Paziyletuz | Рәсмий канал
72.9K subscribers
27.8K photos
4.12K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
#ата_ана


ЕҢ ЖАҚСЫ ӘМЕЛ

Аллаҳ таала ата-анаға жақсылық қылыўды өзине ибадат қылғаннан кейинги екинши дәрежеге қойды. Бул  әке-шешениң орны қаншелли уллы екенлигин билдиреди.
Абдуллаҳ ибн Масъуд разыяллаҳу анҳу былай дейди:
Бир күни мен Пайғамбар алайҳиссаламның: «Аллаҳ тааланың барлығынан да жақсы көретуғын әмели қандай?» – деп сорадым. Сонда, Пайғамбар алайҳиссалам: «Өз ўақытында оқылған намаз», – деп жуўап берди. Мен: «Оннан кейин ше?», – деп сордым. Пайғамбар алайҳиссалам: «Ата-анаға ҳүрмет көрсетиў», – деди», - деген.
(Имам Бухарий, Муслим рәўияты)


https://t.me/alberuniyuz
#Ата_ана

📱Ата-анаңыздың алдында телефонға қарамаң!

Ата-анаңыздан узақта, бөлек жасайсыз ба? Бүгин оларды көриўге бардыңыз ба? Сизден #өтиниш, қолыңыздағы телефонды қойың! Олар сизди сағынған, сиз бенен сөйлесип отырғысы келеди, ишинде сизге айтатуғын гәплери бар. Өтиниш, сағыныштан аўырған жүреклерине шийрин сәўбетиңиз бенен бираз мәлҳам болың!

Билесиз бе, олар сизди көптен бери күтип отыр еди. Қәдемлериңизге көзлери интизар еди. Бүгин олар күткен күн келди. #Сағынған перзенти – сиз оларды #зыярат етиўге келдиңиз.

Олардың көзине қараң! Көрип турсыз ба? Көзлериндеги сағыныш ҳәм дийдарласыўдың араласып кеткен изин көрип турсыз ба? Қуўанышы сезилмей ме?

Егер сиз олардың алдында да телефоннан бас көтермесеңиз, ертең оларды жоғалтып, "Келдиң бе, балам" деген сөзине зар болғаныңызда олардың сәўбетиниң қаншелли бийбаҳа ҳәм қызықлы екенин сезесиз. Сол ўақытта қолыңыздағы телефон көзиңизге жаман көрине баслайды. Бундай қолайсыз жағдайға түспеў ушын олардың жанында отырған ўақтыңызда телефоныңызды басқа жаққа қойып қойың ямаса қалтаңызға салып қойың. Олардың қасында улыўма телефоннан пайдаланбасаңыз да болады. Не? "Жумыстан қоңыраў етеди" дейсиз бе? Келиўиңизден алдын жумысыңызға "Мен бүгин ата-анамның зыяратына баратырман. Телефоным өшик болады. Қалған гәпти келгенимнен кейин сөйлесермиз" деп айтпағанбедиңиз? Бул сапардан кейин солай етиң.

Олар сизиң даўысыңызға, сөйлесиўиңизге, меҳирге толы көзлериңизди көриўге ышқыпаз. Достым, оларды бул бахыттан айырмаң!

Сизиң сәўбетиңизден олардың кеўиллери қаншелли шадлыққа толатуғынын билесиз бе? Ҳәдислерден биринде "Парызлардан кейин Аллаҳ таалаға ең сүйикли әмел – мөминниң қәлбине қуўаныш киргизиў" делинген. Енди сол қуўанышты ата-ананың кеўлине ендириў ҳаққында не дейсиз?

Сиз биймәлел телефоныңыз бенен ойнап отырып, олардың кеўли бул истен қаншелли қыйналып атырғанын көз алдыңызға келтириң. Сағынған баласы келсе де, оларды сағынбағандай телефонына тигилип отырса. Исениң, бул исиңиз оларға жүдә қатты тәсир етеди.

Демек, бүгиннен баслап бул айтылғанларға әмел етемиз, солай ма? Ата-анамыздың алдына барғанымызда дыққат-итибарымыз оларда болады. Телефонға берилип кетпеймиз. Бәрибир сизге қоңыраў еткен, смс жазған ямаса телеграмда хабар жиберген адам ата-анаңыздан қәдирли болмаса керек!

Аллаҳ таала бәршемизге ата-анамыздың хызметлерин қылып, дуўаларын алып, еки дүньяда бахыт-саадатқа ерисиўимизди несип етсин, әмийн!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍21253😍96🥰6👏2
#Ата_ана

АТА-АНА – ЖӘННЕТ ЕСИКЛЕРИНЕН БИРИ

Бизге ата-анадай уллы неъматты берген Аллаҳ ҳақ субханаҳу ўа таалаға шексиз ҳамду сәнелеримиз, ата-анаға хызмет етиў ҳәм олардың дуўалары себепли жәннетий болыў хошхабарын берген еки әлем сәрдары, уллы қулықларды кәмалына жеткерген Пайғамбарымыз Муҳаммад мустафа саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўатларымыз болсын.

Бизди дүньяға келиўимизге себепши болған, абайлап-қорғап түрли қәўип-қәтерлерден аман сақлап өсирген, не қәлесек биз ушын бәржай еткен, бизлерге әдеп-икрамлылықты ҳәм кәсип-өнерди үйреткен, дин ҳәм дүнья илимлерин тәлим берген, өмирге жол көрсеткен, үйлендирип, үйли-жайлы қылған, адамлар қатарына қосқан, өмириниң ақырына шекем ардақлап өткен ата-аналарымызды ҳүрметлеў, оларға жақсылық ислеў, меҳрибанлық көрсетиў ҳәр бир перзенттиң ең мақтанышлы ўазыйпасы саналады.

Бул ўазыйпа – Аллаҳ таала тәрепинен барлық инсанларға буйырылған гөззал инсаный пазыйлет, ҳақыйқый инсан тәбиятына тән болған басқа жанзатларға үлги болатуғын әмел. Аллаҳ таала айтады: "Рәббиң тек Өзине ғана ибадат қылыўыңа ҳәм ата-анаға жақсылық етиўге буйырды. (Ҳәй инсан!) Егер алдыңда олардан биреўи яки екеўи де қартайса, онда оларға «уф!..» – деме, оларға жекиринбе! Оларға (удайына) жақсы сөз айт! Екеўине мийирманлық пенен хорлық қанатыңды пәслет ҳәм (дуўаларыңда): «Я Рәббим! (Олар) мени нәрестелигимде тәрбиялағанындай, Сен де оларға рейим қыл!» – деп айт" (Исро сүреси, 23-24-аятлар).

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
129👍96😍63🥰3