Forwarded from Paziyletuz | Рәсмий канал (Пазыйлетуз)
#пикир
ҲӘЎЕС
Үйлениў тәшўишинде жүрген 25 жасар жигит, жылап атырған 4 жасар балаға былай деди:
"Неге жылап атырсаң, ҳәз етип аўқат жеп, мультфильм көрип, аяғыңды көтерип жата бермейсең бе? Ҳеш қандай тәшўишиң болмаса. Саған ҳәўесим келеди...".
Айлығын бир айдан екинши айға зордан жеткерип атырған 35 жасар еркек, үйлениў тәшўишинде жүрген 25 жасар жигитке былай деди:
"Неге бунша тәшўишленесең? Қуда қәлесе еле үйленесең де, ҳаялың жаныңа да тийер. Мениң аўҳалымды қара, хожалығыма пул жеткере алмай жүрмен. Сениң бул жүрисиңе ҳәўесим келеди...".
Бизнестен банкрот болып басы тәшўиштен шықпай қалған 55 жасар киси, 35 жасар еркекке былай деди:
"Барына шүкир ет. Аз айлық алсаң да, қулағың тыныш. Мине өмирим бойы жыйнаған бизнесим банкрот болды, қулағыма шекем қарызға батып кеттим. Сениң усы жүрисиңе қаншелли ҳәўесим келиўин билмейсең...".
Оның гәпин еситип турған 70 жасар ғарры былай деди:
"Неге оншама тәшўишленесең? Маған уқсап, белиң қақсап, аяқ-қолың қалтырамайды ғой, орныңда болғанымда таўды урып, талқан етер едим. Саған ҳәўесим келеди...".
Қәбирдеги марҳум: "Булардың ҳәммесине ҳәўесим келип атыр, сизлерде ибадат етиўге имканият бар. Қәне еди, менде сол имканият болғанда еди, пүткил өмиримди ибадатқа, жақсылыққа сарплар едим...
Аллаҳ таала Қураны кәриймде былай дейди: "Сизлерден (ҳәр) бириңизге өлим келгенде: "Я Рәббим! Егер мени азырақ мүддетке артқа сүрсең, кейин садақа қылып жақсы адамлардан болсам", - деўден алдын, Биз сизлерге ырысқы етип берген нәрселерден (өз орынларына) напақа қылың!". Мунафиқун, 10-аят.
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ

Telegram
Paziyletuz | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Перзентине бир кийим алып берсе:
1-ана: «Буны саған ким алып берди? Мен ғой алып берген, солай емеспе?» — деп, перзентиниң итибарын өзине қаратыўды қәлейди.
2-ана: «Балам буны мен алдым, бирақ әкеңе рахмет айтыўымыз керек, себеби ол пул бермегенинде саған алып бере алмас едим» — деп, перзентиниң итибарын әкесине қаратыўға урынады.
3-ана: «Буны мен әпердим, пулын әкең берди, ал тийкарында буны бизлерге Аллаҳ несип етти, Ол бермесе биз өзимизше ала алмас едик» — деп, баланың итибарын Аллаҳға қаратады. Перзентине тек Оннан ғана миннетдар ҳәм ыразы болыўды уқтырады. Бул иси менен ийман ҳәм ибадатқа үйретиў ушын дәслепки қәдемди қойған болады.
Бириншиси — тек ана.
Екиншиси — ҳәм ана, ҳәм опалы яр.
Үшиншиси — ҳәм ана, ҳәм опалы яр, ҳәм Аллаҳты танып-билиўди үйретиўши ҳаял.
Сиз-ше, перзентиңизге қандай тәрбия берип атырсыз?