилеймен ҳәм төрт нәрседен Сеннен пана тилеймен.
Тилеклерим:
🔸 Сени зикир қылыўшы кеўил;
🔸 Шүкир етиўши қәлб;
🔸 Сабырлы дене;
🔸 Дүнья ҳәм ақыретте маған жәрдемши бир өмир жолдас.

Сеннен пана сорағанларым:
🔸 Өзин үлкен тутыўшы әдепсиз-арсыз перзенттен сақла;
🔸 Ерте қартайтыўшы итаатсыз ҳаялдан сақла;
🔸 Обадай жүги бар, жақсылықсыз мал-дүньядан сақла;
🔸 Кемшилигимди әшкара қылыўшы жаман қоңсыдан сақла!"

"Ески дүнья рәўиятлары" китабынан

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

  Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍15958👏10😍4🥰2
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис #дуўа

Түнде оқылатуғын дуўа

      Әбиў Саъийд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
      «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
      «Ким өз төсегине жатқанында, үш мәрте «Астәғфируллооҳәл Азийм. Ләә иләәҳә илләә ҳуўәл ҳайюл қойюўм ўә әтуўбу иләйҳи» десе, Аллаҳ оның гүналарын мағфират қылады. Олар теңиздиң көбигиндей болса да. Олар теректиң жапырағы санындай болса да. Олар төбешиктиң қумы санындай болса да. Олар дүнья күнлериниң санындай болса да», – деди».
      Термизий рәўият қылған.

      Шолыў: Бул рәўиятта зикир етилген дуўаның мәниси төмендегише: «Жоқары ҳәм Уллы болған Аллаҳтан мағфират сорайман. Оннан өзге илаҳ жоқ. Ол – тири ҳәм даўамлы қайым».
Усы дуўаны ядлап алып, жатыўдан алдын оқып жатсақ, гүналарымыздың кеширилиўине ерисемиз, иншааллаҳ.

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ӘЗИЗЛЕР!!!


🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
87👍85👏5😍3🥰1