Paziyletuz | Рәсмий канал
73.1K subscribers
27.7K photos
4.11K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
#рамазан_2025
#сораў_жуўап

ПИТИР САДАҚАНЫҢ ҚУНЫ ЖАСАЎ ОРНЫНАН ЕСАПЛАНАДЫ.
#питир

СОРАЎ: Мен ҳәзирде жумыс бойынша Корея мәмлекетиндемен. Шаңарағым Өзбекстанда. Өзим ҳәм шаңарағым атынан питир садақасын бериўде Өзбекстанда жәрияланған баҳада беремен бе ямаса өзим турған мәмлекеттеги баҳада ма?

ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Питир садақасы төрт түрли өнимнен ямаса олардың қунынан бериледи. Баҳасын есаплаўда питир садақасын берип атырған шаңарақ басшысы өзи турған жердеги баҳаны есапқа алады. Уламаларымыз зәкатта байлық турған орын, питир садақасында болса бериўши турған орын итибарға алыныўын ҳәм перзентлериниң жасап атырған орны әҳмийетли емес екенлигин атап өткен.
Соған муўапық, сиз питир садақасы берилетуғын төрт заттың биреўиниң Кореядағы баҳасын есаплап, өзиңиз ҳәм шаңарақ ағзаларыңыз атынан жарлыларға бересиз. Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа орайы.

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍16244👏10🥰1😍1
#рамазан_2025
#сораў_жуўап

ДУЎА ҚЫЛСАМ, ҚАБЫЛ БОЛМАЙ АТЫР
#дуўа

СОРАЎ: Аллаҳтан дуўа қылып, не сорасам көбинесе керисин береди. Намаз оқысам да неге жумысым артқа кетеди. Неге менде сондай болып атыр?

💫ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Дуўа да ибадатлардың бири. Аллаҳ таала бенделерин дуўа қылыўға буйырып, былай дейди:

"Рәббиңиз: «Маған дуўа қылың, сизлер ушын (дуўаларыңызды) қабыл етемен», – деди . Әлбетте, Маған ибадат қылыўдан тәкаббырлық қылғанлар жақында жәҳәннемге хор болған ҳалында киреди" (Ғофир сүреси, 60-аят).

Ҳәдисте: "Дуўа – бул, әйне ибадат" – делинген. Басқа бир аяты кәриймада Аллаҳ таала оннан дуўа қылып сораған бенделериниң сораўларын қабыл етиўи ҳаққында айтады:

"Егер бенделерим сеннен Мен ҳаққымда сораса, (онда оларға мениң мына сөзимди жеткизиң): Мен, әлбетте, жақынман. Дуўа қылыўшының дуўасын қабыл етемен. Солай екен, олар да Мениң (буйрықларымды) қабыл етсин ҳәм ийман келтирсин. Қәне еди, олар туўры жолды тапса" (Бақара сүреси, 186-аят).

Дуўалардың қабыл болыўы қайсыдур дуўаны оқыўға байланыслы емес, ал ықлас пенен дуўа қылыўға байланыслы. Дуўа қылыўдың да өз әдеплери бар. Дуўа әдеплери ҳаққында былай делинеди: "Рәббиңизге зарланып ҳәм жасырын дуўа қылың! Ол (дуўада ҳәм басқа ислерде) ҳәдден асыўшыларды жақсы көрмейди. Дүзетип қойғанынан кейин Жер бетинде бузғыншылық қылмаң! Оннан қорқып, үмит пенен дуўа қылың! Әлбетте, Аллаҳтың мийрими шырайлы ис қылыўшыларға жақын" (Аъроф сүреси 55-56-аятлары).

Дуўаны Аллаҳ таалаға ҳамд, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат айтыў менен баслап, және солар менен жуўмақлаў оның қабыл болыўына себеп болады. Және де дуўа қабыл болатуғын орын ҳәм ўақытлардан нәтийжели пайдаланыў керек. Ең әжайып ҳәм қабыл етилген дуўалар Қураны кәрийм ҳәм ҳәдиси шәрийфлерде келтирилген, оларды таўып, үйрениў керек.

Дуўада Аллаҳ тааланың гөззал атларын қайта-қайта айтыў, тынышлық, аманлық, саламатлық пенен бир қатарда, дүнья ҳәм ақырет жақсылығын, барлық жақсылықларды жәмлеўши дуўаларды қылыў керек.

Инсанның дуўалары, ибадатлары Аллаҳтың алдында қабыл болыўында ҳадал-пәк ырысқы менен азықланыў, туўысқанлық қатнасықларын беккемлеў, гүна ислерден тыйылыўдың жүдә әҳмийетли орны бар. Және де Аллаҳ таала бендесиниң дуўасын Өзи қәлеген ўақытта қабыл етеди. Дуўа қабыл болмаса, бенде буның ушын қыяметте айрықша сыйлық алады.

Дуўа бендени Аллаҳ тааланың муҳаббатына еристиретуғын әмеллерден, сондай-ақ, несийбениң мол, неъматлардың көбейиўине себеп те болады. Жуўмақлап айтқанда, ықлас пенен дуўа қылған адам ҳеш қашан Аллаҳ тааланың мийриминен бос қалмайды, я тез арада қабыл болады, я ақыретте сыйлығын алады. Не болса да дуўа қылған адам ибадаттың саўабын алады.

Намаз оқысам да ислерим артқа кетип атыр, деген түсиник дурыс емес. Ибадатларды бендешилик миннетимиз болғаны ушын ғана Аллаҳ ушын қыламыз, материаллық пайда көриў ушын намаз оқымаймыз. Бирақ, өмирде кәпирге де, мөминге де түрли сынақлар болып турады. Ибадат қылып атырман, Аллаҳ таала маған сынақ бермесин, деп айта алмаймыз. Улыўма алғанда Аллаҳ тааланың шәриятына толық әмел қылыў бендени еки дүньяда бахытқа еристиреди. Ибадатларда даўамлы болың, мудамы жәмәәт пенен намаз оқыў, Аллаҳ тааланы көп зикир етиў ҳәм истиғфар айтыўды әдет қылың.  Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа орайы.

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍268715🥰4😍3👏2