Paziyletuz | Рәсмий канал
73.1K subscribers
27.8K photos
4.11K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
#Еслетпе #қурбан_ҳайыты

ТӘКБИРИ ТАШРИЙҚ АЙТЫЎДЫ УМЫТПАҢ

Арафа күни таң намаздан баслап Қурбан ҳайытының төртинши күни намазлыгер намазына шекем ҳәр парыз намаздан соң тәкбири ташрийқ айтылады.

Демек, Тәкбири ташрийқ Арафа күни яғный 15-июнь таң намаздан баслап, Ҳайыттың төртинши күни яғный 19-июнь күниндеги намазлыгерге шекем айтылады.

🗓
15 - июнь - 5 ўақыт,
🗓 16 - июнь - 5 ўақыт,
🗓 17 - июнь - 5 ўақыт,
🗓 18 - июнь - 5 ўақыт,
🗓 19 - июнь - 3 ўақыт.

Тәкбирлерди намаз оқып болғанынан кейин бир мәрте айтып қойса, сүннет болады. Үш мәрте айтса да зыяны жоқ. Тәкбир төмендегише айтылады:

اللهُ أكبر اللهُ أكبر لا إلهَ إلَّا الله واللهُ أكبر اللهُ أكبر ولله الحَمْد

Оқылыўы: "Аллооҳу әкбар, Аллооҳу әкбар, ләә иләәҳә илләллооҳу ўаллооҳу әкбар, Аллооҳу әкбар ўә лилләәҳил ҳәмд".

Мәниси: Аллаҳ ең уллы. Аллаҳ ең уллы. Аллаҳтан басқа иләҳ жоқ, Аллаҳ ең уллы, Аллаҳ ең уллы, мақтаўлардың ҳәммеси Аллаҳға тән.


💬 Жәми 23 ўақыт намазда тәкбири ташрийқти бир мәрте айтыў ўәжиб әмел есапланады.

💬 Ҳаяллар тәкбири ташрийқти жасырын айтады.

🕌 Намазға кешигип қосылған адам да намазын толық оқып болғанынан кейин тәкбири ташрийқти айтады.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍167624😍4👏2
#қурбан_ҳайыты #мағлыўмат #еслетпе

🌙 Қурбан ҳайыт байрамы зулҳижжа айының 10-күни. Зулҳижжа айының дәслепки он күни ең пазыйлетли, ҳәдислерде сол он күн ишинде қылынған әмеллердиң саўабы оғада жоқары екени айтылған.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍5530😍3👏2