Paziyletuz | Рәсмий канал
73K subscribers
27.8K photos
4.11K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
#ҳәдис #фиқҳ

НАМАЗДА ХУШУЪ ҲӘМ ОНЫ ГӨЗЗАЛ ҚЫЛЫЎ-5

Фазл ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Намаз еки (рәкат), еки (рәкат). Ҳәр еки рәкатта ташаҳҳуд оқыйсаң. Хушуъ қыласаң, тазарруъ қыласаң, мискинликти билдиресең, Рәббиңе еки қолыңның алақанларын жүзиңе қылып көтерип, «Я Робб!» дейсен. Ким усындай қылмаса, намазы шала», деди».
«Сунан» ийеси рәўият қылған.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам усы ҳәдисте «Намаз еки (рәкат), еки (рәкат)» дегенинде нәпил ҳәм таҳажжуд намазларын нәзерде тутқан. Сол намазларды еки рәкаттан оқыў абзал.
Усы ҳәдистен алынатуғын пайдалар:
1. Нәпил ҳәм таҳажжуд намазлары еки рәкаттан болса жақсы болыўлығы.
2. Ҳәр еки рәкат намаздан кейин ташаҳҳуд оқылыўы.
3. Намазда хушуъ болыўы зәрүрлиги.
4. Намазда бендениң Аллаҳға тазарруъы болыўы зәрүрлиги.
5. Намазда бенде Аллаҳға өз мискинлигиң бийшаралығыңды билдириўи зәрүрлиги. Негизинде, намаздың сыры да сонда.
6. Уламаларымыздан базылары усы ҳәдистеги «Рәббиңе еки қолыңның алақанларын жүзиңе қылып көтерип: «Я Робб! Я Робб!» дейсең» дегенин намазда «Қунут» оқығанда қылынатуғын дуўа, деген.
Намаздан сыртта дуўа қылғанда да бундай болыўы ҳәммеге мәлим.
7. Ким усындай қылмаса намазы шала.
Усы ҳәдиси шәрийфлерди үйренип болғанымыздан кейин ықлас, хушуъ-хузуъ, тазарруъ ҳәм мискинлик пенен намаз оқыў қәшелли әҳмийетли екенлигин түсинип жеттик.
Солай екен, биз да талап дәрежесида хушуъ ҳәм хузуъ пенен намаз оқыўға жоқары дәрежеге ерисиўге ҳәрекет қылыўымыз керек. Уллы әждадларымыздан өрнек алыў ушын базыларын еслеп өтиў жайыз болады:
«Абдуллаҳ ибн Зубайр разыяллаҳу анҳу намаз оқыса, хушуъдан қатқан таяққа уқсап қалар еди. Сәжде қылғанында шымшықлар оны дийўал деп есаплап үстине қонар еди. Бир күни Каабаның ҳатийм тәрепинде намаз оқып атырғанында тас түсип кийиминиң бир тәрепин үзип кеткенде де сезбеген».


Даўамы бар...

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#ҳәдис #фиқҳ

НАМАЗДА ХУШУЪ ҲӘМ ОНЫ ГӨЗЗАЛ ҚЫЛЫЎ-6

__Маймун ибн Миҳран разыяллаҳу анҳу айтады:
«Муслим ибн Ясарды ҳеш бир намазда дөгерекке алақлағанын көрмедим. Бир күни ол мешитте намаз оқып атырғанда мешиттиң бир тәрепи аўдарылып базардағы адамлар ҳәммеси қашып кеткен, бирақ ол сезбей намазын оқый берген».
Урўа ибн Зубайр разыяллаҳу анҳудиң аяғына қарасан кесели түсти. Табиблер аяқты санынан кесип тасламаса, дәрт пүткил денеге тарқап өлимге алып келеди, деген пикирге келди. Урўа ибн Зубайр разыяллаҳу анҳу:
«Ондай болса, кесип таслаң», деди.
Табиблер:
«Буның ушын сизлерге банж бериўимиз керек», деди.
Ол:
«Банж ҳарам, оны қабыл қылмайман», деди.
Табиблер:
«Онда, аяқты саныңыздан кесип таслаўдың иләжи жоқ», деди.
Урўа ибн Зубайр разыяллаҳу анҳу:
«Иләжи бар. Сиз әсбапларыңызды таярлаң. Мен намаз оқыйман. Бир дәрежеге жетип, денем қалтырай баслағанда, билгениңизди қыла бериң, ҳеш нәрсе болмайды», деди.
Ол намаз оқыйды. Денеси қалтырай баслады. Табиблер сол дәўирдиң усылы менен қарасан түскен аяқты санынан кести. Соң кесилген санды қайнаб турған майға салып, ағып турған қанды тоқтатқанында, Урўа разыяллаҳу анҳу намазды таўысып талып қалды».

Даўамы бар...

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ