Paziyletuz | Рәсмий канал
73.1K subscribers
27.8K photos
4.11K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
#тәрбия

         Ата-анаға истиғфар айтыўдың пазыйлети

     Инсан жәннеттеги дәрежесиниң көтерилгенин көрип, "Булар маған қай жерден келди?" - деп ҳайран болып сорайды.
Сонда оған;
   
     "Перзентиңниң саған айтқан истиғфары себепли дәрежең көтерилди", - деп жуўап бериледи.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍14672😍101
#сораў_жуўап

ПЕРЗЕНТТИ УРЫП ТӘРБИЯЛАЎ ДУРЫС ПА?
#тәрбия

СОРАЎ: Қудайға шүкир, бир емес еки келиним бар. Оларға қолымнан келгенинше, билгенлеримди үйретип атырман. Тап ана-баладай болыўға ҳәрекет етип атырман. Бирақ, усы киши келинимниң бир исинен кеўлим қалды. Ақлықларымды көп урады. Қанша нәсият қылдым, ҳәтте кейип те көрдим, ҳеш пайдасы болмады. Бәри бир өз билгенинен қалмайды. Себебин сорасам, түсиндирип бере алмайды. Келинимниң ислеп атырған иси дурыс па?

💬 ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Баланы урыў бул, тәрбия бериўде уқыпсызлық белгиси есапланады. Себеби, ҳақыйқый кәмил инсанлар перзентлерин шийрин сөзлер менен тәрбиялайды. Перзент надурыс ис қылғанында ескертиў – урысыў-сөгиў тәрбиядағы надурыс усыл.

Инсан заты бәрқулла меҳир-муҳаббатқа мүтәж болады. Әсиресе, балалар бул нәрсеге жүдә мүтәж. Негизинде, меҳир-муҳаббат дини болған Ислам, соның ушын да балаларға меҳир-муҳаббат көрсетиўди ата-аналарға ўазыйпа етип жүклеген.

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
"Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өз алдында Ақра ибн Ҳабис Таймий отырғанда Ҳасан ибн Әлийди сүйди. Сонда Ақра: "Мениң он балам бар. Олардың биреўин де сүйгеним жоқ" - деди. Сонда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам оған нәзер таслады да, соң: "Мийрим көрсетпегенге мийрим көрсетилмейди" - деди" (Бухарий, Әбиў Даўыт ҳәм Термизий рәўият қылған).

Солай екен биз де Аллаҳ таала бизге инам еткен перзент деп аталатуғын неъматтың қәдирине жетиўимиз, перзентимиздиң әдебин гөззал қылыўымыз, келешекте оны өзи ушын ҳәм жасап атырған жәмийетине пайда келтириўши етип тәрбиялаўымыз керек. Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа орайы.

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍19765🥰6👏62😍2