Paziyletuz | Рәсмий канал
72.9K subscribers
27.8K photos
4.12K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
#хошхабар #умра #мадина #мәккә

🕋 РӘСМИЙ: УМРА МӘЎСИМИ 10 СЕНТЯБРДЕН БАСЛАНАДЫ!

📢 2024-жыл 10-сентябрь күнинен Өзбекстан мусылманлары басқармасы ҳәм Дин ислери бойынша комитет тәрепинен шөлкемлестирилетуғын "Умра –
2024"тиң нәўбеттеги мәўсими басланады. Журтласларымыз "Uzbekistan Airways" АЖ авиакомпаниясы арқалы туўрыдан-туўры рейслерде Саудия Арабстанына алып барылады.


🌙 Зыяратшыларымыз Мадина қаласында 3 күн, ал Мәккә қаласында 7 күн болады. Мәўсим даўамында тәжирийбели исши топары ҳәм имам-хатиблерден ибарат елиў басылар ҳәм де шыпакерлер журтласларымызға жолдас болады.

🏨 Мадина қаласында "Grand Shahba", ал Мәккә қаласында "Marmara Group Hotel" мийманханаларында журтласларымыз турады. Мийманханалар 3-4 орынлы болып, 3 мезгил аўқатлар, шийринлик ҳәм ҳәр түрли мийўелер инам етиледи.

📍 Бул қалаларда мүбәрек зыярат орынларына зыярат шөлкемлестириледи.
🏪 Мийманханаларда медицина пунктлери, транспорт хызмети ҳәм исши топарлары штаблары 24 саат даўамында жумыс алып барады.
💦 Сапар жуўмағында зам-зам суўы саўға қылынады.

📞 Мүрәжат ушын телефон:
+998-97-349-04-57.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍10628🥰5😍5👏4