Paziyletuz | Рәсмий канал
73.1K subscribers
27.7K photos
4.11K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
#рамазан_2025
#қысқа_сораў_жуўаплар

ОРАЗАНЫ БУЗЫЎШЫ НӘРСЕЛЕР

Сораў: Қандай нәрселер оразаны бузады? Сол ҳаққында толық мағлыўмат берсеӊиз.

Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Ораза адам билқастан аўқат жесе, суў ишсе, дәри ишсе яки жынысый қатнас қылса, ораза бузылады. Бул жағдайларда қаза да, каффарат та ўәжиб болады.
Рамазан оразасынан басқа оразаларда каффарат жоқ.
Төмендеги жағдайларда ораза адамныӊ оразасы бузылады ҳәм қазасын тутып бериўи ўәжиб болады, каффарат ўәжиб болмайды:

– таӊ атпаған деп ойлап, сәҳәрлик қылса яки күн батты деп ойлап аўзын ашып жиберип, соӊ таӊ атып қалғаны яки күн батпағаны билинсе;
– ҳаялын сүйиўи, услаўы арқалы жунуб болып қалса;
– клизма қылса;
– мурнына дәри тамызса;
Ықтыярсыз қусса, ораза бузылмайды. Бирақ, билқастан, зорлап, аўзы толып қусса, оразасы бузылады, кейин қазасын тутыўы ўәжиб болады.
Төмендеги жағдайларда ораза бузылмайды:
– ораза екени есинде жоқ ҳалатта жесе, ишсе, жынысый қатнас қылса;
– уйқысында яки ҳаялына қарап жунуб болып қалса;
– қан алдырса;
– сүрме қойса;
– ҳаялын сүйип, жунуб болмаса.
Бирақ, ораза адам илажы барынша өзин бундай ҳалаттан узақ тутыўы керек.
Ораза адам ушын төмендеги ислер макруҳ:
– өз нәпсине исенбеген адамныӊ ҳаялын сүйиўи. Егер нәпсин жылаўлай алса, зыяны жоқ.
– бир нәрсе татып көриў ҳәм мисўактан басқа нәрсе менен тисти тазалаў.
– емизиўли ораза ҳаял өз баласына зәрүрликсиз тағам шайнап бериўи. Бунда егер шайнамаўдыӊ имканияты болса, шайнамаған мақул. Бирақ, имканияты болмаса, шайнап бериўдиӊ зыяны жоқ. Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа орайы


     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍26060👏8🥰5😍21
#рамазан_2025
#қысқа_сораў_жуўаплар

РАМАЗАН АЙЫ ТҮНЛЕРИНДЕ ЕРЛИ-ЗАЙЫПЛЫҚ МҮНӘСИБЕТЛЕРИ МҮМКИН БЕ?

Сораў: Рамазан айында ораза адам аўыз ашқаннан соӊ, яғный кешқурын ҳаялы менен жақынлық қылса бола ма?

🟢Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Әлбетте, Рамазан айында да аўыз ашқаннан кейин ҳаялына жақынлық қылыў мүмкин.
Исламныӊ дәслепки дәўирлеринде Рамазан айында ораза тутыўшыларға түнлери де жынысый қатнас қадаған етилген еди. Бирақ, буған көпшилик әмел қыла алмай қалғаны ушын буған руқсат берилген ҳәм төмендеги аяты кәрийма нәзил болған:

«Сизлерге оразаның түнлеринде ҳаялларыңызға жақынлық қылыў ҳадал қылынды. Олар сизлерге кийим, сизлер де оларға кийимсиз. Сизлер өзлериңизге қыянет ислеп атырғаныңызды Аллаҳ билди ҳәм тәўбелериңизди қабыл етип, сизлерди әпиў етти. Енди оларға (оразаның түнлеринде) жақынласа бериң ҳәм Аллаҳ сизлерге жазған нәрсени талап етиң! Таңда ақ жип қара жиптен ажыралғанша ишип жең. Соң оразаны түнге шекем (Қуяш батқанша) кәмил тутың. Мешитлерде итикафта болған ўақтыңызда жақынлық қылмаң! Булар Аллаҳтың шегаралары, оған жақынласпаң. Аллаҳ адамларға Өзиниң аятларын усылай баян етеди. Қәнекей, олар тақўа қылса» («Бақара» сүреси, 187-аят).
Соннан келип шығып, Рамазан айында қуяш батқаннан баслап таӊ атқанға шекем болған мүддеттиӊ арасында ерли-зайыплық қатнас болыўы мүмкин. Буған шәриятымыз руқсат берген. Бул ҳүким Ҳанафий мәзҳабындағы итибарлы фиқҳий китапларда да өз сәўлелениўин тапқан. Соныӊ ишинде, Имам Алауддин Касаний раҳимаҳуллаҳ «Бадаиъус санаиъ» китабында былай дейди:
«Оразаныӊ рукни: (күндиз) жеп-ишиў ҳәм жынысый қатнастан тыйылыў есапланады. Себеби, Аллаҳ таала жеп-ишиў ҳәм жынысый қатнасты Рамазан түнлеринде ҳадал қылған». Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа орайы

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍20143🥰4😍32👏1