Paziyletuz | Рәсмий канал
73.2K subscribers
27.7K photos
4.11K videos
34 files
33.4K links
Download Telegram
#күн_ҳәдиси

🙄 Ибн Умар разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылынады:

«Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
👉 «Кимге дуўа есиги ашылса, оған мийрим есиги ашылған болады. Аллаҳтан соралғанда берилетуғын нәрселер арасында Оған ең сүйикли болғаны – аманлықты сораў», – деди».

👉 Шолыў: Соның ушын да, Аллаҳ тааладан аманлықты көбирек сораў керек болады. Биз «аманлық» деп аўдарған сөз ҳәдисте «афият» болып келген, ол саламатлық, аман-есенлик, күш-қуўат, жақсы кейпият сыяқлы мәнилерди аңлатады. «Афият» Аллаҳ тааладан соралатуғын ең жақсы нәрселерден екен, демек, «афият» соралған белгили дуўаны көп тәкирарлап турыў лазым.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍10365👏9
#күн_ҳәдиси

Әбиў Саъийд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
👉 «Қайсы бир мусылман кийими жоқ мусылманға кийим кийдирсе, Аллаҳ оған жәннеттиң жақсы кийимлеринен кийгизеди.
👉 Қайсы бир мусылман қарны аш мусылманға тағам берсе, Аллаҳ
(таала) оны жәннет мийўелери менен тағамландырады.
👉 Қайсы бир мусылман
(суўсыз) шөллеген мусылманға суў берсе, Аллаҳ азза ўа жалла оны раҳийқи махтумнан ишкизеди», – деди» (Әбиў Даўыт рәўият қылған).

💬 Шолыў: «Раҳийқи махтум» – жәннет суўы. Усы ҳәдисте инсан өмиринде турақлы рәўиште мүтәжлиги түсип туратуғын үш нәрсе: кийим, тағам ҳәм суў ҳаққында сөз бармақта. Усы үш нәрседен басқа нәрселери жоқ адам өзин онша мүтәж сезбейди. Бирақ, кийиўге кийими, жеўге тағамы, ишиўге суўы жоқ адамның жағдайын көз алдыңызға келтирип көриң!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
107👍65👏9