Paziyletuz | Рәсмий канал
73K subscribers
27.8K photos
4.11K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
#рамазан_2023 #хабар

Республикамыз бойлап ифтарлық илажлары даўам етпекте

Ифтарлық қылыў дегенде тек үйине қазан асып, дастурхан жайып, кѳплеген адамларды шақырыўды түсинбеўимиз керек. Мүтәж адамларға ифтарлық тағамын бериў ямаса ораза, ҳақылы инсанлардың кеўиллерин көтерип, қәлблерин қуўанышқа бѳлеў – бул инсаныйлықтың ең жоқары пазыйлетлеринен.
Қала, район ҳәкимиятлары, мәҳәлле қоры ҳәм мешит ўәкиллери биргеликте орынлардағы жәрдемге мүтәж инсанларға ифтарлық бериўи ҳаққында алдын хабар берген едик. Мине усы илаж республикамыз бойлап даўам етпекте. Илажда мешит имамлары бүгинги күндеги елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықтың қәдирине жетиў, миллетлер аралық татыўлық, диний кеңпейиллик ҳәм басқа да руўхый-ағартыўшылық мазмунында түсиник жумысларын алып бармақта ҳәм ифтарлық илажынан соң Аллаҳ тааладан елимиздиң тынышлығын сорап дуўалар қылмақта.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

https://t.me/paziyletuz
#рамазан_2023 #хабар

РАМАЗАН АЙЫНЫҢ ПАЗЫЙЛЕТЛИ КҮНЛЕРИНДЕГИ УШЫРАСЫЎ

Мүбǝрек Рамазан айында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы мешитлерге барып, жǝмǝǝт пенен ушырасыўлар өткериў белгиленген.

26-март күни Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы, устазымыз Шамсуддин Баҳауддинов Хожели районындағы «Пирим ийшан баба» жаме мешитинде болды. Мешитте жǝмǝǝттегилер ѳзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды ҳǝм устаз шүкиршилик мазмунында сәўбет қылып берди.

Тараўиҳ намазынан соң елимиздиң тынышлығын сорап дуўалар қылынды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

https://t.me/paziyletuz