Paziyletuz | Рәсмий канал
73.1K subscribers
27.7K photos
4.11K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
#рамазан_2023 #қәдир_түни
#Еслетпе

Аллаҳға шүкир мине рамазанның ақырғы күнлери, Қәдир түнине де жетип келдик.
Бул түнде шам намазынан таң намазына шекем зәкат, фитр басқа садақаларыңызды қылып қалың. Усы ғәниймет демлерде қылған садақаңыз қәдир түнине туўры келип қалса,1000 айдан көп садақа қылған саўабына ерисесиз Иншаа Аллаҳ.

Мәселен: 10 000 сўм садақа қылсаңыз егер қәдир түнине туўры келип қалса онда сиз:
10000х30х1000ай= 300 000 000
Рамазан шарапаты 70есе зыяда болыўы
300 000 000 х 70= 21 000 000 000 сўм / 10500 = 2 000 000$ кеминде

(Буны сиз, жақынларыңызға, туўысқанларыңызға, қоңсыларыңызға яки пластик арқалы қәлеген мүтәж адамға бериўиңиз мүмкин.)

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#рамазан_2023

СӘҲӘРЛИКТЕ БЕРЕКЕТ БАР

     Абдуллаҳ ибн Ҳарис разыяллаҳу анҳу айтады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына киргенимде Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам сәҳәрлик қылып атырған екен.
     Сонда: «Әлбетте, сәҳәрликте берекет бар», - деди»
     (Имам Насаий рәўияты).

АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ

Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.

Мәниси:
Рамазанның бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы.

Нийетлериңизди Аллаҳ таала қабыл етсин!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz