Forwarded from Paziyletuz | Рәсмий канал (Админ)
#әлбетте_оқың
ОРАЗА ТУТПАЎҒА РУҚСАТ ЕТИЛГЕН АДАМЛАР
(Фидя бериў мәселеси)
Шәриятта ҳәр бир мусылман, балағатқа жеткен, ҳәм ақыл-если адамға ораза тутыў парыз етилген. Ораза тутпаўына руқсат тек ғана 2 түрдеги адамларда болады. Олар:
- Қартайғанлығы себепли улыўма ораза тутыўға жарамайтуғын, күннен-күнге физикалық жақтан әззиленип баратырған кекселерге;
- Даўамлы аўыр кеселлиги болып, тәўир болыўына үмит болмаған наўқасларға шәриятымызда ораза тутпаўға руқсат етиледи. Бундай адамлар ораза тутпастан, оның орнына фидя береди.
Фидя - сөзликте пидә етиў деген мәнини билдирип, шәриятта мәлим бир нәрсениң орнына пул ямаса мал-мүлк сарыплаў болып есапланады.
Сондай-ақ, фидя рамазан оразасын шәриятта көрсетилген арнайы себеплер менен тута алмайтуғын адамлар тәрепинен мискинлерге бериледи. Бул адамлар ҳәр бир тутпаған күни ушын бир мискинге фитр садақасы муғдарында тағам береди. Егер кейинирек және ораза тутыўға жарап қалса, тутпаған күнлериниң қазасын тутады.
Фитр садақасы муғдары бийдай, кишмиш, хурма яки арпа менен белгиленеди.
Өзбекстан мусылманлары басқармасы 2020-жылғы фидя садақасы муғдарын:
≈ 2 килограмм бийдай 8 000 (сегиз мың) сўм;
≈ 4 килограмм арпа 12 000 (он еки мың) сўм;
≈ 2 килограмм кишмиш 70 000 (жетпис мың) сўм;
≈ 4 килограмм хурма 120 000 (бир жүз жигирма мың) сўм;
Усыннан орташа етип, 20 000 сўм, деп белгиледи.
Сондай-ақ, ҳәр ким өз имканиятына қарап бул төрт өнимнен қәлеген бир түринен фитр садақасын берсе де болады. Имканияты бола тура ең азы болған бийдайдан бериў де, ямаса имканияты болмаса да, өзин, шаңарағын қыйнап ең көби хурмадан беремен деў де дурыс емес.
Және шәрият тәрепинен ораза тутпаўға ўақтынша руқсат етилген адамлар бар. Бирақ, олар фидя бермейди. Ал, кейинирек қалдырған күнлериниң қазасын тутып береди. Олар:
- Наўқас адам егер кеселлиги күшейип яки созылып кетиў қәўипи болса;
- Ҳәмиледар ҳәм емизиўли ҳаял өзи ҳәм баласына зыян жетиўинен қорқса;
- Мүсәпир адам да, егер сапар даўамында қыйналып қаламан деп ойласа рамазан оразасын сапардан қайтқаннан соң тутып берсе болады.
Бирақ, сапар даўамында қыйыншылық болмаса ҳәм ораза тутыўы зыян етпесе ўақтында, рамазан айында тутқаны абзал.
Ҳәзирги күнде сапар қылыў бир қанша жеңил болып қалды. Себеби, ҳәзир техника раўажланған дәўир. Ең узақ аймақларға да жүдә аз ўақытлар ишинде жетип алыўға болады. Алдынлары болса, я атлы болып яки түйеге уқсаған басқа көликлерде ямаса пияда сапар қылынғаны ушын айырым қыйыншылықлар жүзеге келген. Сол итибардан сапар машақатлары шәриятта есапқа алынып, ораза күнлерин басқа күнлерде қаза қылып тутыўға руқсат берилген. Ал, ҳәзир бул машақат болмағаны ушын сапарда да ораза тутқан абзал болып есапланады. Себеби, Аллаҳ таала мүсәпирлерге ораза тутпаўға руқсат берген аяттың ақырында «ораза тутыўыңыз сизлер ушын жақсырақ», деген.
Бул жоқарыда саналған 3 түрдеги адамның ҳеш бири фидя бермейди. Ал, кейинирек қазасын тутып береди. Егер ораза тутыўдан қашып фидя беремен десе де, фидясы өтпейди. Қаза ораза мойнында қала береди.
Жоқарыда айтқанымыздай, кеселлиги бар болып, ораза тутыў қәўип болатуғын болса, оразасын қаза қылып, саўалғаннан соң тутады. Бирақ, тәўир болғанынан кейин иләжы барынша тезирек қазасын тутып бериў керек.
Демек, мениң қан басымым бар, мениң қант кеселлигим бар яки басқа да, кеселликлерди себеп қылып, ораза тутпай, фидя берсем болады деп ойлаў, дурыс емес. Егер мен кеселмен деп фидя берсе де, шәрият қағыйдаларына түспегени ушын фидясы өтпейди. Себеби, фидя ҳал үстинде, төсек тартып жатқан, саўалыўы үмит етилмейтуғындай, аўыр наўқас ҳәм кекселерге ғана руқсат етилген!
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ

Telegram
Paziyletuz | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Абитуриентлерге
Санаўлы күнлерден кейин жоқары оқыў орынларына кириў имтиханлары болып өтеди. Көпшилик абитуриентлер имтихан күнине шекем таярлық жумысларын жоқары дәрежеде алып барады. Талаба болыў ушын қатты ҳәрекет етиў керек екенин, тынымсыз оқып, излениў керек екенини ҳәмме абитуриентлеримиз жүректен сезинеди. Және бир тәрептен талаба болыў мақсетинде жүрген жаслар жүдә көпшиликти қурайды. Демек, бәсеки де әдеўир күшли. Бундай жағдайда талаба болыў арзыўындағы жасларымыз ҳәр түрли себеплерди әмелге асырып көреди ҳәм ҳәмме нәрсеге исениўшең болып қалады. Усындай жағдайда олар қандай ислерди әмелге асырыўы ҳәм қандай ислерди әмелге асырыўдан тыйылыўы керек?
Абитуриент Аллаҳ таалаға тәўекел етиўи, зикирлер қылып, дуўа қылып сораўы менен бирге, ата-анасы, устазлары ҳәм жақынларының дуўаларын да алыўы керек. Ең әҳмийетлиси кеўлинде Ўатанына, ата-анасына ҳадал хызмет етиў ҳәм шаңарағына, жәмийетине ҳәм адамларға пайда келтириў нийети болыўы керек. Илим алыў барысында оқылатуғын дуўаларды оқып жүрсе де мақсетке муўапық болады.
Және бир айтып өтетуғын мәселе, кейинги ўақытлары гүўасы болып атырмыз тест имтиханлары жақынласқанда абитуриентлеримиз өзлериниң устазлары менен қәбиристанларға зыяратларға барады. Мақсет тек зыярат қылыў болса мейли, бирақ көпшилик абитуриентлер (ҳәттеки олардың устазлары да) сол қәбиристанға барып тилегимизди тилесек талаба боламыз, деген исеним менен барады. Қәбиристанға барып тилек тилеў динимиз көрсетпелерине қайшы келетуғын ис ҳәм ең үлкен гүналардан есапланады. Марҳумлар биреўдиң тилегин әмелге асырыў ол жақта турсын, ҳәттеки өзлери тирилердиң дуўаларына мүтәж болып жатыр.
Қалаберди қәбиристанлар тилек тилеў ушын, өзине керек болған нәрсени сораў ушын барылатуғын орын емес. Ол жерге тек ғана ата-бабалар ҳәм өтип кеткенлер ҳақына дуўа қылыў ҳәм бул дүнья өткинши екенин аңлап, өрнек алыў ушын барылады, оқыўға кириў яки басқа нәрселерди сораў ушын емес. Сол нәрсеге итибар берейик ҳәм тилеклеримиз ҳәм нийетлеримизди тек Аллаҳ тааладан сорайық!
Аллаҳ таала талаба болыўды шын кеўилден қәлеп, дуўалар қылып, тынымсыз ҳәрекетте болған жасларысымызға талаба болыў бахтын несип етсин!