Paziyletuz | Рәсмий канал
73.2K subscribers
27.7K photos
4.11K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
Гезектеги әмелий семинар Шоманай районында шөлкемлестирилди

2025-жыл 5-июнь күни Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳәзиретлери ҳәм пүткил Республикамыздан 2025-жылы мүбәрек Ҳаж сапарына барған ҳажыларымыздың Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа Қурбан ҳайыты мүнәсибети менен жоллаған қутлықлаўында алға қойылған «Жаңа Өзбекстанның тынышлық ҳәм руўхыйлық үгит-нәсиятлаўшылары» басламасына тийкарланып Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ҳәм Дин ислери бойынша комитети менен биргеликте өткерилип киятырған әмелий илажлардың гезектегиси 2025-жыл 9-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Шоманай районында өткерилди. Илажды Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының қазысы Б.Разов басқарып барды.
Онда исши топар ағзалары Шоманай районындағы 2 мешит, 13 мәҳәллеге бириктирилди. Олар өзлерине бириктирилген мәҳәлле аймағынан 78 шаңараққа кирип, усы жерде жасап атырғанлардың ҳал-жағдайынан хабар алды, жасаў шараятлары менен жақыннан танысты. Олардың машқалаларын үйренди, пикир-усынысларын тыңлады. Имам-хатиблер 10 категорияға тийисли 78 шаңараққа руўхый-ағартыўшылық, үгит-нәсият ҳәм әмелий жәрдем илажларын алып барды.
Сапар даўамында өмир тәжирийбесине ийе, көпти көрген, жасы үлкен 8 нураный ата ҳәм аналарымыздың ҳалынан хабар алынып, елимиз тынышлығы, қәтержамлығы ҳәм халқымыздың абаданшылығын сорап дуўа етилди.
Сондай-ақ, мешитлер әтирапында абаданластырыў ҳәм тазалаў жумысларын алып барыў, реже тийкарында жумыс ҳәм ҳүжжет жүргизиў, жәмәәтти басқарыў, мешитти таза ҳәм азада сақлаў, онда қолайлы шараятлар жаратыў тәреплери де үйренилди. Исши топар ағзалары өзлерине бириктирилген мешитлерде песин намазын оқып, жыйналғанларға әҳимийетли темаларда баянатлар жасады.
Илаж жуўмағында әмелге асырылған жумыслар талқыланып, Шоманай районындағы мешитлердиң жумысын буннан былай да раўажландырыў бойынша көрсетпе ҳәм усыныслар берилди.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты
_____
Навбатдаги амалий семинар Шўмонай туманида ташкил этилди.

2025 йил 5 июнь куни Ўзбекистон мусулмонлари идораси раиси, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари ва бутун Республикамиздан 2025 йил муборак Ҳаж сафарига борган ҳожиларимизнинг Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёевга Қурбон ҳайити муносабати билан йўллаган табригида илгари сурилган «Янги Ўзбекистоннинг тинчлик ва маънавият тарғиботчилари» ташаббусига асосан Қорақалпоғистон мусулмонлари қозиёти ва Дин ишлари бўйича қўмитаси билан ҳамкорликда ўтказиб келинаётган амалий тадбирларнинг навбатдагиси 2025 йил 9 июль куни Қорақалпоғистон Республикаси Шуманай туманида ўтказилди. Тадбирни Қорақалпоғистон мусулмонлари қозиёти қозиси Б.Разов бошқариб борди.
Унда ишчи гуруҳ аъзолари Шуманай туманидаги 2 та масжид, 13 та маҳаллага бириктирилди. Улар ўзларига бириктирилган маҳалла ҳудудидан 78 та хонадонга кириб, шу ерда яшаётганларнинг ҳолидан хабар олди, яшаш шароитлари билан яқиндан танишди. Уларнинг муаммоларини ўрганди, фикр-мулоҳазаларини тинглади. Имом-хатиблар 10 та тоифага мансуб 78 та оилага маънавий-маърифий, тарғибот-ташвиқот ва амалий ёрдам тадбирларини олиб борди.
Ташриф давомида ҳаётий тажрибага эга, кўпни кўрган, ёши улуғ 8 нуроний отахон ва онахонларимиз ҳолидан хабар олиниб, юртимиз тинчлиги, осойишталиги ва халқимиз фаровонлигини сўраб дуо қилинди.
Шунингдек, масжидлар атрофида ободонлаштириш ва тозалаш ишларини олиб бориш, режа асосида иш ва ҳужжат юритиш, жамоани бошқариш, масжидни тоза ва озода сақлаш, унда қулай шароитлар яратиш жиҳатлари ҳам ўрганилди. Ишчи гуруҳ аъзолари ўзларига бириктирилган масжидларда пешин намозини ўқиб, йиғилганларга муҳим мавзуларда маърузалар қилди.
Тадбир якунида амалга оширилган ишлар таҳлил қилиниб, Шуманай туманидаги масжидлар фаолиятини янада ривожлантириш бўйича кўрсатма ва тавсиялар берилди.

Қорақалпоғистон мусулмонлари қозиёти


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
73👍24🥰3😍1
#намаз_ўақытлары

😑 Нөкис ўақты менен 10-июль күнги намаз ўақытлары

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
115👍18👏6🥰32